cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

QR ARXIV ISI BASQARMASI'

Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасының рәсмий каналы.

Больше
Рекламные посты
1 009
Подписчики
+124 часа
+177 дней
+2130 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Фото недоступноПоказать в Telegram
#Архив_дереклеринен "Халқымыздың ардақлы перзентлери" 📜Ибрайым Бекимбетов (1894-1930 жж.) - XX әсир басларында елимиздиң сиясий-жәмийетлик турмысының раўажланыўында белсендилик көрсеткен ғайраткер. 1894-жылы Шымбай уезди Жалпақ жап бойындағы айтеке Абдал аўылында (ҳәзир Кегейли районы Халқабад елаты аймағы) туўылған. Жас ўақытларынан баслап турмыс қыйыншылықларын басынан кеширеди. Он жасында әкесинен ҳәм көп өтпей анасынан айрылады. Урыўлас ағайинлери оны диний мектепке оқыўға береди ҳәм он төрт жасына шекем оқыйды. Зейинли Ибрайым араб альфавитиндеги китапларды еркин оқып ҳәм жаза алатуғын дәрежеге ериседи, аўылына имам молла етип сайланады. 1919-1920 жж. И.Бекимбетов Шымбайда жер өлшеў компаниясына жумысқа өтеди. Халық пенен бирге ислесип, теңлеслери арасында шөлкемлестириўшилик уқыбы менен танылады. 1922 ж. Шымбай уезди Жер ислери басқармасына инструктор болып, дийханларды жер менен тәмийинлеў, егислик жерлерди өлшеў ҳ.б. жәмийетлик жумысларға тиккелей қатнасады. (даўамы бар) https://t.me/QRARXIV
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
#Архив_дереклеринен 📜Шымбайдағы чайхана. "Қарақалпақстан" китап-альбомынан. 1984-жыл. https://t.me/QRARXIV
Показать все...
👍 2
NAVOIY VILOYATI NAVOIY SHAHAR SHAXSIY TARKIB HUJJATLARI DAVLAT ARXIVIDA JISMONIY VA YURIDIK SHAXSLAR VAKILLARI SAYYOR QABULI O'TKAZILMOQDA. 📄Ayni damda O‘zbekiston Respublikasi Adliya vazirligi huzuridagi “O‘zarxiv” agentligi direktori o‘rinbosari Sherzod Sadikov Navoiy viloyati Navoiy shahar shaxsiy tarkib hujjatlari davlat arxivida jismoniy va yuridik shaxslar vakillari sayyor qabulini o'tkazmoqda. —- ✔️ “O‘zarxiv” agentligining rasmiy sahifalari: Telegram | Instagram | Facebook | OK | YouTube
Показать все...
👍 2
Фото недоступноПоказать в Telegram
#Архив_дереклеринен 📜Барлық нызамларды да, қәде-қағыйдаларды да адамзат өзи ойлап шығарады ҳәм өзи оның шеңберинен саңлақ таўып өтиўдиң жолларын да табады. Үббинияз Әширбеков, мәмлекетлик ғайраткер (1994-жылы "Еркин Қарақалпақстан" газетасы журналисти менен сәўбетинен). https://t.me/QRARXIV
Показать все...
👍 3
Adliya vaziri Xorazm viloyati arxiv ishi hududiy boshqarmasi faoliyati bilan tanishdi. Akbar Toshqulov koʻrsatilayotgan xizmatlar, ularning sifati, davlat arxivining moddiy texnik bazasi, hujjatlarning saqlanish holati, mavjud arxiv hujjatlarini raqamlashtirish jarayonlari bilan yaqindan tanishdi. Adliya vaziri xodimlar bilan muloqot davomida arxiv hujjatlarini raqamlashtirish jarayonini tez va samarali olib borish maqsadida ishni to‘g‘ri tashkil etish, uning natijadorligini oshirish yuzasidan tegishli tavsiyalarni berdi. Shuningdek, A.Toshqulov arxiv ishi tizimida 54 yildan buyon faoliyat yuritayotgan Yamilya Baynova bilan uchrashib, tizim faoliyati samaradorligini yanada oshirish yuzasidan suhbat qildi. —- ✔️ “O‘zarxiv” agentligining rasmiy sahifalari: Telegram | Instagram | Facebook | OK | YouTube
Показать все...
👍 2
Фото недоступноПоказать в Telegram
#Мийрас 📜Ақылы кәмил илими зор, Билимли ел болмайды қор. Бердақ (Бердимурат) Ғарғабай улы https://t.me/QRARXIV
Показать все...
👍 3
Фото недоступноПоказать в Telegram
«АРХИВЛЕР - ТАРИЙХ АЙНАСЫ» 📜1925-жыл. Қарақалпақстанда ең дәслепки баспадан шыққан китаплардың бири - Сейфулғабит Мәжитов тәрепинен жазылған биринши "ӘЛИППЕ" китабы (сыртқы муқабасы). https://t.me/QRARXIV
Показать все...
👍 4👏 1
Фото недоступноПоказать в Telegram
#Даналық_сөзлер 📜Таў қанша жемирилгени менен таўлығында, ал жақсы инсан өзиниң өшпес излери менен нурлы жулдыз болып соңғы әўладлардың жүрегинде қалады. Халық даналығынан https://t.me/QRARXIV
Показать все...
👍 2
Фото недоступноПоказать в Telegram
#Кеўил_билдириў Белгили жәмийетлик ғайраткер, шайыр, аўдармашы ҳәм журналист Кеңесбай Реймовтың естелиги мәңги болсын. 📜Жүрегиңе шөгеди ҳәсирет, Көзлериңе қуйылар дәртлер. Түнлер шийрин уйқың бузылып, Өкинишлерге толады дәптер. 📜Бирге жүрген гезлер қыйнайды, Яднамалар аяўсыз ништер. Дебдиўлериң ишке сыймайды Ҳәм пайызсыз өтеди кешлер... Кеңесбай Реймов, "Мен кеткен соң...". 1985-жыл. Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасының рәсмий каналы. https://t.me/QRARXIV
Показать все...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
Фото недоступноПоказать в Telegram
Кеўил билдириў Усы жылдыӊ 3-июль күни Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, мәмлекетик ҳәм сиясий ғайраткер, белгили журналист Кеңесбай Реймов 66 жасында қайтыс болды. Кеңесбай Реймов 1958-жылы Кегейли районында туўылды. 1980-1984-жыллар аралығында «Қарақалпақстан жаслары» газетасының хабаршысы, бөлим баслығы, 1984-1986-жылларда Қарақалпақстан жаслар комитети инструкторы, лекторлар топарының баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти. Буннан соңғы жылларда «Қарақалпақстан жаслары» газетасы редакторы лаўазымын табыслы атқарды. Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында, яғный, 1991-1994-жыллары «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бас редакторының орынбасары лаўазымында жумыс алып барып, елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында жүз берип атырған жаңалықларды халқымызға жеткериўде, мәмлекетлик реформалар, әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетти. Кейин ала Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Секретариатының баспасөз хаткери, «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды. Кеңесбай Реймов 2002-2010-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы сыпатында елимиздиӊ жәмийетлик-сиясий турмысында, нызам дөретиўшилиги ҳәм олардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели жумыслар алып барды. Буннан соңғы жылларда «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы ҳәм өмириниң ақырына шекем Өзбекстан Журналистлер аўқамының Қарақалпақстан бөлими баслығы лаўазымларында өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарды. Кеңесбай Реймов қайсы лаўазымда ислесе де, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта билди. Ол миллий журналистикамыздың раўажланыўына салмақлы үлесин қосып, бирнеше шәкиртлер таярлады. Кеңесбай Реймовтың мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» атағы менен сыйлықланды. Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили журналист, сиясий-жәмийетлик ғайраткер, үлгили устаз Кеңесбай Реймовтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады. А.Орынбаев, Ф.Эрманов, Р.Сапарбаев, Т.Романов, Ш.Өтемисов, Т.Абдижаббаров, А.Камалов, А.Данияров.
Показать все...
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.