cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

KRuz.uz |Рәсмий канал

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Больше
Рекламные посты
24 973
Подписчики
+36224 часа
+2 9627 дней
+3 70430 дней
Время активного постинга

Загрузка данных...

Find out who reads your channel

This graph will show you who besides your subscribers reads your channel and learn about other sources of traffic.
Views Sources
Анализ публикаций
ПостыПросмотры
Поделились
Динамика просмотров
01
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 24-май, саат 20:00 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орында Анвар Аъзамов талабанлығы бармақта. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
5 11737Loading...
02
Батумиға төрт адамлық шаңарақлық тур $1645! 👩‍👩‍👧‍👧 Locas'тан шекленген усыныс — Қара теңиз жағасында супер баҳада әжайып дем алыс! Шаңарағыңыз бенен Батумидиң әжайып тәбият көринислери, таза теңизи ҳәм гөззал тәбиятынан заўықланып, ўақыт өткериң. ✨ 📅 Тур сәнеси: 04.06 - 11.06 💸 Тур баҳасы: бир шаңараққа 1645 $дан (2 үлкенлер + 12 жасқа шекемги 2 бала) Тур баҳасына төмендегилер киритилген: ✈️ Туўрыдан-туўры ушыў; 🏨 Мийманханада жасаў; 🚌 Трансфер; 🩺 Медициналық қамсызландырыў. 📌 Басқа турлар ҳаққында мағлыўмат усы жерде 787777377| Телеграм: @LocasTourbot ®
6 40819Loading...
03
Хорезмде салы егиўдиң жаңа усылы қолланылмақта Социаллық тармақларда Хорезм ўәлаятында салы егиўдиң жаңа усылы қолланылып атырғаны ҳаққында видео жәрияланды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8 868192Loading...
04
📸 Күн фотосы Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы «Бахытлы» мәҳәллесинде жасаўшы Бекмирзаева Бийбайым апаның шаңарағында болды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
7 62017Loading...
05
❗️Қарақалпақстанның қала ҳәм районларындағы бос жумыс орынлары жәрияланды Қарақалпақстанның 8 районы бойынша бос жумыс орынларын жәрияланды. Төмендеги силтемелер үстине басып толық танысыўыңыз мүмкин. Мойнақ районы Қоңырат районы Тақыятас районы Тахтакөпир районы Хожели районы Шымбай районы Шоманай районы Нөкис районы ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8 02020Loading...
06
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 24-май, саат 13:05 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орында Анвар Аъзамов ҳәм Ахмед Реймов талабанлығы бармақта. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
9 23569Loading...
07
#no_comment ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8 37631Loading...
08
❓Сиз неше саат уйқылайсыз? ▫️0-2 саат - бул арадағы уйқы дыққатты жыйнаўдың қыйынласыўы ҳәм итибардың кескин төменлеўине алып келеди. ▫️3-4 саат - қанда қант муғдары кескин көтериледи, дене салмағы артып баслайды. ▫️5-6 саат - организм булшық ет массасын жоғалтады, ашлық сезими күшейеди ҳәм сол себепли адам тез-тез аўқатланады, ўақыт өтиўи менен иммунитет төменлейди ҳәм организм тез-тез кесел болып қалады. ▫️6 -7 саат - когнитив функциялар ҳәм ядты қайта тиклеў ушын бул уйқы муғдары минимал есапланады. ▫️7-8 саат - адам өз денесин турақлы услап турыўы мүмкин, қандағы қант муғдары нормал болып қалады. ▫️8-9 саат - үлкенлер ушын оптимал уйқы муғдары. ▫️10 саат - бундай уйқы толық тиклениў ушын аўыр стресс ямаса физикалық активликтен кейин керек болады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9 00783Loading...
09
❗️"Сонғы қоңыраў"ға пул жыйнаў, сейилге шығыў қадаған етиледи — министр Мектеплерде оқыў жуўмақланып, "Сонғы қоңыраў" өткерилиўине байланыслы ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаева ескертиў менен шықты. 2023-2024-оқыў жылында питкериўши оқыўшы жаслар ушын «Сонғы қоңыраў» қағылады. Усы мүнәсибет пенен, мектептиң қурылыс оңлаў жумыслары, мәмлекетлик имтиханлар,  мектепке, директорға, оның орынбасарларына, оқытыўшыларға саўға бериў ямаса пул жыйнаў қадаған етиледи. Сондай-ақ, питкериўшилер ресторан, кафе, үйлерде, кеўил ашар орынларда ҳәр түрли илажларды шөлкемлестириў, суў ҳәўизлеринде шомылыў ҳәм жеңил автомашыналарда сейил етиў қадаған етиледи. Мектеплерде жоқарыда атап өтилген жағдайлар анықланса, нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады. Министрлик илажларға пул жыйнаў жағдайлары ушырасып атырған болса (61) 222-94-45 ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерине қоңыраў етип яки @QRmshmbministrligi_bot'қа мүрәжат жоллаў мүмкинлигин мәлим етти. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9 98151Loading...
10
#Рәсмий_мағлыўмат Үшинши қабаттан өзин таслаған ҳаял ҳәмиледар болмаған Социал тармақлар арқалы тарқалған ҳәм көпшиликтиӊ пикир тартысларына себеп болып атырған “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады” атамасындағы ўақыя бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ рәсмий мағлыўматы. 1990 жылы Қашқадәрья ўәлаятында туўылған М.Ю. –ҳәзирде Кегейли районы “Жалпақ жап” АПЖ да жасайды. М.Ю усы жылдыӊ 11 май күни Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалында операция жолы менен баласын дүньяға келтиреди. 15 май күнине келип М.Ю бөлимниӊ 3 қабатында жайласқан “Реанимация” бөлимине көшириледи. Усы күни кешки саат 21_00 шамасында М.Ю терезеден секиреди ҳәм сол жерден Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына тез жәрдем автотранспорты арқалы алып келинип,биринши жәрдем көрсетиледи.Орайдыӊ тәжрийбели хирург шыпакерлери тәрепинен М.Ю барлық медициналық тексериўлерден өткериледи ҳәм 16 май күни ҳаялға “Сан сүйегин жабық түрде бириктириў” операциясы әмелге асырылады. Наўқас бөлимниӊ “Траматология” бөлимине көширилип шыпакерлер қадағалаўында болады. 23 май күни шыпакерлер тәрепинен М.Ю ға емлеўханадан шығыўға рухсат бериледи. Ҳәзирде наўқастыӊ ҳәм туўылған баласыныӊ денсаўлығы жақсы жағдайда. Демек социал тармақларда тарқағанындай емес: “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслаған” -деген хабарға келсек ол ўақытта ҳаял ҳәмиледар болмаған. Ҳаялдыӊ нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған деген түсиникке келетуғын болсақ - Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы админстрациясы мағлыўматты асығыс түрде ҒХҚ ўәкиллерине усынған. 1996-жыл 29 август күнги “Пуқаралардың Денсаўлығын сақлаў туўрысында”ғы №265-I санлы Өзбекистан Республикасы Нызамының 45-статьясы талапларына муўапық пуқаралардыӊ медициналық ҳүжжетлериндеги мағлыўматлар шыпакерлик сыры болып, ол тек 45-статьясыныӊ үшиниши бөлиминде көрсетилген жағдайлардағана пуқараныӊ разылығысыз әшкара етилиўи мүмкин деп белгиленген. Жағдай шеңберинен бир қатар медицина хызметкерлерине төмендеги шаралар қолланылды: Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалыныӊ “Реанимация” бөлиминиӊ нәўбетши шыпакерине,нәўбетши мийирбийкесине, нәўбетши киши медицина хызметкерине 15 май күнги жумыс ўақтындағы нәўбетшилигинде наўқас ҳаял М.Ю ны қараўсыз қалдырғаны ҳәм жумысқа немқурайдылық пенен қарағаны ушын ӨР Мийнет Кодексиниӊ 312-статьясыныӊ 2 бөлимине тийкар орташа айлық ис ҳақысыныӊ 30 пайыз муғдарында жәрийма интизамый жаза шарасы қолланылды. Бул ўақыяны сол күнниӊ өзинде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги өз қадағалаўына алды ҳәм ана менен бала денсаўлығы тиккелей қадағалаўда турды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ “Аналықты ҳәм балалықты қорғаў” бойынша орынбасары Г.Абдисаметова Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына барып наўқас М.Ю дыӊ денсаўлығынан хабар алды. Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы медицина хызметкерлериниӊ бәршесине бул ўақыяға тийкарланып-ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары А.Асқаров мәжлис өткерип түсиндириў жумысларын алып барды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
9 07916Loading...
11
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 23-май, саат 19:00 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орында Ахмед Реймов талабанлығы бармақта. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
10 87298Loading...
12
Нөкисте жерди қадағалаў дронлар менен әмелге асырылмақта Заманагөй дронлар жәрдеминде ендиликте қурылып атырған ҳәр қандай қурылыс, жер тексерилип, соң нызамлы яки нызамсыз екени анықланбақта. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9 55624Loading...
13
Сарықамыс көли әтирапындағы фотоқақпанға қасқыр түсип қалды Қубла Үстирт миллий тәбият бағының Сарықамыс көли аймағына орнатылған фотоқақпанға - Қасқырлар түсти. Бул ҳаққында бағдың рәсмий каналы мәлим етти. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 17730Loading...
14
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 23-май, саат 13:10 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орынды Ахмед Реймов талабанлығы ийелемекте. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
10 39036Loading...
15
💰 Үйлердиң баҳасы түсиўи мүмкин Айтыўларына қарағанда, бүгинги күнде бирге ислесиўши коммерциялық банклер тәрепинен Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының қаржылары есабынан екилемши базардан үй-жай сатып алыў ушын арзан ипотека кредитлериниң (17-18 процент) ажыратылыўы ўақытша тоқтатылған. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 20063Loading...
16
ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары тайынланды Әбдисаметова Гәўҳар Орақбаевна — Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Ол усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ бөлим баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 61542Loading...
17
🦠 Тақыятаста мектеп оқыўшысында вируслы гепатит А анықланды Мәлим болыўынша, ол райондағы 7-санлы мектептиң 1-класында билим алған. Усы мүнәсибет пенен наўқас жасайтуғын үй ҳәм ол оқыйтуғын класста дезинфекция жумыслары алып барылды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11 47345Loading...
18
AVO bank енди Қарақалпақстанда😎 Өзбекстандағы заманагөй цифрлы банк хызметлеринен енди биймәлел Қарақалпақстанда дa пайдаланыўыңыз мүмкин! Протсентсиз дәуирге ийе AVO platinum кредит картасы ҳәм қолай мобил программасы менен қысқа мүддетте атақлылыққа ерискен AVO банкының банкомат ҳәм картоматлары ендиликте Қарақалпақстанда да әмелде! AVO platinum картасы менен сиз өз мүтажлиғиңиз ушын зәрүр болған сатып алыуларды әмелге асырыўыңыз ҳәм банк хызметлеринен онлайн пайдаланыўыңыз мүмкин. Мобил программаны силтеме арқалы жүклеп алың!
11 06120Loading...
19
🤩 Сизге әжайып дүньяны усынамыз Барлық машқалаларыңызды умытып бираз дем алың. Биз сизге руўхый тетиклик, тынышлық бағышлайтуғын Кегейли районындағы аўыл турмысын көрсетпекшимиз. Видеода әжайып, тыныш өтип атырған аўыл көриниси сәўлеленген. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 64444Loading...
20
Қоңыратта қойлардың қарны жарып кетилгени айтылмақта Социаллық тармақларда Қоңырат районында қойлардың қарны белгисиз зат тәрепинен жарып кетилгени айтылған хабарлар тарқалмақта. «KRuz.uz» жоқарыдағы жағдай бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий мағлыўмат күтип қалады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11 59860Loading...
21
#Вакансия Қарақалпақстанның қала ҳәм районларындағы бос жумыс орынлары жәрияланды Қарақалпақстанның 8 районы бойынша бос жумыс орынларын жәрияланды. Төменлеги силтемелер үстине басып толық танысыўыңыз мүмкин. Әмиўдәрья районы Төрткүл районы Беруний районы Елликқала районы Кегейли районы Қараөзек районы Қанлыкөл районы Бозатаў районы ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11 11323Loading...
22
🤰Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады 2024-жыл 15-май күни саат 20:40 та Ана ҳәм бала саламатлығы илимий әмелий медицина орайының Реанимация бөлимине 1990-жылы туўылған пуқара М.Ю биринши ҳәмиледарлығы менен жатқызылған. Мәлим болыўынша, ол сол имараттың 3-қабат айнасынан өзин таслап жибереди ҳәм орта дәрежедеги дене жарақатларын алады. Нөкис қаласы тез медициналық жәрдем орайына көширилген наўқас бойынша жумысшы топар жағдайды үйренгенде, Қашқадәрьяда туўылған бул пуқара бурын нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған. Жағдай шеңберинен бир қатар хызметкерлерге интизамый шара көрилип, ҳәзирде ана ҳәм баланың саламатлығы турақлы шыпакерлер қадағалаўында екени, ҳеш қандай қәўип жоқлығы мәлим етилди. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12 17449Loading...
23
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 21-май, саат 22:30 жағдайына бола: 🟩 Анвар Азъамов — 1186 даўыс; 🟩 Рашид Өтениязов — 462 даўыс; 🟩 Әдилбай Есимбетов — 166 даўыс. 🟧 Ахмед Реймов — 146 даўыс; 🟧 Бердияр Жоллыбеков — 143 даўыс; 🟧 Байрамбай Еримбетов — 90 даўыс; 🟧 Рудакий Алланбаев — 80 даўыс. 🟥 Қувондиқ Қодиров — 75 даўыс; 🟥 Атабек Қайыпбергенов — 69 даўыс; 🟥 Аманжол Аяпов — 55 даўыс; 🟥 Орал Атаниязова — 39 даўыс. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
17 205233Loading...
24
Шарапатдин Балтабаев жәҳән чемпионатының қола медалын қолға киргизди Ол қола медаль ушын кореялы қарсыласы Жун Ҳван Ли менен күш сынасты. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
5 8471Loading...
25
⚡8-класслар ушын Қарақалпақстан географиясы пәни енгизилиўи күтилмекте ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги Республикалық билимлендириў орайы 2024-жыл 20-май сәнесинен 20-июнь күнге шекем оқыў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын мектеплердиң 8-класслары ушын Қарақалпақстан география пәнинен сабақлық ҳәм оқыў методикалық қолланбаларын миллий оқыў бағдарламасы тийкарында жаратыў бойынша дүзиўшилер таңлаўын өткеретуғынлығын жәриялады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
13 49950Loading...
26
❗️"Сонғы қоңыраў"ға пул жыйнаў, сейилге шығыў қадаған етиледи — министр Мектеплерде оқыў жуўмақланып, "Сонғы қоңыраў" өткерилиўине байланыслы ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаева ескертиў менен шықты. 2023-2024-оқыў жылында питкериўши оқыўшы жаслар ушын «Сонғы қоңыраў» қағылады. Усы мүнәсибет пенен, мектептиң қурылыс оңлаў жумыслары, мәмлекетлик имтиханлар,  мектепке, директорға, оның орынбасарларына, оқытыўшыларға саўға бериў ямаса пул жыйнаў қадаған етиледи. Сондай-ақ, питкериўшилер ресторан, кафе, үйлерде, кеўил ашар орынларда ҳәр түрли илажларды шөлкемлестириў, суў ҳәўизлеринде шомылыў ҳәм жеңил автомашыналарда сейил етиў қадаған етиледи. Мектеплерде жоқарыда атап өтилген жағдайлар анықланса, нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады. Министрлик илажларға пул жыйнаў жағдайлары ушырасып атырған болса (61) 222-94-45 ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерине қоңыраў етип яки @QRmshmbministrligi_bot'қа мүрәжат жоллаў мүмкинлигин мәлим етти. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
14 163110Loading...
27
❗️Қарақалпақстанда 19 жаслы қызды Таиландқа сатпақшы болғанлар усланды Әмиўдәрья районында туўылған, 19 жаслы Ш.ны Таиланд мәмлекетине жибермекши болған шахслар қолға алынды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11 397113Loading...
28
Қарақалпақстанда ишимлик суўына байланыслы 238 млн долларлық 2 жойбар әмелге асырылады Аманбай Орынбаев басшылығында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында аппарат мәжилиси өткерилди. 2024-2027-жылларда ишимлик суўы тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша 238 млн АҚШ долларлық 2 инвестиция жойбарын әмелге асырыў режелестирилген. Усы қаржылар есабынан 3 мың 114 км ишимлик суўы тармақлары ҳәм 124 ишимлик суўы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылыўы белгиленген. 246 мың пуқара таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, 422 мың пуқараның ишимлик суўы тәмийнатының жақсыланыўы, нәтийжеде 3 жылда таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 72,4 пайыздан 83,1 пайызға жетиўи күтилмекте. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 98618Loading...
29
Адам саламат болыўы ушын неше саат уйқылаўы керек? • 0-3 ай - 14-17 саат • 4-11 ай - 12-15 саат • 1-2 жас - 11-14 саат • 3-5 жас - 10 -13 саат • 6 -15 жас - 9 -11 саат • 14-17 жас - 8-10 саат • 18-65 жас - 7-9 саат • (65+) - 7-8 саат Күнине 5-7 сааттан кем уйқылаў өмир даўамлылығын орташа 12 процентке қысқартады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 678110Loading...
30
Қарақалпақстанда бала урламақшы болған транспорт басқарыўшысы ҳаққындағы гәплер ҳақыйқат па? Әмиўдәрья районы Манғыт қаласында бир топар шахслар мектепке кетип баратырған балаларды тоқтатып, «мектепке алып барып қоямыз, зат алып беремиз», деп алдап машинасына миндирмекши болғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Кейиншелли бул жағдай Беруний районында жүз бергени айтылды. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хабарларға анықлық киргизип, рәсмий мағлыўмат берди. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
16 095197Loading...
31
❓Президент мектеплерине кириў ушын қандай ҳүжжетлер талап етиледи? Президент мектеплерине 2024/2025 оқыў жылы ушын ҳүжжетлер қабыллаўы 1-июньнан - 20-июньға шекем ОНЛАЙН формада ariza.piima.uz сайты арқалы әмелге асырылады. 🗂 Талап етилетуғын ҳүжжетлер: ➖ туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық; ➖ фотосүўрет (ақырғы 2 айда алынған); ➖ ата-анасы ямаса оның орнын басыўшы шахстың паспорт мағлыўматлары ҳәм телефон номерлери (турақлы ислеп турған телефон номерлери) анық ҳәм қәтесиз киритилиўи керек; ➖ баҳалар табели нусқасы (директор тәрепинен тастыйықланған). ❗️Дыққат етиң! Талабанның баҳалар табелиндеги математика ҳәм тәбияттаныў пәнлеринен 4-класстағы жыллық баҳалары "5" баҳа (айырықша) болыўы керек. Мағлыўмат орнында, Президент мектеплерине 4-классты тамамлаған оқыўшылар 5-классқа қабыл етиледи. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
15 224115Loading...
32
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 20-май, саат 20:00 жағдайына бола: 🟩 Анвар Азъамов — 820 даўыс; 🟩 Ахмед Реймов — 69 даўыс; 🟩 Бердияр Жоллыбеков — 35 даўыс. 🟧 Байрамбай Еримбетов — 30 даўыс; 🟧 Қувондиқ Қодиров — 24 даўыс; 🟧 Орал Атаниязова — 19 даўыс; 🟧 Рашид Өтениязов — 10 даўыс. 🟥 Атабек Қайыпбергенов — 9 даўыс; 🟥 Аманжол Аяпов — 6 даўыс; 🟥 Әдилбай Есимбетов — 3 даўыс; 🟥 Рудакий Алланбаев — 3 даўыс. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
14 312183Loading...
33
❗️Қарақалпақстанлы жаслар ушын қосымша квота быйыл да берилиўи мүмкин Президенттиң 2022-жыл 31-август күнги ПП-213-санлы Пәрманында қарақалпақстанлы жаслар ушын төлемли контракт тийкарындағы 6 500 қосымша квота ҳәр жылы ажыратылыўы белгиленген. Еслетип өтемиз, төлемли контракт тийкарындағы қосымша квоталар тек ғана ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларына тапсырғанлар ушын әмел етеди. Сүўрет арқалы толық мағлыўматқа ийе болың. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
13 446170Loading...
34
Вертолёт авариясында қайтыс болғанлардың денелери Табризға жиберилди Излеў жумысларды жуўмақланған. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11 4223Loading...
35
Авария жүз берген орыннан кадрлар усынылды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12 6525Loading...
36
Шавкат Мирзиёев Иран президенти Ибраҳим Раисий өлими мүнәсибети менен кеўил билдирди Мәмлекет басшысы Иран халқына, марҳумлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдирди. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 7712Loading...
Фото недоступноПоказать в Telegram
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 24-май, саат 20:00 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орында Анвар Аъзамов талабанлығы бармақта. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
Показать все...
00:21
Видео недоступноПоказать в Telegram
Батумиға төрт адамлық шаңарақлық тур $1645! 👩‍👩‍👧‍👧 Locas'тан шекленген усыныс — Қара теңиз жағасында супер баҳада әжайып дем алыс! Шаңарағыңыз бенен Батумидиң әжайып тәбият көринислери, таза теңизи ҳәм гөззал тәбиятынан заўықланып, ўақыт өткериң. ✨ 📅 Тур сәнеси: 04.06 - 11.06 💸 Тур баҳасы: бир шаңараққа 1645 $дан (2 үлкенлер + 12 жасқа шекемги 2 бала) Тур баҳасына төмендегилер киритилген: ✈️ Туўрыдан-туўры ушыў; 🏨 Мийманханада жасаў; 🚌 Трансфер; 🩺 Медициналық қамсызландырыў. 📌 Басқа турлар ҳаққында мағлыўмат усы жерде 787777377| Телеграм: @LocasTourbot ®
Показать все...
01:00
Видео недоступноПоказать в Telegram
Хорезмде салы егиўдиң жаңа усылы қолланылмақта Социаллық тармақларда Хорезм ўәлаятында салы егиўдиң жаңа усылы қолланылып атырғаны ҳаққында видео жәрияланды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
📸 Күн фотосы Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы «Бахытлы» мәҳәллесинде жасаўшы Бекмирзаева Бийбайым апаның шаңарағында болды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️Қарақалпақстанның қала ҳәм районларындағы бос жумыс орынлары жәрияланды Қарақалпақстанның 8 районы бойынша бос жумыс орынларын жәрияланды. Төмендеги силтемелер үстине басып толық танысыўыңыз мүмкин. Мойнақ районы Қоңырат районы Тақыятас районы Тахтакөпир районы Хожели районы Шымбай районы Шоманай районы Нөкис районы ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 24-май, саат 13:05 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орында Анвар Аъзамов ҳәм Ахмед Реймов талабанлығы бармақта. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
#no_comment ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
Сиз неше саат уйқылайсыз? ▫️0-2 саат - бул арадағы уйқы дыққатты жыйнаўдың қыйынласыўы ҳәм итибардың кескин төменлеўине алып келеди. ▫️3-4 саат - қанда қант муғдары кескин көтериледи, дене салмағы артып баслайды. ▫️5-6 саат - организм булшық ет массасын жоғалтады, ашлық сезими күшейеди ҳәм сол себепли адам тез-тез аўқатланады, ўақыт өтиўи менен иммунитет төменлейди ҳәм организм тез-тез кесел болып қалады. ▫️6 -7 саат - когнитив функциялар ҳәм ядты қайта тиклеў ушын бул уйқы муғдары минимал есапланады. ▫️7-8 саат - адам өз денесин турақлы услап турыўы мүмкин, қандағы қант муғдары нормал болып қалады. ▫️8-9 саат - үлкенлер ушын оптимал уйқы муғдары. ▫️10 саат - бундай уйқы толық тиклениў ушын аўыр стресс ямаса физикалық активликтен кейин керек болады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️"Сонғы қоңыраў"ға пул жыйнаў, сейилге шығыў қадаған етиледи — министр Мектеплерде оқыў жуўмақланып, "Сонғы қоңыраў" өткерилиўине байланыслы ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаева ескертиў менен шықты. 2023-2024-оқыў жылында питкериўши оқыўшы жаслар ушын «Сонғы қоңыраў» қағылады. Усы мүнәсибет пенен, мектептиң қурылыс оңлаў жумыслары, мәмлекетлик имтиханлар,  мектепке, директорға, оның орынбасарларына, оқытыўшыларға саўға бериў ямаса пул жыйнаў қадаған етиледи. Сондай-ақ, питкериўшилер ресторан, кафе, үйлерде, кеўил ашар орынларда ҳәр түрли илажларды шөлкемлестириў, суў ҳәўизлеринде шомылыў ҳәм жеңил автомашыналарда сейил етиў қадаған етиледи. Мектеплерде жоқарыда атап өтилген жағдайлар анықланса, нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады. Министрлик илажларға пул жыйнаў жағдайлары ушырасып атырған болса (61) 222-94-45 ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерине қоңыраў етип яки @QRmshmbministrligi_bot'қа мүрәжат жоллаў мүмкинлигин мәлим етти. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Показать все...
#Рәсмий_мағлыўмат Үшинши қабаттан өзин таслаған ҳаял ҳәмиледар болмаған Социал тармақлар арқалы тарқалған ҳәм көпшиликтиӊ пикир тартысларына себеп болып атырған “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады” атамасындағы ўақыя бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ рәсмий мағлыўматы. 1990 жылы Қашқадәрья ўәлаятында туўылған М.Ю. –ҳәзирде Кегейли районы “Жалпақ жап” АПЖ да жасайды. М.Ю усы жылдыӊ 11 май күни Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалында операция жолы менен баласын дүньяға келтиреди. 15 май күнине келип М.Ю бөлимниӊ 3 қабатында жайласқан “Реанимация” бөлимине көшириледи. Усы күни кешки саат 21_00 шамасында М.Ю терезеден секиреди ҳәм сол жерден Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына тез жәрдем автотранспорты арқалы алып келинип,биринши жәрдем көрсетиледи.Орайдыӊ тәжрийбели хирург шыпакерлери тәрепинен М.Ю барлық медициналық тексериўлерден өткериледи ҳәм 16 май күни ҳаялға “Сан сүйегин жабық түрде бириктириў” операциясы әмелге асырылады. Наўқас бөлимниӊ “Траматология” бөлимине көширилип шыпакерлер қадағалаўында болады. 23 май күни шыпакерлер тәрепинен М.Ю ға емлеўханадан шығыўға рухсат бериледи. Ҳәзирде наўқастыӊ ҳәм туўылған баласыныӊ денсаўлығы жақсы жағдайда. Демек социал тармақларда тарқағанындай емес: “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслаған” -деген хабарға келсек ол ўақытта ҳаял ҳәмиледар болмаған.
Ҳаялдыӊ нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған деген түсиникке келетуғын болсақ
- Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы админстрациясы мағлыўматты асығыс түрде ҒХҚ ўәкиллерине усынған. 1996-жыл 29 август күнги “Пуқаралардың Денсаўлығын сақлаў туўрысында”ғы №265-I санлы Өзбекистан Республикасы Нызамының 45-статьясы талапларына муўапық пуқаралардыӊ медициналық ҳүжжетлериндеги мағлыўматлар шыпакерлик сыры болып, ол тек 45-статьясыныӊ үшиниши бөлиминде көрсетилген жағдайлардағана пуқараныӊ разылығысыз әшкара етилиўи мүмкин деп белгиленген.
Жағдай шеңберинен бир қатар медицина хызметкерлерине төмендеги шаралар қолланылды
:
Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалыныӊ “Реанимация” бөлиминиӊ нәўбетши шыпакерине,нәўбетши мийирбийкесине, нәўбетши киши медицина хызметкерине 15 май күнги жумыс ўақтындағы нәўбетшилигинде наўқас ҳаял М.Ю ны қараўсыз қалдырғаны ҳәм жумысқа немқурайдылық пенен қарағаны ушын ӨР Мийнет Кодексиниӊ 312-статьясыныӊ 2 бөлимине тийкар орташа айлық ис ҳақысыныӊ 30 пайыз муғдарында жәрийма интизамый жаза шарасы қолланылды.
Бул ўақыяны сол күнниӊ өзинде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги өз қадағалаўына алды ҳәм ана менен бала денсаўлығы тиккелей қадағалаўда турды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ “Аналықты ҳәм балалықты қорғаў” бойынша орынбасары Г.Абдисаметова Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына барып наўқас М.Ю дыӊ денсаўлығынан хабар алды. Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы медицина хызметкерлериниӊ бәршесине бул ўақыяға тийкарланып-ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары А.Асқаров мәжлис өткерип түсиндириў жумысларын алып барды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
Показать все...