Ески Мойнақ | Эски Мўйноқ | Старый Муйнак | Old Muynak |
رفتن به کانال در Telegram
Бул каналда Мойнақ ҳәм Арал теңизи тарийхы менен байланыслы материаллар жәрия етиледи Мойнақ ҳәм Арал теңизи тарийхына байланыслы фото, видео, аудио, текст ҳәм басқа да форматтағы материалларды бизге жоллаң! 👇 @DarigaSerikbaevna
نمایش بیشتر329
مشترکین
اطلاعاتی وجود ندارد24 ساعت
-67 روز
-1230 روز
در حال بارگیری داده...
کانالهای مشابه
هیچ دادهای
مشکلی وجود دارد؟ لطفاً صفحه را تازه کنید یا با مدیر پشتیبانی ما تماس بگیرید.
ابر برچسبها
هیچ دادهای
مشکلی وجود دارد؟ لطفاً صفحه را تازه کنید یا با مدیر پشتیبانی ما تماس بگیرید.
اشارات ورودی و خروجی
---
---
---
---
---
---
جذب مشترکین
ژوئن '26
ژوئن '260
در 0 کانالها
مه '26
+1
در 0 کانالها
Get PRO
آوریل '26
+37
در 0 کانالها
Get PRO
مارس '26
+66
در 1 کانالها
Get PRO
فوریه '26
+16
در 0 کانالها
Get PRO
ژانویه '26
+21
در 0 کانالها
Get PRO
دسامبر '25
+1
در 0 کانالها
Get PRO
نوامبر '25
+259
در 0 کانالها
| تاریخ | رشد مشترکین | اشارات | کانالها | |
| 17 ژوئن | 0 | |||
| 16 ژوئن | 0 | |||
| 15 ژوئن | 0 | |||
| 14 ژوئن | 0 | |||
| 13 ژوئن | 0 | |||
| 12 ژوئن | 0 | |||
| 11 ژوئن | 0 | |||
| 10 ژوئن | 0 | |||
| 09 ژوئن | 0 | |||
| 08 ژوئن | 0 | |||
| 07 ژوئن | 0 | |||
| 06 ژوئن | 0 | |||
| 05 ژوئن | 0 | |||
| 04 ژوئن | 0 | |||
| 03 ژوئن | 0 | |||
| 02 ژوئن | 0 | |||
| 01 ژوئن | 0 |
پستهای کانال
Жағарыда Құдайберген атаның әңгемесін оқып шықтым.өте күшті жазылған.құдайбергег атаның басыган өткендері бәрі ұрпаққа ұмытылмас тарих.
Сталинградская битва-бұл үлкен согыстыңтың бірі.бұндай соғыстың бесеуі болған.Бұл соғыста аспанда самолёттар.жерде танктер мен әскерлер шайқасқан.бұл соғыс 200күн дауам еткен.17.07.1942 жылдан 2.02.1943жылға дейін.2 .02.да жеңіске жетісед совет әскерлері.осы ұллы шайқастан аман келгені Құдайберген атамыздың үлкен Бақыт.
1967жылы осы Мамаев Курганда үлкен ескерткіш қойылды.сол жердегі 1943жерленген әскерлердің братская могиласы ретке келтіріліп қойылды.бұл жерде 35000солдаттың сүйегі жерленген.сол Сталинградтағы шайқас болған жерді кәзір Мамаев Курган деп атайды.
| 2 | Мамаев Кургандағы ескерткіш.ұзындығы қылышы мен 85метр | 0 |
| 3 | بدون متن... | 0 |
| 4 | Жағарыда Құдайберген атаның әңгемесін оқып шықтым.өте күшті жазылған.құдайбергег атаның басыган өткендері бәрі ұрпаққа ұмытылмас тарих.
Сталинградская битва-бұл үлкен согыстыңтың бірі.бұндай соғыстың бесеуі болған.Бұл соғыста аспанда самолёттар.жерде танктер мен әскерлер шайқасқан.бұл соғыс 200күн дауам еткен.17.07.1942 жылдан 2.02.1943жылға дейін.2 .02.да жеңіске жетісед совет әскерлері.осы ұллы шайқастан аман келгені Құдайберген атамыздың үлкен Бақыт.
1967жылы осы Мамаев Курганда үлкен ескерткіш қойылды.сол жердегі 1943жерленген әскерлердің братская могиласы ретке келтіріліп қойылды.бұл жерде 35000солдаттың сүйегі жерленген.сол Сталинградтағы шайқас болған жерді кәзір Мамаев Курган деп атайды. | 0 |
| 5 | Ассаламалейкум хәммеге. | 0 |
| 6 | 🌊 Аральское море 170 лет назад. В Ташкенте представили уникальные архивные карты
Подробнее: https://uzsuv.uz/uz/posts/9010
|🌐Website | 🗝Cabinet
|🤖Bot |😄Telegram
|💬Facebook |🌐Instagram
|📹YouTube |🕊 X
|💬Chat |✅ TikTok | 0 |
| 7 | Арал теңизиниң көтерилиўи ўақтында Мойнақ қаласындағы аеродромды суў басып кеткендеги көриниси. 1956-жыл | 0 |
| 8 | Мени ҳайран қалдырып, туўылып өскен Мойнағымды ядыма ерксиз түсирип жиберген поёкларға қосылып берилетуғын консерва қуты еди. Бул консерва қуты Мойнақ балық консерва комбинатында шығарылған тасбақа гөшинен исленген, қағазында тасбақаның сүўрети бар консерва қуты еди. Мен Мойнақта жасағаным менен консерва комбинатта тасбақа гөшинен консерва шығарылатуғынын билмес едим. Егер өзимниң батальоныма аман есен қуўыссам, мен усы жерде туўылғанман деп, Иван менен Назаренкоға мақтанаман ғой деген ой, консерва жыйнаўға мǝжбүрлеген еди» Солай етип мен үш консерва жыйнаған едим бирақ «тасбақа гөши» мǝселеси маған жақпады. «Сизлер еле тасбақаның гөшин жейсиз»бе десе. Мен үш консерваныңда қағазларын жыртып таслаған едим.
Мен рюкзагтан шығарған нан, колбаса, сыр, қатық банка ҳǝм үш консерваны үшеўи отырып, бул нениң гөши деп сорап отырмай дǝс соққан еди. (Бизлер таза пулемётчик жǝрдемшиси менен төртеў болған едик).
Келеси сапары Назаренконы үш күннен соң көрген едим.
Мен, егер пулемёттың орнын өзгертиў керек болса, қай жерге өзгертиў мақул болады? – деп өзлеримиз жайласқан окоптың еки жағын барлап, ойланып кеткен қусайман. Себеби еки жақтағы пулемёт расчетларына көп жақынлап кетиўге де болмайды.
Артымнан командирлик ири даўыс пенен:
– Рядовой Кудайбергенов! Встать! деген командаға атып турдым. Артымда ўахахалап Назаренко тур еди. Ол жүдǝ өзгерип кеткен, таза формасында сержантлық дǝрежедеги белги таққан, мойнына аша туяқлы қол пулемётты асып алған ири тулғалы, нағыз айбатлы бахадыр турар еди. Бирақ бизлерден айрылып, штабқа тийисли адам болып кеткенине қыйналған түр билдирседе мениң қуўанышымда шек жоқ еди. Ол көп иркиле алмады, қысқа
хошластықта тез жүрип кетти.
Мениң бахтыма таза жǝрдемшим қазақ жигити Қаратай да шақкан жигит болып шықты. Қазақлар мǝрт халық болады. Оның мени қоллап қуўатлаўдағы, маған қолайлы шǝраят жаратып бериўдеги шаққанлығы Назаренкодан кем болмады. Қаратай да көп узамай сержантлық белги тағып киши командир болып кетти.
Ал Иван ҳǝм Назаренколар менен бир батальонда болғанымыз бенен сийрек ушырасатуғын болып қалдық.
Мен госпиталда емленип атырғанда фронт линиясында да үлкен өзгерислер болған қусайды. Қайсы бир күни ǝдеттеги қырғын урыстың ўақтында өзлери бизлерге көринбеседе артымыздан берилген бизиң реактив қурылмаларының (атақлы катюша) отлы залпын мен биринши мǝрте көрген едим. Соннан баслап фашистлердиң ҳалына маймыллар жылап баслағандай болған еди. | 0 |
| 9 | Мен елеге шекем не себептен үшеўимиз бир-биреўимизге баўыр басып қалдық, түсинбеймен, болмаса армияға алынғалы берли қаншадан қанша жигитлер менен жолдас болдым. Лекин олардың ҳеш бири бул еки жигиттей өзлерине тарта алмады. Соның арасында:
– Встать! деген команда еситилди. Алдымызда комбат-майор тур еди. Майор Иванға тийисип кетти. Ол қайта қайта:
– Виноват, товарищ майор – деп кеширим сорап атыр.
– Это тот, самый нарушитель-Кудайбергенов? Майор жǝне ашыўлы сораў берди.
Мен, өзимниң бүгин санчасттан шығып қайтып келгенимди баянладым ҳǝм ҳүжжетти узаттым.
– А если немецкий снайпер наблюдал, что будет? Майор Иван менен Назаренкоға тесилип қарады, кейин Назаренкоға қарап:
– Сдавай пулемёт ему и оставь помощника здесь. Через час зайди ко мне! Только без всяки . . . . . – деди де қасындағылар менен немецлер жайласқан тǝрепке бираз нǝзер салды да жолларына түсти.
Бул майор, бизлер Назаренко екеўмиз (разборкаға) тергеўге барғандағы бизлерди қорғап сөйлеген капитан еди. Ол кетип баратырып «Сизлер» менен кейин сөйлесемиз деген еди.
Мен Назаренкоға қарап:
– Бизлер ғой еле баламыз, мынаники не сақал шығып кеткен? Ағаңа түсиндир дедим де рюкзагымды аша басладым. Расы менен бизлер усы жердиң еркелериндей жаслық еткен едик. Әтирап тынышлық болғанғама, жақын жерде «көк қаснақлы» офицерлер көринбейди. Егер олар болғанда бул мǝселени жыллы бастырып қоймас еди.
Госпитальдағы соңғы күнлери мени фронтқа қайта жибериўди жобаластырып атырғанын сезген едим. Себеби ҳǝр күни бас хирург врачтың денсаўлық мǝселесин тексериўден соң:
– Очень отлично, скоро выпишем– деген сөзди еситер едим. Сол күнлерден баслап ҳǝр қүни берилетуғын «сухой поёк»лардан аўыстырып жыйнай басладым. | 0 |
| 10 | Мен окоптан-окопқа өтип жүгирип баратырған Иванның изинен зордан илесип киятырман. Иван-дǝў тоқтап, мени де тоқтатты. Кейин көрсеткиш бармағын аўзына кеселеп:
– Стой здесь, придёш когда я позову. Мен Иванның ҳǝрекетин бақлай басладым. Бизлер ең алдыңғы окопта едик. «Максим» пулеметты окоптың ернегине орналастырып алған Назаренко фашистлер жайласқан тǝрепке тесилип қарап отыр. Қасында арқасына түтесин төмен қаратып асып алған винтовкасы бар солдат окоптың дийўалына сүйенип мүлгип отыр. Иван олардың қасына барғанда Назаренко оны қушақлап алып, апақ-шапақ болып қалды. Иван Назаренкоға бир нǝрселерди айтып атыр. Иван оның еки көзинен айландырып орамал байлады да қолын былғап мени шақырды, оның көрсеткиш бармағы еле аўзын кеселеп тур. Мени Назаренконың қақ маңлайына турғызып оның көзиндеги орамалын шешип жиберди. Окоптың иши уллы шуў-қум қуўыт болып кетти. Назаренко мени қайта-қайта қушақлап, бақырып бийлеп жиберди. Окоплардың иши толы солдатлар аң-таң, оған кеўил аўдарып атырған Иван менен Назаренко жоқ.
Шамалыдан соң үшеўимиз де окоптың ултанына шөгип отырдық. | 0 |
| 11 | Усындай күнлердиң биринде мен дала госпиталында есиме келдим. Шеп қолымның шығанақтан жоқарырақ жерден осколька қолдың етин айырып өтип кеткен қусайды. Сүйек сынбасада, ǝдеўир шатнаған екен. Операциядан соң бул жерде бир ҳǝптедей жатып, кейин мени жақын жердеги госпитальға жиберди. Бул жерде де еки-үш ҳǝптеге жақын жатып емлендим. Усы аралықты врачлар пулемёт атыўға жарайды деп шешим қабыллаған екен. Бир күни азанда ǝскерий хирург врач алдына шақыртып, фронтқа қайта жиберип атырғаны ҳақкындағы ҳүжжетти қолыма услатты.
Бир саатлардан соң мен ǝўелги хызмет еткен жериме, жарадарларды ǝкелиў ушын санитар машина кететуғынын, соннан қалып қоймаўды буйырып, барыўдан тийисли орынға келгенимди баянлаўымды қатаң ескертти.
Машина белгиленген орынға барғанда мен 206-полкқа келгенимди сездим. Әтирап жым-жырт, ҳǝзир тынышлық қусайды.
– С возвращением , рядовой Кудайбергенов– деген даўыс артымнан заңқ ете қалды. Артымда бурыңғы бизлерди қабыллайтуғын комбаттың жǝрдемшиси болып жүрген старшина тур екен. Мен оған чест берип, ҳүжжетимди усындым.
– Сохрани при себе, иди на передную линию – деди де өзи асығыс жүгирип кетти.
– Есть – деп үлгерип қалдым.
Алдыңғы шеп бираз узақласыпты, бир талай жер жүриўиме туўра келди. Дǝслепки окоптағылардың жүзлери таныс емес. Олардан пулемётлар расчетларының қай жерде жайласқанын сорай басладым, биреўлери оң жақты көрсетсе, биреўлери сол жақты көрсетти.
Ўақыт түске жақынласып қалса да алдыңғы шепте тынышлық ҳүким сүрип тур. Ҳǝр окоптан алдыңғы окопқа өткен сайын «Максим» пулемётлар турған орынларға тесилип қарайман, ҳеш маған таныс ǝскер жоқ. Жаңа жүре баслағаным, аяғымды биреў қағып жиберди. Мен окоптың дийўалына сүйенип жығылмай қалдым. Ашыўым келгени сондай, басына куртесиниң капюшенын басып кийип алған дǝўдей биреў қырынлап жатыр екен, менде қуйрықтан бир тептим. Онда ҳеш қандай ҳǝрекет жоқ, сирǝ дǝрпенбейди. Мен жǝне тебе жақ болып атыр едим, еки тǝрептен ǝскерлер жетип келди.
– Значить здоров-как бык, теперь настоящая битва будет – дейди қǝдимги Иван-дǝў. Мен бақырып жиберип, бойымды оның үстине аттым. Бизлер қушақласып бираз жаттық. Бираздан соң Иван-дǝў:
– Вставай солдат, я вам кого то покажу – деп өзи де тура баслады. | 0 |
| 12 | Қулласы Назаренко оқ толы ящикти ǝкелген ўақта, ол мени де, пулеметты да таба алмай қалған. Окоптың бизлер жайласқан жери еки жағындағы дийўалы ишке қулап окоптың бир жағынан екинши жағына өте алмайтуғын болып көмилип калған екен. Оқ қардай борап турғаны себепли көмилген жерди окоптың ишинде турып бир жағынан бел менен аша баслаған екен. Бир ўақытлары ашылып атырған торпақтың астынан торпаққа араласып қан бурқ ете қалыпты. Назаренко сол жерди гүректей алақанлары менен ашып дǝслеп басымды, кейин көкирегимди шығарып алған екен. Сол жерде пайда болған санитар қыз көкирегимнен жасалма дем бере баслапты. Назаренко үстимди ашып атырып асығыста, бетимниң оң алмасын бел менен шаўып алған қусайды. Бул затты Назаренко көп күнге шекем айта алмай жүрген екен. Ўақыя болған ўақытта Иванның ППШ сы бизиң үни өшип қалған пулемёттың орнын басқан қусайды. Санитар қыздың айтыўы бойынша Назаренко жǝне 2–3 минут кешиккенде мени кейин қайтарыў мүмкин болмай қалар екен. Солай етип мен ол дүньяның дǝрўазасын көрсем де, Назаренко, Иван ҳǝм санитар қыздың жан таласқан шаққан, мǝртлик ҳǝрекетлери есабынан ол дүньяның дǝрўазасы мени қабылламай аман қалған екенмен. Сол сапары бул үш инсанға шексиз миннетдар болғанымды ҳǝзир де ҳеш умыта алмайман. Солай етип ҳǝр бир күн өзине тǝн қорқынышлы ўақыяларға толы қыйыншылықлар менен өте берди.
1942-жылдың 2-октябрь күни, қандай да бир ǝскерий ҳǝрекетлерге байланыслы болса керек, бизлерди Назаренко екеўимизди 206 (СП)-полктың қурамынан 306 (СП)-полктың қурамына көширди. Бул жердеги саўашларда бизлер немец фашистлериниң ҳǝдден тыс күшейген топылысларына төтепки берип, шыдаўымызға туўра келди. Бермахтың армиясы қандай да бир өзлери ушын үлкен ǝҳмийетке ийе нǝрсе ушын жан таласып, изли-изинен жаңа күшлер менен топылысты күшейтип жибергендей еди. | 0 |
| 13 | Назаренко окоптың иши менен буққышлап жүгирип кетти. Мен ҳаўлығайын дедим. Бир ўақытта окоптың артқы дийўалының арқама келип соғылғаны мени окоптың ултанына жықты. Кейин сондай соқкы тас төбемнен соғылған еди. «Мен қулаған ўақытта ǝўели үстиме пулемёт түскенин билемен, кейин жарық дүнья жоғалып көзимди толық қараңғылық басты. Өзимди ол дүньяның дийўалының кап-кара дǝрўазасы алдында турғандай сездим. Мен дем ала алмай қап-қараңғы туңғыйықта естен танып қалған едим. Қанша ўақыт өткенин билмеймен. Бираз ўақыттан соң көкирегимнен жулқылап атырған бир ер адам менен бир нашар адам көзиме булдырап көринип елеслей баслады. Урыс болып атырғанда қасымызда ҳаял адам жоқ еди, демек ол дүньяның дǝрўазасынан өтип кеткен кусайман, мени «сораў жуўапқа жүр» деп жулқылап атырған болса керек.
Сол ўақта аўзы-мурнымнан топырақ атылып шықты. Мен есиме келип, терең-терең дем ала басладым. Бетимниң оң алмасы уўдай ашып ып-ыссы болып жанып баратыр. Мениң биринши сезгеним маған жақын жерден таныс даўыс Иванның ППШ сының даўысы тақылдап еситиле баслады. Мен қайтадан есимнен танып, жǝне ҳеш нǝрсе сезбей қалған едим. Мен қайта есиме келгенде қараңғы төлеге қусаган жерде жатқанымды сездим. Түнниң ǝдеўир ўақты болса керек. Маған жақын жерде еки ири солдат бир-бирине сүйенип жатып уйқылап атыр. Бас ушымда санитар қыз дийўалға сүйенип уйқысырап отыр. Мен ǝстен өзимди тексере басладым. Аяқ-қолларым саў сыяқлы. Бетимнен басқа жерде аўрыў жоқтай. Басым, еки бетимди айландырып ийегимниң астынан сийле менен байлап тасланған. Есиме келгеним менен басым мең-зең денем зилдей еди. Биринши санитар қыз оянды. Мен оның сөзлеринен:– Қǝўетерли, қорқынышлы ҳеш қандай нǝрсе жоқ, қорықпа, барлығы жақсы. Сениң жүрегиң күшли екен, өз қǝддин тез тиклеп алды-деген мǝнистеги сөзлерди түсингендей болдым.
Соның арасында қыздың даўысынан уйқылап атырған еки солдат та атып турып, екеўи еки жағымнан тақалып ҳеш нǝрсе айтпай тесилип қарап, қатып қалды. Олар Иван менен Назаренко еди. Сол сапары еки басқа миллеттиң алпамсадай жигитлериниң маған деген мийримлигиниң тǝсиринен көзимнен жас айланып кеткен еди. Шын мǝнисинде мениң кеўлим бузылып жылай басладым. Еки солдат та қыздан уялдыма терис қарасты.
– Сизлер, мужиклер неге жылайсыз?– деген еди сонда санитар қыз, Ҳǝммеңиз тирисизлер! | 0 |
| 14 | 10. Ол дүньяның дǝрўазасын көрип қайттым
Мен урысқа араласқалы ҳǝр бир күн дерлик бул дүньядағы жанып турған дозақ отының ишинде жүргендей өте берди. Бир күнниң екинши күннен айырмашылығы жоқтың қасында. Бул дозақ отынан айырмашылығы жоқ қырғын урыс ҳǝр күни дерлик қураллас жигитлерди, мǝрт командирлерди көплеп қайтпас сапарға ǝкетип атыр. Немец фашистлериниң топылыслары күннен-күнге күшейип баратырғандай.
Фашистлер қалай болмасын Сталинград қаласын басып алыў ушын жан таласпақта. Күнделикли кеште өткерилетуғын сиясий басшылардың (политрук) беретуғын қысқа мағлыўматларына қарағанда, қалада аўҳал жүдǝ аўыр болып, ҳǝр бир қарыс жер ушын жан таласқан урыслар жүрип атырғанлары, қала турғынлары менен Совет армиясының қасарыскан қарсылығы фашистлерге ҳеш мүмкиншилик бермей, оларға шыдамлылық пенен ер жүреклилик ҳǝм батырлықтың асқан үлгисин көрсетип атырғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды тез-тезден еситип турдық.
Шын мǝнисинде бизлер беттеги саўашлар да аңсат болмай атырғанына ҳǝр күни гуўа болмақтамыз. Сондай қырғын саўашлардың биринде түске қарап фашистлердиң топылыслары жүдǝ күшейип кетти. Артеллерияның снарядларының жарылыўынан ҳǝм самолётлардан атылған пулемёт оқларынан пайда болған тынымсыз ысқырықлар, сондай-ақ бомбалардың жарылыслары зǝрреңди ушырады. Бундай ўақытлары дөгеректе не болып атырғанына да түсиниў қыйын болып қалар екен. «Бизлер тиримизбе?» – деп Назаренко екеўимиз бир-биримизге ҳайран болып қарап қоямыз. Соның арасында Назаренко:
– Тенал, мынаў соңғы лента – деди.
– Жуўыр – дедим мен, – оқ ящик ǝкел. Жақын жерде Иван көринбейди, пулемёттың стволы қара түтин болып кеткен, түтин шығып тур. | 0 |
اکنون در دسترس! پژوهش تلگرام ۲۰۲۵ — مهمترین بینشهای سال 
