cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

Арал балықшысы

SHÓLKEMLESTIRIWSHILER:" Aral balıqshısı" gazetası redakciyası miynet jámááti http://redakciya.uz Арал балықшысы рәсмий веб сайты @Aralbaliqshisi_bot Арал балықшысы рәсмий телеграм боты

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
379
مشترکین
+324 ساعت
+117 روز
+3230 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
2024-жыл 22-май күни Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Ж.Кдырниязов тәрепинен районның алыс аймағларының бири болған “Үшсай” аўыл пуқаралар жыйыны имаратында  кɵшпели қабыллаў ɵткерилип, кɵшпели қабыллаў қатнасыўшыларына суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында, пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеу бойынша басқышпа басқыш жумыслар алып барылып атырғанлығын, сондай-ақ БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясында Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң шығып сѳйлеген баянатының әҳмийети бойынша түсиндирип ɵтти. Жыйналыс соңында жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Ж.Кдырниязов тәрепинен пуқаралардың суд-ҳуқық тараўы бойынша мүрәжатлары тыңланып, сол жердиң өзинде тийисли түсиниклер берилди. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
نمایش همه...
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
Мойнақ районындағы Руўхый-ағартыўшылық сарайында «Өзбекстан–улыўма үйимиз» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди. Илажға Дин ислери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигеси Ж.Нурсеитов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Мойнақ районлық бөлими бас қәнигеси  Ф.Каримова  ҳәм «Тоқпақ ата »мешити бас имам хатиби  Р.Тилеубаевлар қатнасты. Илажда сөзге шығып сөйлеўшилер, мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап, олардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, соныӊ ишинде, миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлерин раўажландырыў, билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық шараят жаратылғанлығын, сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, социаллық-руўхый орталықты тәмийинлеў, халықты разы етиў бағдарында бүгинги күни алып барылып атырған реформалар өзиниӊ унамлы тәсирин тийгизип атырғанлығын айырықша атап өтти. Илаж соңында мектеплердиң Руўхыйлық ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарлары сыйлықланды.
نمایش همه...
02:23
Video unavailable
Бас прокурор орынбасары С.Самадов тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында қурылысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, бюджет қәрежетлерин оптималластырыў жөнелислеринде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳалаты үйренилмекте.
نمایش همه...
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
  • Photo unavailable
Бас прокурор орынбасары С.Самадов тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында қурылысқс байланыслы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, бюджет қәрежетлерин оптималластырыў жөнелислеринде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳалаты үйренилмекте. Бүгин ол бул бағдардағы жумысларда ушырасып атырған қәте-кемшиликлер бойынша тийисли көрсетпелер бериў мақсетинде Мойнақ районындағы Суў тәмийинаты кәрханасы ҳәм Президент мәкемелери агентлигине қараслы Қәнигелестирилген мектебинде болды.
نمایش همه...
00:50
Video unavailable
Дыққат Хабарландырыў! Мойнақ районы «MUYNAK LDSP» ЖШЖ кәрханасы жумысқа шақырады. «Мойнақ ЛДСП» кәрханасы Мойнақ районы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны «Шағырлы» аўылында жайласқан. Қәлесеңиз қатнап, қәлесеңиз кәрхананың өзинде болып ислеўге шараятлар жаратылған. Түслик ҳәм кешки аўқатлар бар. Қосымша мағлыўмат ушын: 996827042, 995671502, 999571974, 906544048 muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
نمایش همه...
01:49
Video unavailable
👍 1
Район аймағының абаданлығы ҳәм тазалығы – халық саламатлығының тийкарғы факторы. Ал, оны сақлаў елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ең әҳмийетли ўазыйпаларының бири. 👆Ҳүрметли пуқаралар! 👆Қала әтырапында, сондай-ақ, кѳше бойларында санитариялық жағдайларды жақсылаў, өзимиз жасап атырған әтираптың тазалығы, абаданлығын сақлаў мақсетинде ири ҳәм майда шақлы шарўа малларын тийисли тәртипте ветеринария қағыйдаларына әмел еткен ҳалда ѳз қораларында бағыў яки ийеси қадағалаўында тийисли тәртипте белгиленген майданда жайыўы тийис. 👆Ири ҳәм майда шақлы шарўа маллары тәрепинен кѳше бойларында егилген мийўели ҳәм декоратив терек нәллерин набыт (пайхан) қылынған ҳалатлары анықланған жағдайда қоршаған орталық, сондай-ақ, тәбиятқа келтирилген зыян ушын мал ийелерине тийисли тәртипте, әмелдеги нызам ҳүжжетлерине тийкар ҳәкимшилик шаралары қолланылып, жәриймаға тартылатуғынлығын ЕСКЕРТЕМИЗ! muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
نمایش همه...
Photo unavailable
Anam Nurına quyashtıń megzer júzińiz Perzentińe sheksiz mehrińiz Siz barsız dunya gúlistan Siz joqsız álem zimistan Basımdaǵı gúl tajım anam, Aman bolıń baxtıma mudam Quwanıshtan oynap kúlińiz, Janımızda mángi júrińiz. Ana qolıńızǵa qızıl gúller bereyin Moynıńızǵa juldızlardan marjan dizeyin, Dunyadaǵı eń shıraylı hayal ózińiz, Men ushın hikmetdur aytqan sózińiz.            ✍   Jaqsìlìkova Shaxsànem
نمایش همه...
👍 2 1
Photo unavailable
Moynaq rayonı qánigelestirilgen mektebi 2024-2025- oqıw jılı ushın hújjetler qabıllaw baslanatuǵınlıǵın járiyalaydı! Hújjetler 1-20-IYUN sáneleri aralıǵında ONLAYN tárizde ariza.piima.uz saytı arqalı ámelge asırıladı. ❓Oqıwshılardan qanday hújjetler talap etiledi? Tańlawda qatnasıwdı qálewshi oqıwshınıń ata-anası (nızamlı wákilleri yaki onıń ornın basıwshılar) usı jıldıń iyun ayında Agentliktiń arnawlı portalı (ariza.piima.uz) arqalı elektron tárizde tómendegi hújjetlerdi jollaydı: ✅ Oqıwshınıń tuwılǵanlıǵı haqqındaǵı gúwalıǵı (kinder pasport) nusqası; ✅ Oqıwshınıń aqırǵı 2 ay dawamında túsken 3x4 ólshemdegi súwreti; ✅ Oqıw jılı nátiyjesine muwapıq oqıwshınıń bahaları (elektron) tabeliniń mektep direktorı tárepinen tastıyıqlanǵan nusqası; ✅Oqıwshınıń ata-anasınıń puqaralıq pasport nusqası. Qosımsha maǵlıwmatlar ushın: +998 95 474 86 86                                                                  +998 93 778 24 24                                                                    +998 99 392 81 81
نمایش همه...
Photo unavailable
📌Húrmetli ata-analar! Siziń  perzentińiz keleshekte qanday kásipti iyelewi-onıń búgin qanday bilim alıwına baylanıslı ekenligin umıtpań. 📚Házirgi zamanagóy bilimdi iyelewi, keleshekte  súygen kásibiniń mamanı bolıwı, shet tilin jaqsı meńgeriwi, hár tárepleme jetik insan bolıwına eń tiykarǵı sebep - bul mektep bolıp esaplanadı. Solay eken,  Qánigelestirilgen bilimlendiriw mákemeleri agentligine qaraslı Moynaq rayonı qánigelestirilgen mektebi siziń perzentlerińizge  áne sonday zamanagóy bilim beriwshi  bekkem  tiykardı usınıs etedi! Moynaq rayonı qánigelestirilgen mektebi Sizlerdi 23-may kúni  9:00 den 16:00 aralıǵında "ASHÍQ ESIKLER KÚNI" ne MIRÁT etedi! 🏫ASÍǴÍŃ! Moynaq rayonı qánigelestirilgen mektebi anıq pánlerge 5-klass hám tábiyiy pánlerge 7-klaslarǵa oqıwshılardı qabıllaydı! ⏳Hújjet tapsırıw múddeti: 1 -iyunnan 20 -iyunǵa shekem ONLAYN formada ariza.piima.uz saytı arqalı ámelge asırıladı.
نمایش همه...