cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
283
مشترکین
اطلاعاتی وجود ندارد24 ساعت
-27 روز
-430 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

00:37
Video unavailableShow in Telegram
#видео ▶️"ДУЎАЛАРДЫҢ ЕҢ ЖАҚСЫСЫ..." 🕌Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Тақыятас районы "Сары ийшан" жаме мешити 🎤Өмирзаков Рафатдин 🎬(Видео mp4) 🕐00:36 •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
02.mp426.12 MB
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
мағлыўмат АШУРА КҮНИ ОРАЗАСЫ       Ашура күни оразасының саўабы ҳәм пазыйлетлери ҳаққында көплеген ҳәдислер келген. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам яҳудийлерге уқсап қалмаў ушын Ашура күнине бир күн қосып ораза тутыўға буйырған. Уламалар Ашурадан алдынғы бир күнди яки кейинги бир күнди қосып тутыў сүннет деген. Ашурада үш күн қатара ораза тутыў ең абзал ораза болады, деп атап өткен.       Быйыл Ашура күни Дүйшемби күнине (15.07.2024 ) туўры келмекте. Демек, жоқарыдағы ҳәдистеги көрсетпеге муўапық  Сийшемби күни (16.07.2024)  яки Сәршемби күни (17.07.2024) қосып тутылыўы керек. Сонда иншааллаҳ сүннеттиң саўабына ерисемиз. Егер мүмкиншилиги болып Дүйшемби, Сийшемби ҳәм Сәршемби күнлери ораза тутсақ, саўабы және де уллырақ болады. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
ҳәдис АШУРА КҮНИ Әбиў Саъид разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким Ашура күни шаңарағына кеңлик етсе, Аллаҳ оған жыл бойы кеңлик қылады», деди». Усы рәўияттағы кеңлик етиўден мақсет жеп-ишиў, қуўантырыў мәнисинде, яғный дастурханын толтырып қойса, бала-шағасына саўғалар берип қуўантырса, дегени. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
БИР-БИРИҢИЗДИ АЯҢ     "Бир-бириңизди Аллаҳтың нәлети, ғәзеби ҳәм азабына дуўшар болыўын сорамаң (рәўа көрмең)".     Салама ибн Акўадан:     "Биз мөмин бирәдарына жаман дуўа қылған кимсени көрсек, үлкен гүна қылған деп билер едик.     Бул ҳәдислерден инсанлардың бир-бирине нәлет, бәддуўа қылыўын Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жақсы көрмегени көринип турыпты. Себеби бундай нәрсени қәлеў тек ғана ғәзеп нәтийжеси. Ал, бул Исламның рейим, мийирманшылық, әпиў, кеширимли болыў сыяқлы принциплерине улыўма қайшы келеди. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

Photo unavailableShow in Telegram
Инсан ким? Инсан - бул дүньяға ҳеш нәрсесиз келетуғын, дүньяда ҳәмме нәрсениң артынан шабатуғын, жүдә көп нәрселерди топлайтуғын, кетип баратырғанда бәрше нәрсесин таслап, Рәббисиниң алдында бәрше топлаған ҳәм қалдырған нәрселери ушын есап беретуғын жаратылыс болып •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
👍 4
Photo unavailableShow in Telegram
Қалтасы бай, руўҳы жарлы болған инсанлардың жағдайлары жүдә ашынарлы. Себеби олар ҳәмме нәрсениң баҳасын биледи, бирақ қәдирин билмейди. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
Тәрбия     Ҳәй ерли-зайыплар!     Көп ашыўланыў, удайына жаманлай бериў, егер билип турып қылынбасада, ҳәр қандай нәрсениң ләззетин кетиреди. Бир-бириңиздиң жақсы ислериңизди мақтаң. Айыплардан көз жумың. Шырайлы сөздиң мысалы гилт сыяқлы. Ол менен әтирапыңыздағы адамлардың қәлбин ашасыз.   "Шаңарақ бахыт-саадат мәканы" •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

👍 1
​​мағлыўмат АШУРАНЫҢ МӘНИСИ «Ашура» сөзликте «оныншы күн» деген мәнини билдиреди. Муҳаррам айының оныншы күни Ашура аты менен белгили болған. Ҳакам ибн Аъраж разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Замзам алдында шапаны үстинде жамбаслап жатқан Ибн Аббастың алдына барып: «Маған Ашура оразасы ҳаққында айтып бер», дедим. «Қашан Муҳаррамның таза айын көрсең санап бар, тоғызыншы күни ораза тутқан ҳалда таң аттыр», деди ол. Мен: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усындай қылып, оның оразасын тутар еди ме?» дедим. Ол: «Аўа», деди». Биз танысқан рәўиятта Ашура оразасы Муҳаррам айының тоғызыншы күни тутылыўы ҳаққында сөз кетпекте. Не ушын бундай екен деп ойламастан алдын төмендеги ҳәдислерди үйренип шығамыз. Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Ашура күни оразасын тутты ҳәм ол күнниң оразасын тутыўға буйырды. Адамлар: «Я Расулуллаҳ, бул күнди яҳудий ҳәм насранийлар уллылайды», деди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Қашан келеси жыл болса, иншааллаҳ, тоғызыншы күнниң оразасын да тутамыз», деди. Соннан кейин, келеси жыл болмастан турып, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болды». Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзи Ашура күни оразасын тутип, үмметлерине де сол күнниң оразасын тутыўды буйырғанында айрым хабардар саҳабалар Ашура күнин яҳудий ҳәм насранийлер уллылаўын Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламға айтты. Себеби саҳабаи кирамлар Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның яҳудий ҳәм насранийлертикине уқсас ис қылмаўын, ҳәмме ўақыт олардан басқаша ис тутыўын, Ислам үмметине тән ис қылыўын жақсы билер еди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәмме ўақыт саҳабаларды басқа диндегилерге уқсаўдан қайтарған. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаи кирамлардың Ашура күни оразасы ҳаққындағы хабарларын кеңпейиллик пенен қабыл қылып алды. Усыларды есапқа алып кейинги жылы яҳудий ҳәм насранийлерге уқсап Муҳаррам айының тек оныншы күни емес, ал олардан басқашалаў қылып, тоғызыншы күни оразасын тутыўларын айтты. Бирақ өзлери кейинги Ашура келместен Рафиқи Аълаға қайтыс болды. Бирақ гәплери өз күшинде қалды. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үмметлери айтқанларын қылып, Муҳаррам айының тоғызыншы ҳәм оныншы күнлери ораза тутыўға әдетленди. •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
RÁWIYAT.UZ

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятаc районы ״Сары ийшан" жаме мешитиниң телеграм каналы Имам-хатиб Ѳмирзаков Рафатдин Имам-найыб: Шразатдинов Аскар. Имам-найыб: Жоллыбеков Орынбек Пуқараларды қабыллаӯ күни-ҳәптениң саршемби күни

Photo unavailableShow in Telegram
  Ассаламу алайкум, Қәдирдан!  Өмириңизде үш мийман бар, олар ўәделеспей келе береди... Ырысқы, Муҳаббат, Бахыт...         Илайым усы үш мийман шаңарағыңызды ҳеш қашан тәрк етпесин! Күниңиз пайызлы, тапқаныңыз берекетли ҳәм сарплағаныңыз саўаплы болсын! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
Кайырлы тун!! •┈•┈┈•┈•⊰♾☘🌹☘♾⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! ✅https://t.me/rawiyatuz
نمایش همه...
یک طرح متفاوت انتخاب کنید

طرح فعلی شما تنها برای 5 کانال تجزیه و تحلیل را مجاز می کند. برای بیشتر، لطفا یک طرح دیگر انتخاب کنید.