cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

Каракалпакстан 24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24TVтелеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT 👉 Реклама: @MADRID_333

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
291
مشترکین
اطلاعاتی وجود ندارد24 ساعت
-77 روز
-2230 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Пүткил Өзбекстан бойлап "метан заправка"лар ашылмақта. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
👍 1
❗️Ucell компаниясына шағым Баслаўшы Қыдырнияз Бабаниязов ҳәзирги ўақытта Ucell компаниясында байланыс төменлеп кеткенлиги бойынша шағым етип видеомүрәжат жоллады. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
👍 1
❗️Жоқары оқыў орнына оқыўға кириўде кимлерге жеңиллик бериледи? Төмендеги абитуриентлер жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде жеңилликке ийе: 🟢 Қураллы Күшлер әскерий хызметкерлериниң перзентлери; 🟢 Халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалар, таңлаўлар ҳәм жарыслар жеңимпазы болған питкериўшилер; 🟢 Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық лауреатлары; 🟢 «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының ийелери; 🟢 «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы» республикалық таңлаўының жеңимпазлары; 🟢 Медицина мәкемелери мийирбийкелериниң «Мийирбийке» республикалық таңлаўы жеңимпазлары; 🟢 «Ниҳол» сыйлығының лауреатлары; 🟢 Өзбекстан жаслар аўқамы республикалық комиссиясы (педагогика бағдарларына) берген усыныснама ийелери; 🟢 Қураллы Күшлер қатарында әскерий хызметти өтеп, әскерий усыныснамаға ийе болғанлар; 🟢 Шет тилин билиў дәрежеси ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги В2 ҳәм оннан жоқары дәрежели сертификатқа ийе абитуриентлер; 🟢 Әскерий бөлим командирлиги ҳәм Жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми усыныснамасына ийе болғанлар; 🟢 Исҳоқхон Ибрат атындағы шет тиллерине қәнигелестирилген мектеп-интернатының пүткил оқыў дәўирин айрықша баҳаларға оқыған питкериўшилери; 🟢 Қәнигелиги бойынша 5 жыл жумыс стажына ийе ҳаял-қызлар; 🟢 Мүтәжлиги бар шаңарақлардағы ҳаял-қызлар; 🟢 Ишки ислер уйымларында 3 жылдан артық жумыс стажына ийе профилактика (аға) инспекторлары; 🟢 Экономика тармақларында кеминде 5 жыл жумыс стажына ийе пуқаралар; 🟢 Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети жанындағы академиялық лицейдиң питкериўшилери. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
👍 1
Қарақалпақстан Республикасынан “Зульфия” сыйлығын қолға кириткенлер: Худайбергенова Гулшинар Жангабаевна — Нөкис қаласындағы 1-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бақсышылық жөнелиси оқытыўшысы Коканова Нурсулыў Женисбай қызы — Қарақалпақ мәмлекетлик университети шет тиллери факультети филология жөнелиси 4-басқыш студенти. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
👍 1
Баслық қандай жағдайларда хызметкерди жумыстан босата алмайды? ❗️Мийнет кодексиниң 163-статьясына бола, төмендеги жағдайларда жумыс бериўши хызметкерди жумыстан босата алмайды: 🔸усы Кодексте ямаса басқа нызамларда көрсетилмеген тийкарлар бойынша; 🔸усы Кодекстиң мийнет ҳәм жумыс тараўында кемситиўди қадаған етиўши талапты бузатуғын болса; 🔸хызметкердиң ўақытша мийнетке жарамсызлық дәўиринде; 🔸хызметкер мийнет дем алысында болған дәўирде; 🔸хызметкер мәмлекетлик ямаса жәмийетлик миннетлемелерин орынлап атырғанлығы себепли жумыста болмаған дәўиринде; 🔸хызметкер хызмет сапарында болған дәўиринде; 🔸ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм үш жасқа шекемги баласы бар хызметкерлер ушын белгиленген кепилликлер бузылғанда. ☝️Бирақ, егер кәрхана жабылғанда ямаса жеке исбилермен жумысын тоқтатқанда 3-7-бәнтлердеги жағдайлар бойынша хызметкерлерди босатыўға болады. ⚠️ Егер Сизди нызамға қайшы түрде босатып жиберсе ямаса басқа мийнет ҳуқықларыңыз бузылса, жасаў жериңиздеги Мийнет инспекциясына (71-200-06-00) ямаса Әдиллик бөлимине (қысқа номери 1008) ямаса прокуратураға (қысқа номери 1007) шағым етиң. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
❗️Алматыда 5 баллы жер силкиниў болды. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
⚡️ “Bir Qadam”: Jo’natmalarni O‘zbekiston bo‘ylab 1 KUNda yetkazib berish xizmati! UzPost milliy pochta operatorida qulay “Bir Qadam” xizmati mavjud. U orqali atigi 1 KUN ichida O'zbekiston viloyatlari o'rtasida jo’natmalar yetkazib beriladi. Batafsil: https://uz.post/uz _ ⚡️ «Bir Qadam»: Услуга доставки по всему Узбекистану за 1 ДЕНЬ! У Национальной почтовой службы UzPost есть удобная услуга «Bir Qadam». С ней можно доставить отправления между областями Узбекистана всего за 1 ДЕНЬ. Подробнее: http://uz.post Реклама
نمایش همه...
⛽️ АИ-80 маркалы бензин АИ-92 ямаса АИ-95 деп сатылса төмендеги исеним телефон нөмерлерге шағым етсеңиз болады: ▪️“Энергияинспекция” исеним телефон номери: +99871200-02-86 ▪️“O‘zbekneftgaz” исеним телефон номери: +99871233-28-88 ▪️”Қарыйдарлар ҳуқықларын қорғаў” комитетиниң исеним телефон номери: +99871207-48-00 ▪️Энергетика министрлигиниң исеним телефон номери: +99871231-81-18 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
❗️Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми хызметкерлери ис ҳақынан 1 % социаллық салық төлейди 2030-жыл 1-январға шекем мектепке шекемги ҳәм мектеп тәлими системасындағы мәкеме ҳәм шөлкемлердиң (министрлик орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлеринен тысқары) бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын ис ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерге социаллық салық ставкасы 1 % муғдарында белгиленеди. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
👍 1
⚡️2024-жыл апрелден баслап Нөкистен Бухара, Самарқанд, Үргениш, Ферғана ҳәм Мойнаққа самолёт қойылады ✅ Президенттиң ПҚ-66-санлы қарары менен тастыйықланған «Жол карта»ның 20-бәнтине тийкар, 2024-жыл апрель айында Нөкис-Бухара- Нөкис, Нөкис-Самарқанд- Нөкис, Нөкис-Ферғана-Нөкис, Нөкис-Мойнақ-Нөкис, Нөкис-Үргениш- Нөкис жөнелислери бойынша авиақатнаўлар жолқа қойылады. ✈️ Бул жөнелислерде авиақатнаўлар ушын тазадан сатып алынып атырған L-410 маркалы самолётлардың биреўи Қарақалпақстан Республикасына ажыратылады. ☝️Сондай-ақ, «Жол карта»ның 21-бәнтинде Нөкис-Алма-ата-Нөкис жөнелиси бойынша да авиақатнаўды жолға қойыў мәселеси бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизилиўи белгиленген. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...