cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

ЛАБИРИНТ

Мои мысли о жизни

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
307
مشترکین
-224 ساعت
اطلاعاتی وجود ندارد7 روز
+130 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Repost from ЛАБИРИНТ
Photo unavailableShow in Telegram
👍 1
Repost from ЛАБИРИНТ
Photo unavailableShow in Telegram
Голланд халқының сарайдай уйлери болмаса да ықшам ғана уйлериниң есиклериниң алдын безеў бойынша нәше менен фантазиялары Чех халқынан қалыспайды екен...
نمایش همه...
1
Чех танысларымыз ҳәм досларымыздан  мен бәрҳа: "Мийнет дем алысыңызды қалай өткересиз?" - деп сорайман. Соңғы  ўақлары  бул сораўға  берилетуғын  жуўапларын  билип  тураман. Себеби,  олар  ҳәмме-ҳәммеси  мийнет  дем алысларында,  әлбетте  саяхатқа  шығады. Узақ  еллер,  қоңсылас  мәмлекетлер  яки  усы  Чехияның  өзиниң  қалаларын  аралайды. Төбесине  велосипедлерин  жайғастырып,  көпшилиги  өз  көликлери  менен жолға  шығады. Үй  ийеси  Драгомир  Техника  Университетинде  профессор,  қәнигели   қурылыс  тараўы, Зденка  - врач-терапевт. Мен  оларға  мийнет дем алысы туўралы  сораўымды  бергенимде,  жуўаплары  қатты  таңландырды. "Бизлер   ҳеш  ўақытта, арнаўлы  түрде,  еки  ҳәптеге  теңиздиң бойында дем алып қайтайық демегенмиз. Екеўмиздиң  де  жумысларымызға  байланыслы  тез-тез  конгресслер  болып  турады. Драгомирдиң  конгресслери  дүнья  жүзи  бойлап  болатуғын,  халықаралық  конгресслер. Медицина  темасы  бойынша  көбинесе,  Чехия  қалаларында  өткериледи. Сол  ўақлары,  мен  Драгомир менен, Яки  Ол  мениң  менен  бирге  конгресслерден  айналамыз. Сол  есап  пенен  дүнья  жүзиниң  жүдә  ҳәм  көплеген  мәмлекетлеринде  болдық" - деген бизлер  ушын таң  қаларлық  жуўапты  еситтик. Соннан  мениң,   "Қайсы  мәмлекетлерде  болдыңыз?"  -  деген  сораўыма,  сан  есабына    еслеў  қәбилетим  жетпей  қалған  мәмлекетлерди  дизип  кетти. "Түсиникли" - дедим. Бизлердиң  Өзбекстаннан  екенимиз  ушын, буннан  бес  жыл  бурын  Алма-Ата  қаласында  өткерилген  медицина  темасына  арналған  конгрессти  көп еске  алады. Драгомир  Университеттеги  жумысынан  басқа  өз  алдына  көплеген  проектлер  менен де шуғылланады  екен. Сол  проектлери  себеп, Япония  ҳәм Қытай  мәмлекетлеринде  көп ўақытлар турақлы  жасап ҳәм жумыс  ислеген. "Жылына  орташа  қанша конгресслерге  қатнасасыз?" - деп  сорадым. "Карантиннен  алдын,  жылына 4-5  конгресслерге  қатнасатуғын  едик"  -  деп  бизлерди  және  таңландырды. "Қытайда  досларым  көп. Олар  мени  қонаққа  шақырып  атыр. Мениң  де  досларым  менен  ушырасқым  келеди,  бирақ,  әттең,  жоллар  жабық"  -  деп  Драгомир  жуўап  айтты. Мен,  ҳәр  сапары,  бул  жақта, Чехияда,  қандай  да  бир  унамлы,  жақсы  хабар  еситсем,   "Қудайым-ай,   аўылымда  да  усылай  болғай. Мениң  халқым  да  усы  жақсылықларға  ылайық!" -  деп  тилек  тилеймен,  нийет  етемен. Аўылымның  медиклери  де,   устазлары  да,  улыўма  ҳәмме  кәсип  ийелери   халықаралық  конгресслерден-конгресслерге  қатнасып,  тәжирийбелер  алмасып,  ел  көриўлер  несийип  ете  бергей!!! 2020
نمایش همه...
👍 1🙏 1
Нидерланды  киношылары  тәрепинен түсирилген "ДИРИЖЁР"   фильминдеги  айырым  фразалар  данышпанлардың  афоризмлери  сыяқлы  қабылланады: - Не отчаивайся.  Сдуй  с  себя  пыль  и  начни  заново - -  Руўҳыңды  түсирме.  Үстиңниң  шаңын  қағып,  сәтсизликке  ушыраған  исиңди  қайтадан  басла. -  Одна  женщина  перед  сотней  мужчин.  И  потеть  тоже  нельзя  - -  Нашар  адам  жүз  еркектиң  алдында  дирижёрлық  етип  турғанда  терлеўге  де  болмайды. -  Я  не  могу  сдаться.  Лучше  умереть  пытаясь  чем  не  пытаться - -  Мен  дирижёр  болыў  арзыўымнан  ўаз  кеше  алмайман.  Мени  жәмийеттиң  тән  алыўы  ушын  ҳәрекет  етиўим  керек. -  Бах  говорил  языком  Бога - -  Бах  өз  музыкасын  Қудайдың  тилинде  жазды. -  Скрывать  правду  о  чём то,  это  тоже  ложь? - -  Ҳақыйқатлықты  жасырыў - бул да  жалған  айтыў  менен  бир  емес пе?. -   Стержневая  основа  личности  что  надо.  Заколка  в  ежедневном  преодолевании  снова  и  снова. - -  Адамның  нийети  ҳәм  арзыўлары  оның  руўҳының  темир  өзеги  болады - ол  қашан  өз  мақсетине  ерискенше  ҳәрекет  ете  береди. -  Жена  дирижёра  Меньгелберга  была  фантастической  певицей. Она  больше  не  поёт. Любовь  уничтожила  её. - -  Дирижёр  Меньгелбергтиң  ҳаялы  әжайып  қосықшы  еди. Бирақ  ол  сахнаға  шыққанды  қойды. Мухаббат  оның  талантын  өлтирди. "Дирижёр"  деп  аталатуғын  көркем  фильмди  тамашалап  болып,  фильм  қаҳарманының  өз  арзыў-әрманларына  жетиў  ушын  болған  қыйыншылықлары,  умтылыўлары  ҳаққында  ойланып  қалдым. Дүнья  жүзинде  дирижёр  ер  адамлар  болады,  қыз  баллар  дирижёр  бола  алмайды  деген  пикирлер  қәлиплесип  кеткен  ўақлары  өз  мақсетине  жеткен  қаҳарман  қызға  ҳәўесим  келди. Бизиң  аўылларда,  "Сол  қыз  көринбей  кетти" - деп  бир  жарық  етип  шыққан  талант  ийелерин  излестирип  атамыз. Соң  еситсек,  турмысқа  шығып,  хожалық  болғаннан  соң,  жазыў-сызыў  да,  яки болмаса  сахнаға  шығыў  да  қалып  кеткен  екен. Бизлер  бундай  жағдайларды: - "Турмыс  жеңип  кетти" - деп  айтамыз. Бул  фильм  өмирде  болған  ўақыяға  арналған  фильм.
نمایش همه...
👍 1
"БЕРЕКЕТ, сен қай жерге барасаң? ҚӘНӘӘТ бар жерге бараман!" Гүлнара ИБРАГИМОВА
نمایش همه...
👍 1🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
👍 4 3
Photo unavailableShow in Telegram
👍 5
Саадийдиң "Гүлистанын" қарақалпақшалаўға бул шығарманың Р.М.Әлиев тәрепинен таярланған фарсы тилиндеги тексти ҳәм русшаға сөзбе-сөз аўдармасы (Саади.Гулистан. Москва,ИВЛ,1959) тийкар болды. Соның менен бирге бул шығарманы бизден бурын түркийге салған Сайфи Сарайының (Х|V әсир), Муҳаммад Риза Әгаҳийдың (Х|Х әсир) тәжирийбелери есапқа алынды. Дүнья әдебияты дүрданаларының бири болған Шайх Саадийдиң "Гүлистан" - атлы бул Шаҳ әсары менен Қарақалпақ оқыўшыларының перде артынан болса да танысыўына бул аўдарманың пайдасы тийип қалар деп үмит етемиз. Аўдармашы Сағынбай ИБРАГИМОВ t.me/katharsis_nukus
نمایش همه...
👍 3🔥 1
«Адабиёт  оламида ўлим йўқ; бунда  марҳумлар ҳам, худди  тириклар каби ишларимизга аралашиб, ўзимиз  билан  ёнма-ён  юрадилар.»               Буюк рус ёзувчиси  Гоголнинг адабиёт ҳақидаги мақоласидан....
نمایش همه...
👍 2
Ёлғонларни ёқтирмайман, лекин ҳақиқатлардан ҳам бездим. © Виктор Цой
نمایش همه...
ТилиҒирром

#Иқтибос Ёмғирдан қочиб қутулиб бўпсан, агар у ичингда ёғаётган бўлса. © Виктор Цой 💦 Янада зўрлари @tiligirrom каналида - уланинг ва улашинг:👇

https://t.me/joinchat/AAAAAEICRY7zsvr_wNW5XQ

یک طرح متفاوت انتخاب کنید

طرح فعلی شما تنها برای 5 کانال تجزیه و تحلیل را مجاز می کند. برای بیشتر، لطفا یک طرح دیگر انتخاب کنید.