❗️ «Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң стипендиясы» енгизиледи
«Админстративлик реформалар шеңберинде жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыўын нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент
қарары қабыл етилди
🔰 Қарарға бола:
🔹2023–2024-жыларда “Жаслар дәптери” системасы арқалы жасларға көрсетилетуғын
социалық-экономикалық хызметлер түрлери 1,5 есеге шекем арттырылады;
🔹жасларға социаллық-экономикалық хызметлерди көрсетиўде олардың қәбилетинен нәтийжели пайдаланыўға қаратылған
социаллық шәртнамалар әмелияты енгизиледи;
🔹мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң жасларды қоллап-қуўатлаў системасы
"Жаслар балансы" тийкарында жаслардың социаллық жағдайы, қызығыўшылығы ҳәм машқалаларынан келип шығып жолға қойылады.
🔢
2024-жыл 1-январьға шекем спорт тараўын санластырыў бойынша
24 жөнелистеги мәлимлеме системаларын өз ишине алған
“ERP Sport” бирден бир электрон басқарыў системасы иске түсириледи. Бунда:
▫️
спорт тараўындағы қәрежетлер системада ашық-айдын түрде көрсетиледи.
🗓 2023-жыл 1-июльдан:
🔸спортшы идентификация карталары ушын төлемлер муғдары
үш есеге кемейтилип, олардан пайдаланыў мүддети
5 жыл етип белгиленеди;
🔸
“Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң стипендиясы” енгизиледи. Бунда:
➖стипендия муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының
3 есеси етип белгиленеди;
➖усы стипендия тайынланған спортшыларға Президенттиң
тийисли қарарында белгиленген тәртипте
өзин-өзи бәнт етиў ҳуқықы бериледи.
✅
2024-жыл 1-марттан баслап спорт түрлери бойынша өткерилетуғын рәсмий жарыслар, Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубогында қатнасыўы ушын спортшылардың тийислилиги ҳәм олардың көнликпесин
идентификация карталары (ID-карта) арқалы анықлаў тәртиби енгизиледи.
📌 Қарарға бола, Олимпия ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынлары, олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери
(жас категориялары) бойынша жәҳән чемпионатларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшылар, сондай-ақ, оларды таярлаған тренерлерди Мәмлекет бюджети қаржылары есабынан
хошаметлеў муғдарлары тастыйықланды.
Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларға Президент Администрация жанындағы Медицина бас басқармасына қараслы болған медицина мекемелеринде бир өмир бийпул медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықы бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter