cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы

Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы Beb-sayt: www.karakalpakstan.travel Facebook: facebook.com/turism.rk Youtube: www.youtube.com/channel/UCuGjtyDO2d E-mail: [email protected] E-xat: [email protected] ☎ 61 222-31-16

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
995
مشترکین
-324 ساعت
-87 روز
-2430 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Усы жылдың 17-18 май күнлери Хожели районында "Мыздахқан муқаддес ҳәм сырлы мәкан" атлы халық аралық фестивалы өткерилди. Илаж Ташкент мәмлекетлик экономикалық университети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы ҳәм Хожели районы ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди. Фестивальдың биринши күнинде дәслеп Ташкент мәмлекетлик экономикалық университети жәмәәти ҳәмде сырт елли делегация ағзалары Хожели районында салтанатлы түрде күтип алынды. Буннан соң фестиваль шеңберинде "Мәдений хабардарлықты асырыў ҳәм экологиялық турақлы туризмди раўажландырыў" темасында халық аралық илимий-әмелий конференция, “Тақыя” халық аралық фестивалы, өнерментлер көргизбеси, атақлы жас дизайнерлердиң миллий кийимлер көргизбеси ҳәмде эстрада атқарыўшыларының қатнасыўында гала концерт болып өтти. Илажда БМТ ҳәмде АҚШ, Қытай, Қубла Корея, Туркия, Ирландия ҳәм Багама атаўлары мәмлекетлериниң рәсмий ўәкиллери, илимпазлары, тараў экспертлери, солар қатарында тынышлық ушын Нобель сыйлығының лауреаты Рае Квон Чунг қатнасты. Халық аралық фестиваль даўам етпекте… 👉 t.me/turizm_kr Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
#Live #Karakalpakstan #Turizm_Xalqaro_anjuman Professor Rae Kwon Chung, IPPC Tinchlik uchun Nobel mukofoti sohibi:
"Koreyada ekoturizm kapitalini rivojlantirish yo'lida aholi ta'siri yuqori hisoblanadi. Ba'zi shaharlariga tashrif buyuradigan turistlar soni istiqomat qiladigan aholi sonidan bir necha borobar yuqori. Bunga asosiy sabab Koreyaning asosiy moliyaviy kapital rivojiga hissa qo'shayotgan go'zal tabiati va diqqatga sazovor sanoat majmualaridir. Bu muvaffaqiyatli hikoya osonlik bilan barpo bo'lgan emas. Dunyoda iqlim o‘zgarishining salbiy ta'siri oshib borayotgan bir paytda Koreyada aholini tabiatga bo'lgan do'stona munosabati barqaror taraqqiyotiga hissa qo'shayotgan muhim omillardan biri hisoblanadi".
Bizni kuzatib boring: 🚀@tsueuzofficial
نمایش همه...
02:46
Video unavailableShow in Telegram
#no_comment Мийманларымыз Хожели районы ҳәкимлигине жетип, "Мәдений хабардарлықты асырыў ҳәм турақлы экологиялық туризимди раўажландырыў" атамасында халықаралық илимий-әмелий конференциясында қатнаспақта. Каналға ағза болыў 👉@xodjeyli_rk👈
نمایش همه...
00:48
Video unavailableShow in Telegram
#no_comment Өзбекстан мәмлекетлик экономикалық университети жәмәәти ҳәм сырт елли делегация ағзалары Хожели районында салтанатлы түрде күтип алынды. Мағлыўмат орнында: 17-18 май күнлери аралығында Хожели районында "Мыздахқан муқаддес ҳәм сырлы мәскан" атлы фестивали болып өтеди. Каналға ағза болыў 👉@xodjeyli_rk👈
نمایش همه...
Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласына жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Нѳкис-Стамбул-Нѳкис»  авиарейсиниӊ 5 абзаллық тәрепи: ⏰ 1.  Ўақытыӊыз ҳәм пулыӊызды тежейсиз Салыстырыў ушын: 3 июнь күнги «Ташкент-Стамбул-Ташкент» рейсиниң бүгинги ең арзан билет баҳасы 3 327 704 сум болса, Нөкистен ушатуғын рейске билетти 2 396 496 сумға алыў имкәнияты бар. Буннан тысқары, егер Ташкент қаласы арқалы ушатуғын болсаңыз Ташкентке барып-қайтыў транспорт қәрежетлери, мийманхана, аўқатланыў қәрежетлери де қосылады. ✈️ 2.  Стамбул аэропорты - халық-аралық авиахаб. Стамбул аэропорты аркалы дүньяныӊ 120 дан аслам мәмлекетлериниң 300 ден аслам қалаларына барыў имкәниятына ийе боласыз. ✅ 3. Стамбулдың өзине саяхат. Жаңа авиарейс артықша қәрежетлерсиз көп әсирлик тарийх, мәдений мийрас ҳәм дыққатқа ылайық орынларға бай болған Стамбулдыӊ әжайып атмосферасы менен танысыў имкәниятын береди. 📍 4. Туркия Республикасы менен саўда, бизнес имкәниятлары кеңейеди. ❤️ 5.  Қарақалпақстанда туризм тараўының раўажланыўы ушын қосымша имкәният. Артықша қәрежетлерсиз саяхат етиў имкәниятын ѳткерип жибермеӊ! 🌐 Билетлерди www.uzairways.uz сайты арқалы онлайн алыў имкәниятына ийесиз. 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.
نمایش همه...
04:19
Video unavailableShow in Telegram
Ҳүрметли, қарақалпақстанлы жаслар! Сизлерди бүгин, саат 18:00 де Бозатаў районы орайлық стадионында болып өтетуғын Бозатаў ФЕСТ — Жаслар ҳаўазы фестивалының жеңимпазларын сыйлықлаў ҳәм салтанатлы жабылыў мәресимине мирәт етемиз. Сыйлықлаў мәресиминде өзбек ҳәм қарақалпақ эстрада жулдызлары қатнасыўындағы гала-концерт бағдарламасы да орын алған. — Ҳурматли қорақалпоғистонтонлик ёшлар! Сизларни бугун, 18:00 да  Бўзатов тумани Марказий стадионида бўлиб ўтадиган “Бўзатов Fest” – Ёшлар овози танловининг республика финал босқичи иштирокчиларини тақдирлаш ва  тантанали ёпилиш маросимига чорлаб қиламиз. Тақдирлаш маросимида ўзбек ва қорақалпоқ эстрада юлдузлари иштирокидаги гала-концерт дастури ҳам ўрин олган. 👉 t.me/turizm_kr Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
نمایش همه...
00:55
Video unavailableShow in Telegram
17- май күни Хожели районында "Мыздахқан муқаддес ҳәм сырлы мәкан" фестивали шеңберинде эстрада жулдызлары қатнасыўында Гала концерт өткериледи Басланыў ўақты саат 18.00де 👉 t.me/turizm_kr Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи 95 жаста 17-май күни Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң 95 жыллығы мүнәстбети менен Бердақ атындағы академиялық музыкалы театрында концерт бағдарламасы болып өтеди. Басланыў ўақты саат 11.00де Каналға ағза болыў: t.me/kar_anons
نمایش همه...