cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

XALÍQ USHÍN ⚖️

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
32 714
مشترکین
-1324 ساعت
+4317 روز
+2 82830 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

❗️Жерди лазерли тегислегенлерге ҳәр гектарына жумсалған жанылғы-майлаў материаллары қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи 💰Қарақалпақстанда жерди лазерли тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў режелестирилген. Яғный, пахта, дәнли егин ҳәм салы жетистириўшилерге ҳәр бир гектар майданына жумсалған жанылғы-майлаў материаллары қәрежетлерин 100% ке шекем қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен субсидия бериледи. 🗓 Биринши басқышта бул Төрткүл, Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларында әмелге асырылады. Бундай майданларда өнимдарлық орташа 5-7 центнерге артады ҳәм суў 15-20% ке тежеледи. 🔔 Жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
نمایش همه...
👍 13🕊 4🤨 2👏 1
⚡️Жер астынан алынып атырған суўға «счетчик» қоймағанлар жәриймаға тартылады ❗️Президенттиң 07.12.2022-жылдағы ПҚ-439-санлы қарары менен жер астынан суў алыў қурылмаларына (скважина, қудық) суў есаплағыш (счетчик) орнатыў шәрт етип қойылды. суў есаплағышлар орнатылмаған ҳалда жер астынан суў алып отырған шахсларға жәрийма қолланылыўы белгиленген. 🚫Усыған көре, Президенттиң 07.05.2024-жылдағы ПП-74-санлы Пәрманы менен қудықларға счетчик орнатқанлығы жағдайын 3 айдың ишинде үйренип, «счетчик»сиз жер асты суўынан пайдаланып отырған шахсларға жәрийма салыў белгиленген. Сондай-ақ, қағыйданы бузғанлардын суўдан пайдаланыўы ўақытша шекленеди.
☝️Бирақ, бунда итибарлы жери, «счетчик» орнатыў талабы жеке өзи ҳәм хожалығы ушын суткасына 5 куб метрге шекем муғдарда жер асты суўынан пайдаланып отырған пуқараларға тийисли емес. Яғный олар қудықларына суў есаплағышын орнатыўға мәжбүр емес. Соның ушын оларға жәрийма қолланылмайды.
💡Мағлыўмат ушын. ҲЖҲКтиң 74-статьясына тийкар, жер асты суўларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў пуқараларға БЕМның 2 есесинен (680 мың сумнан) 5 есесине (1,7 млн сумға) шекем, лаўазымлы шахсларға – 5 есесинен (1,7 млн сумнан) 7 есесине (2,3 млн сумға) шекем жәрийма салыўға себеп болады. 🔔 Жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
نمایش همه...
🤯 47😱 23👍 21🤨 9🔥 4👀 3🤩 2 1🏆 1
🌟Tek 3 kún, 10-11-12 may kúni idea'da texnika ayına 99 000 sumnan! 🔻 Premier Xolodilnik99 000 sumnan 🔻 32 Smart Tv99 000 sumnan 🔻 Ferre Gaz Plita99 000 sumnan 🔻 Redmi 13C (4/128) – 99 000 sumnan 🔻 Honor X6a (4/128) – 99 000 sumnan 🔻 Vivo Y03 (4/128) – 99 000 sumnan 🔻 TECNO Spark 20 (8/128) – 99 000 sumnan Sorawlar boyinsha: 📞 71 230-77-99 | Чат Instagram | Дўконларимиз
نمایش همه...
👍 32🤩 4 2
❗️Жумыссыз пуқаралар төлейтуғын алимент муғдары көбейди Шаңарақ кодексиниң 140-статьясына бола, егер алимент төлеўши усы дәўирде ислемеген болса ямаса оның ис ҳақы ҳәм (яки) дәраматын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер жоқ болса, алимент қарызы өндирилип атырған ўақытта Өзбекстандағы орташа айлық ис ҳақы муғдары бойынша есаплап шығарылады. ☝️Яғный, алимент төлеўши ҳеш жерде рәсмий (приказной) ислеп атырған болмаса ямаса ҳүжжетсиз ислеп жүрген, бирақ дәраматының анық есабын шығарыў имканы болмаса (мысалы, фирма ашпастан үй-жай «ремонты» менен шуғылланып жүрген пуқара айлығын нақ пулда алса оның есабын анықлаў имканы болмайды), оның төлейтуғын алимент муғдары Өзбекстандағы орташа айлықтан келип шығып есапланады. 📈 Статистика агентлигиниң мағлыўматына қарағанда, Өзбекстанда орташа айлық муғдары көтерилген болып, бүгинги күнде ол 5 519 392 сумды қурайды. Алдын ол 4,5 млн әтирапында еди. ❗️Енди орташа айлық көтерилгеннен кейин жумыссыз алимент төлеўшилердиң төлейтуғын алимент муғдары да көбейеди. Яғный, бүгинги күн жағдайына Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен жумыссыз пуқарадан ҳәр айда төмендеги муғдарларда алимент өндириледи:бир бала ушын — 1 379 848 сум; ✅еки бала ушын — 1 839 797 сум; ✅үш ҳәм оннан артық балалар ушын — 2 759 696 сумнан кем болмаған муғдарда. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
نمایش همه...
👍 43😭 6🆒 5🤨 4👀 3 2
⚠️ Газ ҳәм «свет»тиң «счетчигин» мәмлекет қурып бериўи керек Министрлер Кабинетиниң 12.01.2018-жылдағы 22-санлы қарарына тийкар газдың есаплағышын Аймақлық газ кәрханасы, ал электр энергиясының есаплағышын Аймақлық электр тармақлары кәрханасы өзлериниң есабынан орнатып бериўи керек. ☝️Өзбекстанның айырым блогерлери бул ҳаққында видеотүсиник берипти. ❗️Биз каналымызда алдын бул ҳаққында толық түсиник жазып едик. Оны оқыў ушын мына силтемеге кириң. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
نمایش همه...
👍 47 6👏 2 1 1🤯 1
⚡️1-июлдан баслап Суў хожалығы министрлиги симтемасы хызметкерлериниң айлығы көбейеди 💰Президенттиң 07.05.2024-жылдағы ПП-74-санлы Пәрманына тийкар, 2024-жыл 1-июлдан баслап Суў хожалығы министрлиги ҳәм оның симтемасындағы шөлкемлер хызметкерлериниң бирден бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына муўапық лаўазым айлығын белгилеўде тариф коэффициентлери арттырылған муғдарда ҳәм 2025-жылдан баслап көп жыллық мийнети ушын хошаметлеў коэффициентин есапқа алған ҳалда лаўазым айлығына белгиленген коэффициентлерде ҳәр айлық үстемелер қолланылады. ☝️Яғный, 1-июлдан баслап тариф коэффициентлери арттырылған муғдарда есапланады, ал 1-январдан баслап болса, көп жыллық («выслуга лет») мийнети ушын қосымша үстеме төленеди. 📑 Сүўретлерде қайсы мәкемеге қанша коэффициент ҳәм «выслуга лет» муғдары қолланылыўы көрсетилген. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
نمایش همه...
👍 34 6🤩 3😢 2
❤️ Балалардың Қарақалпақстан гимнине реакциясы Социаллық тармаққа жүкленген видеода бақша балаларының гимн қойылған ўақытта тәртип пенен турып тыңлағанын көриў мүмкин. Дерек 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
نمایش همه...
👍 204🔥 124 33👏 26🥰 11🤩 5🎉 1
❗️Педагоглар судқа арза жазғанда бажы төлеўден азат етилди ✅ 01.02.2024-жылы қабыл етилген «Педагогтың статусы ҳаққында»ғы Нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға киргизидген қосымшаларға тийкар, педагог хызметкерлер: ✔️Пуқаралық ислери бойынша судларда – педагогикалық искерлигин әмелге асырыў барысында өзиниң абройы ҳәм ар-намысын қорғаў менен байланыслы ислер бойынша; ✔️Ҳәкимшилик судларда – педагогикалық искерлигин әмелге асырыў барысында олардың ҳуқықларын бузған мәмлекетлик органлардың қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиў менен байланыслы ислер бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
نمایش همه...
👍 19👌 3🔥 2🤨 1🤗 1
🇺🇿«2023/2024 ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ ЕҢ ҮЛГИЛИ МЕКТЕБИ» «НЕ ЖАҢАЛЫҚ» телеграм каналы Қарақалпақстан Республикасының ең үлгили ҳәм ең белсенди мектебин анықлаў ҳәм де оларды сыйлықлаў мақсетинде социаллық сораўнама өткереди. Социаллық сораўнама 2 басқышта болып өтеди ҳәм жеңимпаз @mekteplerbot телеграм ботында даўыс бериў жолы арқалы анықланады. 😀-басқыш аймақлар бойынша болып өтеди. Бул басқышта қайсы мектеп өзиниң қаласында ямаса районынында даўыслар саны бойынша 1-орынды алып, жеңимпаз болса, сол мектеп 2-басқышқа өтеди. 😅-басқыш республикалық тәризинде болып өтеди. 1-басқышта Нөкис қаласы ҳәм районлар бойынша жеңимпаз болған жәми 17 мектеп 2-басқышта өз-ара беллеседи. 🤝-басқыш 7-16-май күнлери; 🤝-басқыш 18-22-май күнлери болып өтеди. 🎉 Республикалық басқышында 1-2-3-орынды алған мектеплер шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. 👉МЕКТЕПКЕ ДАЎЫС БЕРИЎ
نمایش همه...
👍 13👏 2🤨 1
⚡️Билимлендириў тараўы реформасы бойынша жаңалықлар! ☑️ Сыртқы тәлим формасы жабылады. Яғный сыртқы тәлим формасы басқышпа-басқыш аралықтан оқыў (онлайн) формасын кеңейтиў ҳәм узайтырылған тәлим формасын енгизиў арқалы сапластырылады. ✅ Оқыўға грант тийкарында киргенлер екинши курстан баслап рейтинг көрсеткишлери бойынша ең жоқары нәтийжелерди көрсетсе ғана грантта оқый алады, егер көрсеткиш төмен болса, контракт болып қалады; ✅ Мақсетли квота ҳәм жеңиллик тийкарында оқыўға кирген студентлер социаллық хошаметлеўши грант тийкарында толық бийпул оқытылады;ЖОО қабыллаў еки басқышта өткерилетуғын болды: биринши – дизимнен өтип пәнлерди сайлайды, екинши – тест нәтийжесине қарап тәлим бағдарын ҳәм оқыў орынын сайлайды. 🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
نمایش همه...
👍 32👀 6😭 3 2🤩 2🆒 2