cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

Халық айнасы

18 + интернет журнал Аллам ақ жүзимди жарық етсин! Ата-бабаларым руўхы қолласын! Алла билгиўшидир! Алладан ҳеш ким уллы емес! Дос-душпанға кулки қылмағайсаң мени жаратқан Аллахым. Канал 26.05.2020 @XaLabbayBot

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
1 894
مشترکین
+424 ساعت
+27 روز
+2130 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

01:15
Video unavailableShow in Telegram
29.24 MB
Repost from Nukus.uz
02:26
Video unavailableShow in Telegram
"Пособия"ны жыйнап 10 тигиў машинасын алған ҳаял... "Қызыл қум"лы Рано әнейи ҳаял емес. Ол туўылған ўақыттан-ақ, тәғдир сынақларына душар болған. Өзиниң шаққанлығы, турмысқа исбилермен көзи менен қарап, қыйыншылықларға мойымай ҳәрекет етти. Бүгин де оның қолынан дөрелген миллий кийимлердиң базары шаққан. Оның идеялары менен тигилген миллий нағыслы, қурақ көрпе-көрпешлер, тақыя, шапанлар ҳәм көйлеклерди саяхатшылар Қарақалпақстаннан миллий бренд, естелик сыпатында еллерине алып кетеди. -Ишки базарымызды толтырып қойғым келеди. Бирақ, менде ўақыт жоқ. Талап бар мен биреўмен ғой. Ҳәзирги күнде он шәкирттиң устазыман. Сонда да қол жетиспейди,-дейди Рано апа. Даўамы бар.. https://t.me/nukuspress
نمایش همه...
25.33 MB
👍 5
Photo unavailableShow in Telegram
👍 20🏆 1😇 1
01:24
Video unavailableShow in Telegram
-Неге ҳәмийше күлип жүресең? Сен ҳәмийше бахытлы жасайсаң ба? -Себеби мениң үш сандық китапларым бар. Түслерим киби китапларымда мени алдамайды. Мен бахытлы болмай ким бахытлы болсын?! Мен еле баламан, телевизордан мультфильм көретуғын. Мен еле баламан, ертеклер оқыйтуғын ҳәм бәршесине исенетуғын. Э.Сагалтдинова https://t.me/xallabay
نمایش همه...
32.25 MB
👍 16🥰 4👎 1
yulduz-usmonova-xasrat_(uzhits.net).mp36.59 MB
👎 1
Быйыл жоқары оқыўға тапсырыўшылар ушын онлайн тест имтиханлары екен. Тәўекелге бел байлап, билимлериңизди сынап көрсеңиз болады. Яғный,көзи ҳәм ақылды үйретип, биринши тәжрийбе сыпатында тест сораўларына жуўап бериң
نمایش همه...
👍 1
⚡️RASMAN: IMTIHON MARKAZI TOMONIDAN MAXSUS ONLAYN TEST TASHKIL ETILMOQDA!Biz endi yangi formatga o'tamiz!Bu testda eng "свежий" testlar bor!Yakunda hammaga sertifikat beriladi! 📆 Juma, 31-may kuni @imtihonmarkazi hamda OLIYGOH.UZ tomonidan 8⃣-onlayn test tashkil etiladi. Testlar sifatiga 100% javob beriladi. Kirish imtihonlariga tayyorgarlik ko'rayotgan barcha abituriyentlar ishtirok etishi shart! 📆 Test vaqti: 31-MAY 💳 Ishtirok etish narxi: BEPUL 📲 Ro‘yxatdan o‘tish shart Yo‘nalish tanlang va ro‘yxatdan o‘ting: 👉 Huquq + Ingliz tili 👉 Ingliz tili + Matematika 👉 Ingliz tili + Ona tili 👉 Kimyo + Biologiya 👉 Matematika + Ingliz tili 👉 Matematika + Ona tili 👉 Matematika + Fizika 👉 Ona tili + Ingliz tili 👉 Ona tili + Matematika 👉 Ona tili + Tarix 👉 Tarix + Geografiya 👉 Tarix + Ingliz tili 👉 Tarix + Ona tili 👉 Biologiya + Ona tili 👉 Biologiya + Kimyo 👉 Kimyo + Matematika 👉 Geografiya + Matematika 👉 Boshqa yo‘nalish tanlash 👉 🇷🇺 Ruscha yo'nalishlarni tanlash 👨🏻‍💻Testga ro‘yxatdan o‘tish: 👉 Ro‘yxatdan o‘tish 🔖 Test yakunida sertifikat beriladi!
نمایش همه...

03:59
Video unavailableShow in Telegram
Он миллион кредит алып, "оптом" кийимлер тарқатыўшы, төрт ҳаялды жумыс пенен тәмийинген Меҳрийбанды таныйсыз ба? Қаламыздағы "Қызыл қум" мәҳәллесиниң ҳаял-қызлар белсендиси тәрепинен жеңиллетилген кредитке усыныс берилип, ҳәзирде М.Джуманиязованың қол астында төрт ҳаял-қызлардың ҳәр бири 3.000.000 аслам дәраматлы болып атыр. Арамыздағы айырым қызларға уқсап, социаллық тармақларда бийкарға ўақытларын өткермей, тигиў машинасында "бахыт көйлеклерин" жаратпақта. Ал Р.Үсенованың қолларынан, кишкене қызларға арналған роза гүлдей шырайлы байрам илажларына арналған көйлеклер тигилмекте. Сайдаханның бир қолында бесик, екинши қолында тигиў машинасы. Бир кредиттиң "кәраматы"нан неше шаңарақлардың қазаны қайнап, үйлерине берекет кирмекте. Ислеймен деген инсан ушын мәмлекет имканият есиклерин ашпақта. Тек ғана бизден ҳәрекет, ықлас болса жетерли. Тилекке қарсы, айрым адамлар жеңиллетилген кредитлерди басқа мақсетлерге пайдаланып, жумыс жоқ болса енди не ислеўимиз керек, дейтуғынларда бар... https://t.me/nukuspress
نمایش همه...
41.57 MB
👍 11🔥 1
00:54
Video unavailableShow in Telegram
Өзи бир штат жумысқа қарақалпақлар жүрегин сыйдырыўымыз керек! Төрт жыл даўамында бүгинге шекем 3000 инсаннан интервью алған екенбиз. 3000 инсан жүрегин қаншелли көрсете алдық оны билмеймен. Тек қана бир нәрсени билемен, бәршемиздиң жүрегимиз бирдейлигин. Қудай хош келмейтуғын ислерден жийиркениў, меҳрийбанлық хош көриў, жақсылыққа тилеклес болыўшы жүреклери бар. Әйне мәўритлерде, қаладағы мәҳәллелердиң бириндемиз. Қуяш төбемизден от болып еспекте. Баклажкадағы муздай суўды ишип атырған бүгинги қаҳарманларымыздың, бет орамал менен жүзин сыпырмақта. Оператор болса кадрларды термекте. Мәҳәлле белсендилериниң бири түслик аўқат музлатқышта турғанын баласына айтып атыр. -Папаң келсе шай демлеп, аўқатты ысытып жей бериң, мен кешлеў қайтаман. Үкеңниң аяғын жуўып ишке киргиз, светлерди өширип қойың....
نمایش همه...
9.45 MB
👍 13🏆 2
02:16
Video unavailableShow in Telegram
Қаракеңди сүйген ҳақыйқатлық пенен ҳәр қандай мәнзилде сиз бенен биргемен! Таўлар мың жыллар жасайды, биз болса таўлардай бәлент арзыўларға талпынып өмир сүремиз. Изимизден таўлар қарап қала береди. Ҳеш нәрсе болмағандай және және адамларды күтип ҳәм хошласып қала береди. Биз болса жыллар өтип жерге айланамыз, таўлардың етегинде мәңги жасаў ҳуқықына ғана ийемиз. Сол ушын әзизим, бүгинги күниңди бахытқа толтыр. Бүгинги күн менен жаса. Ертең биз бенен не болатуғынын ҳеш ким билмейди. Алдынлары сыйқырлы таяқшам болғанында өмиримди өзгертер едим деп ойлайтуғын едим. Ҳәзир қолымда кәраматлы таяқ болғанында ҳеш нәрсени өзгертпей жасаў бахыт екенлигин сезинбектемен. Маңлайға жазылды ма демек бул жолдан өтиўим керек. Кәраматларды жол үстинде адамлар менен бирге жаратып бара беремиз. Керек болса қосықлар айтаман, қәлбим аўырса жылап аламан, күлким келсе күлиўим керек,тойларда йошлы намаларға ойын ойнайман, ашыўлансам қапа екенлигимди билдиремен. Бунда турған ҳеш нәрсе жоқ. Бул жасаў нызамы. Э.Сагалатдинова.
نمایش همه...
23.65 MB
👍 15