cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

ШЕЖИРЕ

Руўхый ағартыўшылық каналы. Уран - Ат сораспақ Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үмметти. Байланыс ушын: @shejireadmin Хатлар ушын. @shejire_bot

نمایش بیشتر
أوزبكستان13 801زبان مشخص نشده استدسته بندی مشخص نشده است
پست‌های تبلیغاتی
1 763
مشترکین
اطلاعاتی وجود ندارد24 ساعت
اطلاعاتی وجود ندارد7 روز
اطلاعاتی وجود ندارد30 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

نمایش همه...
СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ

Соңғы қоңыраў Жас жүреклер сүйип тыңлар бәрҳама, Дүньяда теңи жоқ әдиўли нама, Ҳаўазың жанымда жаңлап бийбаҳа, Ағла тилек айттың, соңғы қоңыраў! Сан мың кеўил артар саған салмағын, Мүмкин бе бәрин көтере алмағың, Ҳадал хызмет етип ҳарып-талмадың, Қағылдың арзыў болып, соңғы қоңыраў! Устаз бенен бирге ҳақ жол тиледиң, Жетилген жаслардың тутып билегин, Алдын бизди шарлап қағылар едиң, Енди гүзетип салдың соңғы қоңыраў! Ул-қызлардың пәк нийетин тыңладың, Хошласыўдың қыйынлығын аңладың, Кеўиллерде өмир бойы…

نمایش همه...
Қарақалпақтың Бес қаласы. 1. Төрткүл (Шорахан) 2. Шаббаз 3. Хожели 4. Қоңырат 5. Шымбай. 👉 @shejireqr
نمایش همه...
نمایش همه...
АЛЛАЯР ДОСНАЗАРОВ ҲӘМ 1924-ЖЫЛҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ АВТОНОМИЯСЫ:

ДӘЎИРЛЕР АСА БИР НӘЗЕР Мәмлекетимиздиң көп әсирлик тарийхынан дәрек бериўши кең қатламлы үрп-әдет ҳәм дәстүрлер Қарақалпақстан халқының өзине тән раўажланыў жолын басып өткени ҳаққында гүўалық береди.   Ғәрезсизлик жылларында усындай уллы, бийбаҳа мийрасларымыздың көпшилик бөлеги қайта тикленип, халқымыздың еркинлиги ҳәм ғәрезсизлиги ушын өз өмирин бағыш еткен инсанлардың исмлерин яд етиў ийгиликли дәстүрге айланып үлгерди.   Қарақалпақстан тарийхында терең из қалдырған көрнекли шахслардың бири Аллаяр Досназаров…

نمایش همه...
Т А М Д Ы

Тамды ҳәкимшилик аймағы 1920-жылы Түркистан Республикасының Әмиўдәрья бөлими қурамында дүзилген. 1921-жылдан Әмиўдәрья бөлиминиң Төрткүл округине кирген. 1928-жылға шекем Қоңырат округине қараған. 1928-жылы округлардың тарқатылыўына байланыслы Тамды аймағы тиккелей ўәлаят (Қарақалпақ ерикли ўәлаяты) қарамағындағы район сыпатында қайта дүзилип, орайы болып Мыңбулақ мәканы белгиленген. Тамды районы дәслепки ўақытта бес аўыллық ҳәкимшиликтен ибарат болған. Бул аўыллық ҳәкимшиликлер болыслықларға бағынған. Соңынан…

​​ҚАЛЫС ХЫЗМЕТ      Әййемги заманда Бағдат көшелериниң биринде өрт тийип, үйлер избе-из жаныпты. Бир үйде нәрестелер қалып кеткен екен, данышпан адам өтип баратырып, ата-ананың жылағанын еситипти ҳәм ҳеш ойланып отырмай, от ишине кирип, балаларды алып шығыпты. Ҳәтте, ҳеш жерине зыян тиймепти. Балалардың ата-анасы қуўанғанынан оған он алтын  сүйинши берсе, данышпан: «Алтынларды алатуғын болғанымда, оттан аман шықпас едим» - деген екен. Дерек; @ahli_sunna_wal_jamaa Канал👉 @shejireqr
نمایش همه...
Канал👉 @shejireqr
نمایش همه...
ПРОЕКЦИЯ Бир күни бир киси өзиниң гөне жайының алдында отырған екен. Сол көшеден өтип баратырған бир адам оны көрип, былай ойлады. "Бул адам бийкар отырыўына қарағанда бийталап ҳәм исжақпас болса керек", - депти. Бираздан соң және бир адам өтип, ол да төмендегише пикирлепти: "Бул адам ҳаял-қызларға ышқыпаз болса керек. Жолдан өткен қызларға қарап отырған шығар", - депти. Тағы биреў өтипти ҳәм ол былай ойлапты: "Бул жүдә мийнеткеш болса керек. Шаршап отырған шығар", - депти. Ҳақыйқаттан да, бизлер үйиниң алдында отырған адам ҳаққында ҳеш нәрсени билмеймиз. Лекин, көшеден өткен ҳәм оған баҳа берген инсанлар ҳаққында пикир билдирсек болады. Биринши адамның өзи жалқаў ҳәм ериншек болса керек. Екиншиси болса, өзи ҳаял-қызларға ыщқыпаз болса керек. Ал, үшиншиси мийнеткеш адам болса керек. Жуўмақлап айтқанда, инсан биреў ҳаққында айтып атырғанда негизи өзи ҳаққында айтып атырған болады. ------------------------------------------ *Проекция - инсанлардағы қорғаныў механизми болып, инсан сыртқы дүньяға өзиниң ишки дүньясында пайда болған түсиниклер арқалы баҳа бериўи. Дерек; @ahli_sunna_wal_jamaa Канал👉 @shejireqr
نمایش همه...
Баяғыда сол умытпасам 1986 жыллары Шымбайда лесхозға орыс пенен кәрислер шошқа атыўға келетуғын еди. Неге атасыз деп сораганымызда гөшин жеймиз дейди. Бизлер жағамызды услап Астағфируллаҳ дедик. Шошқаның гөшин жеўге болмайдыго дедик. Ҳәзир мусылманнан туўылған айырым адамларда бар екен елде. 👉 @shejireqr
نمایش همه...
نمایش همه...
МИЙНЕТ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР

Мийнеттиң көзин тапқан,  Бақыттың өзин табады.  Жалқаў өз үйине өзи қонақ.  Ериншектиң еки досты бар,  Бири уйқы, бири күлки.  Ақылының кемлигин,  Күлки менен жеткерер.  Ырысқалының кемлигин,  Уйқы менен жеткерер. Мийнет пенен рәҳәт,  Екеўи де барабар. Жалқаў қарап отырып шаршайды,  Ериншек етигине сүринеди.  Қазыўдың тебигин теўип турман,  Бирақ реңгеси ҳайран етип тур.  Жол бойының жумысын,  Жолға шықсаң көрерсең.  Адамның қолы – гүл,  Маңлайдың тери – нур.  Ең гөззалық ақыл менен мийнетте,  Солар…

یک طرح متفاوت انتخاب کنید

طرح فعلی شما تنها برای 5 کانال تجزیه و تحلیل را مجاز می کند. برای بیشتر، لطفا یک طرح دیگر انتخاب کنید.