cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

TARIYXTAN SABAQLAR ТАРИЙХТАН САБАҚЛАР

Tariyx, arxeologiya, etnografiya, ádebiyat ilimleri boyınsha ilimiy-ǵalabalıq hám informaciyalıq resurs. Kanal avtorı tariyxshı @Ikram_1.

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
373
مشترکین
-424 ساعت
-177 روز
-530 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Шымбай районында  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети быйылғы жылы жети бағдардар бойынша студентлерди қабыллайды Хабарыңыз бар 2022 - жыл 5 - сентябрь күни Шымбай районында  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети  ашылды ҳәм бул тарийх бетлеринде қалды.Районымыз ушын үлкен жаңалық болып жасларымыздың турмысында үлкен өзгерислер алып келди. Шымбай факультети ушын 2022 – 2023 - оқыў жылы ушын өз алдына квота ажыратылды. Бунда жәми 95 орын болып, соннан 20 грант, 75 төлемли шәртнама тийкарында оқыӯға қабыл етилди. Факультетте 2022-2023-оқыў жылында Психология: әмелий психология, Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили, Математика, Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили бакалавр тәлим бағдарлары бойынша жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў басланды.Ал 2024-2025 оқыӯ жылы ушын Шымбай факультетиниң тәлим бағдары, бойынша жети бағдарда атап айтқанда : 1. Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили , 2. Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили, 3. Математика, 4. Психология ҳәм әмелий психология 5. Экономика ( тармақлар ҳәм тараӯлар бойынша) 6.Бухғалтерия есабы ҳәм аудит (тармақлар бойынша) 7.Дене мәденияты бағдары бойынша студентлер қабыллап баслайды. Мағлыӯмат орынында бүгинги күнде Шымбай факультетинде 257 студент билим алып атырған болса солардан 80 ни районымыздың жаслары болып есапланады. Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети Каналымызға ағза болың : 👉  @shimbayrk
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
#ҳәдис Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «Қуран бир байлық болып, оннан кейин жарлылық жоқ ҳәм оннан басқа байлық та жоқ». 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 👉 Каналымызға қосылың ҳәм досларыңызға да тарқатың. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 T.me/Tariyxtan_sabaqlar
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
#Архив_дереклеринен 📜Тарийхтан саза берип турған Гүлдирсин қорғаны. Қаншадан-қанша дәўирлерди, әсирлерди бастан кеширген, халық аўзында ҳәр қыйлы әпсана ҳәм гүрриңлерде дәстан болып киятырған әййемги қала. 📜Елликқала районында жайласқан әййемги Гүлдирсин қорғанының етегинде жайласқан тутзарлардың көриниси. 1984-жыл. "Қарақалпақстан" китап-альбомынан. 👉 Каналымызға қосылың ҳәм досларыңызға да тарқатың. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 T.me/Tariyxtan_sabaqlar
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
АРХИВ ҲҮЖЖЕТЛЕРИ - БИЙБАҲА МИЙРАС 📜1935-жылы Қарақалпақстандағы магистраль арна - Қызкеткен каналының ашылыўы. 📜Жараспас қазыўға ҳеш ала-қула, Суў деп талўас етер бала ҳәм шаға. "Шөлледик, жеткериң суў бериң бизге" Даўыслайды бағлар, аўыл ҳәм дала... (Қасым Әўезов, "Қазыў". 1935-жыл.) 👉 Каналымызға қосылың ҳәм досларыңызға да тарқатың. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 T.me/Tariyxtan_sabaqlar
نمایش همه...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
#Архив_дереклеринен 📜Жазда еткен мийнетиң, Қырманыңды көркейтер. Жастан жақсы хызметиң, Мәртебеңди үлкейтер. 📜Менменшилик кеселден, Алаңлама аспанға. Узақлап жүр есерден, Сынап-сынап дос таңла. Тилеўберген Жумамуратов, Төртликлер. 1983-жыл. 👉 Каналымызға қосылың ҳәм досларыңызға да тарқатың. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 T.me/Tariyxtan_sabaqlar
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
“Bishimbayev ishi” bo’yicha hukm o’qildi Qozog‘istonning sobiq Milliy iqtisodiyot vaziri Kuandik Bishimbayev qotillik va qiynoqqa solish jinoyatlarini sodir etganlikda aybdor deb topildi va 24 yilga ozodlikdan mahrum etildi. Shuningdek, sobiq amaldorning qarindoshi – Gastro-markaz direktori Baxitjan Bayjanov jinoyatni yashirishda aybdor deb topilib, 4 yilga ozodlikdan mahrum qilindi. Ma’lumot uchun, 2023-yilning 8-noyabr kuni kechqurun Bishimbayev “Bau” restoranida rafiqasi Saltanat Nukenova bilan janjallashib qolgan va uni kaltaklagan. Buning natijasida ayol vafot etgandi. Mazkur ish nafaqat Qozog‘iston jamoatchiligi, balki xalqaro hamjamiyatda ham katta rezonans uyg‘otganligi sababli sud jarayoni to‘liqligicha jonli efirda namoyish etildi. 👉 Kanalımızǵa qosılıń hám doslarıńızǵa da tarqatıń. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 T.me/Tariyxtan_sabaqlar
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
#Тарийхый_сүўрет 📜Едилди айтқан тилиңнен, Жайықты айтқан аўзыңнан... 📜Урал (Жайық)лы бақсы-жыраўдың зарнам-толғаўы. Тарийхшы илимпаз О.Юсуповтан. 👉 Каналымызға қосылың ҳәм досларыңызға да тарқатың. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 T.me/Tariyxtan_sabaqlar
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
#Тарийхый_сүўрет 📜Хожели. Сүўенли - Әмиўдәря Венециясы. 1874-жыл. Тарийхшы илимпаз О.Юсуповтан. Бизди бақлап барыўда даўам етиң: https://t.me/QRARXIV
نمایش همه...
00:37
Video unavailableShow in Telegram
Оқыўшы сабақта қатнаспаса муғаллим жуўап бере ме? Халық билимлендириў министрлигиниң тийисли буйрығында оқытыўшылар оқыўшылардың қатнасын анықлаўы ҳәм класс журналына белгилеўи керек екенлиги көрсетилген. Демек, оқытыўшы бундай жағдайларда оқыўшының сабақта қатнасыўын тәмийинлеўге мәжбүр емес. Бунда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясына (егер оқыўшы себепсиз сабаққа кеш келсе ямаса улыўма келмесе) тийкар, оқыўшының ата-анасына БЕМниң 1 есесинен 5 есесине шекем муғдарда жәрийма қолланылады. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар 👉 Каналымызға қосылың ҳәм досларыңызға да тарқатың. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 T.me/Tariyxtan_sabaqlar
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
📔 Оқыўшы сабақта дәптер тутпағаны ушын ата-ана жуўапкершиликке тартылады Халық билимлендириў министрлигиниң 2021-жыл, 1-июль күнги 206-санлы буйрығына тийкар, тастыйықланған муғаллимлердиң лаўазым миннетлемелеринде оқытыўшының оқыўшыларға дәптер туттырыў миннетлемеси белгиленбеген. Бундай жағдайда ата-анаға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясы, 2-бөлими менен жуўапкершилик шарасы қолланылады. Яғный, тап сондай ҳуқықбузарлықлар ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл ишинде тәкирар әмелге асырылған болса, базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 10 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады. 🔎 Бирге ислесиў: @bilimlendiriwbot 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар 👉 Каналымызға қосылың ҳәм досларыңызға да тарқатың. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 T.me/Tariyxtan_sabaqlar
نمایش همه...
👍 1