fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 813 مشترک است و جایگاه 4 306 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 443 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 813 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 04 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -287 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -14 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.16% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.71% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 111 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 708 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 05 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 813
مشترکین
-1424 ساعت
-817 روز
-28730 روز
آرشیو پست ها
#Нəсият КЕЛИНЛЕРГЕ ОН НӘСИЯТ Күйеўиңизге унайтуғын ат ҳәм сыпатлар менен мүрәжат қылың. Ол жақсы көретуғын аўқатларды мазалы етип писириң, үйин сағынсын. Күйеўиңизди азанда жумысқа шығарып салың. Кеште қайтып келгенде болса, ашық жүз бенен күтип алың. Турмыс жолдасыңызға шырайлы көриниўге ҳәрекет етиң. Оған бәрқулла миннетдаршылық билдириўди умытпаң. Күши жетпейтуғын ислерге үндемең. Басқаларға шағым етпең. Тежеуди үйрениң,ысырап қылмаң. Аўыр демлерде де күйеўиңизге қарсы шықпаң. Күйеўиңиздиң туўысқанлары ҳәм жақынларына жақсы мәмиледе болың. Сизден ҳәмийше хош ийис таралсын. Қәйиненеңизди турмыс тәжирийбесине ийе ана сыпатында көрип, ҳүрмет етиң, өмирлик жолдасыңыздың сизге болған мийрими ассын. Перзентлериңизди әдеп-икрамлы қылып өсириң, басқалар да сизди жақсы инсан сыпатында тилге алсын. 📖 «Ғам-қайғысыз жасайын десеңиз (өксинбе)» китабынан. https://t.me/ibratli_sozler

Карарым_жок_дембермес_намасы_нар_пес_.mp32.45 MB

photo content

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Өмириңиз мазмунлы хəм жақсылықларға бай болсын ! Таңда ғайыбана көрискенше сау-саламат болғайсызлар ! Түниңиз т
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Өмириңиз мазмунлы хəм жақсылықларға бай болсын ! Таңда ғайыбана көрискенше сау-саламат болғайсызлар ! Түниңиз тыныш уйқыңыз пүтин болсын қəдирлим ! https://t.me/ibratli_sozler

Алыстағы душпаннан, ............... ✅ Нақылдың даўамын табыңлар?
Anonymous voting

Кеме қанша үлкен болса да, ................... ✅ Нақылдың даўамын табыңлар?
Anonymous voting

Шөл жағалап қонбай, ................ ✅ Нақылдың даўамын табыңлар?
Anonymous voting

#ТƏРБИЯ "БАЛАМ ТУЎРЫ СӨЗЛИ БОЛСЫН ДЕСЕҢИЗ...»    Бир адам үш жасар ҳәм жети жасар еки баласын ертип, футбол ойынын тамашалаў ушын орталық стадионға барады. Касса майданшасында: Билет баҳасы: «Үлкенлерге: 1000 сўм 6 жастан асқан балаларға: 500 сўм, 6 жасқа толмаған балаларға кириў бийпул», - деп жазылып турған екен. Ол жигит: - Маған еки билет берсеңиз. Бири үлкен, екиншиси 7 жасар балаға, - дейди. Сонда артында нәўбет күтип турған бир жигит сыбырлап: - Балам алтыға толмаған десең ким билип атыр? 500 сўм қалтаңда қалар еди ғой», - дейди жаны ашыған болып. Сонда ол адам өрнек болатуғын әкениң үлгисин көрсетип: - Аўа, дурыс айтасыз, достым. Балам алтыға толмаған десем, ҳеш ким билмес еди . Бирақ, бизлерди Алла таала көрип тур ғой! Оның үстине, мына балам мениң бул өтиригимди өмир бойы өзине үлги етип алар еди. «Балам туўры сөзли, ҳадал болсын» деген адам алды менен өзинен баслаўы керек. 500 сўм пулға ҳеш қашан дүзелмейтуғын қәтелик ислеп, бир өмир өкинип қалғым келмейди», - деген екен.    Дурысында да, баланы тәрбиялап әўере болыўдың қәжети жоқ, ол бәри бир сизди қайталайды. Жаманлық тез жайылатуғыны сыяқлы, бул өмирде жақсылық та баланың бойына тез жуғады, аңсат сиңеди. Сонлықтан балаңыз дурыс жолда жүрсин десеңиз, өзиңиз из қалдырып беретуғыныңызды умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler

Бир жигит уламадан : - Дəжжалға адамлар ерип кетеди делинген. Мен буған исенбеймен. Оның маңлайына "кəпир" деп жазылған болса
Бир жигит уламадан : - Дəжжалға адамлар ерип кетеди делинген. Мен буған исенбеймен. Оның маңлайына "кəпир" деп жазылған болса ким хəм оған ерер еди ?-деп сорады. Улама : - Сигарет үстине де " ден-саулыққа зыян" деп жазылған. Бирақ бул адамларды шегиуден тоқтатпай атырғой. Жүдə көп адам сигарет шегеди,- деп жууап берди. https://t.me/ibratli_sozler

Шопанның əжайып жууабы. Бир ғайрыдин мусылманлар ауылының қасынан өтип баратырып , ондағы алымлардың қəлбинде Ислам динине қарсы иритки салыуды ойлапты. Ауылға жетпестен бир шопанға дус келипти. Ғайрыдин " Кел , исти усы ақмақ шопаннан басла ! " депти өзине -өзи. Шопанға өзин мусылман жолаушы етип таныстырыпты. Ол менен бираз отырып : - Хеш ойлап көрдиңбе , биз мусылманларға Қуран ядлау жүдə қыйын . Ол отыз пара. Бир-бирине уқсас аятлардың көплигин айтпайсаңба.. ?! Неге енди биз уқсас аятларды алып тасламаймыз? Оннан не пайда, қайталанған сөзлер тек ?-деп мəккарлық пенен күлип сөзин дауам етипти. Уқсас аятларды алып таслап , паралардың саны азаяр еди. Кейин оны аңсат ядлар едик, дурыспа.. ?- депти. Оның гəплерин шопан дыққат пенен тыңлады. Ғайрыдин айтарын айтып болғаннан соң , шопан оған : - Қандай əжайып гəплерди айттың ..!- депти. Ғайрыдин шопанды қолға алдым деп қууанып кетти. Бирақ , шопан сөзин дауам еттирип : - Сениң денеңде де пайдасыз, бир бирине уқсас ағзалар бар. Еки қол, еки аяқ , еки көз, еки қулақ, мурныңның еки тесиги. Неге енди сен салмағың жеңил болыуы ушын хəм жеген ауқатларың уқсас ағзалардың биреуине барыуы ушын олардың биреуин кесип тасламайсаң ? Қалайынша сен , бирдей уқсас ағзаларды көтерип жүриуден қууанышлысаң ?-депти. Сонда ғайрыдин орнынан ушып турып , затларын жыйнапты. Ғəзептен жүзи қарауытып , үмити сөнип келген жағына қарай кетипти. - " Олардың əпиуайы шопанының пикири ақ мениң аузымды жауды. Уламаларына тисим өтпеслиги анық .." депти. https://t.me/ibratli_sozler Ю.М

Тәғдийрим сол гейде жетип жетпеген, Иштен муңым,жүзден күлким кетпеген, Бассынғысы келер билсем...көплеген, Бенде кемситпесин
Тәғдийрим сол гейде жетип жетпеген, Иштен муңым,жүзден күлким кетпеген, Бассынғысы келер билсем...көплеген, Бенде кемситпесин , Қудай қолласын. Шүкир еттим тапқан ҳадал наныма, Досты шерик қылдым қолда барыма, Ал биреўлер биз суғады жаныма, Бенде кемситпесин , Қудай қолласын. Әззи болып бас иймедим наданға, Мейли мени шығарса да жаманға, Бир күн қуяш шығар бизлер таманға, Бенде кемситпесин , Қудай қолласын. Гей биреўге артық батпан жүктеймен, Биреўдиң гәпи деп қайғы шекпеймен, Менменге жалынып дизе букпеймен, Бенде кемситпесин , Қудай қолласын. Көп аўзына елек тутып жүрмеймен, Бетке айтаман,ийтлер қусап үрмеймен, Биреўди деп ҳасла өмир сүрмеймен, Бенде кемситпесин , Қудай қолласын. Шукирим көп,мин тақпайман заманға, Тили қарыс гәп тасыған наданға, Билип - билмей тас атпаңлар адамға, Бенде кемситпесин ,Қудай қолласын. Кем емеспен перзентлерим байлығым, Олар менен кеўилим тоқ , жайлы дым, Ялғаншы тек кәрўан сарай жайлығын, Естен шығармайық , Қудай қолласын. М.Юсупова. https://t.me/ibratli_sozler

Адамгершиликтиң ең жоқары пазийлетлериниң әжайып ийеси бул әпиўайы инсанға терең миннетдаршылық пенен рахмет айтыўшы канал ық
Адамгершиликтиң ең жоқары пазийлетлериниң әжайып ийеси бул әпиўайы инсанға терең миннетдаршылық пенен рахмет айтыўшы канал ықласбенти САЛИ ҚУДАЙБЕРГЕНОВ    2026-жыл 12 -апрель https://t.me/ibratli_sozler

Бир хаял 20 динар пулын жойтып алып, көшеге дағаза қыстырды : " Мен 20 динар пулымды жойтып алдым . Ким оны тауып алса , пəле
Бир хаял 20 динар пулын жойтып алып, көшеге дағаза қыстырды : " Мен 20 динар пулымды жойтып алдым . Ким оны тауып алса , пəлен мəнзилдеги , пəлен үйге апарып берсин, себеби айлығым аз болғаны ушын пулға жүдə мүтəжбен. Хəзир жеуге де наным жоқ ". Бир киси " Мен сол пулды тауып алдым " деп қалтасынан 20 динарды шығарып сол хаял жасайтуғын мəнзилге барды. Пулды алған хаял жылап жиберип : " Балам , сен сол пулды тауып алдым деп келген он екинши адамсаң ", деди. Пулды алып келген адам мыйығынан күлди де , лифт тəрепке қарай жүрди. Сол уақыт хаял жылаудан тоқтап былай деди : " Балам ! Сен барып сол дағазаны жыртып тасла. Оны мен жазбағанман, өзи жазыуды билмеймен хəм. Сонша адамның маған еткен ғамхорлығынан өмирге жəне үмитим оянды , дүнья көзиме сулыу көринип атыр , жақсы адамлардың мехирин сезиниу бахыт екен ! " Юсупова М .аудармасы https://t.me/ibratli_sozler

Қуураған терек ийилмейди. Перзентиңиздиң нəлше уақтында тəрбиясына итибарлы болың ! Егер ол тəрбиясыз өссе , керексиз буйымда
Қуураған терек ийилмейди. Перзентиңиздиң нəлше уақтында тəрбиясына итибарлы болың ! Егер ол тəрбиясыз өссе , керексиз буйымдай қəдирсиз инсанға айланады. Қуураған теректен ибрат алың ! Я мийуе бермейди, я салқын сая. Оның бундай қайқайыуы өзиниң басына балта алып келеди. Бурынғы уақлары мектеп-медресе есиклери пəс болған екен , себеби устаз алдына тəжим етип кирсин, сыйласығын көрсетсин деген мəниде. Инсан хешқашан қайқайып кибр менен өспесин болмаса қуураған теректиң күнине түсип қалады. Қуураған терек те отын қылсаң үйди ысытады , қазан қайнатады. Ал , инсан ше ? Пикирлериңизди күтип қаламыз ! https://t.me/ibratli_sozler

#мотивация - Жасап атырсызба ? Өмирдиң қəдирине жетиң ! - Шаршадыңызба ? АЛЛА жаратқан тəбият қойнында дем алың , пикирлең ! - Жығылдыңызба ? АЛЛАДАН сабыр хəм күш сорап орныңыздан турың ! - Сизден сораса жууап бериң , қолыңызда қаржы болса бериң , ойланып отырмаң ! Сизге де сондай күн тууыуы мүмкин.. - Сизди қəдирлемесе , ренжимең , қəдир хəм сорамаң ! - Сизге есикти жауып қуудыма ? Ол жерге хасла қайтып бармаң ! - Сизге жақсылық үйретсе , үйрениң , сабақ алың ! - Өмир сынақлары сизди сындырыуға урынса , хешқашан тəслим болмаң ! Барына шүкир , жоғына сабыр етиң ! https://t.me/ibratli_sozler

Жеңис Төлегенов "Шай" https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ӘЗИЗЛЕР! Бүгинги Екшемби таңы бәршеге қайырлы болсын! Аллаҳым ҳәммеге беккем денсаўлық, шаңарақларға аманл
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ,  ӘЗИЗЛЕР!    Бүгинги Екшемби таңы бәршеге қайырлы болсын!  Аллаҳым ҳәммеге беккем денсаўлық, шаңарақларға аманлық, үйлеримизге береке, жумысларымызға табыс берсин!     Ҳәмийше аспанымыз ашық, суўымыз мол, елимизде парахатшылық болсын!     Бүгинги күнлериңиз жақсы жаңалықларға, қуўанышлы хабарларға толы болсын! ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content