fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 810 مشترک است و جایگاه 4 306 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 442 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 810 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 06 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -294 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -3 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.71% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.47% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 213 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 663 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 07 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 810
مشترکین
-324 ساعت
-607 روز
-29430 روز
آرشیو پست ها

photo content

Гулхан_Шеразиева_Адыннан_Суймегенге_суйкенбеден_.mp32.30 MB

Рамазан айында пиллерден абайлы болың! Бул тема сизди таң қалдырыўы мүмкин, бирақ оқыған сайын ҳәммеси өз орнына түседи... Бир күни имам Малик Пайғамбар мешитинде рәўият айтып атыр еди. Оның дөгерегинде дыққат пенен тыңлап отырған шәкиртлери жыйналған еди. Күтилмегенде биреў бақырып жиберди: "Мадинаға үлкен пил келди!" (Мадина халқы елеге шекем пил көрмеген еди). Барлық шәкиртлери бул сийрек ушырасатуғын әжайып көринисти тамаша етиўге асығып, имам Маликти жалғыз таслап кетти... Тек Яҳя исмли шәкирти бармай қалды. Сонда Имам Малик оннан сорады: - Неге олар менен бирге шықпадың? Сиз бурын пил көргенсиз бе? Яҳя жуўап берди: - Мен Мадинаға пилди емес, имам Мәликти көриўге (оннан илим үйрениўге) келдим, - деди. Нәтийжеде имам Яҳя, имам Мәликтен рәўият еткен ҳәдислери "Ал-Муўатта" китабының ең исенимли вариантларынан бири болып қалды. Ал пилге алданып кеткенлерди тарийх ядында сақламаған... Бизиң дәўиримизде де "пиллер" тәкирарланбақта... Тек басқа көринисте, басқа түрде - әсиресе, Рамазан айында! Рамазан айында адамлар еки топарға бөлинеди: - Мақсетин анық белгилеп алғанлар. Олар бул айда нелерди жеткерип бериўди, қандай мийўени жыйнаўды әрман ететуғынын анық биледи. - Имкәниятты босқа жиберетуғынлар. Оларды заманымыздың "пиллери" тынышсызландырып, жолдан шығарады... Ал бүгинги "пиллер" деген не? Социаллық тармақлар, Телеканаллар... Сериаллар ҳәм фильмлер... Ҳәр түрли ойын-заўықлар... Пиллерден ҳәм олардың жылтыраўынан абайлы болыңлар! Олар сизден жылдың ең муқаддес, ең берекетли айын урлап алыўы мүмкин... https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

#Инсаныйлық_жолы 📜 Бирде олай, бирде булай, Кейпиятың қалай-қалай? Өзиң менен өзиң бәнтсең, Басқалардан ҳал сорамай. Ата-бабаң жасап өткен, Қамыс қора ҳәм шатпада, Келгенлерге «кет» демеген, Бир тислемге зар болса да. Ийжан, тақан, қақ ериги — Дәстүрханының безеги. Жүўери жарма, зағарасы — Ортадәрмиян қонақ асы. Бир-биреўин сынаў жоқ, Әңгиме қызар, кеўил тоқ. Қушақласып хошласқан, Бир-бирине рыйза боп. Сол адамлар — бабамыз, Қашан үлги аламыз? Ағәйин менен қоңсыға «Бас суқпай» қайда барамыз? Бир-биреўди сынамай, Қашан адам боламыз? Жаратқанның ҳүзирине Қайсы бет пенен барамыз? Бийпарасат бирадарым, Бири сенсең, бири мен — Қайда ығып баратырмыз, Пикириме не дерсең? ✍ Жаңабай Ерназаров. 👉 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

суў шигинди де қаразға тарттырып, унынан табаға нан салдырып жедик" десем исенбейди. Ўақтында әжемиз той-мерекелерге барғанда қойын қалтасына тығып келген "Ирис" деген қап-қатты қағаз кәмпитти таласып жүрип жейтуғын едик. Ҳәзирги баллар қаттысы былай турсын, жумсағының өзин "Ондай мазалы емес", деп жемей таслап жибереди. Оғанда шүкир. Усындай күнлерге жеткергенине де шүкир. Бийдай-мәккесинен, гүриштин усағы менен суўшигинине шекем қаразға тарттырып жеп өстик. Ҳәзир қарап турсам Қурбанбай ағада, Нүрбек ағада улларын үйлендирип, қызларын узататуғын жасқа келип жетипти. Ойлап қарасам балалық дәўиримде көре алмаўшылық пенен менсинбеўшилик деген нәрсениң өзи болмағанба билмеймен. Той-мерекелерде нан писирисиўге кеткен әжемиздиң изинен барсақ, бизлерғо яқшы баламыз, үйлениўге шамаласып муртлары жалбырап жүрген он жети менен он сегиз жастың әтирапындағы жигитлерге шекем ярым метрден зият жыңғыл шыбыққа баўырсақты дизип алып үйге жеткенше түйедей гүйис қайтарып жеп келетуғын едик. Баламды мектебине оқыўына апарып таслап жумысыма "Наўрыз байрамы"на таярлықта отырып та балалық күнлерим көз алдымда сәўлеленгени сәўлеленген. Сәл ғана қапталласам болды, қыялым балалық дәўириме қарай кетип қала береди. Соннан кейин аўылда өткен балалық дәўиримнен көз алдыма келип ядымда қалған елеслерди жазған болдым қәдирданларым. Сизлердиң балалық дәўириңиз қай аўылда, қандай тәртипте өтти? Оқырманларымыз арасында бизге уқсап гүриштиң усағы менен, суў шигин және, дәриленген қызыл бийдайды тарттырып , қызыл нанларды жеп өскенлер бар мекен? Егер бар болса, ядыңызға келгенинше балалықтан елеслер келтирип өтсеңиз өтиниш! ✍ Сансызбай Қанназаров. "Кердерли Ғәрип ашық". Орақ балға турғыны. https://t.me/ibratli_sozler

БАЛАЛЫҚТАН ЕЛЕСЛЕР Таңда келиншегимниң, "Тур - тур"лап оятқан даўысына оянып кеттим. Келиншегим аўызын жаўып, сәҳәрлигин жеп болған екен. Соннан кейин бир қатар далаға шығып үйдиң әтирапын көзден өткерип үйге кирдим. Газге чай ушын суў қойып үлкен баламды ояттым. Балам бети-қолларын жуўып дастурхан басына келемен дегенше, бир кесе қатық жармасы менен, "Өзимиздиң қара чайдан қоймасын" деп, қара чайды да демлеп әкелип үлгердим. Дастурхан басында отырып баламның тандырға жаўылған шөрек нанның шетиндеги күйик жерин үзип алып, үзе сала жем шелекке атып урғанына көзим түсти. Неге екенин билмеймен, бирден келиншегим уйқыдан оятпас бурын көрген түсим ядыма түсип кетти. Түсимде дайы журтым Тахтакөпир районының Маржанкөл аўылында жүрген екенмен. Қолымда барқулла тийе берсин кемпир апам, "Айша" кемпирдиң бес литерлик қаппағы жаўылатуғын дүңгири бар. Садағаң кетейинди Маржанкөлде, "Қолша" дейди. Кешқурын кешки аўқаттың ўақтында келиншегимнен сол нәрсени не деп айтатуғын едик десем, "Дүңгир" деди. Бәлким дүмше шығар. Не болса да, өзиме қолайлап, "Қолша" дей қояйын. Қулласы сол қолшаны қушақлап аўыл орайындағы дән қабыллаў ҳәм сақлаў коймаханасына (аўылдағылар "Зар" деп айтатуғын еди) қарай баратырған екенмен. Қоймаханада дайы әжем салы елеўши болыппа, анығын билмеймен. Қандайдур ўазыйпаны атқаратуғын жумысшы болып ислейтуғын еди. Бир барғанымда сол қолшаның ишине гүриштиң усағын толтырып қолыма услатып жиберсе, бир барғанымда електен түскен суў шигинниң шигинин толтырып берип жиберетуғын еди. Себеби сол ўақытлары суўсызлықтың ўақыты еди. Сол гездеги балалық дәўиримниң түсиме енгенине бираз ўақытқа шекем ойланып жүрдим. Расында да, түсимде көрген ҳәр бир ўақыя, балалық дәўиримде басымнан өтти. Қоңысымыз Бекмурат ағаның екинши баласы Қурбанбай менен, Қуўанышбай ағаның баласы Нүрбеклердиң изине ерип "Саладдин", "Қамбар" деген көллерге барамыз. Екеўи көлдиң жағасында жалаң аяқ кешип жүрип шанышқы менен балық аўлайды. Мен болсам сол екеўиниң кийимлерин арқалап жүремен. Сонда балық бәнеси менен түске жақын үйден шығып кетсек, кеш түсип қас қарайғанда үйге қайтатуғын едик. Бизлерди излеп жойтатуғын бир адам жоқ. Сол екеўи қаяққа барса да, излеринен қалмай ерип жүрип ойнап өстим. Таңға жақын көрген түсимниң арқасында, Маржанкөлде өткен балалық дәўирлеримди еслеп, өзимнен-өзим биринде күлсем, биринде балалық дәўирим өткен Маржанкөлге деген сағынышым қысып көзим жасланып жылап алдым. Себеби сол Маржанкөлдиң ҳәр бир қарыс жеринде Қурбанбай менен Нүрбек екеўиниң изине ерип жүгирип-жортқандағы излерим бар. Сол жыллары көпшилик дийханларға қайыл қалатуғыным, баспа(жер) кранның суўлары менен-ақ там арқа жерлерине қаўын-қарбыз, асқабақ, гешир сияқлы көк өнислерди егип жетистиретуғын еди. Аўылдың ишин аралап телешка-телешка қаўынлар менен асқабақларды бийпул тарқатып шуғатуғын еди. Бийдай жоқ. Бар болсада егислик ушын дәриленген қызыл бийдай бар. Оны ун қаразға жегизип жейтуғын аўыл адамларында жүрек қайда? Қара бас мал көп. Көп болғаны менен мал базарға апарып сатқан жағдайда да қарық пул болмайды. Нәм нәҳән бес-алты жасар буғаны апарып сатсаң, ары барса төрт қалта унның пулына сатасаң. Онда да сата алсаң. Қаншама рет аўыл адамлары қала орайындағы мал базардан отыз километр жол басып, малларын сата алмай жетеклеп қайтып келди. Елеге шекем ядымда. Дайы әжем суўсызлықтан бәҳәрде қызылға қарай өриске кетип, сол жақта қулаған маллардың сойып алып келинген гөшлерин дузға қақлап жипке дизип илип қоятуғын еди. Сол гөшлерди кеше жақынға шекем жеп келдик. Ең соңында дайы әжем қайтыс болып, намазынан бурын төрт қалтадай қақ гөшти, "Намазға келген ағайин-туўысқанлардан уятты" деп шығындыға апарып таслап келдик. Қурбанбай менен Нүрбек екеўи мени алжастырып, "Қайтарда өзлеримиз тартып келемиз!" деп, ун қаразға бараман дегенше үш қалта суў шигин тийелген арбаны сүйретип, қызығыма қарап изимнен жүретуғын еди. Ҳәзир қарап турсам бәри өтирик. Өтирик болғанда да, өткинши өмиримизде өтип кеткен өтириклер. Ҳәзирде қудайға шүкирмиз. Базарға барсақ унлардың түр-түринен бар. Балаларыма, "Ўақтында

photo content

🦢              ӘСИР ЖҮЗИН                   КӨРГЕН АТАЖАН Әзийздур басыңыз,  әзийздур нандай,  Қарақалпақ жүрегинде қанындай, Халқымыз теберик көрер жанындай, Жүреклерде жасайсыз сиз, Атажан! Хызметиңиз көп ислеген орасан, Халқыңыз ушын туўылған баласаң, Ақ, сары алтын деп бәйги озғансаң, Ел хызмети тақ турғансыз, Атажан! Қан тамырдай темир жолын келтирип, Пиликли, шүтик шыраны өлтирип, Жақтылық нур аўыл- елге  ендирип, Бахытқа нурлы жол әкелдиң, Атажан! Илим- билимге кең айдын  жол ашып, Университетиң тур нурын шашып, Академиклер тәрезиде тас басып, Нурлы келешекке жол силтеп, Атажан! Қарақалпақты бар елге танытып, Атын шығардыңыз журт билер анық, Жүз жасыңды қутлар едик, биз барып, Дүньяға бир келдиңиз, сиз- Атажан! Март айының мүбәрек он сегизи, Елиң ушын туўылғансыз негизи, Жүз жасыңыз қут-халқыңа, жәннети, Бир әсирдиң жүзин көрген, Атажан! Қарақалпақ байтереги Қәллибек ата Камаловтың 100 жыллығына арналады. Бүгин 18- март туўылған күни.        " Әдиўли устаз"көкирек         нышаны ийеси         Рано Сагидуллаева         18.03.26      02:26 https://t.me/ibratli_sozler

baxadir_razimbetov_senin_ko_zlerin__40 (1).mp311.42 MB

photo content

ИСМ ҚОЙЫЎ - ҚƏСИЙЕТЛИ ИС     Ер бала əкесиниң исми - шəрипин көтерип жүрсе, қыз бала оның хүрмет абройын көтерип жүреди, дейди бабалар. Сол айтқандай инсанның исми шəрипинде көп мағана ҳəм сырлы қəсийет бар деп түсинемиз.       Ата-аналардың бала алдындағы парызларынан бири жақсы ат қойыў деп билдирген пайғамбарлар. Сол ушын да перзент туўылғанда жети күн ишинде оған жақсы исм таңлап, қулағына азан айтып қойыў шəрт. Ертең адам шақырылғанда исми менен шақырылады ҳəм бул пəний дүньяда исмине ылайық болыўы өзгериўи мүмкин,  деп уламалар сөз етеди. Соңғы ўақытлары шет ел киноларына ямаса қаҳарманларына еликлеп бир қанша исмлер қойылып кетти. Ол мəниссиз исмлер баланың өмирине тəсир етип, ол да шет елдиң гейбир унамсыз хəрекетлерине еликлеп кийинип яки ҳəрекетлерин өзгертип баратырғандай.      Гейбир адамлар үлкейгеннен соң өз атларынан наразы болып, ямаса уялып ата-анасынан қапа болып жүреди. Бул əлбетте, əкениң айыбы болып есапланады.      Биз қарақалпақларда сондай бир жақсы исм қойыў дəстүри бар, ол хəзирги күнде сийрексип баратыр. Ол қағыйда бойынша бала туўылғанда перзенттиң атасы ямаса əжеси егер олар болмаса сол əуладтағы жасы үлкен инсанға жүгинген. Келин-күйеў өз билдиги менен балаға исм қоймаған.       Мəселен, мениң туңғыш перзентим туўылғанда күйеўим былай турсын алпыстан өткен атам өзиниң туўған ағасына хат жоллады. Сол үлкен атамызға исм таңлатты. Кейинги балларды өзи соңынан енемиз қойды. Бизлер оларға неге ондай деп араласпадық. Бул мусылманшылықтың ең жақсы үлгилеринен бири.       Рəўиятларға қарағанда, Иблис адамның еки қулағын бир сыйпап:      -  Мен буның бес сезим мүшесин Алланың ҳикметлерин тыңлаўдан аўлақ еттим,- деп мақтанады.     Соннан баслап Адам урпағының қулағы Алланың ҳикметине герең, көзи соқыр, аўзы мәниссиз бос сөзге үйир болыпты. Бир қулақтан кирген сөз екинши қулақтан шығып кетеди екен. Иблистиң жаман ҳийлесинен соң, Аллатаала Жәбирайыл периштесин шақырып: - Адамның оң қулағына азан айт. Азан ақылына ишки дүньясына мәнили тиришилик таратады. Мәнили сөзлер шеп қулағынан шығып кетпеўи ушын оны тәкбир менен жаўып қой. Мениң уллы исмлерим менен шайтан салған ҳийлени жоқ ет, - депти. Соннан баслап туўылған балаға ат қойып, азан айтыў мусылман халқында сүннет болып қәлиплесипти.         Қарақалпақ халқында да бул дәстүр кеңнен таралған. Азан айтып болғаннан кейинги тилек тилеў халық арасында айтылатуғын болыпты: Тәңирим дәўлет берди, Әлемге әўлад келди Дүньяға адам келди. Азан айтып атын қояман, Алла берген затын қояман. Ул екен, ул екен, Бир Аллаға қул екен. Ел ғамын ойлар ер болсын, Талабы келисип оң болсын. Қыз екен, қыз екен, Бир Аллаға қул екен. Жулдыз емес, ай екен, Төрт түлиги сай екен.      Мине, усылай етип ата-баба дəстүри менен перзентлеримизге жақсы исмлер қойсақ урпақларымыз зийрек, билимли елге халыққа хызмет ететуғын илəхий инсанлар болып жетисер еди. Бийбимарям Қалиева https://t.me/ibratli_sozler

#Нәсият. Егер дүньяда бай болыўды қәлесең, өзгелердиң қолындағы нәрселерден дәме қылма. Ата-ананың балларына тәрбия бериўи, дийханның жерине төгин бериўи менен бирдей. Жаман минез, турпайы сөз, сабырсызлықтан сақланыңлар. Егер бир адам менен дос болыўды қәлесең, оның ашыўына тийип көр. Егер ол ғәзепленсе оннан өзиңди алыс тут. Егер ашыўланбаса ол дос болыўға ылайық. Ақыллы адам әтираптағыларды көзи менен көреди, хақыйқатты жүреги менен биледи. Айтқан гейбир сөзлерме өкинемен, бирақ сөйлемей өткерген күнлериме өкинбеймен.                    Ҳәким Улықпан. https://t.me/ibratli_sozler

#Пикир Мийнеттен терлесе- зор маңлайдур Дийуалды дүге берсе- гөр маңлайдур Мың бир маңлайда-мың бир тəғдир Сəждеге тиймесе ол- сор маңлайдур. https://t.me/ibratli_sozler