fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 787 مشترک است و جایگاه 4 324 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 447 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 787 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 10 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -272 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -14 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 28.31% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 20.04% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 319 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 764 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 11 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 787
مشترکین
-1424 ساعت
-447 روز
-27230 روز
آرشیو پست ها
3. Бул не ушын тигилген ыдыс болған? Ол боялған бөзден яки қызыл және қара реңли ушыға бөлеклерине нағыслаўдың терис қайыў ус
3. Бул не ушын тигилген  ыдыс болған? Ол  боялған бөзден яки қызыл және қара реңли ушыға бөлеклерине нағыслаўдың терис қайыў  усылында кестеленип тигилген. Оның пөпекли баўы, гейде моншақ та өткерилип исленген.  Сораў: Бул қалташа не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler

2. Бул зергершилик безениў заты. Гүмистен исленип, ортасына қас қондырылады. Қастың дөгерегинде биртутас композициядан турату
2. Бул  зергершилик безениў заты. Гүмистен исленип, ортасына қас қондырылады. Қастың дөгерегинде биртутас композициядан туратуғын нағысы болады. Гейде алтын жалатылады. Ол  дөңгелек ҳәм мүйешли болады. Гейбиреўлеринде  шынжырға бекитилген қоңыраўлары болады. Бул тағыншақты  жас қызлар өңирине таққан. Оның келип шығыўында бир неше мәни болса керек: 1. Әййем заманлардан айға табыныўдың қалдығы. 2. Көкиректи қорғаўшы қалқанның безениў затына айналыўы. Сораў: Бул қызлардың безениў буйымы не деп аталған? https://t.me/ibratli_sozler

1. Жалпақ түймениң төменги жағы еки айры болып келген түри, сийрек ушырасады. Сораў: Бул тағыншақ не деп аталады? https://t.m
1. Жалпақ түймениң төменги жағы еки айры болып келген түри, сийрек ушырасады. Сораў: Бул тағыншақ не деп аталады? https://t.me/ibratli_sozler

Ҳүрметли топар ағзалары! Сораў-жуўапты саат 20.25 те баслаймыз. Сораўлардың жуўаплары ең соңғы сораўдан кейин тасланады..🙏🙏
Ҳүрметли топар ағзалары! Сораў-жуўапты саат  20.25 те баслаймыз. Сораўлардың жуўаплары ең соңғы сораўдан кейин тасланады..🙏🙏 https://t.me/ibratli_sozler

# Тоқшылық ҳаққында нақыллар...... 🍃 Тышқан көп жылы - тоқшылық болар,        Қоян  көп жылы - жоқшылық болар..... 🍃 Ашаршылықта түйениң сиңириде мазалы, Тоқшылықта  қойдың қуйрығыда  қатты болады.... 🍃 Тамақ тоқ- қайғы жоқ... 🍃 Қыз баланы жоқшылық бузады,    Ул баланы тоқшылық бузады... 🍃 Аш бала, тоқ бала менен ойнамайды.... 🍃 Тоқшылық пенен жоқшылық бир-бирине қарама-қарсы жағдай..... 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 Каналымызға ағза қосып отырайық әзизлер 👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Келин де,кемпир де өзиммен. ( Еки кемпирдиң өз ара  әңгимеси) Қазан табақ бәрҳә май,қасық, Аяқ кийим жатар айқасып, Дем алады келин жайғасып, Бәле болды мына телефон. Не қылады ата енелер?, Ақыр соңы қызын төбелер, Ар сар болар ""ушан кемелер"", Япырма .а й келинге не болған?!... Жүўен салмас ҳәзир тайларға, Ийбе, уят кеткен қайларға, Көзиң түссе өзге ""айларға"", Өзегим өртенип  кетежақ. Тили - қылыш , мисли дүр алмас, Үйге  , тысқа  бир сипсе салмас, Айыл жыйып  бир сөзден қалмас, Шарбақшының қызындай келин. Достымжан, соншама налыма, Тусинип турыппан ҳалыңа, Көнбесе қыйын ғой барыңа, Уўысқа енбесе нетерсең?! Суў тасымас бели қайысып, Отын жармас билек майысып, Жүргеним қамырын жайысып, Келин де ,кемпир де өзиммен. Ақылың басыңа жақ дейди, -Ҳәй кемпир заманға бақ дейди, Мойныма тилладан тақ дейди, Жер жарылса кирип кетермен. Дунья кең, бирақта сыймайман, Уйимди өзим ақ жыйнайман, Кет деўге ақлықты қыймайман, Жанымды жегидей жеп жүрмен. Утюгти атасы басады, Таўыққа дәнди де шашады, Ол байғус шаўқымнан қашады, Ақыры не болар билмеймен ?!!! Мода емес жыйған тергеним, Қызық емес алған бергеним, Өрнек емес  көпти көргеним, Алай дүлей кеўил сандығым. Қосықты оқыса қыйналар, Достымжан ,келиниң жыйналар,, Сыйласа өзи де сыйланар, Келинге азырақ имкан бер. ""Ат аяқ"" дейсең ғой тебинген, Жасларға жараспас еринген, Өрнек алсын бизиң келиннен, Жайма шуўақ кеўлиң жай болар. Барлығы қолынан келеди, ""Үйим""- деп жуўырып желеди, Қыс азық  тайын тур телеги,   Нағыз Бийпатпа мениң келиним. Күн ара вечерге сорамас, Ис етпес кеўилге жарамас, Телефон дегенге қарамас, Сондай бир әндамлы келиним. Турады таң сәҳәр ертеден, Сөзди де қайырар келтеден, Күн ара тандырын өртеген Ал , дым жақсы мениң келиним. Бир сөзден қалып үйренген, Жаманды көрип жийренген, Шаршамас  ҳасла гүйбеңнен, Айдан  артық мениң келиним. Хош көрмейди ызың-сызыңды, Иле бермес жасыл, қызылды, Патшадай сыйлайды қызымды, Сонлықтан күн күлер көзимнен. Ене десе ерип кетемен,. Бағдан гуллер терип кетемен,   Бар жоғымды берип кетемен, Жаксы келин жалғасым мениң! Гулистан Дәўлетли. 16 октябрь 2022 жыл. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli.sozler

ЖАҚСЫСЫН ТАҢЛА! Қалай ҳәм қәйтип жасаў өзиңе пайлы, Адамлар дүньяда билсем ҳәр қыйлы. Тек өзиң болғайсаң ортаңда сыйлы, Алдың
ЖАҚСЫСЫН ТАҢЛА! Қалай ҳәм қәйтип жасаў өзиңе пайлы, Адамлар дүньяда билсем ҳәр қыйлы. Тек өзиң болғайсаң ортаңда сыйлы, Алдыңда еки жол, жақсысын таңла! Өткенге өкиниш және тәшўишлер, Өмирде гезлесер небир гәрдишлер, Гейде жалған түр көрсетер күлгишлер, Алдыңда еки жол, жақсысын таңла! Ғамлардан шықпастан жасама ҳәргиз, Изиңнен қалмайды сынақ ҳәм тәшўиш, Гейде ҳақ болсаңда үнсизсиз, тилсиз, Алдыңда еки жол, жақсысын таңла! Гезлеседи жақсылар да, нәкас та, Қыйнайды тосаттан атылған тас та, Дүнья қуўып кетип, ҳәддиңнен аспа, Алдыңда еки жол, туўрысын таңла! Таңлай бер, тек алға мақсетлер сары, Бәри бир ислейсең ақылда барын, Сабақ алып барасаң күн өткен сайын, Алдыңда еки жол, жақсысын таңла! ✍Зульфия Турымбаева 13.02.2026 ж https://t.me/ibratli.sozler

👆 ОРАЗА КАЛЕНДАРЫ 👆 ОРАЗА ТУТАТУҒЫНЛАР УШЫН 5 УСЫНЫС 1. Аўыз ашарда бир стакан суў ишкеннен кейин 30 минуттан кейин аўқатла
👆 ОРАЗА КАЛЕНДАРЫ 👆 ОРАЗА ТУТАТУҒЫНЛАР УШЫН 5 УСЫНЫС 1. Аўыз ашарда бир стакан суў ишкеннен кейин 30 минуттан кейин аўқатланың; 2. Тийкарғы аўқатлардан алдын салат жеў; 3. Тағамды әсте ҳәм асықпай жеў; 4. Тағамланып болып дәрриў мазалы затлар жемеў, себеби аўқат сиңириўин қыйынластырады; 5. Аўыз ашар ҳәм сәҳәрлик аралығында 1,5 - 2 литр суў ишиў усыныс етиледи. Қәдирданлар, нийетлериңиз тутажақ оразаларыңыз қабыл болсын. 🙏🙏🙏🙏 🍃 Жақынларыңызға жиберип қойың Каналға ағза болыў ушын.... 👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Еслеп тур +++.mp35.06 MB

🌟 Ең гөззал көпир - кеўиллер арасындағы қурылған көпир. 🌟 Ең гөззал көз - ҳәмме нәрсени гөззал етип көрген көз. 🌟 Ең гөзза
🌟 Ең гөззал көпир - кеўиллер арасындағы қурылған көпир. 🌟 Ең гөззал көз - ҳәмме нәрсени гөззал етип көрген көз. 🌟 Ең гөззал салма - дос есигиндеги аққан  салма. 🌟 Ең гөззал мухаббат - бул шын ҳәм таза мухаббатдур. 💕💗💖💕💗💖💕💗💖💕 Бизден узақласпаң.... 👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

DOSTIM +.mp37.86 MB

<<ХОЖАЛАР ШЕЖИРЕСИ>> Ҳақ дүньяға нәзер салды, Дүньяда инсан яралды, Үрим путағы тарады, Дүнья пайда болған екен. Әўел пайда болды, Адам, Жерге туңғыш басты қәдем, Өзинен басқа жоқдур жан, Жалғызлықты көрген екен. Каабаны салды Ибраҳим, Аямады қолда барын, Тәлим алды Мадинадан, Исмайыл туўылған екен. Абу-Қашым Абу-Маннаб, Абу Қураш Абу Муталлаб, Сулайман патша қусты сораб, Обалына қалған екен. Муталлабтин Абдулла, Қоллағай оны бир Алла, Буд соғып сатты бәрҳама, Абдулла будшы болған екен. Абдулладин Муҳаммед, Өзгерди ҳәмме үрп-әдет, Намаз, руза болды сүннет, Шәрият тийне болған екен. Абу-Талибтиң уғлы Әлий, Күш-қарыўға болды ғәний, Әдеп икрам менен жүрип, Атанды ол Ҳәзирети Әлий. Әлийдиң уғлы Хусайын, Оннан кейин Имаматдин, Ҳәммеси алым болып, 12 имам атанған екен. Хусайин уғлы Зиналатдин, Зиналатдин уғлы Бахыратдин, Оның баласы Жапаратдин, Бахыратдинден туўған екен. Жапаратдин уғлы Садық, Аның баласы Муўса, Әлий, Раз. Ислери болды бәрҳә саз, Сейдахмед туўылған екен. Сейдахмед уғлы Сейди шаҳа, Бир аллаға қылды дуға. Атасынан алды пәтия, Өсип-өрбиген екен. Сейди шаха уғлы Сейд Жалалатдин, Оның уғлы Сейд-Камалатдин, Оның уғлы Сейд-Пахратдин, Оннан Қылыш туўған екен. Қылышдин Амир дийўана, Атасидин болды ағла, Тилеги қабыл бәрқулла, Ол Әўлийе болған екен. Қылышқа ҳақ нәзер салды, Басыға дәўлет қарады, Қоҳаны журтын сорады, Патша киби болған екен. Сейд Жалалатдиден Мәўлен-Муҳаммед, Оның уғлы Мәўлени-Ахмед, Халқынан аямады хызмет, Шаҳыд Хожа туўылған екен. Шаҳыды Хожа уғлы Абдулла, Тилеги қабыл иншиалла, Айаты болды Кааба-дулла, Айаты қабыл болған екен. Абдулладан шаўып Хожа, Оқыды ол бәрҳә ағла, Андин шаҳы-бузрук Хожа, Шаўып Хожадин туўған екен. Бул шежире улыўма 100 куплет қосықтан ибарат болып, оны 1991-жылы шымбайлы қатықулақ жасы үлкен Узақ Рахметуллаев <<Арал>> журналының редакциясына алып келген еди. Ўақтында биз оны журналда жәрияладық. Ал, ҳәзир үзинди бериўимиздиң себеби, қосықлар бастан аяғына адам атларынан ибарат. Бул оқыўшыны зериктириўи мүмкин. Қала берди, шежирениң кейин бети оны дөретиўши шайыр-қыссаханлар тәрепинен өзлериниң ата-бабаларына тутастырылып жиберилген. Сонлықтан, бул шежире ҳәмме хожалар ушын хызмет ете алмайды. Бизиң халқымызда <<Жети атаңды билип жүр>> деген ўәсият бар. Солай екен, ҳәр бир қызыққан адам өз ата-бабасының шежиресин өзи жаратып алыўы тийис. МУРАТБАЙ НЫЗАНОВ. ~*~*~*~*~*~*~*~*~*~ Бизден узақласпаң...... https://t.me/ibratli_sozler

А Д А М Л А Р Бул бес күнлик дүньяда, Жақсы болың, адамлар! Болмас затқа қыйнама, Исин етип жаманлар! Мийман болып өмирге, Ке
А Д А М Л А Р Бул бес күнлик дүньяда, Жақсы болың, адамлар! Болмас затқа қыйнама, Исин етип жаманлар! Мийман болып өмирге, Келген бәри адамлар! Бул дүньяның тиреги, Деп уқпаңлар, наданлар! Бир-биреўге қонақтай, Сыйласықлы болыңлар! Кеўил алып шыныққай, Шад қуўанып тасыңлар! Мәңгиликке турардай, Сезинеди жаслықта, Ашыўланбай кеўил жай, Орын қоймаң қаслыққа. Кең пейилли жайдары, Болың мудам, адамлар! Бәлент болып айдағы, Салдым демең сарайлар! Сениң алып кетериң, Пак қәлибтей шүберек! Жақсылықты етериң, Тек сол болар сын ерек. Тегис емес дүньяны, Дүзете алмас адамлар! Кимлер қанша жыйнады, Алып кетпес қараңлар! Ҳақыйқатлар ишинде, О дүньялық ең шыны, Жаратқан өз күшинде, Бәрше мойынлаң буны. Бул дүньяның қызығын, Теңнен көриң, адамлар! Кешинен берсин бул ҳақты, Зейин бериң, адамлар! УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА У. 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozler

📍ТАҢДЫ СУЎ ИШИЎ МЕНЕН БАСЛАҢ 🔘 Уйқыдан кейин 2 стакан суў ишиў ишки органларды активлестиреди. 🔘 Аўқаттан 30 минут алдын 1
📍ТАҢДЫ СУЎ ИШИЎ МЕНЕН БАСЛАҢ 🔘 Уйқыдан кейин 2 стакан суў ишиў ишки органларды активлестиреди. 🔘 Аўқаттан 30 минут алдын 1 стакан суў ишиў аўқат сиңирилиўин жақсылайды. 🔘 Душтан алдын ишилген 1 стакан суў қан басымын нормалластырады. 🔘 Уйқылаўдан бир саат алдын 1 стакан суў ишиў инсульттың алдын алыўға жәрдем береди. 🙏  Жақынларыңызға жиберип қойың Каналға ағза болың 🙏🙏 👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

GULDA'STE + TUWG'AN JER 2026.mp310.03 MB

Таңғы тилек....🌹 🍃🌹🍃 Ассалаўма әлейкум және бир гөззал таңды, жаңа күнди қәлбинде жақсы арзыў-нийетлер менен қарсы алған
Таңғы тилек....🌹 🍃🌹🍃 Ассалаўма әлейкум және бир гөззал таңды, жаңа күнди қәлбинде жақсы арзыў-нийетлер менен қарсы алған қәдирданлар 🍃🌹🍃 Бүгинги күниңиз берекетли ҳәм әўметли келсин! Күн даўамында көтериңки хош кейпият жолдасыңыз болсын 🌸 🍃🌹🍃 Кеўилге жақын инсанларыңыз ушын ҳәмийше керекли болың, өзиңизди асырап абайлаң әзиз заманласым 🌸 Қ А Й Ы Р Л Ы     Т А Ң !!! ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Каналымыздан узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ƏЗИЙЗЛЕР ! Күн даўамында сизди зериктирмей, кеўлиңизден азғана жай алған болсақ биз қуўанышлымыз. Түниңиз тыныш,
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ƏЗИЙЗЛЕР ! Күн даўамында сизди зериктирмей, кеўлиңизден азғана жай алған болсақ биз қуўанышлымыз. Түниңиз тыныш, шаңарағыңыз тыныш, ерте таңда кеўилли кейпиятта ояныў ҳәр бириңе несип етсин қәдирданларым. Таңда көрискенше саў саламат болыңызлар ! https://t.me/ibratli_sozler

"БИР БҮЙИРЛЕЎ"
Anonymous voting

"ЕДЕН"
Anonymous voting

"АҚ ПЕРДЕСИ ШЫҒЫЎ"
Anonymous voting