fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 845 مشترک است و جایگاه 4 316 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 449 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 845 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 01 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -272 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر 2 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 26.37% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.45% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 4 972 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 668 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 43 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 02 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 845
مشترکین
+224 ساعت
-787 روز
-27230 روز
آرشیو پست ها
📖Китап оқыўға үйретиң! Мен бир нәрсеге ҳайран қала беремен, қашан қарамаң, төрт адам жыйналса, перзент тәрбиясының аўырлығы,
📖Китап оқыўға үйретиң! Мен бир нәрсеге ҳайран қала беремен, қашан қарамаң, төрт адам жыйналса, перзент тәрбиясының аўырлығы, оларды адам қылыўдың азаплығы ҳаққындағы ҳәсиретке дус келемиз. Ҳааў бирәдарлар, буның ең аңсат, ең арзан, ең нәтийжели жолы – усылы жаныңызда тур-ғо: Балаңызды китап оқыўға үйретиң, оның кеўлинде көркем әдебиятқа меҳир ҳәм муҳаббат оятың, перзентлериңизге үш-төрт сумды қызғанбай үзликсиз китап алып бериң! Ақыры дүньяда китаптан да ақыллырақ, оннан да данарақ бир устазды табыў мүмкин бе? Ақыры китапларда жоқ нәрсениң өзи жоқ-ғо! Адамды адам ететуғын барлық күш-қүдирет, даналық, гөззаллық, ақыл ҳәм әдеп китапларда "мине-мен" деп тур-ғо! Неге, бул уллы инамнан, баҳасы жоқ байлықтан несийбесиз болып та адам болыў мүмкин деп ойлайсыз?! ✍Азат Шарафиддинов, Өзбекстан қаҳарманы https://t.me/ibratli_sozler

#Китаптан үзинди ...Бир күни Хорезмниң ханы Бердақ шайырды шақырып: " Сени жақсы шайыр деседи, қарақалпақлардың кең аспанында
#Китаптан үзинди ...Бир күни Хорезмниң ханы Бердақ шайырды шақырып: " Сени жақсы шайыр деседи, қарақалпақлардың кең аспанында ушқан ғарға болып жүргенше, мениң сарайыма жумысқа кел" деген екен. "Хан сарайында қашан хәм ким ушын сойылатуғынын билмей жасаған тау‌ыққа айналғанша, өз елимде еркин ғарға болып жасағаным абзал",- депти шайыр.... ✍"Қарақалпақнама" https://t.me/ibratli_sozler

#МиллийДәстүрлеримиз «««ҚЫЗДЫҢ ЖАСАЎЫ»»» Узатылатуғын қызға ата-анасы тәрепинен берилетуғын еншиси, дүнья-мүлки--«қыздың жасаўы» деп аталады. «Жасаў» {«қызға көрпе-төсек бериу»--деп те айтылады} ~жигит тәрепинен келген қалың мал мөлшери менен шамалас болып, жаңа шаңарақ болып атырған еки жас ушын керекли мүликлерден ибарат болады. Халқымыз қыздың жасаўына айрықша кеўил бөлип:--«жасаўды алты жастан жыйнасаң асады, жети жастан жыйнасаң жетеди»--деп, үйде қыз бала туўылғаннан баслап, оның келешегин ойлаған. Қызға берилетуғын буйымларға өзгеше таңлаў жасап, не бир ҳасыл буйымлар: гилем, текийнемет, кийиз, ыдыс-табақ түрлери, көрпе-төсек, кийим-кеншек, сондай ақ, қыз бала тағатуғын әшекөй буйымларды да нәзеринен тыс қалдырмаған. Қарақалпақ халқында қызды жасаўсыз үйден шығарыўды жаман ырымға жорып, өзлерине мин сыпатында қабыллап, өзлериниң шамасына, дәўлетине сай, мүмкинлиги болғанынша, қызды узатардан алдын буған арнаўлы таярлықлар көрген. Узатылатуғын қызды анасы, я жеңгеси ағайин-туўысқанлары менен "таныстырыў" , бир жағынан "хошласыў" мақсетинде қыдыртатуғын болған, сол ўақытлары ағайинлери сыйлық ретинде жасаўға қосыў ушын буйымлар берген, аўылласлары да усындайда өз үлеслерин қосып көмек беретуғын болған ҳәм бул дәстүр ҳәзирге шекем өз мазмунын жойытқан жоқ. Жасаў таярлаўға гейде 1,5-2 жылдай ўақыт кететуғын болған. Қыздың жасаўы толық таярланып болынғаннан соң қудалар тәрепке хабар берилип, қызды узатады ҳәм сол ўақытта жасаўын қосып беретуғын болған. Барлық қызлардың жасаўы бирдей бола бермеген. Ол қыздың үй-ишиниң жасаў жағдайына, дәўлетине де байланыслы болған. Аўқатлы, ири бай адамлар қызларына отаў тигип, жумсайтуғын малайларын қосып беретуғын болған. Жасаўға киретуғын буйымлар: көрпе-төсек, кийим-кеншек, ыдыс-табақ, тағыншақлар, саўын мал, тағы басқа ирили-майдалы буйымларды тарқатып айтатуғын болсақ: ~КӨРПЕ-ТӨСЕК--санын жупластырып («жуп болсын» деген нийетте), 6 көрпеше, 2 көрпе, 2 қурақ көпшик, көрпе-төсекти жыйнайтуғын арша, көрпе-төсекти жыйнап, үстине жаўып қоятуғын, қурақлар менен нағыслап тигилген, жийеги шашақлы жапқыш, гилем, текийнемет, кийиз, қаршын; ~КИЙИМ--КЕНШЕК--шамасы келиўине қарай, қыздың бастан аяқ кийетуғын кийимлери: орамал, көйлек, камзол, шапан, сәўкеле,етик ҳәм тағы басқалар; ~ЫДЫС--ТАБАҚ--табақ,қасықлар, шайнек-кеселер, шөмиш, гүби; (булардың саны да жупластырып салынады), арша ишине салынып бериледи; ~ТАҒЫНШАҚЛАР--қыздың безениў буйымлары: ҳәйкел, өңир моншақ, гилт салғыш, тумар ҳәм тағы басқалар; Жасаўдың есабына:--"саўып ишсин",--деген нийет пенен берилетуғын сауын сыйыр да киреди, бул "қыздың еншиси' есабында берилген. «Қыздың еншиси» ҳаққында буннан алдын жәрияланған «Енши бериў»,-деген мақаламызда айтып өткен едик. Сондай ақ, жасаўды да қыздың еншиси деп қараўға болады. Қызға жасаў бериў әўладтан-әўладқа өтип, өзиниң мазмунын жойытпай, замана ағымы менен жаңаланып киятырған дәстүр. Бизиң ҳәзирги күнлеримизде де ҳәр бир шаңарақ, узатылған қызына жасаўын береди ҳәм бул жасаўды бериуге сол бурынғы ўақытлардағыдай ағайин-туўысқанлар, аўыл өз үлеслерин қосып, жәрдемин береди. ✍Shahzoda Allamuratova. https://t.me/ibratli_sozler

#Өмир жолларында «Әжапа! Шаңарағым менен жумысың болмасын!» Мен сизлерге өзим гүўасы болған бир ўақыяны сөз етпекшимен. Оған қандай баҳа бериў өзлериңизге пайлы. Бәринен бурын, өзим ҳаққында аз ғана айтып өтсем. Жасым 26 да. Үйленгениме бир жылдан асты, бир перзентим бар. Нөкистен узақ райондағы бир кишкене ғана мәкемеде жумыс ислеймен. Жумыста Қуўат деген өзимнен бес жас үлкен кәсиплесим менен бир кабинетте отыраман. Жумысқа келген ўақытларымда бул адам менен шығыса алмаспан, деп ойлап едим. Себеби, оның минезине адам түсинип болмас еди. Бир нәрсе сорасаң, гүбирленеди де қояды. Жумыстағы басқа кәсиплеслер менен де араласпайды. Өз алдына бир дүнья. Бирақ, нағыз кәсибиниң маманы деп айтсақ болады. Жумысқа оғада жуўапкершилик пенен қарайды. Ўақыт өткен сайын оның менен қарым-қатнасымыз жақсыланып баслады. Итибар берип қарасам, оннан жумыс бабында да, жумыстан тысқары да үйренетуғын нәрсем көп екен. Бир күни оның қол телефонина қоңыраў келди. Қысқа ғана сорасыўдан соң қоңыраў еткен оның әжапасы екенлигин билдим. Кишкене кабинет болғанлығы ушын телефондағы адамның даўысы маған анық естилип турар еди. Өзи де сыртқа шығып сөйлесиўди қәлемеди, мен де еситпеген адам қусап қағазларға үңилип отыра бердим. Әжапасынаң даўысы көтериле баслады… – Сен өзи еркекписең, муштай қатыныңа күшиң жетпесе? Кеше үйге барып едим, апам бийшараның үстиндеги көйлеги кирлеп кетипти. Неге қатының соны жуўмайды? Азанлы-кеш жатыўдан басқа талабы бар ма өзи? Апам да «мазам болмай отыр» деди. Неге шыпакерге көрсетпейсең? “Ақшам кетип қалады” десең айт өзим беремен», – деп бақырып кетти. Қуўат дым үндемей тыңлап турды да, мүләйымлық пенен түсиндире баслады: – Әжапа, сиз олай демең, үйде ақша жоқ емес, Қудайға шүкир жетип атыр. Апам маған аўырғанын айтқан жоқ еди. Азанда да әп-әнедей ақлықларын ойнатып отыр еди-ғой. Келиниңиз де көйлеги кирлеген болса жуўып береди, усы ўақытқа шекем де жуўып жүр ғой. Сиз қәўетерленбең, анам өзиме де қәдирли. Оның ыссы-суўығына қарамайтуғындай ақылсыз емеспен. – Сен ақымақты дуўалап алған шығар сирә. Қатыныңа шық жуқтырғың келмейди, я? Апамды қорлап болдыңыз сизлер. Барлығы сениң сүмелеклигиңнен. Бизлер байымыздан еки күнниң биринде таяқ жеймиз, сен қатыныңды урмақ түўе бақырғың да келмейди. Жатқарып қоя бересең. Бир ўақыт Қуўаттың да даўысы көтериле баслады... – Қысқарт! Мениң шаңарағым менен жумысың болмасын. Сен енди бул үйдиң ағзасы емессең. Усы минезиң менен мениң шаңарағымды да, барған жериңди де ўайран етесең сен. Аўыр болса да айтайын, өзиңниң быламығыңды былғап жөниңе жүр! – деп телефонды жаўды да таслады. Мен болса аўызым ашылыўы менен қала бердим. Бундай жағдай маған да жүдә таныс еди. Әжапаларым үйге қыдырып келсе, келиншегимиз екеўимиз бирден солар жыр шығармасын, деп жалпылдаўға түсер едик. Олар да мени сүмелекке шығарып, келиншегимнен кемшилик табыўға өш еди. Бир-еки мәрте жәнжел де болды. Анамның ақыллылығынан бәри жақсы болып кетти. Жоқарыдағы жәнжелге қулақ түргеним соншелли, жумысымды қойып қарап отыра бериппен. Бир тәрептен Қуўаттың әжапасына айтқан сөзлери қолайсыздай түйилди, екинши тәрептен оны мақуллап та қойдым. Бундай ўақыялар турмысымызда болмайды емес, әлбетте болып турады
Пост ok.ru интернет сайтынан
Пикирлесейик, бул жерде кимдики дурыс...? https://t.me/ibratli_sozler

Дослардың болғаны жақсы Ғам-шадлықты бөлискендей, Ақыл-кеңес берискендей, Қушақ ашып көрискендей, Дослардың болғаны жақсы. То
Дослардың болғаны жақсы Ғам-шадлықты бөлискендей, Ақыл-кеңес берискендей, Қушақ ашып көрискендей, Дослардың болғаны жақсы. Той-жыйынға барар бирге, Көринбесең алар тилге, Кеўил жарасар, кеўилге, Дослардың болғаны жақсы. Дәстүрханда дәм татысар, Ойынлы, шын гәп атысар, Базыда ақыл қатысар, Дослардың болғаны жақсы. Таўлар басы қарсыз болмас, Дуўтар дәсте, тарсыз болмас, Өмир кәрўан, нарсыз болмас, Дослардың болғаны жақсы. ✍Раўаж Отарбаев. https://t.me/ibratli_sozler

#Миллий_мийрас ТӨБЕЛИК~ қарақалпақ ҳаял қызларыныӊ миллий бас кийими болып, оны той күни сәўкелениӊ үстинен кийген болса, айы
#Миллий_мийрас ТӨБЕЛИК~ қарақалпақ ҳаял қызларыныӊ миллий бас кийими болып, оны той күни сәўкелениӊ үстинен кийген болса, айырым ўақытлары тақыяныӊ үстине яки тек өзи де кийилген. Жуқа гүмистен исленген алтын менен пуўландырылған, өсимлик тәризли ойма нағыслы болып, қымбат баҳалы таслар менен безелген. Төбеликтиӊ маӊлайшасы майда шытақлар ҳәм маржан таслар менен бир неше қатар болып безелсе, ал оныӊ халақасы шырайлы болып арқасында жайласқан. Бундай қымбат баҳалы бас кийимди ҳәмме де алыўға имканияты болмаған. Сонлықтан оны халық арасында гүмис тақыя, синсинели тақыя деп те атайды. https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳикмет Шақаға қонған қус, хеш қашан қулайман деп қорықпайды...себеби ол қус шақаға емес өзиниң қанатына исенеди. Аллаға тəўе
#Ҳикмет Шақаға қонған қус, хеш қашан қулайман деп қорықпайды...себеби ол қус шақаға емес өзиниң қанатына исенеди. Аллаға тəўекел етип сизде өзиңизге исениң!! https://t.me/ibratli_sozler

Қайырлы таң

Ассалаўма алейкум. Қайырлы таң! ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ Таң өз нуры менен бирге өмириңизге қуўаныш ҳәм бахыт сыйласын! Күн даўамын
Ассалаўма алейкум. Қайырлы таң! ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ Таң өз нуры менен бирге өмириңизге қуўаныш ҳәм бахыт сыйласын! Күн даўамында жақсы инсанлар ҳәм жақсылықлар жолдасыңыз болсын! Кеўил-кейпиятыңыз көтериңки, ден-саўлығыңыз беккем болсын! Күн даўамында бизди бақлап ҳәм қоллап-қуўатлап, топарымызға өз жақынларыңызды қосып отырың Қәдирданлар! ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ 🌹🌹 ☘☘ https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы түн!! Ерте таңда сиз әзизлер менен, топарымыз арқалы аманласыўды несийбемизге жазыўын тилеймиз! 💥 💥 💥 💥 💥 💥 Өм
#Қайырлы түн!! Ерте таңда сиз әзизлер менен, топарымыз арқалы аманласыўды несийбемизге жазыўын тилеймиз! 💥 💥 💥 💥 💥 💥 Өмирде алмастырып болмайтуғын емес, тəкирарланып болмайтуғын инсанлар бар. Хəмийше тəкирарланбас болыўға хəрекет етиң!! https://t.me/ibratli_sozler

"Абылайсаң жаўыны" -?
Anonymous voting

Шорағасы-?
Anonymous voting

Маўасалық-?
Anonymous voting

Көбаса-?
Anonymous voting

Әресте-?
Anonymous voting

Хүрметли Қуўаныш улы Нурсултан! Сизди бүгинги 18-жасыңыз бенен қутлықлаймыз! Сизге узақ ҳәм бахытлы өмир, беккем ден-саўлық,
Хүрметли Қуўаныш улы Нурсултан! Сизди бүгинги 18-жасыңыз бенен қутлықлаймыз! Сизге узақ ҳәм бахытлы өмир, беккем ден-саўлық, оқыўларыңызда табыслар тилеймиз. Жақынларыңыздың бахтына ҳәмийше саў-саламат жүргейсиз. Қутлықлап қалыўшы апаңыз Сапура, әкеңиз Қуўаныш, бәрше жақынларыңыз ҳәм "Ибратлы сөзлер" арнасы жәмәәти! https://t.me/ibratli_sozler

Базаргул Каримова 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler