fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 785 مشترک است و جایگاه 4 324 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 447 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 785 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 10 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -272 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -14 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 28.31% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 20.04% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 319 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 764 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 11 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 785
مشترکین
-1424 ساعت
-447 روز
-27230 روز
آرشیو پست ها
Бул ойма нағыслы, ағаштан исленген қуты (тумбочка) болып, үстине жүк жыйналады, олардың ишине керекли буйымлар салынып та қой
Бул ойма нағыслы, ағаштан исленген қуты (тумбочка) болып, үстине жүк жыйналады, олардың ишине керекли буйымлар салынып та қойылады... Сораў: Бул қуты не деп аталады? https://t.me/ibratli_sozler

photo content

МАХТУМҚУЛИ_ҚОСЫҒЫ_ДӘРТ_ЖАМАНЫ_ҒАРРЫЛЫҚТЫ_ЯРАНЛАР_1.m4a4.69 MB

Жасларға жасыңды миллет ете берме, қәдириң кетеди. Керисинше, мудамы ақыл-кеңесиңди айт, иззет-ҳүрметиң артады. Халық даналығ
Жасларға жасыңды миллет ете берме, қәдириң кетеди. Керисинше, мудамы ақыл-кеңесиңди айт, иззет-ҳүрметиң артады. Халық даналығынан. Каналымызға ағза болыўды умытпаң !!! https://t.me/ibratli_sozler

ҚОСЫҚҚА ҚОСЫЛЫП - ТУЎЫЛҒАН ШАЙЫР. Қарақалпақстан халық шайыры,      Өзбекистанға мийнети сиңген журналист - Халила Дәўлетназаров     Жетпис төрт жаста.    Бүркит шыңын гөзлеп өстиң жасыңда, Тахтың бүгин бәлент таўлар басында, Не шәкиртлер сайрап турар қасыңда, Қосыққа қосылып туўылған шайыр. Ел тәғдири - сөзге қосып алынған, Өттиң, өмир соқпақ -  тосықларынан, Сөз нағышы безеп, қосықларынан - Ибратлы сөзлер қуйылған шайыр. Шайырлық - Алланың сыйлығы берген, Сөзлердиң ишинен "сырлы" сын терген, Темир қанат бүркитлер изинен ерген, Маржан сөз шебери - буйырған шайыр. Кеўилиң кең, кең жең ҳәмде етектей, Ҳәммеге тең, минезиңиз жипектей. Қосықларың - өткен қатаң електей, Хақлыққа қосылып жуўырған шайыр. Дос пенен душпанды айырып билген, Жаманды "ҳә" демей сезинип илген. Душпанға сыр бермес жүректи тилген, Жақсыны, жаманнан айырған шайыр. Қызғыштай қорғаған миллет жерлерин, Аспанға шығарған елдиң Ерлерин, Халық деп аянбай төккен терлерин, Көкиреги қалқан, өзи шоқ шайыр. Дәстан жырлап өткен, Аббаз бабамыз, Ондай қыссаханды қайдан табамыз? Қарақалпақ халық шайыры - ағамыз, Қыссаханлық қосық атқарған шайыр. Ағам менен үй дәргайын атладың, Қосығымды жонып, қайта сапладың, Иниңизди қайта отта тапладың, Устазлық қосылып таңылған шайыр. Сизден мийрас болып жақсылық қалсын, Урпақлар барқулла бостанлық алсын, Тәлим алып Сизден, туўры жол салсын, Өмир жолы - үлги турысы, шайыр. Жетпис жасың қутлы болсын - Мубәрек! Қарақалпақ ушын орның бир бөлек! Шәкиртлер жарысып, қутлықлап ҳәлек, Қутлы жетпис жасын тойлаған шайыр. Сизге беккем ден саўлық, узақ өмир шаңараңыңызға аманлық тилеўши иниңиз! Сали Кудайбергенов https://t.me/ibratli_sozler

"ҮЙГЕ ҚАРАЎ, ҮЙДИҢ ТАЗАЛЫҒЫН НЕЛЕР БУЗАДЫ?" ӨСЕК ГӘП, БИРЕЎДИ КРИТИКАЛАЎ, ОПАСЫЗЛЫҚ~Үйдиң ишинде айтылған мағлыўматларды үйдиң дийўаллары өзине сиңдирип турады. Егер де үйде жәнжел ямаса қорлаў жүз берген болса, дәрҳал үйдиң барлығын жуўып шығыў керек. Бул унамсыз энергия үйде турып қалмаўы ушын ҳәм басқа да машқалаларды туўдырмаўы ушын еритилген сары майға пилик жағып қойыў керек. БЕТИ АШЫҚ ҚАЗАН, АЎҚАТ~Бул да үйди патаслайды. Егер аўқаттың бети түнде ашық қалса, оның ийисине көзге көринбейтуғын жин-жыпырлар ушып келеди ҳәм аўқатқа жабысады, айырымлары аўқаттың ишине түседи. Егер олар аўқатқа қонды ма, демек бул аўқат патасланды, ал егер де сиз бул аўқатты жесеңиз себепсиз ашыўланыўыңыз, ғәзеплениўиңиз мүмкин. Бул жин-жыпырлар адамның ислерин басқарыўы мүмкин. Ата-бабаларымыз, апа-әжелеримиз буны билген ҳәм соның ушын аўқаттың үстине қақпақ, майлық [сийле] жаўып қойған. Усы себепли асхананы да ҳәр күни жуўыў керек. Себеби, еденде, столдың үстинде, ыдыс-табақ жуўатуғын жерде шашылып жатырған усақлар, аўқаттың қалдықлары да сол жағымсыз нәрселерди шақырады. Егер олар үй бийкесиниң сондай ебедейсиз, тазалықсыз екенин көрсе, сол үйге биротала көшип өтеди, узаққа барып жүрмей кейинги аўқат таяр болыўын күтип отырады. ЖУЎЫЛМАҒАН ЫДЫС-ТАБАҚ~Ҳаял ушын ыдыс-табақ жуўыў--бул оған унамсыз кармадан [тәғдирден] қутылыўдың, яғный пәклениўдиң ең әжайып усылларынан бири деп есапланады. Тилекке қарсы, негедур бүгинги күнде ыдыс-табақ жуўыўды аўыр ўазыйпаға теңейди. Бирақ, ески заманларда ыдыс-табақ жуўыў-ҳаялдың ҳасыл ўазыйпаларынан болып есапланған. Жуўылмаған ыдыс табақ шаңарақты муҳаббаттан ҳәм бахыттан журдай етеди. Булар да жин-жыпырларды жыйнайды. Әсиресе, түнде ыдыс-табақты жуўмай қалдырыўға болмайды. Және үйдеги туалеттиң қақпағын бастырып, есигин жаўып қойыў оғада әҳмийетли, себеби ол жердеги патаслықта "жасаўшылар" үйдиң ишинде ушып жүрмеўи ушын. ҮЙ ҲАЙЎАНЛАРЫ~Егер де сизиң үй ҳайўанларына қатнасыңыз надурыс болса, олар да үйиңиздиң психикасын ипласлаўы мүмкин. Егер олар үйиңизде хызметкер емес, хожейин ролинде болса үйиңиздиң берекети қашады. Егер де үй ҳайўанларыңыз сизиң қалай тамақ писирип атырғаныңызға қарап турса, олар нәзери менен аўқатыңыздың берекетин жеп қояды, ал сиз сол ҳайўанлардан қалған аўқатты жегендей боласыз. Бул жағдайда сиз аўқаттан унамлы энергия ала алмайсыз. Егер де адам үй ҳайўаны менен тығыз қатнасық орнатса, онда ҳайўан ушын бул үлкен раўажланыў есапланады, себеби, бундай энергия алмасыў ўақтында ол хожейининиң аңын өзестиреди, бирақ, хожейини де ҳайўанның аңын өзлестиреди. Жыллар даўамында хожейини ҳәм оның ийти я пышығы бир-биринен айнымай қалыўының себеби усында. Ҳайўан өз орнын билиўи керек. Бул оларды үйден қуўыў керек дегени емес, себеби, қолымызға үйреткен ҳайўанларды үйден қуўыўға болмайды. Тек ийт, пышық өз орнын билиўи кереу. Оларға хожейин менен уйқылаўға, аўқатланыўға болмайды. Олардың өзлериниң бөлек орны болыўы керек. ӨЛТИРИЎШИ ӨНИМЛЕР~Егер үйде өзинде өлим энергиясын сақлап турған өним болса--бул жүдә унамсыз жағдай. Барлық өли дене өзи менен унамсыз күшти алып келеди. Өлик-бул өлик. Мейли ол музлатылған таўық болсын, мейли, ол ҳайўанның тулыбы болсын, бәрибир оларда унамсыз энергия бар ҳәм бул да үйди ипласлайды. Бундай үйде де муҳаббат, парахатшылық көп жасамайды. НЕГАТИВ ТАРҚАТЫЎШЫ СҮЎРЕТЛЕР~Үй-бул тынышлық мәсканы, сонлықтан оның ишиндеги сүўретлер де тынышлықты, парахатшылықты сәўлелендириўи керек. Сүўреттеги унамсыз, қайғылы көринислер, түсиниксиз абстракциялы көринислер үйдиң берекетин, унамлы энергиясын бузады. <<САЗА>>~жеке раўажланыў ҳәм шаңарақ журналынан алынды. Венера Жуманиязова таярлаған. 🪴🪴🪴🪴🪴🪴🪴🪴🪴 Каналымыздан узақласпаң... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

ӨЗГЕЛЕРДИҢ КЕЎЛИ ДЕП... Өзгелердиң кеўли деп өзлигимнен кешкенмен, Зәрүр болса суў көрмей етигимди шешкенмен. Қолдан келсе кисиге жәрдем еткен жақсы деп, Әдалатлық жолында отқа-суўға түскенмен. . Жарылқасын Алласы ҳәркимди,мен бендемен, Қол созарман бендеси бир қыйналған жерде мен. Барлығымды бағышлап жәрдем берсем базылар, Негизине тартады жетелесем төрге мен. Исенгишпен бәршеге ҳақ кеўлимди бергенмен, Қыйналғанда қуўатлап жақынымдай көргенмен. Ис питкен соң базылар қайда көрдим сени деп, Бир қайрылмай кеткенде мен кимлигин билгенмен. Өзгелердиң кеўли деп бердим қарыз, барымды, Олар қайтып берместен келтирген көп арымды. Бир Аллаға салдым мен ондай ийман гәдасын, Жеңил етер бир Аллам шеккен азапларымды. Өзгелердиң кеўли деп  талай сөзден тыйылдым, Өзге ушын өзгеге бетим салып қыйылдым. Қолда бар жәрдемимди берген сол бир"жақыным", Аяғымнан шалғанда бир Аллаға сыйындым. Өзгелердиң кеўли деп кетти талай ўақытым, Мени көкке көтерер усы алған бағытым. Негизинде өзге деп ойламаған өзимди, Бул дүньяда арттырған мениң ең зор бахытым! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 4 февраль,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova

"ШЫМШЫҚ ҚАШТЫ" Бул балалар ойынын ойнаған ен соңғы әулад биз шығармыз. Қыстың күнлери жауын-шашында ауылда көп свет өшеди, сондай гезлери шыраның жарығында уймелесип, моллам дөгерек болып отырып аламыз. Ал, жаздың күнлери хәммемиз далада пешшеханада жатып апа-сиңлилер усы ойынды баслаймыз. -Меннен бир шымшық қашты. -Нешик? -Қырық қулағы қырық жеринен тесик. -Неше улы, неше қызы бар? -Еки баласы, еки қызы бар. Бир сүйреткиси бар. ("Суйретки" дегени кемпир апасы я атасы дегени). Ойынның тәртиби бойынша қоңсылардан усындай үйди табыў керек. Ким дурыс жуўапты айтса, сол ойынды даўам еттиреди. Расын айтсам усы ойын арқалы ауылдағы (хәттеки қоңсылас ауыллардағы)барлық үйлерди жақыннан билип алдық. Хәзирги балалар бес үй арыда кимлер жасайтуғынлығында билмейтугынларыда бар. Айтайын дегеним, бул әпиуайы бир ойын көрингени менен санамыздың өсиуине аз да болса үлесин қосқан екен. Автор: Qundiz Jumagalieva https://t.me/ibratli_sozler

Арасында ҳәзиллесип отырайық.. "Сизлерде выхадной барма? 😄😄" ❤️ КҮЛКИ - АДАМ ӨМИРИН УЗАЙТАДЫ....👍👍 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 Бизден узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler

DALIBAY---MAMBETMURATOV JASLIGIM.mp33.87 MB

ӨМИР  СОЛАЙ ... Өмир тегис емес бәлент жери бар, Терең теңиз, дәрьясы бар, көли бар, Саҳрайы суўырған, ыссы шөли бар, Өмир солай ... Жақсылыққа толы, саўап иси бар, Жаманлыққа толы, қырын күши бар, Әрман, арзыў еткен елес түси бар, Өмир солай ... Өмир - тыныш пайызлы кеш рәҳәт, Өмир - урыс қурал, күшлери қәҳәәт, Өмир - гүрес майдан беллесиў зәҳәәт, Өмир солай ... Өмир - шадлық пенен қуўанышлар көп, Изги нәўшелерге ырысқыны ек, Бүгин ҳәрким болып өз-өзине бек, Өмир солай ... Өмир ақ-қараны жыйған ишине, Жасап келип дос-қасларын түсине, Келген жерде таўсылар минип күшине, Өмир солай ... Өмир узақ, өмир қысқа инсанға, Бес күнлик деп бериледи мыңсанға, "Жеткерейин ақырына"... қуўсаң да, Өмир солай ... Соның ушын даўамшыңа дурыс жол, Жеткере бил келешекке берип қол, "Жети өлшеп, бир..."айтар нәсиятың сол, Өмир солай ... ✍УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА У.📚 https://t.me/ibratli_sozler

«ҚАРАҚАЛПАҚНАМА›ДАН: ...Солай етип өмир деген не? —Өмир–бул дүньяга келиў ҳәм кетиўдиң арасы. Өмир–адамның адам менен, әўладл
«ҚАРАҚАЛПАҚНАМА›ДАН: ...Солай етип өмир деген не? —Өмир–бул дүньяга келиў ҳәм кетиўдиң арасы. Өмир–адамның адам менен, әўладлардың әўладлар менен дослығы. Өмир–адамның адамға, әўладлардың әўладларға мухаббети. Мениң өмирим мен өлгеннен кейин басланады,–деген екен Бердақ шайыр. –Ақмақ қай ўақытта ақыллы көринеди? –Сөйлемесе. –Дана қай ўақытта ақмақ көринеди? –Мактаншаққа, быжыққа айланса. –Адамның қандай ўақытта уйқысы қашады? –Қалтасында пулы көп болса. –Адамды қай ўақытта уйқы басады? –Ақылы кем болса. –Сап-саў болып жүрген адам бир күни есерге айланса, қандай кеселге тап болғаны? –Кеселге тап болғаны емес, оның қалтасында пулы көбейгени. –Адамның өзине мәлим қайсы нәрсени оның өзинен басқалар коп айтады? –Атын. –Адамның узақ жасаўына не себепкер? –Оның ертеңинен үмити. –Адамның өмири қысқарыўына не себепкер? –Оның ертеңинен үмитсизлиги. –Адамның бирден жуўап бериўи қыйын қандай сораўды билесең? –«Уйқылап атырсаң ба?» деген сораў.. "Қарақалпақнама". Т. Қайыпбергенов. https://t.me/ibratli_sozler

#Бүгин Бүгин Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың туўылға
#Бүгин Бүгин Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың туўылған күни. Халила Дәўлетназаров 1952-жылдың 10-февраль сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында дүньяға келген. "Ибратлы сөзлер" каналы ықласбентлери атынан устаз шайырды бүгинги туўылған күни менен шын жүректен қутлықлаймыз! Халила ағамызға узақ өмир,беккем денсаўлық,өшпес бахыт ҳәм дөретиўшилик табыслар тилеймиз! Канал: @X_Dauletnazarov https://t.me/ibratli_sozler

"Ақыл жаста емес, ал баста".... Пикир сизден әзизлер. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Бизден  узақласпаң..... https://t.me/ibratli_sozler

САЛТ-ДӘСТҮР  ЫРЫМЛАРЫ.ҚОНАҚ -  үйдиң қасына келип ҳәкке шықылықласа  ямаса ишип отырған шайыңда (шәмбе) шөп көринсе бүгин үйге қонақ келеди деп түсинген.... ☘ ҚАБАҚ ТАРТЫЎ -  Егер де адамның  қабағы тартса,  мениң бүгин көзимнен жас шығып жылаўым керек, - дейди....... ☘ АЛАҚАН ҚЫШЫЎ - Егер адамның алақаны қышыса, бүгин мениң қолыма көп ақша түседи деп түсинилген... ☘ ТЕРИСКЕН - Көзине терискен шыққан адамлар, көзиниң үстине салбыратып  ийне қыстырады  ҳәм ортаң бармақ пенен балалы үйрек бармақты көк сабақ пенен қосып  атанақлап байлайды..... ☘ НАН АСАТЫЎ - Қоңсы үйлердиң балалары ата-енесиниң жумсаўы бойынша қоңсы үйге барып, босағаға келип сүринсе, ол баланың аўызын толтырып нан асатады. Нан асатыў ырымы усыннан келип  шыққан. ☘ УРЫС -  Егер адамның езиўи бир жағына тартса, онда мен бүгин биреў  менен урысыўым керек, деп ойлайды..... (XALÍQ  DANALÍǴÍ. QALLÍ  AYÍMBETOV). 🫆🫆🫆🫆🫆🫆🫆🫆🫆 https://t.me/ibratli_sozler

Bazargu_l_Karimova_O_tersen_Lyrics_Text_Базаргул_Каримова_Өтерсең.mp310.18 MB

🚸 Жаслық ўақтыңда Анаң бахытлы болыўың ушын гей бир унамсыз ҳәм кеўилди шөктиретуғын хабарларды сеннен жасыратуғын еди. Ҳәзи
🚸 Жаслық ўақтыңда Анаң бахытлы болыўың ушын гей бир унамсыз ҳәм кеўилди шөктиретуғын хабарларды сеннен жасыратуғын еди. Ҳәзирде енди Анаңды бахытлы қылыў ушын оны тынышсызлантуратуғын хабарларды оннан жасырыў нәўбети саған келди. 👆Ата-анаң дәл еки көзге уқсайды. Бири оң, екиншиси шеп. Егер олардың биреўинен айрылсаң, көриуиң гүңгиртлеседи. Екеўиненде айрылсаң, соқыр болып қаласаң. Оларды еки көзиңди сақлағаныңдай абайлап сақла! ✍ Ж. Румий 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozler

GULXATYSHA - KUTEMEN SENI + 2 (1) (1).mp314.44 MB

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАР !!! Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик, Алҳамдулиллаҳ! 🌼 Ең бахытлы инсан б
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАР !!!     Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик, Алҳамдулиллаҳ!  🌼 Ең бахытлы инсан болыў ушын:  🌼 Қуўанышымызға шүкир,  🌼 Қапашылығымызға сабыр,  🌼 Тилимизди зикир,  🌼 Жүрегимизди меҳир       менен  толтырып алайық!  🌼 Баслап атырған жаңа күниңиз қайырлы, берекетли болсын! 🌼 Бүгинги басланып атырған   күниңиз кеўилдегидей өтсин! 🌼 Ҳәр бир ийгиликли исиңизге Алла яр, Қыдыр ата мәдеткер болсын! 🍃 Бизден узақласпаң...... {{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{ https://t.me/ibratli_sozler