fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 792 مشترک است و جایگاه 4 322 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 444 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 792 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 09 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -265 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -7 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 28.13% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.97% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 288 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 755 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 10 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 792
مشترکین
-724 ساعت
-447 روز
-26530 روز
آرشیو پست ها
Ана тилеги Қууанамыз балалықта Туўылған кун болса деп Жыйналысып дос яранлар Кеулим жане толса деп. Адам солай жасай берер Жары жасқа келгенше Ақыл тоқтап турмыс ташуиш Ой қыялды бөлгенше. Қалған өмирин бағышлайды Ҳамме бирдей перзентке Бахыт сорап жаратқаннан Дийди жаман көрсетпе. Инсан неге суйенеди Қартайғанда таяққа Сонша перзент келе қылса Солар қарар қаяққа. Перзент берсе қосып берсин Мийриминде аямай Алладан тек тилегим Басқа байлық сорамай. М .Айбосынов https://t.me/ibratli_sozler

Бийбаха хикмет ❗️Сениң алдыңа тəшуишли адам келсе, оны есит ! ❗️Сеннен биреу еткен айыбына кеширим сорап келсе ,оны кешир ! ❗
Бийбаха хикмет ❗️Сениң алдыңа тəшуишли адам келсе, оны есит ! ❗️Сеннен биреу еткен айыбына кеширим сорап келсе ,оны кешир ! ❗️Сени жəрдемге мүтəж кимсе жоқлап келсе , жəрдем бер ! ☝️Қуран хəрдайым сениң қасыңда болыуы талап етилмейди. Бирақ, оның аятлары сениң тəрбияңда көриниуи тийис ! https://t.me/ibratli_sozler

ҚАМШЫНЫҢ САБЫНДАЙ ҚЫСҚА БУЛ ӨМИР! Дастурхандағы тағамлар түрлеринен тап иштейи байланып кеселленген адамлардың да иштейи ашылары сөзсиз! Келинлер шеберлиги менен ықласлы безетилген бул дастурхан өз мийманларын асығыслық пенен күтип турғаны анық.. Бүгин "Ҳақ жол" мәҳәллесиндеги тутық адамлардың бәршеси Алламберген ағаның үйине аўыз ашарға асығысып кирип келди. Алламберген ағаның туўған- туўысқанлары, қурдас-дослары, қуда-жегжаты, қоңсы - қобасы үйине ғаўырласып жыйналды. Бир ўақлары мәҳәлле имамы қасында 2-3 молла менен Алламберген ағаның дәрўазасының алдында пайда болды. Ассалаўма әлейкум тақсыр! - деп Алламберген аға бар ҳүрметин көрсетип қолын көксине қойып имам ағаның ҳәм жанындағылардың ҳүрметин жайына қойып күле шырай менен жыллы сәлемлесип күтип алды. Бәрше қуўанышлы, рамазан айының және бир күнин Алла жолына тутқан оразаларының аман-есен атқарылып, нийетлериниң қабыл болыўына дуўаларын оқып шүкирлигин әмелге асырып отырғанынан мәс. Бир ўақытлары йимам аға - Алламберген туўысқанларыңды алып кел! Ата-анаңның атына қәтим етемиз деди. Олар үш ул, үш қыз еди. Алтаў емес бесеў болып келди. Булардың ата-анасы менен қурдас болған иймам аға алты туўысқанды жақсы таныр еди. Келиң-келиң отырың баллар деди. - Ҳаў, Қурбанбай шет елге жумысқа кеттиме?! - көринбейдиғо Алламберген балам деди иймам аға туўысқанлар арасынан Қурбанбайды излеп.. - Яқ аға, аўылдағо - деди қабағын үйип Алламберген. Онда неге аўыз ашарға шақырмадың иниңди ишиңизде көбирек итибарға мүтәж туўысқаныңыз сол емес пе?! Тез шақырт, жас үлкенлерден еситип едим араңыздан ала пышық өткен екен! - Яқ, аға шақырмайман! Нәм-нәҳән адам қашан көрсең талабы келиспей, жумыссыз үйинде жатады. Жәрдем қолымызды созайық десек он еки мүшеси саў, бели беккем, билеги қарыўлы ғырыстай жигит! Ашыўым келеди, бизлер де тынбай мийнет етип ислеп бала-шағамызды бағып отырмызғо! - деди ғәзепленип.. - Ҳаў балам! Астагфируллох де, өзиң оразасаң ғәзеплениўиңе болмайды! Ал, туўысқаның қыйналып атырғанында, басқаларға берген садақаң қабыл емес екенин умытпа! Биринши туўысқаныңнан соң ағайыниң, кейин қоңсы-қобаң, оннан кейин ел арасындағы жетим-жесирлерге бересең! - деди иймам аға тәсирлирек етип сөйлеп. Бир нәрсе есиңде турсын қәлеген шаңарақта Алла таалам шаңарақ арасынан я бир қыздың, я бир ул баланың талабын келистирмей силай-рәҳим менен сынайды! Басқа туўысқанларының барлығы жақсы жасап, сол талабы келиспей қалған туўысқаны менен араны үзиссе о дүньяға барғанда жазасы аўыр болады. Дүньядағы мың жетим-жесирдиң басын сылай қойсын оның ислеген ислери саўап қатарына қосылмайды балам! - деди иймам аға түсиндиңбе дегендей қасын көтерип.. Бул сөзлерден ҳәтте аспан уялып кетти! Қысынғанынан жүзи қызарып кеткен Алламберген аға, ҳәзир тоқтап турасызба? Мен Қурбанбай менен келинге телефон етип алайын балалары менен келсин деп орнынан турып дәлизде олар менен сөйлесип үйине шақырды. Қурбанбай көп узамай жетип келди. Төрт көз түўел ата-анасына қуран шығартты. Имам аға сөзиниң соңында "Қамшының сабындай бул қысқа өмирде биз бир-биримизге аманатпыз әзизлер! Арамыз қашықласып меҳир-ақыбет жойылмасын!" деди.. Жулдызай - Манзура Бауенова.✍ https://t.me/ibratli_sozler

Ата нәсияты Билимли ҳаял басыңа қарайды, билимсиз ҳаял жасыңа қарайды. Жаман ҳаял байына, жалғыз атын сойғызар. Жақсы ҳаял күйеўин жоқтан қурап тойғызар. Еки қатын алғанның, қулағы тынбас. Ешекке мингенниң, аяғы тынбас. Ай минбей атыңды мақтама, жыл жасамай қатыныңды мақтама. Атың жебир болса, қудайдың бергени.  Қатының жебир болса, қудайдың урғаны. https://t.me/ibratli_sozler

Биреуге пайдаң тиймесе , хеш болмаса зыяның тиймесин ! Биреуди қууандыра алмасаң , хеш болмаса қапа етпе ! Биреу хаққында жақ
Биреуге пайдаң тиймесе , хеш болмаса зыяның тиймесин ! Биреуди қууандыра алмасаң , хеш болмаса қапа етпе ! Биреу хаққында жақсы сөз айталмасаң , хеш болмаса жаман сөз айтпаң ! Биреудиң жеңисинен қууанышлы болмасаң , хеш болмаса қызғанып күнлеме ! https://t.me/ibratli_sozler

Кайрат_Нуртас,_Сырым_Исабаев_Аллаға_Шүкір.mp37.93 MB

Рамазан айында тутқан оразаларыңыз қабыл болсын.... Оразада саўап көп. Солай екен, ораза болып өткерген ҳәрбир күниңизде, сиз
Рамазан айында тутқан оразаларыңыз қабыл болсын.... Оразада саўап көп. Солай екен,  ораза болып өткерген ҳәрбир күниңизде, сизиң шаңарағыңызға   Алланың  нуры жаўғай. Кеўил сандығыңызды жақсылыққа, бахытқа, саўапқа толтырғай.🤲 СӘҲӘРЛИК  -  06:23       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! https://t.me/ibratli_sozler

#таңғы_тилек 🌙АССАЛАМУ АЛАЙКУМ! 🌙 РАМАЗАННЫҢ 8-КҮНИ, МҮБӘРЕК БОЛСЫН! 🤲 Сəхəрлик ушын оянғанларға АЛЛАНЫҢ рəхмети жаусын !
#таңғы_тилек 🌙АССАЛАМУ АЛАЙКУМ! 🌙 РАМАЗАННЫҢ 8-КҮНИ, МҮБӘРЕК БОЛСЫН! 🤲 Сəхəрлик ушын оянғанларға АЛЛАНЫҢ рəхмети жаусын ! Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир! Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын! Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын! Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймен. Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын. Ибадатларыңыз әжр-саўапларға толы болсын! Тутқан оразаңыз ақыретте сизди Райян дәрўазасынан жәннетке алып кирсин! Рамазан айының 8-күни Хут айының 26-сəнеси, хəптениң Пийшемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Тынышлықтың шырағы.                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                            Аспанымыз ашық болғай мудамы, Байрағымыз желбиресин бәлентте, Елдиң тынышлығы баслы ураны, Ел-журтым ыразы сизлердей мәртке. Журтым тынышлығын қорғайсыз сизлер, Ийниңизге пагоныңыз жарасып. Мәртликти тәрийплеп жырлаймыз бизлер, Ең сулыў сөзлерге сизлер мунәсип. Журтқа қалқан болып турасыз, Бизге жəбир жеткере алмас ғайры нийетлер. Ҳәр бириң тиллерде дәстансыз, Сизлерге жолдас болғай жақсы тилеклер. Әскер болыў ер жигиттиң мурады, Қәлбиңизде тасар ўатанға ҳурмет. Жанып турар тынышлықтың шырағы, Ҳәр күн, ҳәр түн исиңизден бийминнет. ✍: Ишки ислер ветераны Махмуджан Абдуллаев. https://t.me/ibratli_sozler

2_5190778554891148914.mp33.06 MB

АЎЫЗ АШАР АЛДЫНАН ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР НЕ ИСЛЕЎИ КЕРЕК? Ҳәдиси шәрийфте Аллаҳ тааланың ораза тутқан адамға аўыз ашар ўақтында не сораса, соны беретуғыны айтылған. Жақсы, егер бир бенде сол ўақытта ҳеш нәрсе сорамаса, онда ол неге ериседи? Биздеги көпшилик аналарымыз бенен апа-қарындасларымыздың жағдайы тап усындай: аўыз ашарға нәрселерди таярлаў ҳәм дастурхан безеў менен соншелли бәнт болады, оларға: «Ҳәй, аўыз ашар ўақты болып қалды, сиз де аўызыңызды ашып алың», – деўге туўра келеди. Буның мәниси сол, ол мийнет еткен бир хызметкер, бирақ мийнет ҳақысын бериўши: «Қәлегениңше сора, қанша керек?» – деп турғанда, сораў ядына да келмейди. Буннан да үлкен ғәплет болыўы мүмкин бе? Ҳаял-қызлар аўыз ашарды ярым саат алдын таяр етип, дастурханға қойылғанын күйеўлерине түсиндириўи керек. «Соңғы ярым саатта биз асханада ошақ басында турыўдың орнына ямаса бир нәрселерди қуўырып, бир нәрселерди писириў менен бәнт болғаннан көре, усы соңғы ярым саат ямаса жигирма минутты жайнамаз үстинде отырып, Рәббимизге дуўа қылайық». Ҳаял-қызлар үйлериндеги барлық жас балаларды алдына отырғызып алсын ҳәм гүнадан пәк балаларға олар да қолларын көтерип дуўа қылыўын айтсын. Егер үлкенлер гүна қылған болса, жас балалар гүнадан пәк. Ким билсин, усы гүнадан пәк қоллар көтерилгенде, Аллаҳ таала рейим етип, сизиң дуўаларыңызды қабыл етер. Соның ушын ҳаял-қызлар аўыз ашар ўақытларын қәдирлеўи керек. Егер бир үйде тек ғана бир ҳаял болса ҳәм оның аўқат писириўи де зәрүр болса, онда дуўа қол менен емес, қәлб пенен қылынады. Соған бола, қолы жумыс пенен бәнт болса да, сиз бул жағдайда қәлбиңизде Аллаҳ таалаға дуўа қылып атырған болсаңыз, демек, сиз де бул ўақытта Аллаҳ тааладан сораған нәрсеңизге ерисе аласыз. Ҳәзирети Зулфиқар Аҳмад Нақшбандий Пазыйлет .уз. каналынан алынды https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+2

Сиз туўралы жаман гүманға баратуғын гей биреўлер сизди көзи менен таныпты, кеўили менен емес. Румий Бәрҳа тамшылап турған суў
Сиз туўралы жаман гүманға баратуғын гей биреўлер сизди көзи менен таныпты, кеўили менен емес. Румий Бәрҳа тамшылап турған суў бир күни келип әлбетте тасты да теседи. https://t.me/ibratli_sozler

Махер Заин https://t.me/ibratli_sozler

Рамазан айында тутқан оразаларыңыз қабыл болсын.... Оразада саўап көп. Солай екен, ораза болып өткерген ҳәрбир күниңизде, сиз
Рамазан айында тутқан оразаларыңыз қабыл болсын.... Оразада саўап көп. Солай екен,  ораза болып өткерген ҳәрбир күниңизде, сизиң шаңарағыңызға   Алланың  нуры жаўғай. Кеўил сандығыңызды жақсылыққа, бахытқа, саўапқа толтырғай.🤲 СӘҲӘРЛИК  -  06:24       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! https://t.me/ibratli_sozler