fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 857 مشترک است و جایگاه 4 313 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 450 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 857 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 30 ژوئن, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -267 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -18 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 26.79% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.22% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 051 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 623 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 45 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 01 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 857
مشترکین
-1824 ساعت
-997 روز
-26730 روز
آرشیو پست ها
"Бизге миймандур" Қара қас астында бадам қабағың, Кирпигиңниң ниги көзге миймандур. Келгеннен қызғанба ишкен тамағың, Нанға мүтәж емес,сөзге миймандур. Узақдур мәнзиллер,аўырдур жоллар, Сорасса жигитлер,сөйлессе тиллер, Бәҳәрде ашылған рәңбәрең  гүллер, Бир пасыл ашылар,жазға миймандур. Не гөззал ҳөнерлер,не сырлы ислер, Не хаўалы жайлар,алтын-гүмислер, Алтмиш әлўан,жетмиш түрли жемислер, Ағаштан айрылар,гүзге миймандур. Жигиттиң боласа жарағы,аты, Соны билиң жоқдур оның ғайраты, Қартайсаң билерсең жастың қуўатын, Жигитликтиң зоры дизге миймандур. Азада тутпасаң кеўил мүлкиңди, Шайтан ара түсип,бузар қулқыңды. Маба билме жүзиңдеги көркиңди, Шырай-пәкизелик жүзге миймандур. "Мақтымкулы"тыңлар ел жоқ сөзиңди, Сиз-бизлик,сыйласық қалды изинде. Қанша жасасаңда жердиң жүзинде, Адам бир бес күнлик дузға миймандур. 👉@Maqtumquli https://t.me/ibratli_sozler

Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлкек түрлери.
Ессиз ғана бийдайды, Тақан қылмай нан қылды. Ғарға ғарқылдап ғаз болмас, Кемпир сыңқылдап қыз болмас. Ғарры түйе бақыраўық, Ғарры қораз шақыраўық. Арбаның жаман жери, Жолдың жаман жерине келеди. Мурнымның пушығынан қабарым жоқ, Сәңкийип сала бериппен. Бир жилли менен бир саў қосылса, Жағаласқан жаўдай болады. Еки жилли қосылса, Ағайинли саўдай болады. Бир аўыз әңгимениң, Еки аўыз лийикини болады. Көлдиң қуты кетсе, Үш жыл бурын қутаны кетеди. Алып болсаң үсириңди, Аўлаққа сал дүсириңди. Ақ қуланды алсаң ары тур. Оң қолым, сол қолым, Бәри де өз қолым. Атаңда жоқ арғымақ, Енең де жоқ арғымақ. https://t.me/ibratli_sozler

#ИБРАТ Мойнақ районы Қазақдарья Мәҳәллеси Кеңес ағзалары менен ойласылған ҳалда, аўылымыздағы 14-15- мектепти 2006-жылы питирген 1988-жылы туўылған жигитлер, кызларымыз қәўендерлик етти ҳәм естелик иретинде аўылымыз аты түсирилген ески жазыўды ҳәзирги заман көринисине сай жаңалаўды мақулланып бугин усы бойынша қурылыс жумысларын баслап жиберилди. Бул бизиң Қазақдәрья аўылымыз ушын әжайып жаңалық ҳәм тарийхта аты қалатуғын мәңгилик естелик десек арзыйды. 13-14-мектепи питкергенине 20 жылда ушырасыў кешеси мүнәсибети менен жыйналып атырған жасларымыз туўылып өскен аўылын, оқып билим ҳәм тәрбия алған мектеп дәргайына устазларын еслеп келер екен қәдемлери оң болсын. Бул жердеги аўызбиршилик, инсанийлық пазийлетлерди өзлерине жақсы нийет ислери аўылымыз ушында айтарлықтай мақтаўға мүнәсип болды. Усындай жақсы пазийлетлери менен шөлкемлестириў ислерин алып барып атырған жигитлер саў болғай. Минекей Казакдарья аўылымыздың көркине көрик қосты, жасларымыз бахытлы болғай. ✍Сапура Сапарова https://t.me/ibratli_sozler

#теңизден_тамшы Адам кеўли — жолда өскен көк емен, Саясы мол, булақ ағар қасында. Түрли тыйық пенен, түрли қол менен, Қолтаңб
#теңизден_тамшы Адам кеўли — жолда өскен көк емен, Саясы мол, булақ ағар қасында. Түрли тыйық пенен, түрли қол менен, Қолтаңбалар көрдим жазылған онда. ✍И.Юсупов https://t.m/ibratli_sozler

ҚӘЙТИП ЖАСАЙСАҢ ‎ ‎ ‎
Москва деген мәкан болмағанда, Парижде турып өлер едим. ‎ ‎В.Маяковский. ‎"хошласыў" қосығынан. ‎
Улларың үй болды, қызларың кетти, ‎Гүл киби жаслығың барлығы өтти, ‎Таўсылмас тәшўишлер бәршеси питти, ‎Енди өзиң менен өзиң жасайсаң. ‎ ‎Бир күни той дейсең, бир күн шақырық, ‎Ақлықты бағарсаң күнде бақырып, ‎Бир күни келмеске қалса шақырып, ‎Айт сен өзиң ушын қашан жасайсаң. ‎ ‎Балам деп, қызым деп бунша күйесең, ‎Өзиңнен сен кешип қәддиң ийесең, ‎Ғалма-ғал, тәшўишди бунша сүйесең, ‎Өзиң ушын өзиң қашан жасайсаң. ‎ ‎Өз үйиң, өз көшең соны билесең, ‎Көп жыллар усында жасап келесең, ‎Туўылдың усында, сонда өлесең, ‎Ҳәз етип, ел көрип қашан жасайсаң. ‎ ‎Усы деп ойлайсаң өмир мазмуны, ‎Маңлайға тәғдийрдиң питкен жазымы, ‎Не қалды өмирден кетти қызғыны, ‎Өзиңди сен өзиң қашан ойлайсаң. ‎ ‎Отырсаң ыңкылдап зорға турасаң, ‎Аяғың ақсаңлап жолда барасаң, ‎Күн-күннен керексиз адам боларсаң, ‎Сонда өзиң ушын қашан жасайсаң. ‎ ‎Әлемниң ҳәр мушын барып көрмесең, ‎Таўларда, теңизде өзиң жүрмесең, ‎Өмирдиң қызығы қайда билмесең, ‎Ҳәй, адам ҳәз етийп қашан жасайсаң. ‎ ‎Жасыл жайлаўларда жатсаң керилип, ‎Қар басқан шоққылар турса көринип, ‎Бүркит қанат қақса сонда еринип, ‎Оларды көрместен қалай жасайсаң. ‎ ‎Шыршалар теңселген тоғайлар жасыл, ‎Бағында мийўелер жерлери ҳасыл, ‎Бул әлем әжайып  сен барып қосыл, ‎Қашан  гөззаллықты сезип жасайсаң. ‎ ‎Үңилсем көп екен мениң өксигим, ‎Кеўлим жамаў-жамаў көпдур тигисим, ‎Мени кешире-гөр жаным Нөкисим, ‎Бул жерден ўаз кешип қәйтип жасайсаң...? ‎
‎23-май.2026-жыл. ‎ ‎Абат Крамов. ‎Каналымыз,: @Kramov_Abatbay_poeziya
https://t.me/ibratli_sozler

* * * Өмир деген ашқылтымдай палдай ма? Тәбияттың зор күши бар қандайда. Адамларға әдил болса тәбият, Гейбиреўди аз жасатып а
*     *     * Өмир деген ашқылтымдай палдай ма? Тәбияттың зор күши бар қандайда. Адамларға әдил болса тәбият, Гейбиреўди аз жасатып алдай ма? Өмир деген ашқылтымдай палдай ма? Тәбияттың зор күши бар қандайда, – Суўық пенен сарғайтады жасылды, Мийримсизлик бола ма екен ондай да?! ✍Төлепберген МӘТМУРАТОВ @Tolepbergen_Matmuratov https://t.me/ibratli_sozler

Сөзи:Гүлистан Реймова Намасы: Қуўат Әметов Атқарады: Баҳадыр Бегдуллаев #Устаз_шәкирт 7-класынан баслап шәкиртим болған Хожелиши Баҳадыр Бегдуллаев. 2016-жылы "Қәлбим қуяшы" атлы концерти Бердақ атындағы мәмлекетлик театрда қойылды. НМПИди питкерип, НМУде магистратураны тамамлады. Ҳәзирде Тахиятас районы баслығы. Шаңарақлы. Гейде он еки мүшеси саў адамлар ислей алмайтуғын ислерди ислеп атыр.. Алла қәлбине жақсылықты салған инсанлар аман болсын. Жайнап турған кеўил көзлери, Шақмақ тасларындай сөзлери, Илим излер, таланты да өзгеше. Мийрим шәпәәтке толы жүзлери. ✍Гүлистан Реймова https://t.me/ibratli_sozler

<<КЕЛИНЛЕР ДЕ БИЛИП ЖҮРИЎИ ТИЙИС>> {ямаса <<Ер жигитке қырық өнерде аз>> темасыныдағы мақаланың соңы>> {4-бөлим} Буннан алдын усы темадағы мақалаларымызда "мал сойыў ҳәм оны жиликлер", "табақларды жасаў" (мүшелерди бөлистириў), "табақ тартыў мәденияты" ҳаққында сөз еткен едик, енди сол табақты қонақлардың алдынан алыў мәденияты ҳаққында сөз етпекшимиз. Қонақлар ерлер ҳәм ҳаял-қызлар бөлек бөлмелерге отырғызылған жағдай да, алды менен ер адамлар табақларын берип, пәтия етилгеннен соң барып, ҳаял-қызлар табақларын бериўи тийис ҳәм ер адамлардан бурын турып шығып кетпейди. Гейде бул дәстүрлер мәжбүрий бузылады, себеби, ер адамлар ишимлик ишип, тез арада табағын бере қоймайды, бул да мәдениятсызлықтың көриниси, себеби, арақ ишиў ушын асқа ҳүрметсизлик етип, табақты қаратып қойыў бизиң халқымыздың салтында пүткиллей надурыс есапланады. Соны есте тутып, ўақтында табақты берип, хызмет еткен үй ийелерине, келинге пәтиясын берип, қалғанын даўам еттире берсе болады. Бул ушын отырғанлардың ишинен жасы үлкенлеў биреўи:--"табақты берейик, қалғанын кейнин даўам еттире қояйық",--деп төрелик етсе, әлбетте, шашына пәки тийген мусылман баласы буның асқа деген ҳүрмет екенин түсинеди. Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызларымыз отырған жерлерде де усындай жағымсыз көринислердиң гүўасы боламыз. Биз қанша заманагөй бола берейик, ҳаслы мусылманшылығымызды умытпағанымыз дурыс. Қонақлар: "табақты ала қойсын",--деп рухсат бергенде сол үйдиң келини, келин болмаса отанасы (ҳаялы), егерде ол жасы үлкен кемпир болып, келини болмаған жағдайда, хызмет етип жүрген аўыллас келинлердиң биреўи келип табақты алады. Табақ алыўға келген келин қонақтан табақты алар алдында қонаққа ҳүрмет есабында шамалы ийилип иззет көрсетеди ҳәм табақты қос қоллап алып, астың ҳүрмети ушын ийилип тәжим етиўи тийис. Табақты алып бирден бурылып шығып кетиў әдепсизликке саналады. Табақты алып, ийилип тәжим еткеннен соң, табақтағы сарқыттан сол жерде қонақтың көзинше аўыз тийеди. Мине, усыннан кейин, әсте артына бәсип барып, шығып кетеди, усы табақ алыў процессинде келинниң апыр-топыр болып жүриўи жағымсыз көринис пайда етеди, сол ушын келин ҳәр ҳәрекетине дыққатлы болып, ҳаял-қызларға тән ийбели жүристи сақлағаны дурыс. Ал, табақтан сарқытты алып, қонақтың көзинше аўыз тийиў ҳәм қонаққа, ҳәм асқа және бир мәртебе ҳүрмет көрсетилиў болып табылады. Соны да ескертип өткенимиз мақул: табақ алыўға келген келин өз кийимине итибарлы болыўы керек, еңкейип табақ алғанда жағасы ырбыйып, көкиреги ашылып турмаўына, көйлектиң я халаттың етеги узынлаў болыўын нәзерде тутқаны дурыс, себеби, ер адамлар алдына ашық-шашық кийимлер менен кирмегени дурыс. Шашын жайып қойып, кирип табақты алыўға да болмайды, шашын жыйнаңқырап, бир тартар орамалды тартып жүрсе, бул да көрер көзге тартымлы болып көринеди. Табақларды алып болғаннан соң, қонақлар пәтияға шақырғанда ләген, қуман менен кирип келиў де қолайсыз, ләген, қуманды есиктиң сыртында қалдырып, хызмет еткен келин ҳәм т.б. үй ийелери ишке кирип, түргелип турып, қонақтың пәтиясын алады. Егерде, қуран оқылыўы керек болса, түргелип турғанлар қуранның ҳүрмети ушын дизе бүгип отырады. ---Ҳәй, бәрекелла, енди суў әкеле қойың,--деп қонақлардың өзлери де айтыўы мүмкин, сонда да пәтия етилгеннен соң, сыртта қалдырылған қуман, ләген алып кириледи, оң қолға қуман, шеп қолында ләген ҳәм ийнинде сүлгиси болыўы керек, суў шамалы ыссылаў болғаны мақул, қолдың майлығын кетиреди. <<Қолға суў алыў мәденияты>> ҳаққында биз буннан бурынлары өз алдына арнаўлы сөз еткен едик, сол ушын қолға суў алыў жөнинде және қайталап отырмаймыз, қолға суў алыўдың да өзине тән мәденияты бар. ✍Shahzoda Allamuratova http://t.me/ibratli_sozler

photo content

Бахыт - бул үлкен нəрселер емес... Тыныш уйқы, хадал мийнет хəм жаныңыздағы садық инсанлар!! https://t.me/ibratli_sozler
Бахыт - бул үлкен нəрселер емес... Тыныш уйқы, хадал мийнет хəм жаныңыздағы садық инсанлар!! https://t.me/ibratli_sozler

#Ассалаума əлейкум!! Бүгинги атқан таңымыз бәршеңиздиң кеўлиңизге жақсылық, жүзиңизге шадлық, жүрегиңизге толы меҳир ҳәм муҳа
#Ассалаума əлейкум!! Бүгинги атқан таңымыз  бәршеңиздиң  кеўлиңизге жақсылық,  жүзиңизге  шадлық,  жүрегиңизге  толы  меҳир ҳәм муҳаббат инәм етсин! Қадирданлар.......    🌺Сизге бахыт тилеймен. Себеби, бахыт ҳеш қашан инсанға артықшылық қылмайды.      🌺Сизге саламатлық тилеймен. Себеби, ол ҳәмийше инсанларға жетиспейди.      🌺Сизге әўмет тилеймен. Себеби, ол ҳәр бир қадемиңизде керек болады..!      🌺Сизге тәлим-тәрбия тилеймен. Себеби сизден инсанлар  ибрат алады....! https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы_түн Түн уйқылатсын, айдай жамалы менен, Таң оятсын, жумсақ самалы менен, Енди уйқылаң, Аллаҳ кәламы менен, Ерте туры
#Қайырлы_түн Түн уйқылатсын, айдай жамалы менен, Таң оятсын, жумсақ самалы менен, Енди уйқылаң, Аллаҳ кәламы менен, Ерте турың, Аллаҳ саламы менен! Қайырлы түн қәдирлим! https://t.me/ibratli_sozler

"Қызы бар шаңарақ - пайызлы бир бағ" Видео исленбе: ziya_nuri телеграм каналынан https://t.me/ibratli_sozler

#ўақыя 🍌 🍌 🍌 ҮШ ДАНА БАНАН Әке жумыстан қайтыўда үш баласына арасында үш дана банан, арасында үш дана шоколад әкелип берет
#ўақыя 🍌 🍌 🍌 ҮШ ДАНА БАНАН Әке жумыстан қайтыўда үш баласына арасында үш дана банан, арасында үш дана шоколад әкелип беретуғын еди. Көбирек банан әкелетуғын еди, әлбетте. Буннан балалар қатты қуўанатуғын еди, бананды алыўы менен үйди басларына көтерип ойнар еди. – Ағам банан алып келди, – деп қышқырар еди. Соң қолларындағы бананларды сыртын алып таслап, бир-бирине мақтанып жей баслар еди. Сол ўақытта үйдеги ата менен кемпир апа бир-бирине сездирместен қарап, әсте ғана еринлерин қыймылдатып қойды. Екеўи де ықтыярсыз рәўиште: «мен балама, балам баласына», – деген гәпти еследи..
Дерек: Humayro телеграм тармағы
https://t.me/ibratli_sozler

Муҳаббетте болмайды мәкан Муҳаббетте болмайды мәкан, Муҳаббетте болмайды мәўсим. Муҳаббеттиң тәртиби қатаң: Ҳәр бир адам соқп
Муҳаббетте болмайды мәкан Муҳаббетте болмайды мәкан, Муҳаббетте болмайды мәўсим. Муҳаббеттиң тәртиби қатаң: Ҳәр бир адам соқпағын таўсын. Муҳаббетте болады күлки, Муҳаббетте болады көз жас. Муҳаббет – ол адамзат мүлки, Алтын киби айнымас, тозбас. Муҳаббетти алмайсаң урлап, Муҳаббетте болмайды кеңес. Яр таңласаң басқаны тыңлап, Ол – ҳақыйқат муҳаббат емес. Муҳаббетте болмайды әке, Муҳаббетте болмайды ана. Пикир алып яр сүйиў – қәте, Ол тек мәзи оңысық ғана. Муҳаббетте көз болар жүрек, Муҳаббетте сөз болар сезим. Қудай болмас өзиңнен бөлек, Муҳаббеттиң қудайы өзиң. ✍Төлепберген МӘТМУРАТОВ «Гөззаллық оянды» китабынан https://t.me/ibratli_sozler

Қыз перзент бул - уллы инам! Турмыс қурыў жасындағы қыз, турмыс қурыўдан бас тартар еди Оннан кәсиплеслери буның себебин сорады: -Сиз гөззал, жас хәм муғаллим болсаңыз не ушын турмыс қурыўдан бас тартасыз? - Қыз айтты: - Бир неше жыллар алдын, бир хаял ул перзентли болыўды қәлейди, бирақ хәр сапары Алла оны хамийше қыз перзент пенен сыйлар екен. Алтыншысына жүкли болғанда,күйеўи : -Егер және қыз туўсаң, оны бақпайман, берип жиберемен деди. Хаял жүдә қорқар екен. үмит пенен Алладан ул сорапты. Тилекке қарсы, алтыншысына да қыз инам етипти. Күйеўи ғәзепленип, бөпени мешит алдына қалдырып, шеттен бақлап турыпты. Хеш ким оны акетпепти. Оны көтерип уйине қайтыпты. Хаял қуўаныпты. Бирақ, күйеўи тағыда сол исти тәкирарлапты. Бөпени хешким алмас, әкеси апарып қойыўып, шеттен бақлаўдан шаршамас екен. Хаялы арадан ўақыт өтип, уллы болыпты. Бирақ, негедур үлкен қызлары себепсиз бул дүньядан көз жумыпты. Хаялы, изли-изинен уллы болыпты, оған қарама-қарсы қызлары қайтыс бола берипти. Тек ғана сол әкеси кошеге таслап кетпекши болған қызы тири қалыпты. Сол қыз мен боламан...! Турмысқа шықпаўыма себеп, әкем қартайып қалған, оған қарайтын адам жоқ, инилерим арасында көриўге келеди тек. Олар әкеме қарамайды.. Әкем болса нешше жыллар алдын қылған исине өкинеди ҳәр күни. https://t.me/ibratli_sozler