fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 804 مشترک است و جایگاه 4 314 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 443 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 804 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 08 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -267 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -2 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.89% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.44% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 246 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 656 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 09 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 804
مشترکین
-224 ساعت
-497 روز
-26730 روز
آرشیو پست ها
#Рамазан Нөкис уақты менен 06:07 Сәҳәрлик тилеги نَوَيْتُ أَنْ أَصُومَ صَوْمَ شَهْرَ رَمَضَانَ مِنَ الْفَجْرِ إِلَى الْمَغْرِبِ، خَالِصًا لِلهِ تَعَالَى أَللهُ أَكْبَرُ Аўыз жабыў дуўасы: Наўайту ән асуўма соўма шаҳри рамазона минал фажри илал мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллаҳу акбар. Мәниси: Алла ушын Рамазан айының оразасын таң атқаннан баслап күн батқанға шекем тутыўды нийет еттим, Алла уллы, Алладан басқа тәңир жоқ.. https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАМУ ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ!!! Мине көзди ашып-жумғанша, Рамазан айының 18-күнине де жетип келдик. Усындай теберик айды, қ
АССАЛАМУ ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ!!!     Мине көзди ашып-жумғанша, Рамазан айының 18-күнине де жетип келдик.      Усындай теберик айды, қасийетли күнлерди жаратып берген Ийемизге сансыз шүкирлер болсын!     Меҳрибан халқымыздың  бәрше тилеген тилеклерин Алла таалам қабыл етсин!  Елимизди ҳәр қыйлы бәле-жаладан, қәўип-қәтерден алланың өзи сақласын!  Аспанымыз ашық, елимиз парахатшылық, несийбемиз молынан болсын!     Халқымыз арасында аўызбиршилик, сыйласық жоғалмасын! Шаңарақларымыз  бахытлы,...ал инсанлар меҳир ақыбетли болғай !!!     Я РƏББИМ бенделериңниң билип-билмей ислеген гуналарын кеширгейсең.     Алланың разышылығы жолында тутып атырған оразаларыңыз қабыл болғай... 🤲 https://t.me/ibratli_sozler

Тутқан оразаңыз, қылған ибадатларыңыз қабыл болып Жəннеттиң Рəйян атлы есигинен қəдем басып кириў бəршеге несип етсин ! Бүгин
Тутқан оразаңыз, қылған ибадатларыңыз қабыл болып Жəннеттиң Рəйян атлы есигинен қəдем басып кириў бəршеге несип етсин ! Бүгинги күн де өз жуўмағына жетти. Түнги уйқыңыз сизге күш-қуўат берсин, түнги ибадатыңыз АЛЛАҒА болған мухаббатыңызды арттырсын ! Сəхəрликте ғайыбана саў-саламат аманлықта көрисиўди несип еттирсин ! Кирип келген байрамыңыз бенен жəне бир мəртебе қутлықлап қаламан ! 🌹 ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ƏЗИЙЗЛЕРИМ ! https://t.me/ibratli_sozler

8 - Март Ҳаял - Қызлар байрамы СИЗЛЕР БУЛ ДҮНЬЯНЫ ЖАРАТЫЎШЫСЫЗ Ырғалған гүллерге уқсар ҳәр бири , Қуўаныш , шадлықта сиз бене
8 - Март Ҳаял - Қызлар байрамы СИЗЛЕР БУЛ ДҮНЬЯНЫ ЖАРАТЫЎШЫСЫЗ Ырғалған гүллерге уқсар ҳәр бири , Қуўаныш , шадлықта сиз бенен тири . Өмирдиң даўамшы ашылған гүли , Сизлер бул дүньяның жаратыўшысыз . Бир қолда бесигиң , дүнья тербеткен , Анасыз дүньяға даўырығы кеткен . Не бир батыр ул , қызларың ержеткен , Сизлер бул дүньяның жаратыўшысыз . Мийримли тәрбия берип перзентке , Ылайық болғансыз уллы ҳүрметке . Палапан қусыңды ушырған көкке , Сизлер бул дүньяның жаратыўшысыз . ,, Ҳәййиў"иң қандырып қулақтың қуршын , Аймалап өсирген жүзлериң жарқын . Улларың атқарар Ўатанның буршын , Сизлер бул дүньяның жаратыўшысыз . Не бир тәшиўишлерди бастан кеширген , Анасыз ардақлы неше әсирден . Улыңды қәстерлеп , ақлық өсирген , Сизлер бул дүньяның жаратыўшысыз . Анам , қарындасым , ҳәм ерке қызым , Болғай аманлықта өмириң узын . Көклерде байрамың жансын жулдызың , Сизлер бул дүньяның жаратыўшысыз . Жаңабай Баймуратов 7 - март 2026 жыл https://t.me/ibratli_sozler

Нөкис ўақты менен : 19:02 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарт
Нөкис ўақты менен : 19:02 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.       Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл. https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаума əлейкум елимниң бир-биринен сулыу, мəрт хəм дана хаял-қызлары ! Сизлерди 8- Март хаял-қызлар байрамы менен қутлықла
Ассалаума əлейкум елимниң бир-биринен сулыу, мəрт хəм дана хаял-қызлары ! Сизлерди 8- Март хаял-қызлар байрамы менен қутлықлай отырып , шаңарағыңызға аманлық хəм тынышлық , өзлериңизге беккем ден-саулық хəм күш-қууат , қəлбиңизге сөнбес мухаббат тилеймен .Ислериңизде хəмийше əумет хəм табыс жолдас болсын ! Əдиули Анам, мийримли əжапам, ғамхор қарындасым, опалы ярым , исенимли достым,ийбели келиним, Жəннетим гилти болған қызым деген тəрийплер сизлерге аталған болсын ! Хəмийше бəхəр гүллериндей ашылып, көркейип хəм көбейип жүре бергейсизлер ! Сизлерге хүрмет хəм мухаббаты менен Юсупова М.😘🌹 https://t.me/ibratli_sozler

Күйген нан . Жумыстан шаршап келген əкемниң алдына анам дəстурхан жайды. Ол бираз күйиңкиреп кеткен нанды əкелип қойды. Есимде , сол ўақытта əкем буған не дер екен деп қатты қорққан едим. Əкем күлимсиреп нанға қол созды. Бир бөлек сындырып алды. Меннен : - Мектепте күниң қалай өтти ?-деп сорады. Жуўап бердим. Бирақ бар дыққатымды əкемниң хəрекетине қаратқан едим. Ол индемей нанға сарымай жақты , соң вареньеге батырды. Жеди . Мен сол күнги дəстурхан əтирапына отырыўға қолайсызландым. Бираздан соң ,анамның əкемнен нанды күйдирип қойғаны ушын кеширим сорап атырғанын еситтим. Мен əкемниң сол ўақтағы берген жуўабын бир өмир умытпайман ! Ол : - Анасы , қысынып кеширим сорай берме . Нанның күйиўи үлкен мүсийбет емесғой. Өзим сол қызарып қаттылаў болып пискен нанды жақсы көремен !-деди . Əкемнен не ушын бундай дегенин сораўға қызықсынып алдына бардым. - Əкежан , растан да сиз күйген нанды жақсы көресизбе?- дедим. Əкем мени баўырына басып : - Ақыл қызым мениң , бүгин анаң жүдə шаршаған . Күни қыйын өткен. Хеш қашан хаяллар арнайы қəте қылмайды. Жəне бир нəрсе...Нанның хəдден тыс писип кеткени, хəтте күйип кеткенин жеу онша зыян емес. Бул биреўге азап бериўге арзымайды. Өмир өзи кемшиликлерге толы. Хеш айыбы жоқ инсанның өзи жоқ. Биз болсақ , сол кемшиликлерди қалай қабыллаўды үйрениўимиз керек.АЛЛА қатнасықларды үзиў ушын белгилеген қəтелерден басқасының бəрин кеширип, туўры түсиниўге болады. Аз ғана күйген нан яки мазасыз шыққан аўқат бир адамның қəлбин жаралауға хеш қашан арзымайды.. Юсупова М . аўдармасы https://t.me/ibratli_sozler

Ол ўақлары аўылда базар дегени хəзиргидей хəр күнлик емес, тек ғана екшемби күнлери болатуғын еди. Күйеўиниң өлиминен соң жесир қалған Робия жети жасар қызын базарға жиберди. Қолына керек затлардың дизимин жазып берди: бир кило картошка, бир кило пияз, ярым кило гөш ....Соған жететуғын пул берди. Түске жақын қызы майысып бир дүнья затты көтерип келди. Робия базарлықты көрип қууанды . Қызы күнине жарайтуғын ақыллы болыпты. Тийе берсин күйеуи тири болғанда , хəр екшемби өзи базарлық етип, қызы базарға кирмес еди. Себеби , дийхан базарына хаял əулады қəдем баспас еди. Бүгин базарда жүрген жети жасар қыз хəммениң итибарын тартқаны бийкарға емес. Робия кеули толып қызына рахмет айтты. Қызы қалтасынан пулларын шығарып берди. - Хау бул неси ?!- деди Робия хайран болып .- Сонша нəрсени қайсы ақшаға алып келдиң ? Қызының көзи мөлтилдеди : - Хешким пулымды алмады. Картошка сатқан аға да, пияз сатқан аға да : " Тийе берсин əкең қатты жақсы адам еди, əттең жас кеттидə" деп бир килодан емес, еки килодан берди. Ақшамды созсам да алған жоқ ... Робияның көзлеринен жас дөңгеленип кетти. Юсупова М. аўдармасы. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

АНА БАР ДҮНЬЯДА-ӨМИР ӨЗГЕШЕ ** Өмирге келтирген-шебер уста дым, Өмирдеги ең биринши- УСТАЗЫҢ, Қазылардың ең әдили болған соң, Перзентлер қолынан беккем усласын! АНА бар дүньяда-өмир өзгеше. Шақалақ биринши жылаған СЕСЛЕП, Билдирер жаңадан өмирдиң басын, Есиңди билдиңбе, түсингил еслеп, АНАның толғақтан аққан көз жасын... АНА бар дүньяда- өмир өзгеше. Хош зибан, мехрийбан,кеўили аппақ, Сөзлери шийриндур,қәлби дым жумсақ, Анаң қонақ, әкең,сизге аманат, Азғантай өмирде алма жаман ат, АНА бар дүньяда-өмир өзгеше! Жасайды АНА лар перзентин ойлап, Қуўанар-олардын тойларын тойлап, Сорайды АЛЛА дан бахытын пайлап, Анасыз қалғанлар-жылайды айлап, АНА бар дүньяда-өмир өзгеше. Каналларда"Ғайыбана хош көрген, Гөззаллығы,дилўарлығы йош берген, 8-март-Қутлы болсын АНАЛАР! Бул дүньяға"Ингалаған сес"берген! АНА бар дүньяда- өмир өзгеше! Қәдири бәлент ҳүрметли ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР! Сизлердиң ҳәммеңизди қәдирли каналымыз администрациясы ҳәм өзимниң,шаңарағым атынан 8-март-ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРдың халық аралық байрамы менен шын жүректен ҚУТЛЫҚЛАЙМАН! Сизлерге беккем ден саўлық,шаңарақларыңызға аманлық,аўызбиршилик,тынышлық,қәтержамлық, берекет тилеймен! Ҳүрметли ПРЕЗИДЕНТИМИЗГЕ "Елимиздиң тынышлығын сақлаў жолындағы тыншымас мийнетлеринде" беккем күш- қуўат,қайтпас ғайрат,ден- саўлық тилеймен! САЛИ КУДАЙБЕРГЕНОВ 07.03.2026 жыл https://t.me/ibratli_sozler

Бүгин таңда сапардан киятырған едик, базардан өтип баратырып бир кеули өксик кəмбағал қыздың " мен хəм журт қусап хайтта таза көйлекли болып қалсам еди " деген гəпи қулағыма еситилди. Машинадан түстим де кийим базарға барып сол қызға көйлек əпериуди нийетлеп баратыр едим. Жолда бир хаял үйде таярланған таза сарымай сатып турған екен, бахасын сорасам 24 мың деди. Алғым келди, бирақ басқа нийет пенен базарға киргеним ядыма түсти. Хайт байрамы ,əуеле сол қыздың тилегине жеткиз деп өз нəпсиме өзим нəсият қылған кисидей, илажсыз сарымайын қайтарып бердим. Базарға кирип , ашық қызыл реңли көйлек алдым да қызға бердим. Қууанғанынан көзлери парлап ,жылап жиберди. Қайтып киятырсам жаңағы хаял сарымайын сатып болыпты. " Сатып қойдыңызба апа ? ", десем , "Индемей кеттиңиз, хəзир ғана бир қызға сатып жибердим " деди.Əй , мейли , не болса да көйлек алып бир кеули өксик қыздың кеулин таптым, баслысы сол деп үйге келе бердим. Үйге келип , бираз дем алған соң музлатқышты ашсам , бағана мен көрген сарымай тур. Көзлериме исенбедим. Ораза уақтымда ауыз ашарда ыссы нанға жағып жеуди хəуес еткен едим, өз нəпсиме рəуа көрмеген сарымай өзимнен алдын жетип келип , музлатқышымда турғой.. " Дүрдан, мына сарымайды сен əкелдиңбе , қаяқтан келди? " Қызым : -"Яқ , мен əкелмедим. Мəдийна əжапам берди, сизден алдын келип кеткен еди"..... Я АЛЛА қандай уллысаң ! деп жибердим.... Умму Əмийна . Қарақалпақ тилине аударған Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

Бир кишкене бала асханада кешки ауқатты таярлап атырған анасына жазылған бир бет қағазды услатты.Анасы фартугине қолын сыпырд
Бир кишкене бала асханада кешки ауқатты таярлап атырған анасына жазылған бир бет қағазды услатты.Анасы фартугине қолын сыпырды да оқый баслады: " Шығынды төккениме 5 мың, үй сыпырғаныма 10 мың, дүкəнға сүтке барғаныма 7 мың, суу толтырғаным ушын 5 мың, сиз базарға кеткенде үкеме қарағаным ушын 10 мың . Хəммеси болып 37 мың сум бересиз !" " Мақул !" деп ана улына қарады. Хəм де ручканы алды да улының жазған қағазының артына жаза баслады: "Тоғыз ай қарнымда көтергеним, түнлери уйықламай сени тербеткеним, ауырғаныңда кирпик қақпай саулығыңды тилегеним хəм дəри ишкизип тəуир қылғаным,сени жесин деп жақсы тамақлар писиргеним, үсти -басыңды таза тутқаным, ойыншықлар, кийимлер əпергеним , жəне оның үстине мийримимди қос . Бул хызметлерим ушын сеннен маған бир тийин де керек емес ! " Баласы анасының жазғанларын оқып көзине жас айланды да анасының бауырына атылды. "АНАЖАН СИЗДИ ҚАТТЫ ЖАҚСЫ КӨРЕМЕН" деди. https://t.me/ibratli_sozler

Өмир соққыларына дус келген уағыңда АЛЛАДАН басқасы сени еситпеслигин, еситсе де қəлбиңдеги жарақатларды сезинбеслигин умытпа
Өмир соққыларына дус келген уағыңда АЛЛАДАН басқасы сени еситпеслигин, еситсе де қəлбиңдеги жарақатларды сезинбеслигин умытпа ! Адамлар сени я еситпейди, еситсе де жүрегиң толы дəртлериңди толық сезинип билмейди , себеби хəмме сен сыяқлы əззи бенде... Сен айтпасаң да қəлбиңнен не өткенлерин сезиуши тек АЛЛА ! Оған айт , оннан сора ! Дууаға ашылған қолларыңды бос қайтарыуға уялатуғын жалғыз ғана ОЛ ! https://t.me/ibratli_sozler

#рамазан_2026 🌙"РАМАЗАН" СӨЗИНИҢ МӘНИСИ Рамазан сөзин араблар әййемнен киятырған сөзликлеринен алған. Ҳижрий календарының тоғызыншы айы болған Рамазан дәслеп қатты жәзийрама ыссы күнлерине, күйдиретуғын ыссы күнлерге туўра келгени ушын "Рамазан" деп аталған. Рамазан деген сөз "рамз" сөзинен алынған болып, "қызыў", "қызып шоқ болыў", "күйдириў" мәнилерин аңлатады. Шыжғырған ыссыда қалған қойлар күйип, қарайып, өлип қалар екен. Соның ушын бул айда ораза тутқан адамның гүналары күйип, жоқ болады, айып-кемшиликлери Рамазанның саўаплары жылтырап турған мүбәрек қуяшында өлип кетеди, деген түсиник пайда болған. Рамазан оразасы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Мадинаға ҳижрат қылғанының екинши жылында Шаъбан айынан еки түн өткеннен соң дүйшемби күни парыз қылынды. Бул милодий 623-жылдың 7-февралына туўра келиўи мүмкин деген болжаўлар бар. Шаъбан айы тамамланыўы менен Пайғамбар алайҳиссалам басшылығындағы мусылманлар биринши Рамазан оразасын тута баслады. Бул күнлер жүдә ыссы еди. Айтқанымыздай, Рамазан да "жүдә ыссы", "күйдиретуғын ыссы" дегени. Қәнекей, Рамазанда ораза тутқанлардың гүналары күйип, жоқ болса! Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам 9 жыл Рамазан оразасын тутқан. Пазыйлет уз.каналынан алынды

СӘҲӘРЛИК - 06:08 ( Нөкис уақты менен ) АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, хо
СӘҲӘРЛИК  -  06:08 ( Нөкис уақты менен )       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ƏЗИЙЗ ЗАМАНЛАСЛАР ! Мүбəрек Рамазан айының 17-күнине сау-саламат , үлкен қуўаныш пенен жеткизген РƏББИМИЗГЕ
АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ƏЗИЙЗ ЗАМАНЛАСЛАР ! Мүбəрек Рамазан айының 17-күнине сау-саламат , үлкен қуўаныш пенен жеткизген РƏББИМИЗГЕ шексиз шүкирлер болсын ! ЖАРАТҚАН ИЙЕМДИ разы қылыў үмитинде ораза тутыўды нийет етип, сəхəрлик ушын шырағын жаққан хəрбир шаңараққа мол ырысқы, аманлық-тынышлық, отбасының берекетин , кеўил қəтержамлығын берсин ! Елимизге абаданлық , жеримизге несийбе , дəрьямызға мол суў, қəлбимизге шүкир, тилимизге салаўат берсин ! АЛЛА нийетлериңизди қабыл, саўабы -əжирлериңизди мол етсин ! Рамазан айының 5-күни Хəмал айының 7-сəнеси, хəптениң Шемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Жарасыпты қалпағың балам. Былтыр Нөкиске бир барғанымда жөнелисли таксиге миндим. Айдаўшы жигиттиң арқасына қарақалпақша миллий тумар нағысы түскен  жаўырыншасы, басындағы миллий нағыслы қалпағын көрип , жарасыпты қалпағың балам,көз тиймесин дегенимди билмейақ қалдым ,басындағы  миллий қалпағын көрип,қуўанып кеттим,Қандай жарасықлы. Жолаўшыларға сәлем бергенин айтпайсаңба.  Сараншаға қатнайтуғын жөнелисли таксиаў шамамда Оннан бериде бирталай ўақыт өтти,  Бүгин ядыма түсип атыр. Оның жарасықлы миллий кийими,күлимлеген жүзлери  жолаўшылардың кеўлин көтерди. Үрдис етип көшеде кийип жүрседе қуп жарасар екен.   ✍Гүлистан Реймова. https://t.me/ibratli_sozler

#Нәсият 📜 Өледи дүньяда жақсы ҳәм жаман, Елге қалдырғандай ис қылғыл мудам. Биреўлер бай болып, бир сарай салды, Өзи өлип кетти өзгеге қалды... Өтти бул дүньядан султан жалшылар, Текте мәңги жасамақта жақсылар. Гүреседи бир-бирине тәпси урып, Бири жаманлықдур - бири жақсылық, Енди келди сениң гүрес нәўбетиң, Жақсылыққа толтырғайсаң жер бетин. Жақсыны гүл етер елдиң алғысы, Жаманды қум етер халықтың ғарғысы. Болса басшы жақсылықты қоллаған, Ол жерлерде әдил тәртип орнаған. Қудайым сақласын ондай сыпайыдан, Халықты аш қалдырып, өзи байыған. ✍ Юсуп Хас Хажиб. Xl - әсир. 📖 https://t.me/ibratli_sozler