fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 935 مشترک است و جایگاه 4 304 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 450 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 935 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 23 ژوئن, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -218 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -13 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.47% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.47% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 206 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 691 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 47 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 24 ژوئن, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 935
مشترکین
-1324 ساعت
-537 روز
-21830 روز
آرشیو پست ها
#Умытпаң Ҳеш нәрсе ислемейтин адамғана қәте қылмайды. Оның ең үлкен қәтесиде мине усында! ✍Лев Толстой https://t.me/ibratli_s
#Умытпаң Ҳеш нәрсе ислемейтин адамғана қәте қылмайды. Оның ең үлкен қәтесиде мине усында! ✍Лев Толстой https://t.me/ibratli_sozler

#Китаптан үзинди Ҳәр ким ҳәр кимниң көзине шөп салыўы мүмкин, ҳәр ким ҳәр кимге қыянет етиўи мүмкин, тек "АНА" өз баласына ҳе
#Китаптан үзинди Ҳәр ким ҳәр кимниң көзине шөп салыўы мүмкин, ҳәр ким ҳәр кимге қыянет етиўи мүмкин, тек "АНА" өз баласына ҳеш қашан қыянет етпейди. Бәлким, инсан турмысының сонша жыллардан берли даўам етип киятырганы соннан шығар. ✍Өткир Хошимов 📚"Дүняның ислери" https://t.me/ibratli_sozler

Мырзагүл Төлегенова " Жағаладым." 🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺 Күн даўамында биз бенен бирге болың əзизлер. https://t.me/ibratli_sozler

Мың қəдемге жол, бир адымнан басланады. ✍Конфуций. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн əзизлер. Сизге, сиз арқалы жақынларыңызға түн тыны
Мың қəдемге жол, бир адымнан басланады. ✍Конфуций. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн əзизлер. Сизге, сиз арқалы жақынларыңызға түн тынышлығын тилеймиз. Хəмийше алға умтылыўдан шаршамаң, өткен күн елес, өткенге өкинбең!! Каналымызға ағза болыуды умытпаң! 👉https://t.me/ibratli_sozler

#Қарақалпақша сөзлик қоры "Қумған (қуман) басын ыбырық қуртар" ➖ астарлы мақал сөз. Мәниси: ҳасылдың баҳасы қасындағылардың,
#Қарақалпақша сөзлик қоры "Қумған (қуман) басын ыбырық қуртар" ➖ астарлы мақал сөз.  Мәниси: ҳасылдың баҳасы қасындағылардың, әтирапындағылардың, қәлпеки нәрселердиң себебинен түсиўи, қәдирсизлениўи. Бул фраза адамның жүрген орталығы, қарым-қатнасып жүрген дөгерегиндегилери менен байланысы қандайлығына қаратада да айтылады. Мысалы бир жигит өзи жақсы, текли-тамырдың туқымы бирақ өз ортасында емес, мүнәсип емес жеңил-желпи адамлар менен жүрипти. Бул жерде: Қумған(қуман)--қәдимги әдеттеги шойын, темирден исленеди, баҳасы қымбат суў қуйыў, жуўыныў қуралы. Ал ыбырықты болса саз ылайдан соғылған қуманға айтылады, бул базарда арзан, бирақ сапасыз, арзан болған соң сынып қалса шамасы келмеген адам ыбырық сатып ала береди. Яғный "Қумғанның баҳасын ыбырық түсиреди" деген мәнисте айтылған сөз дизбеги. Дерек: Шахзода Алламуратова каналы. https://t.me/ibratli_sozler

Ыбырық-?
Anonymous voting

Ағаштан ойма нағыслы етип исленген сандықтың түри-?
Anonymous voting

Суўдың өрине қарап күшли балық жүзе алады, Ал суўдың ығына қарап ...... балық жүзе алады. Ноқат орнын толықтырың!
Anonymous voting

Шекелик-?
Anonymous voting

Қара үй соғыўшы уста-?
Anonymous voting

"Қарақалпақша аяқ ойын Шағала"
Кешиңиз пайызлы болсын әзизлер!
https://t.me/ibratli_sozler

Бир сынаған жаманды, Еки қайтып сынама. Жасыңда қалжың болсаң, Үлкейгенде мылжың боласаң. Ийт арбаның көлеңкесинде киятырып, "Мен тартып киятырман" дейди. Көрмес - түйени де көрмес. Кәрўан көшер от қалар, Адам өлер ат қалар. Тегин жеген мал, Тесип шығады. Өтирикшиниң дурыс сөзи заяға кетеди. Өспейтуғын бала, Өнбейтуғын даўды даўлайды.

t.me/Ziya_nuri
Ҳаял ашыўланғанда оны тынышландырыў ушын еркек сабырлы болсын. Себеби ҳаялдың ашыўы банканың қақпағындай қатты болса да ашылғанда ишинен мазалы шығады. https://t.me/ibratli_sozler

АЗАМАТ БОЛАР ‎ ‎Еркеклер бир болар сыртқы пишимде, ‎Сақалы өсиңки және мурт болар. ‎Әттең азаматы аздур ишинде, ‎Тек те мәрти ақыл айтып журт болар. ‎ ‎Көбиси былшырап өсек айтады, ‎Журт түўе үйине үлкен дәрт болар, ‎Ўәде берсе лебизинен қайтады, ‎Гәсине намыс-ар  бәрҳа шәрт болар. ‎ ‎Ел ушын бир хызмет етпес нәмәрти, ‎Етсе бир ис өмиринше гәп қылар. ‎Толайым еркектиң аз болар мәрти, ‎Нағыз еркек елдиң ишин бағ қылар. ‎ ‎Арақ ишип көшелерде бақырған, ‎Балондай қап-қалың онда бет болар. ‎Сөгинип ул-қызын  барып шақырған, ‎Журтқа дым керексиз ҳарам ет болар. ‎ ‎Өзгеге бир пайда тийгизбес ҳасла, ‎Гей еркек иритки жаман қурт болар ‎Тамсанып келеди табақда асқа, ‎Нағыз арсыз аўқат толған урт болар. ‎ ‎Ел сүйер, мүтәжин шығарар көптиң, ‎Ол еркек келиси салтанат болар. ‎Неге керек сүўретлеме көп гәптиң, ‎Нағыз еркек билсең, азамат болар. ‎ ‎Басын буғып қашпас таса-пасаға, ‎Ел ушын өз буршы бәрҳа шәрт болар, ‎Нағыз еркек елди таслап қаша ма?! ‎Бир сөз айтса сөзи шешим, ўәрт болар. ‎ ‎19-июнь 2026-жыл. ‎Абат Крамов. ‎Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya

#Өмир сабақлары. Орнымнан тура алмай қалғанымда. Көринбеди көзге жыйған малымда. Өмир өтип кеткендей мисли. Елеслейда алыс бир сағымда. Мен билдим сол мәўритлер Бир қәдем еки дүнья арасы. Ийем өзи мәдадкар екен. Жазылса өмир жалғасы. Зәрре бағыш,табылар еми. Дәртлериңе даўа болғандай. Дүньяның да питеди кеми. Тикейесең қайта туўғандай. Енди қара ,қара өзгеше әлем. Таңда қуяш,гүллер берер сәлем Кеўлиң бир өзге нама шалады. Жақты нурын төкпекте Ийем. О-О .. Әлҳәбиз яратқан саған. Бахыт,саўлық инам ет маған. Өзлигимди өзгеше танып. Ашық болып қалайын саған. Таўап етип, сорайын саодат. Саўап ушын етип ибадат. Жолларыма берегөр нур ,сәўле. Жақты еткей жайнаған. шапақ ✍.Гүлистан Реймова. https://t.me/ibratli_sozler

ЖАНЫ АШЫҒАНЫҢНЫҢ БӘРИ ДЕ ҚАЙЫРЛЫ ЕМЕС. Ертеде бир адамның аты аўырып,басын көтере алмай жатып қалыпты.Оны мал шыпакери көрипти де ийесине айтыпты; Азанға шекем қарап көр,азанда орнынан турмаса,онда ол мал болмайды,оны ҳадаллап сойып алыўдан басқа иләжың жоқ-депти.Бул гәпти қошқар еситип қойып атқа қатты жаны ашыпты. Таң атыпты.Ат орнынан турыўға ҳеш ҳәрекет жасамапты. Оның жанында турған қошқардың атқа реҳими келип: -Әй байғус-әй турағой,қуры пышаққа илинип кетесең ғой-депти. Бул сөзди еситкен ат бар күшин жыйнап орнынан турыпты. Хожейин қораға келип,атының орнынан турғанын көрип қатты қуўаныпты. Атым әжелди жеңип аман-есен қалды,буны белгилемесек болмайды,усы қуўаныштың ҳүрметине қошқарды сойып бир отырыспақ қылайын деп қошқарды сойып гөшин қазанға салыпты. Биз өзимиздиң жанымыз ашыған нәрселеримиздиң бәри қайырлы болады дегенге исене бермеўимиз керек екен,гейде бизиң жанымыз ашып жәрдем берген адамларымыз өзимизге көп зыян келтириўи,ҳәттеки басымызға да жетиўи мүмкин екен. Сонлықтан ҳәрбир иске ойланып араласыў керек екен.
✍Перида Аллекеева. Интернет материалларынан.
https://t.me/ibratli_sozler

✍ Тилеўберген Жумамуратовтан Ҳеш ким билмес... (Сонет) 🍃 🍃 🍃 Ақсақ кемпир, бүкшеңлеген ғарры шал, Ҳәзиллести қыябанда гезл
✍ Тилеўберген Жумамуратовтан Ҳеш ким билмес... (Сонет) 🍃 🍃 🍃 Ақсақ кемпир, бүкшеңлеген ғарры шал, Ҳәзиллести қыябанда гезлесип. Бир мәс сулыў ерси көрип болды лал, Илип өтти арасынан жол кесип. 🍃 🍃 🍃 Кемпир гөззал еди, ғарры мәрт еди, Мерекелес болған талай жасынан. Екеўин де ышқы дәрти өртеди, Әрман менен жаслық өткен басынан. 🍃 🍃 🍃 " - Алжығанлар не бар екен гәп таўып" - Деген сөзге кемпир пақыр егилди. Жас келиншек тап сол күни муқ қаўып, Әттең, әттең... жер астына көмилди... 🍃 🍃 🍃 Ҳеш ким билмес қайсы гүлдиң солмағын, Қай денениң қара топырақ болмағын !... https://t.me/ibratli_sozler

Биз дүньяға менменлик ушын келмедик. Биз, меҳир-мухаббат ушын, басқалардың меҳирин сезиниў ушын, бәрше жаратылысты жақсы көри
Биз дүньяға менменлик ушын келмедик. Биз, меҳир-мухаббат ушын, басқалардың меҳирин сезиниў ушын, бәрше жаратылысты жақсы көриў ушын, сол жаратылысларға реҳим етип муҳаббат көрсетиў ушын дүньяға келдик #Умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳикмет Жақсы инсан өзинен Бахыт, Жаман инсан өзинен Тәжирийбе, Шалағай инсан өзинен Сабақ, Кәмил инсан өзинен Шырайлы Из қал
#Ҳикмет Жақсы инсан өзинен Бахыт, Жаман инсан өзинен Тәжирийбе, Шалағай инсан өзинен Сабақ, Кәмил инсан өзинен Шырайлы Из қалдырады... https://t.me/ibratli_sozler