fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 372 مشترک است و جایگاه 4 343 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 451 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 372 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 02 سپتامبر, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -209 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -20 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.75% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 18.53% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 102 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 406 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 40 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 03 سپتامبر, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 372
مشترکین
-2024 ساعت
-457 روز
-20930 روز
آرشیو پست ها

БУННАН АСҚАН СУЛЫЎ ҲАЯЛДЫ ЖАРАТПАҒАН ШЫҒАР ДЕП ОЙЛАДЫМ     Ертеде бир жигит ел-журтқа танылған данышпанның алдына келип, оған өзин қыйнаған үлкен бир мәселени айтып шағым қылған екен. Сондағы айтпақшы болғаны мынадай екен:    - Мен ҳаялымды биринши көргенимде Аллаҳ таала буннан асқан сулыў ҳаялды жаратпаған шығар деп ойладым. Соң оған үйлендим. Қарасам, ол сыяқлы ҳаяллар көп екен. Бираз ўақыт өткеннен кейин оннан да сулыў ҳаяллардың көп екенлигин байқадым. Жыллар өткен сайын ҳаялымның көрки менен тартымлылығы кемий берди, кемий берди.     Басқа ҳаялдың барлығы мен ушын ҳүр қызындай. Буның сыры неде? - деп сорайды. Сонда данышпан: - Саған оннан да жаманырақ, оннан да қорқынышлы бир нәрсе айтайын ба? Егер сен әлемдеги ҳаял аталыўының барлығына үйленсең де сен ушын қызыл ийек кемпир барлығынан сулыў көринер еди», - дейди.    Ол жигит бул сөзди ҳәзил деп қабыллап, күле баслайды. Сонда данышпан сөзин жалғастырып: - Себеби, кемшилик сениң ҳаялыңда емес, кемшилик – қанаатсыз жүректе, көрсе қызар көзде, тойымсыз кеўилде. Уят кеткен көзди тек топырақ ғана толтыра алады», - дейди.     Соң: «Ярыңның баяғы, әлемниң ең сулыў ҳаялындай болған гезине қайтыўын қәлейсең бе? Онда көзиңди еркине жиберме. Басқа ҳаяллардың қасында нәзериңди төмен қаратыўды үйрен. Өйткени, көзди тыйыў – адамды дем алдырады, денени тынышландырады, ҳаялыңды сулыўландырып, жаныңды шадландырады. Сонда ғана ҳаялың менен қанаатланып, шаңарағыңды сақлайсаң», -ең кереклиси-хеш ким шаңарақ уйытқысы-хаялың киби бола алмайтуғынына көзиң жетеди, - деген екен. ҮЙИҢДЕ БИРИНШИ ИЗЛЕЙТУҒЫНЫҢ -ХАЯЛЫҢ ЕКЕНИН ТӘН АЛАСЫЗБА, ӘЗИЗ ЕР АЗАМАТЛАР? ! 😊😊 👉 https://t.me/ibratli_sozler

Бир гүзе алтын Бабурий патша Аврангзеб бир күни аўыл аралап халықының аўҳалын көрип жүргенде, алдынан бир кишкене бала мектеп
Бир гүзе алтын Бабурий патша Аврангзеб бир күни аўыл аралап халықының аўҳалын көрип жүргенде, алдынан бир кишкене бала мектептен жуғырып шығады. Патша ол баладан: "Ҳәй бала, мектепте не нәрсе үйрендиң?", деп сорайды. Ол бала үйренген нәрселерин айтады. Патша қуўанып ол балаға бир тиллә береди. Бала: "Патшаҳым мен буны алалмайман", дейди. Патша: "Неге алалмайсаң?", деп сорайды. Бала: "Анам маған исенбейди", дейди. Патша: "Неге?", деп сорайды. Бала: "Сизди бир тиллә берди, десем патша ҳеш ўақытта бир тиллә берип пәс кетпейди, егер олар биреўди марапатлайжақ болса кеминде бир гүзе алтын береди, деп айтады", деди. Баланың бундай сөзге шешенлигинен ҳайран қалған патша баланың үйине бир гүзе алтын тиллә берип жиберген екен. 👉 https://t.me/ibratli_sozler👈

#КҮН СОРАУЫ# ЖУУАБЫ: БҮГИНГИ "КҮН СОРАУЫ" РУБРИКАМЫЗДЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ: 1. ....... белгисиз аккаунт ийеси. 2.Жаныл Артықбаева. 3.Раьно Сагидуллаева Бәрше жеңимпазларға, белсенди қатнасқан арнамыз ағзаларына Админстрациямыз атынан М И Н Н Е Т Д А Р Ш Ы Л Ы Қ билдиремиз. Қарақалпақ халқының көркем қол өнери, Кестешилик түрлеринен болған бул қурақ тури-СОЛАҚ нағыс болып табылады. 📜СОЛАҚ - бул арбаның кишкене бир бөлекшесиниң аты менен аталған. Бул нағыс арбаның солағына уқсас болып, әййемги заманлардан бери қолланылып келген. Бурынғы ўақытта өнерпаз шеберлеримиз жаңа үйрениўшилерге ең алды менен солақты үйретеди екен. Солақты билмейтуғын қызлар болмаған. Сонлықтан да шеберлердиң арасында солақ туўралы "Солақ - солақты билмеген олақ" деген нақыл тарап кеткен. 📜Солақ нағысын жаңа үйрениўшилер жеңил кесте тигиў усылы - илме тигис пенен тигип үйренген. Өзи кишкене болып тигилип кестеленетуғын буйымлардың жийеклерине - чай қалта, киймешек, көйлек, жегдениң жийеклерине тигилетуғын болған. Бул нағыс қызыл, сары, көк, ҳаўайы, ақ ҳәм қара сабақлар менен тигилген. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архив фонды дереклеринен алынды. https://t.me/ibratli_sozler👈

#ПИКИРЛЕУ СААТЫ# БАЙ БОЛМА,БАХЫТЛЫ БОЛ,ҚЫЗЫМ! Қызлар тәрбиясы бул оғада мазмунлы, қызғын тема. Ол дүнья еллериниң ҳәр бири ушын да оғада әҳмийетли тема. Ул тәрбиялаған-әўладты тәрбиялайды,қыз тәрбиялаған пүткил инсанияттың анасын тәрбиялайды. Қыз тәрбиясы жүдә қыйын,қурамалы ҳәм жуўапкершиликли. Сонлықтан шығар,муқаддес ҳәдислерде де қыз тәрбиялаған ата анаға үлкен ҳүрмет айтылады: Қыз тәрбиялаған ата-ана бейиший болады дейди. Себеби ол- ертеңги ана. Ал ,ана ким екенлиги ҳәммеге мәлим. Ана- перзент ушын Қуяш. Оның ақ сүтин емип,шуғласынан нәр алып өседи.Түн уйқысын төрт бөлип Ана баласы ушын ҳәр күни жигирма төрт саат тыным билмейди.. Нәрестесиниң күлкиси- Анаға күш қуўат бағыш етеди. Ана перзенти ушын ҳәр нәрсеге тайын.... Қосық айтпайтуғын Ана болмайды.Себеби ол Бесик жырының атқарыўшысы,нәрестеси қәлесе,артист те бола алады... Қызды өйтип тәрбиялаў керек,бүйтип тәрбиялаў керек деп ақыл нәсият етип отырғым келмейди. Ҳәрбир қызымызға айтарым бар,жан қызым,бай болыўға емес,бахытлы болыўға талпын,өзиңе берилген имканиятлардан барынша жақсылыққа пайдалан,әтирапыңда болып атырған ҳәр бир ўақыядан, ҳәр бир сөзден тек жақсы тәрепин қабыл етип ал,кеширип бил,кеширим сорап бил,сенде ҳәммени таң қалдыратуғын,көзди қыздыратуғын сулыўлық бар,ҳәр бир хаял-қыз сулыў, Сиз тек сол сулыўлықты қысынбай көрсете билиң,бул сулыўлық сизиң ҳәр бириңиздиң бойыңызда бар,айнаға қарап,күлимсиреп бир қараң,хеш кимнен кем емессиз,ҳешким Сизден артық емес,Сиз күшлисиз! Алдыңызда Сизди әжайып күнлер күтпекте, Бириншиден,Сиз бүгинги раўажланған жәмийеттиң, жаңаланып баратырған мәмлекетимиздиң толық хуқыққа ийе ағзасысыз.Ертеңги доктор,композитор,муғаллим яки шайырсыз.Яки болмаса басқа бир кәсип маманысыз. Екиншиден- Сиз ертең бир азаматтың өмирлик жолдасысыз.Оның жақсы болыўы, адамлар қатарынан орын алыўы-сизиң итибарыңызға, мийнетлериңизге ,шаққанлығыңызға,ақылыңызға тиккелей байланыслы. Сиз тек кимниңдур әжепасы, кимниңдур қарындасы ғана емес,дүньяда ең Уллы -Ана- деген атқа миясар болажақ кандидатсыз!!! Мине,бул келешекти Сизге минасип етип берген екен,сол аппақ периштелер,нәрестелер күтеди Сизди,пүткил бир әўлад ғана емес,пүткил адамзат күтеди сизди. Бахытлы,тахтлы болғайсыз, көзлери жаўдыраған қызалақларым! Сиз ертеңги бир уллы шаңарақтың бийкесисиз! Бул шаңарақтың тәғдири Сизиң қолыңызда болатуғынын умытпасаңыз еди... Жақында бир мағлыўматты оқып қорқып кеттим. Өзбекстан бойынша быйыл сегиз айдың ишинде отыз үш мың шаңарақтың ажырасыўы жүз берипти. Бул еле есапқа алынғанлары. Бул не деген бәле,бул не деген апатшылық! Бир үлкен,гүрең ел бузылды, ирип кетти деген сөз емес пе?!!! Ҳаў,қызларым,улларым аў,сизлерге не болды? Бул не деген масқарашылық, Үйине төркинлеп келген қызын бир еки қондырып болып,ар намыс ушын дәрриў келинлик үйине қайтарып жиберетуғын қатаң әкелери,қайсар аналары қайда бул елдиң!? Бахыт деген алмаз,тереңлерде екенлигин,сол алмазға жетисиў ушын сабыр тақатты байрақ етип алған ҳаял қыз ғана мақсетине ерисетуғынын санасына сиңдирип,тәрбия беретуғын жасы үлкенлер неге тым тырыс?! Ерди ер қылатуғын,үйди үй қылатуғын хаяллар қайда қалды!? Телефоннан тәрбия алған қызлар ма,булар!? Өмир- теп тегис жол емес, оның қыйын- қыстаў мәнзиллери көп,бирақ,ҳәр бир қыйыншылық изинде рәҳәт бар,ҳәр бир сабыр- тақаттың изинде бахыт бар. Сизлерге сабыр тақат,ал изинше,жайнаған бахытлы өмир тилеймен. Қызы бар шаңарақ- пайызлы бир бағ, Қызларсыз өмирде жанар ма шырақ!? Ол ана, ол жолдас, ол өмир гүли!!! Сонлықтан да сыйлар мәрт Қарақалпақ! А Л Т Ы Н Г Ү Л У Т Е Н И Я З О В А. МАҚАЛАДАН КЕЛИП ШЫҒЫП ПИКИРЛЕЙМИЗ, ӘЗИЙЗЛЕР! ... Телефоннан тәрбия алған қызлар..... Карьера, комфорт жасайман деп шаңарақтан уаз кешиулер... , ажырасыулар....????? https://t.me/ibratli_sozler👈

"КҮН СОРАЎЫ # БИЛЕСИЗ ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫ МИЛЛИЙ КЕСТЕШИЛИК ӨНЕРИ БОЛҒАН" ҚУРАҚ"ПЕНЕН ШУҒЫЛЛАНҒАН ХӘМ ЕЛЕДЕ ДАУАМ ЕТИП КИЯТЫР...
"КҮН СОРАЎЫ # БИЛЕСИЗ ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫ МИЛЛИЙ КЕСТЕШИЛИК ӨНЕРИ БОЛҒАН" ҚУРАҚ"ПЕНЕН ШУҒЫЛЛАНҒАН ХӘМ ЕЛЕДЕ ДАУАМ ЕТИП КИЯТЫР... СОРАУ: ЖОҚАРЫДАҒЫ ҚУРАҚ ТҮРИ НЕ ДЕП АТАЛАДЫ ХӘМ ОЛ ҚАЙСЫ МИЛЛИЙ БУЙЫМ ТҮРИНЕН КЕЛИП ШЫҒЫП УСЫ АТ ПЕНЕН АТАЛҒАН??? Жууапларыңызды кешки саат 18ге шекем комментарийде күтемиз!!! 👉https://t.me/ibratli_sozler👈

#мыйық тартар#. ДЕМ АЛЫС КҮНИҢИЗ ПАЙЫЗЛЫ ӨТСИН!!! "ДЕПУТАТ". ШАМУРАТ ӨТЕМУРАТОВ ХӘМ УЗАҚБАЙ ШАМУРАТОВ. 👉https://t.me/ibratli_sozler

"МИЯН КӨЛ".СУЛЫЎХАН МӘМБЕТОВА(атқарған қосық). 👉https://t.me/ibratli_sozler

🇺🇿🇺🇿Буннан 35 жыл алдын, 1991-жыл, 31-август: “Мен усы бүгиннен баслап 1-сентябрди ҒӘРЕЗСИЗЛИК куни – улыума халықлық байрамы деп жәриялауды усыныс етемен! - деген еди Биринши Президентимиз И. А. Каримов. Биринши Президентимиз баслап берген еркин жолды оның избасары хүрметли Президентимиз Ш. М. Мирзияев дауам етип, оның басшылығында елимиз мисли көрилмеген дәрежеде рауажланды. ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ 35 ЖЫЛЛЫҒЫ ҚУТЛЫ МҮБАРЕК БОЛСЫН!!! ЕЛИМИЗ ТЫНЫШ, ТУРМЫСЫМЫЗ АБАД БОЛСЫН!!! https://t.me/ibratli_sozler

#тилек 🌙АССАЛАУМА АЛАЙКУМ! 🌙 💐🌸 Бүгинги жаңа күнди қарсылап атырған қәдирданлар!, өмириңизде жүз берген бәрше қыйыншылықл
#тилек 🌙АССАЛАУМА АЛАЙКУМ! 🌙 💐🌸  Бүгинги жаңа күнди қарсылап атырған қәдирданлар!, өмириңизде жүз берген бәрше қыйыншылықлар артта қалған болғай илайым.! 💐🌸 Аллаҳ шаңарағыңызға тек қуўаныш ҳәм шадлық, меҳир-мүриўбет, хожалығыңызға берекет, ҳадал ырысқы, беккем ден-саўлық ҳәм ийман зыядалығын несип етип, мудамы жақсылықлар үстинде қылсын! 💐🌸 Бахыт излегенге бахыт, перзент талапларға перзент, дәртлилерге дәрман, кеселлерге кәмил шыпа берсин! 💐🌸 Кәсип-кәриңизге раўаж, өзиңизге әўмет, перзентлер камалын көриң. Аллаҳ барқулла Өз панасында асырасын!!! 💐🍀🌸ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!🌸🍀💐 👉https://t.me/ibratli_sozler

🦢. Ғәрезсизлик қутлы болсын, Елим! Дәрбентисең жипек жолының елим, Массагет, Печенег жайлаған жерим, Журтта жоқ ақ көкирек ҳаслы пейлиң, Қутлы болсын, ғәрезсизлик байрамың! Тарийхың әсирлер менен сөйлескен, Қаратаўың аспан менен тиллескен, Батырларың жаўын жеңип жүзлескен, Қутлы болсын, ғәрезсизлик байрамың! Шырақ, Ерназардың қаны төгилген, Томарис, " Қырық қыз" да мәртлик сезилген, Санаңда баба нәсияты егилген, Қутлы болсын, ғәрезсизлик байрамың! Жипек байрақ түўў алыстан көринер, Қос байрағың қос қанаттай желбирер, Сени десем жүрекгенем елжирер , Қутлы болсын, ғәрезсизлик байрамың! Тербелген Окс жағасында байтерек, Шақасы мың болған, түби бир дерек, Татыў миллетлериң, бирликли демек, Қутлы болсын, ғәрезсизлик байрамың! Қоңсы - қобаң менен татыў туўысқан, Бир махсетте белди беккем буўысқан, Дос, бирликли миллетлерден қурасқан, Қутлы болсын,ғәрезсизлик байрамың! " Ақ - сары алтын ," бийдай " ғәзийнең мол, Менделеев таблицасы бунда мол - көл, Шығып газ Мойнақтан, созса бәлент қол, Қутлы болсын,ғәрезсизлик байрамың! Кең жайлаў өрисим, туўған жер - елим!       " Әдиўли устаз " көкирек .     нышаны ийеси .     Рано Сагидуллаева .     Хожели https://t.me/ibratli_sozler

ДЫҚҚАТ,ДЫҚҚАТ! ҲҮРМЕТЛИ  ӘДЕБИЯТ ШАЙДАЛАРЫ, ТИЛИМИЗ ЖАНКҮЙЕРЛЕРИ, ӘЗИЗ ТОПАРЫМЫЗ ОҚЫРМАНЛАРЫ! 🥰СИЗЛЕРГЕ ҮЛКЕН ЖАҢАЛЫҚ! 😍БЫЙЫЛҒЫ ЖЫЛЫ  "ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР" КАНАЛЫНЫҢ ДҮЗИЛГЕНИНЕ АЛТЫ ЖЫЛ ТОЛАДЫ. ✳️УСЫ МҮНӘСИБЕТ ПЕНЕН КАНАЛЫМЫЗДА ЖӘРИЯЛАНЫП КИЯТЫРҒАН ИБРАТЛЫ, ЕЛГЕ ПАЙДАСЫ БАР, ИШИНДЕ ОЙ САЛАР, ҮЛГИ АЛАР ЎАҚЫЯЛАР ТИЙКАРЫНДА ЖАЗЫЛҒАН ДӨРЕТПЕЛЕРИҢИЗДИ (ГҮРРИҢ, МАҚАЛА,НОВЕЛЛА ) БАСПАҒА ТАЯРЛАП БИР КИТАП ШЫҒАРСАҚ ДЕГЕН ОЙДАМЫЗ. 🔰БУНЫҢ УШЫН СИЗЛЕРДЕН ӨЗ ДӨРЕТПЕЛЕРИҢИЗДИ ТЕКСЕРИЛГЕН ,  ИМЛА ҚӘТЕЛЕРИСИЗ ЖАЗЫЛҒАН ҲАЛДА @dilbarxan_aytjanova ЖЕКЕСИНЕ  ТАСЛАП БЕРИЎИҢИЗДИ СОРАП ҚАЛАМЫЗ. 📌ЕСЛЕТПЕ ❗️❗️❗️ ДӨРЕТПЕЛЕР ИНТЕРНЕТ ТАРМАҚЛАРЫНАН АЛЫНБАҒАН ҲӘМ БУННАН АЛДЫН БАСПАДА ЖАРЫҚ КӨРМЕГЕН  БОЛЫЎЫ ТИЙИС. 📝ЯҒНЫЙ ӨЗ ҚӘЛЕМИҢИЗДЕН ДӨРЕГЕН,  КӨПШИЛИККЕ УНАҒАН МАТЕРИАЛЫҢЫЗДЫ КИТАПҚА БАСЫЎҒА ҲАҚЫЛЫСЫЗ. 💫УСЫ ОРЫНДА БАРЛЫҚ ДӨРЕТИЎШИЛЕРДИ  "ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР" КАНАЛЫНАН  ИБРАТЛЫ КИТАП ШЫҒЫЎЫНА, ӘДЕБИЯТҚА АТ САЛЫСЫП,   ӨЗ ҮЛЕСИҢИЗДИ ҚОСЫЎЫҢЫЗҒА ШАҚЫРЫП ҚАЛАМЫЗ АДМИНИСТРАЦИЯ https://t.me/ibratli_sozler

"ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗ диң 35 жылға толыў байрамы менен  ҚУТЛЫҚЛАЎ  !!! ~~~ "Жаңа Өзбекстан" қурыў басланды, 35 жыл, "ҒӘРЕЗСИЗЛИК" из салды, Стратегиялық- реформа жолымен, Режели басқышқа қәдем тасланды. Кең көлемли, консепция дузилди, Бас идея раўажландырыў елимди, Пухаралар ушын шараят ислеп, "Инсан қәдри" мәпи алға сурилди. Мәмлекет-халыққа хызмет қылады, Тәдбиркарға- еркин нәўбет қарады, Еркинлик көз қарас дәстур тийкарда, Өзбекстан кун сайын, өрлеп барады. Нызам устинлиги жоқары турар, Пухара халықтың мәпини қорғар, Социаллық тараўға- итибар берип, Жаңа Өзбекстан тийкарын қурар. Бир ўатан- бир халық, болып жасайық Бир махсетте садық хызмет қылайық, Ғәрезсизлик байрам, мубарек болсын, "Жаңа Өзбекстан" журтын қурайық. *** Ардақлы нураный;  (Нур Иман хажы) Иманалиев. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

2_5215484314879264917.mp310.47 MB

✨Басымызға сынак болып келген ғам-қайғылар, усы тун менен калсын. ✨Ертеңги таң , мол несийбеси менен атыўын тилеймиз. ✨Туниңи
✨Басымызға сынак болып келген ғам-қайғылар, усы тун менен калсын. ✨Ертеңги таң , мол несийбеси менен атыўын тилеймиз. ✨Туниңиз тыныш, уйкыңыз пүтин болсын!!! ✨ КАЙЫРЛЫ ТУН ӘЗИЗЛЕР !!! https://t.me/ibratli_sozler

АНА Руўхый гөззаллығың әлемге үлги, Жипек минезиңе мегзетер гүлди, Қәдемиң басылған гүллән мәнзилди, Мийрим нурларына толтырд
АНА Руўхый гөззаллығың әлемге үлги, Жипек минезиңе мегзетер гүлди, Қәдемиң басылған гүллән мәнзилди, Мийрим нурларына толтырдың, ана! Дүнья муңаяды аўырса жаның, Дәртиме даўадур пәк алақаның, Жүрекке қондырмай нәкаслық шаңын, Ҳадаллық шәменин жараттың, ана. Қуўат болады деп қосып набатты, Сүтке туўрап берген нанларың татлы, Жүрек меҳриң бар байлықтан қымбатлы, Билсем, ең дәўлетли инсансыз, ана! Атақ-мәртебени күтпедиң ҳасла, Баўырманлық тажын кийдиңиз басқа, Көзиңизден тамған бир тамшы жасқа, Айыплымыз бизлер, кешириң, ана! Жүрдиң балаң ушын жуўырып-желип, Етсе де орынсыз қанша еркелик, Әзиз байрамыңда жаныңа келип, Унатқан гүлиңди сыйлайын, Ана! 🪄Бахытлы Сарыбаев https://t.me/ibratli_sozler

ӨМИР  ҒӘНИЙМЕТИН БИЛИП ЖАСАЙЫҚ "Қамшының сабындай өмирдиң қысқа", Қәдирине жетип күлип жасайық, Бул шийрин демлерди өтирмей босқа, Өмир ғәнийметин билип жасайық Араз болса егер, сеннен жақының, "Ийилмеймен"-деп жүрмегил қақайып, Кеўли тола бермес адамзатының, Өмир ғәнийметин билип жасайық. "Көрпемизге қарап аяқ узатып" Буйырған несийпти бирге асайық, Жасымызды бергей Аллам узартып, Өмир ғәнийметин билип жасайық. Жуўырғаннан пайда жоқ бермесе қудай, Досларым тез-тезден басты қосайық, Ҳәркүниң береди билсең бир упай, Өмир ғәнийметин билип жасайық. Шайырман демейин қатырып жазған, Бурын айтқан шығар талай Машайық, Көп ғой данышпанлар өмирден озған, Өмир ғәнийметин билип жасайық. Дилбархан Айтжанова 29.08.2026-жылы https://t.me/ibratli_sozler