cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ

Ассалаўма әлейкум ҳүрметли "ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ" канал ағзалары! Сизлерге қолай болыўы ушын, "ҚАРАҚАЛПАҚ АЙТЫСЫ" топарындағы ең жақсы айтысларды бөлек канал ашып,қойып барыўға қарар қылдық. Төмендеги силтеме арқалы оқып барсаңыз болады: @qaraqalpaq_aytisi

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
212
مشترکین
+124 ساعت
-27 روز
+330 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Қулақ сал жүректиң наласын есит. Әрманда қалма сен боларда несип. Көргенде жүзине айт бәрин кесип. Кеуили босасып бир жибиуи мүмкин. Муңға батып енди өзиңди езбе. Усы жүргениңди келмейме сезсе. Бирақ бир ақылым көшени гезбе. Өзиңди қыйнама бир күн келеди. Қәдириң билмесе қайғырма хасла. Жақты өмир тәреп жүриуди басла. Қәдириң билетин табылып қалар. Маңлайға несибин бир Алла жазса.
نمایش همه...
Излеймен тентиреп жүрекке емди Қоллар деп тәңири кеуили кемди Шадлықлардың кеңнен ашып сағасын Бахытқа талпынып жасайман енди Көше гезип жүзи болмастан қара Жүрегим болсада ол пара пара Опасызды умытып мен бара бара Бахытқа талпынып жасайман енди Қәдирим билер инсан излери менен Жылыу берер жыллы сөзлери менен Алып кетер бир күн өзлери менен Тәңри таңлағанды сүйермен енди Айтыс ушын рахмет!Коля аға минетдарман.🙏
نمایش همه...
Сезимин жеткерип мени сүйдирип Кетти ышқы отқа және күйдирип Жалған сөзлерине алдандым неге Деген иш ишимнен келер қыйғырық Қосығым жазылса дәртли намасы Жүректиң питпейди енди жарасы Мен интизар күткен сол бир жигиттиң Өзге бир сүйгени барау шамасы Қайғы менен өтер болды жас шағым Жалғыз жүрип мине гүллемес бағым Жалған сезимине исендирген сол Хә нәлет болғырдың айырсаң жағын🤦‍♀😄
نمایش همه...
Жүрекке дәртиниң бәрин жерлейди Сырты күлген менен иши күлмейди Мухаббат дәртине жолыққан бул қыз Хеш кимниң кеулине тийип билмейди Муңға батып хәр күн жүректи ездим Әттең жалғанларын кеширек сездим Шын сүйген жүректиң азарлы дәртин Билмесе қәйтейин қатал минезлим Ол деп қайғыларға қалсамда батып Оны хеш кимгеде болмас уқсатып Келген менен сезими шын емесау Хайран болып жүрмен мен басым қатып
نمایش همه...
Мухаббат ышқының қурбаны бопсаң. Ишиң жыласада сыртыңнан тоқсаң. Бирақ мухаббаттың қудирети күшли. Онысыз бул жарықта билесең жоқсаң. Қосығың жазылған муңлы пишинде. Түнлери көрип жүрсең еле түсиңде. Сабыр қанатында пәруаз етсеңиз. Сезимниң көрерсең бираз күшинде. Қайғырма жас басың солып қалмасын. Қапа кеуилиңди өзге жаулап алмасын. Көз жастың жамғыры азар салмасын. Сабыр ет шүкир ет бир күн келеди.
نمایش همه...
Қайдасаң? Күтип турман бағ ишинде Берген уәдем өз күшинде Аралайық келсең бирге Көринбейсең яр қайдасаң? Бир қыз саған сыр айтажақ Қуяш жүзин қарайтажақ Келмесеңиз ал қайтажақ Уәдекешим сен қайдасаң? Қарайлайман жан жағыма Ашыулыман ал тағыда Кеттим сени дым сағына Кешиккиш яр сен қайдасаң? Кешикпеске ант ишерсең Және сөйтип кешигерсең Неге олай сен есерсең Сүйген ярым сен қайдасаң? Көп ойланып хал пәрийшан Жүрсеңбе я қыйсаң қыйсаң Бул жүристи жақсы тыйсаң Жоқсаң еле яр қайдасаң? Жалғанларды көп айтасаң Уәдеңненде тез қайтасаң Бәрин бетке айтып тасла Өзи кимге сен шайдасаң? Деп уәдекеш ярын күтип отырған екен бир қыз ХУРЛИМАН
نمایش همه...
👍 1
Тойда жүрип мәсиреди Мени қыйнап ол күледи Кетип қалсам өзге ярға Бәрин еслеп гүрсинеди Сағынышым артқан еди Ол бауыры тастан еди Бирақ сөзде шаққан еди Көп күтсемде ол келмеди Көзим күлмес ийик басым Батпай отыр ишер асым Муңлы солай қарындасың Ойланбас яр хеш келмеди Сым қаққанда көтермеди Я номери бөтенбеди Бираз күттим жетер енди Деп ашыулы кетип қалдым
نمایش همه...
👍 1
Сабыр әйле сабыр түби ғазийне. Ойлап жүрме хәр исине бир хийле. Келер сабыр сақлап күтебер және. Келсе хош хауазда қосығың бийле. Сағыныштан гүл көгерер деген бар. Күшли болар сонда ғана уят ар. Қосығыңды баслап тура берсе яр. Ашыуын басып күлимлеп бир келеди. Дәми татлы болар ашықлық ярдың. Астында қалмайсаң қуласа жардың. Үстемлиги билинер соңында ардың. Күлип бир бақсаң сен ярың келеди.
نمایش همه...
👍 1
Ярың жүрғой тойларда. Алып турсаң ойларға. Асың тарамай бойларға. Көринеди яр излесең. Дауысың барынша шақыр. Кел сағындым деп бақыр. Олда ойлап қояды пақыр. Көринеди шыннан излесең. Көзлери жолыңа пида. Болажақ өзиңнен ада. Бақыр дауыслап жүда. Көринеди яр излесең. Қарайлап қояды жолыңа. Телефонды ал сен қолыңа. Сым қақ ақыры болдыда. Келеди ярыңды излесең. Депти.
نمایش همه...
👍 1
Қырқбай Дәўлетниязов &Ҳүрлиман Дощанова айтысы
نمایش همه...