cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

KRuz.uz |Рәсмий канал

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
24 048
مشترکین
+1 18724 ساعت
+2 5797 روز
+3 32430 روز
توزیع زمان ارسال

در حال بارگیری داده...

Find out who reads your channel

This graph will show you who besides your subscribers reads your channel and learn about other sources of traffic.
Views Sources
تجزیه و تحلیل انتشار
پست هابازدید ها
به اشتراک گذاشته شده
ديناميک بازديد ها
01
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 23-май, саат 13:10 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орынды Ахмед Реймов талабанлығы ийелемекте. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
2 30313Loading...
02
💰 Үйлердиң баҳасы түсиўи мүмкин Айтыўларына қарағанда, бүгинги күнде бирге ислесиўши коммерциялық банклер тәрепинен Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының қаржылары есабынан екилемши базардан үй-жай сатып алыў ушын арзан ипотека кредитлериниң (17-18 процент) ажыратылыўы ўақытша тоқтатылған. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
2 84935Loading...
03
ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары тайынланды Әбдисаметова Гәўҳар Орақбаевна — Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Ол усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ бөлим баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
5 99035Loading...
04
🦠 Тақыятаста мектеп оқыўшысында вируслы гепатит А анықланды Мәлим болыўынша, ол райондағы 7-санлы мектептиң 1-класында билим алған. Усы мүнәсибет пенен наўқас жасайтуғын үй ҳәм ол оқыйтуғын класста дезинфекция жумыслары алып барылды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9 20344Loading...
05
AVO bank енди Қарақалпақстанда😎 Өзбекстандағы заманагөй цифрлы банк хызметлеринен енди биймәлел Қарақалпақстанда дa пайдаланыўыңыз мүмкин! Протсентсиз дәуирге ийе AVO platinum кредит картасы ҳәм қолай мобил программасы менен қысқа мүддетте атақлылыққа ерискен AVO банкының банкомат ҳәм картоматлары ендиликте Қарақалпақстанда да әмелде! AVO platinum картасы менен сиз өз мүтажлиғиңиз ушын зәрүр болған сатып алыуларды әмелге асырыўыңыз ҳәм банк хызметлеринен онлайн пайдаланыўыңыз мүмкин. Мобил программаны силтеме арқалы жүклеп алың!
8 80618Loading...
06
🤩 Сизге әжайып дүньяны усынамыз Барлық машқалаларыңызды умытып бираз дем алың. Биз сизге руўхый тетиклик, тынышлық бағышлайтуғын Кегейли районындағы аўыл турмысын көрсетпекшимиз. Видеода әжайып, тыныш өтип атырған аўыл көриниси сәўлеленген. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8 40336Loading...
07
Қоңыратта қойлардың қарны жарып кетилгени айтылмақта Социаллық тармақларда Қоңырат районында қойлардың қарны белгисиз зат тәрепинен жарып кетилгени айтылған хабарлар тарқалмақта. «KRuz.uz» жоқарыдағы жағдай бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий мағлыўмат күтип қалады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9 61357Loading...
08
#Вакансия Қарақалпақстанның қала ҳәм районларындағы бос жумыс орынлары жәрияланды Қарақалпақстанның 8 районы бойынша бос жумыс орынларын жәрияланды. Төменлеги силтемелер үстине басып толық танысыўыңыз мүмкин. Әмиўдәрья районы Төрткүл районы Беруний районы Елликқала районы Кегейли районы Қараөзек районы Қанлыкөл районы Бозатаў районы ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9 46617Loading...
09
🤰Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады 2024-жыл 15-май күни саат 20:40 та Ана ҳәм бала саламатлығы илимий әмелий медицина орайының Реанимация бөлимине 1990-жылы туўылған пуқара М.Ю биринши ҳәмиледарлығы менен жатқызылған. Мәлим болыўынша, ол сол имараттың 3-қабат айнасынан өзин таслап жибереди ҳәм орта дәрежедеги дене жарақатларын алады. Нөкис қаласы тез медициналық жәрдем орайына көширилген наўқас бойынша жумысшы топар жағдайды үйренгенде, Қашқадәрьяда туўылған бул пуқара бурын нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған. Жағдай шеңберинен бир қатар хызметкерлерге интизамый шара көрилип, ҳәзирде ана ҳәм баланың саламатлығы турақлы шыпакерлер қадағалаўында екени, ҳеш қандай қәўип жоқлығы мәлим етилди. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 70646Loading...
10
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 21-май, саат 22:30 жағдайына бола: 🟩 Анвар Азъамов — 1186 даўыс; 🟩 Рашид Өтениязов — 462 даўыс; 🟩 Әдилбай Есимбетов — 166 даўыс. 🟧 Ахмед Реймов — 146 даўыс; 🟧 Бердияр Жоллыбеков — 143 даўыс; 🟧 Байрамбай Еримбетов — 90 даўыс; 🟧 Рудакий Алланбаев — 80 даўыс. 🟥 Қувондиқ Қодиров — 75 даўыс; 🟥 Атабек Қайыпбергенов — 69 даўыс; 🟥 Аманжол Аяпов — 55 даўыс; 🟥 Орал Атаниязова — 39 даўыс. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
14 629191Loading...
11
Шарапатдин Балтабаев жәҳән чемпионатының қола медалын қолға киргизди Ол қола медаль ушын кореялы қарсыласы Жун Ҳван Ли менен күш сынасты. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
5 8471Loading...
12
⚡8-класслар ушын Қарақалпақстан географиясы пәни енгизилиўи күтилмекте ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги Республикалық билимлендириў орайы 2024-жыл 20-май сәнесинен 20-июнь күнге шекем оқыў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын мектеплердиң 8-класслары ушын Қарақалпақстан география пәнинен сабақлық ҳәм оқыў методикалық қолланбаларын миллий оқыў бағдарламасы тийкарында жаратыў бойынша дүзиўшилер таңлаўын өткеретуғынлығын жәриялады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12 39850Loading...
13
❗️"Сонғы қоңыраў"ға пул жыйнаў, сейилге шығыў қадаған етиледи — министр Мектеплерде оқыў жуўмақланып, "Сонғы қоңыраў" өткерилиўине байланыслы ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаева ескертиў менен шықты. 2023-2024-оқыў жылында питкериўши оқыўшы жаслар ушын «Сонғы қоңыраў» қағылады. Усы мүнәсибет пенен, мектептиң қурылыс оңлаў жумыслары, мәмлекетлик имтиханлар,  мектепке, директорға, оның орынбасарларына, оқытыўшыларға саўға бериў ямаса пул жыйнаў қадаған етиледи. Сондай-ақ, питкериўшилер ресторан, кафе, үйлерде, кеўил ашар орынларда ҳәр түрли илажларды шөлкемлестириў, суў ҳәўизлеринде шомылыў ҳәм жеңил автомашыналарда сейил етиў қадаған етиледи. Мектеплерде жоқарыда атап өтилген жағдайлар анықланса, нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады. Министрлик илажларға пул жыйнаў жағдайлары ушырасып атырған болса (61) 222-94-45 ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерине қоңыраў етип яки @QRmshmbministrligi_bot'қа мүрәжат жоллаў мүмкинлигин мәлим етти. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12 86995Loading...
14
❗️Қарақалпақстанда 19 жаслы қызды Таиландқа сатпақшы болғанлар усланды Әмиўдәрья районында туўылған, 19 жаслы Ш.ны Таиланд мәмлекетине жибермекши болған шахслар қолға алынды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 645107Loading...
15
Қарақалпақстанда ишимлик суўына байланыслы 238 млн долларлық 2 жойбар әмелге асырылады Аманбай Орынбаев басшылығында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында аппарат мәжилиси өткерилди. 2024-2027-жылларда ишимлик суўы тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша 238 млн АҚШ долларлық 2 инвестиция жойбарын әмелге асырыў режелестирилген. Усы қаржылар есабынан 3 мың 114 км ишимлик суўы тармақлары ҳәм 124 ишимлик суўы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылыўы белгиленген. 246 мың пуқара таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, 422 мың пуқараның ишимлик суўы тәмийнатының жақсыланыўы, нәтийжеде 3 жылда таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 72,4 пайыздан 83,1 пайызға жетиўи күтилмекте. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 11918Loading...
16
Адам саламат болыўы ушын неше саат уйқылаўы керек? • 0-3 ай - 14-17 саат • 4-11 ай - 12-15 саат • 1-2 жас - 11-14 саат • 3-5 жас - 10 -13 саат • 6 -15 жас - 9 -11 саат • 14-17 жас - 8-10 саат • 18-65 жас - 7-9 саат • (65+) - 7-8 саат Күнине 5-7 сааттан кем уйқылаў өмир даўамлылығын орташа 12 процентке қысқартады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 070109Loading...
17
Қарақалпақстанда бала урламақшы болған транспорт басқарыўшысы ҳаққындағы гәплер ҳақыйқат па? Әмиўдәрья районы Манғыт қаласында бир топар шахслар мектепке кетип баратырған балаларды тоқтатып, «мектепке алып барып қоямыз, зат алып беремиз», деп алдап машинасына миндирмекши болғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Кейиншелли бул жағдай Беруний районында жүз бергени айтылды. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хабарларға анықлық киргизип, рәсмий мағлыўмат берди. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
14 819187Loading...
18
❓Президент мектеплерине кириў ушын қандай ҳүжжетлер талап етиледи? Президент мектеплерине 2024/2025 оқыў жылы ушын ҳүжжетлер қабыллаўы 1-июньнан - 20-июньға шекем ОНЛАЙН формада ariza.piima.uz сайты арқалы әмелге асырылады. 🗂 Талап етилетуғын ҳүжжетлер: ➖ туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық; ➖ фотосүўрет (ақырғы 2 айда алынған); ➖ ата-анасы ямаса оның орнын басыўшы шахстың паспорт мағлыўматлары ҳәм телефон номерлери (турақлы ислеп турған телефон номерлери) анық ҳәм қәтесиз киритилиўи керек; ➖ баҳалар табели нусқасы (директор тәрепинен тастыйықланған). ❗️Дыққат етиң! Талабанның баҳалар табелиндеги математика ҳәм тәбияттаныў пәнлеринен 4-класстағы жыллық баҳалары "5" баҳа (айырықша) болыўы керек. Мағлыўмат орнында, Президент мектеплерине 4-классты тамамлаған оқыўшылар 5-классқа қабыл етиледи. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
13 654113Loading...
19
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 20-май, саат 20:00 жағдайына бола: 🟩 Анвар Азъамов — 820 даўыс; 🟩 Ахмед Реймов — 69 даўыс; 🟩 Бердияр Жоллыбеков — 35 даўыс. 🟧 Байрамбай Еримбетов — 30 даўыс; 🟧 Қувондиқ Қодиров — 24 даўыс; 🟧 Орал Атаниязова — 19 даўыс; 🟧 Рашид Өтениязов — 10 даўыс. 🟥 Атабек Қайыпбергенов — 9 даўыс; 🟥 Аманжол Аяпов — 6 даўыс; 🟥 Әдилбай Есимбетов — 3 даўыс; 🟥 Рудакий Алланбаев — 3 даўыс. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
13 282175Loading...
20
❗️Қарақалпақстанлы жаслар ушын қосымша квота быйыл да берилиўи мүмкин Президенттиң 2022-жыл 31-август күнги ПП-213-санлы Пәрманында қарақалпақстанлы жаслар ушын төлемли контракт тийкарындағы 6 500 қосымша квота ҳәр жылы ажыратылыўы белгиленген. Еслетип өтемиз, төлемли контракт тийкарындағы қосымша квоталар тек ғана ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларына тапсырғанлар ушын әмел етеди. Сүўрет арқалы толық мағлыўматқа ийе болың. 📤 Постты жақынларыңызға тарқатың. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
12 406164Loading...
21
Вертолёт авариясында қайтыс болғанлардың денелери Табризға жиберилди Излеў жумысларды жуўмақланған. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 7613Loading...
22
Авария жүз берген орыннан кадрлар усынылды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11 7554Loading...
23
Шавкат Мирзиёев Иран президенти Ибраҳим Раисий өлими мүнәсибети менен кеўил билдирди Мәмлекет басшысы Иран халқына, марҳумлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдирди. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 3482Loading...
24
❗️Аттестация имтиханы өткерилетуғын орын мәлим болды Усы жылдың 24-май күнине шекем Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилиўи белгиленген аттестация орны түсиндирилди. Мәнзил университеттиң тийкарғы имаратынан өткеннен кейинги мәлимлеме орайы. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 01412Loading...
25
Вертолётта Иран сыртқы ислер министри Әмир Абдуллаҳён, Арқа Әзербайджан губернаторы Аятуллаҳ ал-Ҳошим ҳәм Табриз имамы Муҳаммад Али ал-Ҳошим да болған. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9 7315Loading...
26
Иран ҳүкимети бир сааттан кейин президенттиң өлими бойынша баянат береди — ISNA ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9 1283Loading...
27
❗️ Иран президенти Иброҳим Раисий үлкен итимал менен вертолёт аварияға ушыраўы ақыбетинде қайтыс болған. «Вертолёт толық жанып кеткен, барлық жолаўшылар қайтыс болған деген қәўетер бар», — деди Иранның рәсмий ўәкили Reuters агентлигине. Press TV’ның Иран Қызыл ярым ай жәмийети басшысына тийкарланып мәлим етиўинше, вертолёт аварияға ушыраўы ақыбетинде ҳеш ким аман қалмаған. Олар арасында мәмлекеттиң СИМ басшысы Ҳусайн Амир Абдуллоҳиён да бар. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
10 6145Loading...
28
Бираздан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 49-сессиясы басланады Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы тиккелей эфирге бериледи. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9 52612Loading...
29
«Қарақалпақстандағы ең үлгили ЖОО басшысы» таңлаўына старт берилди «KRuz.uz» рәсмий телеграм каналы Қарақалпақстан Республикасындағы қайсы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларының басшылары жаслар менен ислесиўде, олардың машқалаларына шешим табыўда, сондай-ақ, өзиниң ўәкиллиги шеңберинде нәтийжели жумыс алып барып атырғанлығын анықлаў мақсетинде социаллық сораўнама өткереди. Социаллық сораўнамада қатнасыў ушын @JOO_basshilari_bot телеграм ботына кирип, дизимнен өтесиз ҳәм қәўендер каналларға ағза боласыз. Соннан кейин сизде даўыс бериў имканияты пайда болады. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
16 273236Loading...
30
❗️Қарақалпақстанның 5 аймағына ишимлик суўын жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады «Түйемойын-Нөкис» магистрал ишимлик суў тармағы арқалы тәмийинленетуғын Төрткүл, Елликқала, Беруний районлары, сондай-ақ, Қаратаў посёлкасы ҳәм Назархан (Бердақ совхозы) аймақларына ишимлик суўын жеткизип бериў ўақытша тоқтатылады. Себеби, «Түйемойын-Нөкис» суў тазалаў тарнаўындағы д-1400 мм болған магистрал суў тармағында авариялық жағдай жүзеге келген. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11 12948Loading...
31
❗️❗️ Қарақалпақстандағы жол инфраструктурасына зыян жеткенлиги себепли айланба жол шөлкемлестирилди Республика бойлап бир неше күннен берли жаўып атырған жаўын-шашын автомобиль жолының мәлим бир бөлимине өзиниң унамсыз тәсирин тийгизип, тәбийғый апат жағдайын жүзеге келтирди. Бул  жағдай А380 автомобиль жолының 665-километринде жүз берген еди. Ҳәзирги ўақытта автомобиль жолындағы ҳәрекетти қайта тиклеў мәқсетинде барлық илажлар алып барылмақта, сондай-ақ, автотранспортлардың ўақытша ҳәрекетлениўи ушын айланба жол шөлкемлестирилди. Қысқа ўақыт ишинде жүзеге келген жағдай толығы менен сапластырылады.
11 34164Loading...
32
Күшли жаўын себепли «Султан Ўайс» аймағындағы инфраструктураларға зыян жеткен
12 343221Loading...
33
❗️Жер астынан алынып атырған суўға «счетчик» қоймағанлар жәриймаға тартылады ❗️Президент қарары менен жер астынан суў алыў қурылмаларына (скважина, қудық) суў есаплағыш (счетчик) орнатыў шәрт етип қойылды. Бунда суў есаплағышлар орнатылмаған ҳалда жер астынан суў алып отырған шахсларға жәрийма қолланылыўы белгиленген. 🚫Усыған көре, қудықларға счетчик орнатқанлығы жағдайын 3 ай ишинде үйренип, «счетчик»сиз жер асты суўынан пайдаланып отырған шахсларға жәрийма салыў белгиленген. Сондай-ақ, қағыйданы бузғанлардын суўдан пайдаланыўы ўақытша шекленеди. Итибарлы жери, «счетчик» орнатыў талабы жеке өзи ҳәм хожалығы ушын суткасына 5 куб метрге шекем муғдарда жер асты суўынан пайдаланып отырған пуқараларға тийисли емес. Яғный олар қудықларына суў есаплағышын орнатыўға мәжбүр емес. Соның ушын оларға жәрийма қолланылмайды. 💡Мағлыўмат ушын, жер асты суўларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў пуқараларға БЕМның 2 есесинен (680 мың сомнан) 5 есесине (1,7 млн сомға) шекем, лаўазымлы шахсларға – 5 есесинен (1,7 млн сомнан) 7 есесине (2,3 млн сомға) шекем жәрийма салыўға себеп болады. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
14 030243Loading...
Photo unavailableShow in Telegram
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы ⏰ 23-май, саат 13:10 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орынды Ахмед Реймов талабанлығы ийелемекте. Сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады. Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
💰 Үйлердиң баҳасы түсиўи мүмкин Айтыўларына қарағанда, бүгинги күнде бирге ислесиўши коммерциялық банклер тәрепинен Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының қаржылары есабынан екилемши базардан үй-жай сатып алыў ушын арзан ипотека кредитлериниң (17-18 процент) ажыратылыўы ўақытша тоқтатылған. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары тайынланды Әбдисаметова Гәўҳар Орақбаевна — Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Ол усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ бөлим баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
نمایش همه...
🦠 Тақыятаста мектеп оқыўшысында вируслы гепатит А анықланды Мәлим болыўынша, ол райондағы 7-санлы мектептиң 1-класында билим алған. Усы мүнәсибет пенен наўқас жасайтуғын үй ҳәм ол оқыйтуғын класста дезинфекция жумыслары алып барылды. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
AVO bank енди Қарақалпақстанда😎 Өзбекстандағы заманагөй цифрлы банк хызметлеринен енди биймәлел Қарақалпақстанда дa пайдаланыўыңыз мүмкин! Протсентсиз дәуирге ийе AVO platinum кредит картасы ҳәм қолай мобил программасы менен қысқа мүддетте атақлылыққа ерискен AVO банкының банкомат ҳәм картоматлары ендиликте Қарақалпақстанда да әмелде! AVO platinum картасы менен сиз өз мүтажлиғиңиз ушын зәрүр болған сатып алыуларды әмелге асырыўыңыз ҳәм банк хызметлеринен онлайн пайдаланыўыңыз мүмкин. Мобил программаны силтеме арқалы жүклеп алың!
نمایش همه...
01:00
Video unavailableShow in Telegram
🤩 Сизге әжайып дүньяны усынамыз Барлық машқалаларыңызды умытып бираз дем алың. Биз сизге руўхый тетиклик, тынышлық бағышлайтуғын Кегейли районындағы аўыл турмысын көрсетпекшимиз. Видеода әжайып, тыныш өтип атырған аўыл көриниси сәўлеленген. ✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
نمایش همه...
01:14