cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Шайыр Абатбай Крамов✍️

Қанлыкөлли шайыр Крамов Абатбайдың қосықларын оқып танысыўды қәлесеңиз, каналға ағза болың!!

Mostrar más
Publicaciones publicitarias
397
Suscriptores
+124 horas
+47 días
-230 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Шайыр 1820–24-жылларды Қырымда ҳәм Бессарабияда (ҳәзирги Молдова аймағы) ѳткереди. Жас шайыр Кишиневтағы басшылардың үйлеринде қабылланды, олардың шаңарақ ағзалары менен жақыннан танысты, оларға жақсы тәсир етиўи нәтийжесинде, олардың унамлы мүнәсибетине еристи. Сонлықтан бул жердеги басшылар оған тек ара-тура хат-хабарлар жазыў, кишигирим текстлерди француз тилинен аўдарыў сыяқлы жеңил-желпи жумыслар берип қойған, оның ѳз билимин жетилистирип, дѳретиўшилик пенен шуғылланып, еркин жасаўына шараят жаратқан. Александр усы жыллары англичан шайыры Байрон ҳәм француз шайыры Шеньениң шығармалары менен жақыннан танысады ҳәм ѳзине кѳп үлгилер алады. Ол Каменка, Киев, Одессада сапарларда болып, дослары ҳәм танысларының үйлеринде ҳәптелеп-айлап мийманда болар еди. Пушкин 1823-жылдың июл айында жоқары басшыларға арза жазып, жумысын Кишиневтен Одессаға ѳзгертиўге ериседи. Новороссияның генерал-губернаторы граф М. С. Воронцов Пушкинди 1824-жылдың май айында қубларус далаларында пайда болған шегиртке туўралы мағлыўмат жыйнаўға бир ай мүддетке хызмет сапарына жиберген ўақытта, Пушкин бул тапсырманы орынлаўдан бас тартып, отставка сорап арза жазады. Ол ѳзиниң бул шешимине «мен бул жерде ѳз ерким менен болып атырған жоқпан, егер пайтахтта болғанымда, қәлемим арқалы күн кѳрер едим, маған бул жерде берип қойған 700 рубл айлықты мен чиновниктиң хызмет ҳақысы емес, ал сүргиндеги адамның напақа пулы, деп қабыллайман», деген мәниде түсиник береди. Бирақ шайыр бәрибир хызмет сапарына барыўға мәжбүр болады. Пушкин 23 май күни Одессадан 180 верст қашыклықтағы Херсон далаларына кетеди ҳәм 28 майда ҳеш жумыс питкермей қайтып келеди. Граф Воронцов шайырдан: «Шегирткени кѳрдиң бе?» – деп сорайды. «Кѳрдим», – деп жуўап береди Пушкин. «Шегиртке кѳп пе екен?» – деп сорайды граф Воронцов. «Кѳп екен», – деп жуўап береди Пушкин. Шайырдың ҳүкиметке жумыс бериўи усы тәризде болған. Империяның қубла ўәлаятларындағы турмыс шайырға жаңа темалар берди. Мәселен «Бағшасарай фонтаны» поэмасы ҳәм «Евгений Онегин» романы идеялары Қырымда туўылды. Қубладағы жыллары Пушкин бир қатар жаңа шығармаларын дѳретти. 1824-жылы Москвада полиция Пушкинниң хатын ашып оқып, оның атеистлик тәлийматлар менен қызығып жүргени туўралы пикирлерин таўып, бул мағлыўматты жоқарғы басшыларға жеткереди. Ҳүкимет басшылары 1824-жылдың 1-августында Пушкинди Сыртқы ислер коллегиясынан хызметтен босатып, оны Одессадан Псков губерниясына, Михайловское аўылында жергиликли ҳәкимияттың қадағалаўы астында жасаўға жибериўге қарар қабыллайды. Бул шешимниң қабылланыўына граф М. С. Воронцовтың Пушкинниң ҳүкиметке пайдасыз чиновник екенлиги туўралы билдирген пикири де қосымша болды. Солай етип, Пушкин Псков губерниясындағы анасының ийелиги болған Михайловское аўылында 1824-жылдың июлынан 1826-жылдың сентябр айына шекемги аралықта еки жыл даўамында сүргинде болды. Бул жерде ол қоңсы Тригорское ийелигиниң ийеси Прасковья Александровна Осипова менен досласты ҳам оның китапханасынан пайдаланды. Мәселен, усы жерде ол Қуранның француз ҳәм рус тиллериндеги аўдармалары менен танысып, «Қуранға еликлеўлер» атлы қосықлар дүркинин дѳретти. 1825-жылы Тригорское аўылында ол бурын, 1819-жылы Петербургта танысқан Анна Керн менен ушырасады. Шайырдың атақлы «Я помню чудное мгновенье» атлы қосығы усы нашарға арналған деп есапланады. Анна Прасковья Александровнаның ериниң апасының қызы еди. Пушкин Михайловское аўылындағы еки жыл ишинде жүзге жақын шығармалар жаратты. 1826-жылдың августында Россияның жаңа патшасы Николай I Пушкинди Москваға шақырып алады ҳәм оны қабыллайды. Патша шайырға қәлеген жеринде жасаў еркинлигин жәриялайды ҳәм оның шығармаларын ҳүкиметлик цензураның кѳриўинен босатады – ендиги жағында Пушкинниң барлық шығармаларын ѳзи кѳрип, жәриялаўға рухсат беретуғын болады. Патша ҳүкиметлик цензура әйтеўир нәрсеге тийисе бериўи мүмкин, ал мен саған еркин пикир айтыўыңа имкан беремен, деген мәниде усы тәртипти орнатады. Бул императордың Пушкинди Россияның биринши дәрежели шайыры сыпатында тән алыўы еди.
Mostrar todo...
Бул ўақытта Наталья Николаевна 24 жаста, тѳрт баланың анасы, алты жылдан бери Пушкинниң ҳаялы еди. Француз дворяны Жорж Дантес Россияға 1833-жылы келген ҳәм әскерий хызметке кирген. Усы ўақытта ол Петербургта голланд дипломаты барон Луи Геккерн менен танысқан ҳәм досласқан. Бирақ Дантестиң Наталья Гончарованың әжапасы Екатеринаға үйлениўи де бул питнени баса алалмады. Дантес сарайдағы балларда Наталья Гончарованың изине түсиўлерин қоймаған – бул француздың биреўдиң ҳаялына қыйсаңлаўлары өрескил еди. Пушкинниң сабыр кәсасын толтырған ҳәдийсе мынаў болды: 23-январ күни граф Воронцов-Дашковлардың үйинде болған балда Дантес және Наталья Николаевнаға қыртымай гәплер айтып, оны күлки қылады. Ертеңине Пушкин Луи Геккернге оны ѳгей баласына «жеңгешилик» етиўде айыплап, ақыретлеген хат жибереди. Пушкин бул хатқа жуўап тек ғана дуэл шақырығы болыўы мүмкин екенлигин биле тура жиберген еди. Геккерн сырт елдиң елшиси болғанлығы себепли Пушкин менен дуэлге шығалмас еди, сонлықтан Дантес ѳгей әкесиниң намысын қорғап, Пушкинге дуэлге шақырық жибереди. Пушкин менен Дантестиң арасындағы дуэлдиң болған жери Черная речка сол ўақыттағы Петербургтың шети еди. Жер дизеден қар болды. Дуэл түстен кейин саат 16:30 да болып өтеди. Дуэлдиң шәртлери ѳлимлик еди – яғный олардың биреўи, ҳәтте екеўи де бирден ѳлери итималдан жырақ емес еди. Қарсыласлардың арасында он метрлик барйер белгиленип, шегараларға олардың шинеллери таслап қойылды – олар бир-биринен жигирма метр қашықлықтан барйерге киятырып, қәлеген аралықтан пистолеттен оқ атыўға ҳақылы еди. Дантес барйерге бир адым жетпей турып оқ атты ҳәм оқ Пушкинниң жанбас сүйегиниң басын (шейка бедра) сындырып ѳтип, қарнына киреди. Пушкин жерде жатырып Дантеске оқ үзеди – ол Дантестиң қолын жаралайды. Жаралы Пушкин Мойка дәрйасы жағасындағы үйине алып келинеди. Жарасын байламай алып келгенлиги ақыбетинде Пушкин жол бойы кѳп қан жоғалтады. Пушкинди үйинде Петербургтың атақлы медиклери келип кѳреди. Бираз қәнигелердиң пикири бойынша, оның жарасы бул дәўирдиң медицинасы ушын бул ѳлимши жара еди – ол ўақытта медиклер бундай оқты операция етип алыў ҳәм жарадардың ѳмирин сақлап қалыўға қәдир емес еди. Бирақ сол ўақыттағы медициналық әмелияттың дәрежесинде де, егер, уқыплы хирург ўақтында операция ислегенинде, Пушкинниң ѳмири сақлап қалынар еди, деген де пикирлер бар. Әлбетте, бул ўақыя 20 әсирде болғанында, Пушкинниң ѳмири сақлап қалынар еди. Докторлар шайырдан оның жарасының қәўипли екенлигин ҳәм жасаўынан үмит жоқлығын жасырмады. Ѳлим тѳсегинде жатырғанын билген Пушкин ѳзиниң ислерин тәртиплестириўди әмелге асырады. Пушкин Дантеске хызметкеринен мынадай жазба жибереди: «Мен сизди кеширдим. Мениң жанбас сүйегим сынған. Екатеринаға айтың, мен оны да кеширдим». Буннан соң императорға жиберген жазбасында оның дуэлди қадаған еткен буйрығын бузғаны ушын кеширим сорайды. «…ҳужданым қыйналмай ѳлиўим ушын патшамыздың сѳзин күтемен», – деп жазды шайыр. Император оған былай деп жуўап берди: «Егер Тәңир бизге бул дүнйада және кѳрисиўди жазбаған болса, мен саған ѳзимниң кеширимимди ҳәм христиан сыпатында соңғы сапарыңа тилегимди жоллайман. Ҳаялың ҳәм балаларың ҳаққында тәшўишленбе, оларды ѳзим қарамағыма аламан…» Пушкин 29-январ (10-феврал) күни еки күн қыйналып жатып, усы оқ жарасының ақыбетлеринен қайтыс болды. Император Николай I Александр Пушкинге ѳлим тѳсегинде берген ўәдесин орынлады. Патшаның тапсырмасы менен Пушкинниң барлық қарызлары тѳлеп берилди: бул ўақытта Пушкинниң жекке шахслардан қарызлары 92 500 рублди, қазнадан қарызы 43 333 рублди қураған. Император Николай I бул қарызларды ѳз жекке қаржылары есабынан тѳлеп берген. Ал мәмлекет есабынан мына илажлар исленген: қарыздыхорлықта турған әкесиниң имениеси қарызларынан тазалап берилди; шайырдың жесирине турмысқа шықққанына шекем жылына 5 000 рубл пенсион белгиленген; еки қызына турмысқа шыққанына шекем, еки улына хызметке турғанына шекем ҳәр бириниң тәрбиясына 1500 рублден пенсион тайынланған; шайырдың шығармаларын қазна есабынан басып шығарыў ҳәм қәрежети ул-қызларына берилиўи белгиленди;
Mostrar todo...
👍 2
Сағынбай ИБРАГИМОВ АЛЕКСАНДР СЕРГЕЕВИЧ ПУШКИН (1799 – 1837) Александр Сергеевич Пушкин 19 әсирдиң биринши ярымындағы рус әдебиятының кѳрнекли ўәкиллериниң бири. Александр Пушкин поэзия, проза, драма тараўларында жемисли қәлем тербетти, ол әдебий сыншы, әдебият теорияшысы, тарийхшы, публицист ҳәм журналист сыпатында да тән алынады. Пушкинниң ѳлиминен соң оның рус халқының уллы миллий шайыры сыпатындағы абырайы қәлиплести. Пушкин ҳәзирги рус әдебий тилиниң тийкарын салыўшы сыпатында баҳаланады. Александр Сергеевич Пушкин 1899-жылдың 26-майы күни Москва қаласында туўылды (жаңа стил бойынша бул сәне 6-июн күнине туўры келеди). Пушкинлер ханаданы социаллық шығысы бойынша титулсыз (яғный княз, граф титулларына ийе емес) дворянлардан еди. Анасы тәрепинен Петр I ниң тәрбияланыўшысы ҳәм хызметкери болған шығысы африкалы Абрам Петрович Ганнибалдың әўлады. Россия әҳалысының бир процентин ғана қураған аристократиялық қатлам – дворянлар мәмлекетти басқарған ҳәм дерлик барлық тийкарғы байлықлардың ийеси болған. Усы дәўирдеги рус мәдениятының тийкарғы дөретиўшилери болған дворянлар елдиң әҳалысының бестен төрт бөлегин қурайтуғын ерксиз, қул есабындағы, басыбайлы дийқанлардың (крепостные крестьяне) мәжбүрий мийнетиниң есабынан жасады ҳәм интеллектуаллық байлықларды дөретти. Александр Пушкин де өз дәўириниң бардамлы адамы – помещик еди. Пушкин 1811–17-жыллары алты жыл даўамында императордың қарамағындағы Патша аўылы лицейинде (Царскосельский лицей) оқыды. Бул дворян балаларына арналған жоқары оқыў орны еди. Усы жерде оның шайырлық таланты қәлиплести. Жас шайырдың поэзиядағы устазлары әййемги грек ҳәм рим шайырлары және француз шайырлары ҳәм ойшыллары болды. Сондай-ақ Державин, Жуковский ҳәм Батюшковлардан ол рус қосығының сырларын үйренди. 1815-жылдың 8 январында (21-январ) Пушкинлердиң курсының төменги үш жыллық курстан жоқарғы курсқа өтиў бойынша көпшилик алдындағы жәрия имтиханы болады. Бул имтиханға белгили рус шайыры жетпис еки жасар Гавриил Романович Державин қатнасады. Муғаллимлери Александрға үлкен шайырдың алдында қосық оқыўды тапсырады. Бул туўралы Пушкинниң ѳзи соңынан былай еске алған: «Мен «Патша аўылындағы еске түсириўлерим»ди Державинниң қасында еки адым жерде турып оқыдым. Мен сондағы кеўил күйимди айтып жеткизе алмайман: Державинниң аты айтылатуғын қатарға жеткен ўақыттта мениң жас даўысым жаңғырып шықты, ал жүрегим толқынланғаннан қатты соғып кетти… Мен қосықты қалай тамамлағанымды билмеймен, ол жерден қашып кеттим. Державин қатты тәсирленипти; ол мени излетипти, мени қушақламақшы болыпты… Мени излеген, бирақ таба алмаған…» «Мен өлмеген екенмен! – деп қуўанады Державин сол жерде. ¬ – Мине, Державинниң избасары бар!» Усы қосық 1815-жылдың 17-апрелинде «Российский музеум, или Журнал европейских новостей» журналында жәрияланады ҳәм бул жас қәлемкештиң биринши баспа жүзин көрген шығармасы болды. Соңынан бул ўақыяны еслеп, Пушкин «Евгений Онегин» романында былай деп жазды: Қарт Державин кѳзге илди бизлерди, Пәтиясын берди кетер алдынан. Александр Пушкин 1817-жылдың июн айында Лицейди коллегия секретары (коллежский секретар) деген дәреже менен тамамлады ҳәм Сыртқы ислер коллегиясына жумысқа ѳткерилди. Пушкин шет тиллерден француз тилин жақсы билген, немец, англичан, италйан тиллеринде оқып билген. Сондай-ақ әййемги грек, латын, иврит тиллеринен хабары болған. Лицейди питкерген Александрға әкеси Никита Козлов деген басыбайлы дийқанын хызметине береди, усы хызметкери Михайловскоедеги бир жылдан басқа ўақытлары оның жанында болды. Лицейди питкергеннен соңғы жыллары Пушкин «Руслан ҳәм Людмила» деген поэмасының үстинде иследи ҳәм оны 1820-жылы жәриялады. Бул поэма оны сол ўақыттағы оқыўшылар жәмийетшилиги арасында белгили етип жиберди. 1820-жылдың бәҳәринде оны ҳәкимият ҳәм дин ҳәмелдарларына жазылған эпиграммалары ушын пайтахттан шетлетип, Бессарабияға жумысқа жибереди.
Mostrar todo...
👍 1
Себеби патша басқа жазыўшылардың шығармаларын ѳзиниң жекке цензурасынан ѳткериўди мойнына алмаған. 1828-жылдың декабринде Пушкин он алты жасар москвалы сулыў Наталья Гончарова менен танысады. Шайыр бул нашарды биринши кѳриўден унатып қалады. Пушкин Гончаровлардың үйине жаўшы жибереди. Бирақ қыздың анасы Наталья Ивановна Наташаға турмысқа шығыўға еле ерте, деген жуўапты береди. Турмыс қурыў мәселесинде сағы сынған Пушкин Кавказға кетип, усы дәўирде жүрип атырған рус-түрк урысына қатнаспақшы болады. Бирақ Кавказ корпусының басшысы генерал Паскевич шайырдың урыста ѳлип кетиўин қәлемей, оны әскерий хызметке алмайды. Москваға қайтып келген Пушкинди Гончаровлар ханаданы суўық қарсы алады. Наташаның анасын Пушкинниң жарлылығы, қумарпазлығы, атеистлик шығармалардың авторы сыпатында аты шығып кеткенлиги тиксиндирген еди. Пушкин Болдино аўылында болып атырған ўақытта бул аймақта тырыспай (холера) аўырыўы тарқалып, барлық аўыл-қалалардың арасындағы байланыс жабылады. Усылайынша шайыр Болдино аўылында үш айға – 1830-жылдың 31-августынан 5-декабрине шекем қалып кетеди. Усы үш ай шайырдың ѳмирине ҳәм рус әдебияты тарийхына Болдино гүзи аты менен кирди. Болдино гүзи даўамында шайыр шығармаларының үлкен бир дүркини дѳреди: булар – «Белкин повестлери», «Киши трагедиялар», «Евгений Онегин» романының соңғы баплары, басқа да бир қатар шығармалары болды. Соның ишинде шайырдың отызға жақын қосықлары усы жерде жазылды. 1830-жылдың 5-декабринде Пушкин Болдинодан Москваға қайтып келди. 1831-жылдың 18-февралында (2-мартында) Александр Пушкин менен Наталья Гончарова Москваның Никита дәрўазалары деген жериндеги Большое Вознесение ширкеўинде некеден ѳтти. Күйеў менен келиншек неке жүзиклерин алмасып атырған ўақытта, Пушкин ѳзиниң жүзигин жерге түсирип алды ҳәм соңынан оның қолындағы шам ѳшип қалды. Бул ҳәдийселерден шоршынған Пушкин сол жерде: «Всё – плохие знамения!» деп даўыслап жиберди («Бәри – жаман нышанлар!»). Тойдан соң жас Пушкинлер шаңарағы Москваның Арбат кѳшесинде жайласты. Бул ҳәзирги санақ бойынша 53-үйде усы күнде Пушкинниң музейи бар. 1831-жылдың май айының ортасында Пушкин келиншегин алып пайтахтқа барды ҳәм Царское село аўылында бир дачаны кирейге алды. Усы жерде ол сегиз жылдан бери жазып атырған «Евгений Онегин» романын тамамлайды. Пушкин 1831-жылдың июл айында А. Х. Бенкендорфқа хат жазып, Уллы Петр ҳәм оның Петр III ке дейинги әўладларының тарийхын жазыў ушын мәмлекетлик архив ҳәм китапханаларда жумыс ислеўге рухсат сорайды. Усы июл айында император Николай I Пушкинди бурынғы дәрежеси менен мәмлекетлик хызметке алыўға ҳәм архивлерде Романовлар династиясы тарийхы бойынша материаллар менен танысыўына рухсат береди. Изинше Пушкинниң хызмет дәрежеси коллегия секретарынан титуляр советник дәрежесине кѳтериледи. Усылайынша, 1830-жыллары Пушкин кѳбирек прозалық шығармалар жазыўға ѳтти. 1832–33-жыллары «Дубровский» романын жазды. Пушкин Пугачёв кѳтерилиси туўралы шығарма жазыўды ойлайды, бирақ оған Пугачёв туўралы қупыя архивлик материаллар кѳрсетилмейди. Сонлықтан ол сабақлас тема – кѳтерилистиң бастырылыўы туўралы материаллар менен таныса баслайды. 1833-жылы Пушкин Пугачёв қозғалаңы болып ѳткен Тѳменги Волга ҳам Урал дәрйалары аймағына сапарға барады. Ерте орта әсирлердеги түркий қәўимлер тәрепинен Жайық деп аталған, казаклар оны Яик деп атап жүрген дәрйа усы кѳтерилистен соң бул ҳәрекеттиң атын ѳшириў ушын Урал деп қайта аталған еди. 1833-жылдың 7-январында Пушкин Россия Академиясының ағзасы болып сайланады. 1833-жылдың гүзинде Пушкин және Болдино аўылына барады. Ол бул жерде бир ярым айдың ишинде «Пугачёв тарийхы» шығармасын питкереди. «Мыс атлы» поэмасы усы жерде жазылады. Басқа да бир қатар шығармаларын жазады ҳәм баслайды. 1836-жылдың гүзинде сарайға жақын орталықта Кавалергардлар полкының поручиги француз Жорж Дантестиң Наталья Николаевна Пушкина менен жүретуғынлығы туўралы ѳсеклер тарқай баслады.
Mostrar todo...
шаңарағына 10 000 рубл бир мәртелик жәрдем берилди. Пушкинниң мәйити Псков губерниясындағы Святогорск монастыры аймағында жерленди. Александр Сергевич Пушкинниң «Руслан ҳәм Людмила», «Кавказ тутқыны», «Бағшасарай фонтаны», «Цыганлар», «Полтава», «Мыс атлы» ҳәм басқа да поэмалары, «Евгений Онегин» атлы қосық пенен жазылған романы, «Борис Годунов» ҳәм басқа да драмалық шығармалары, «Белкин повестлери», «Капитан қызы» сыяқлы прозалық шығармалары ҳәм ертеклери, бирнеше жүзлеген оригинал ҳәм аўдарма қосықлары бар. А. С. Пушкин шығармаларының кѳпшиликке мәлим толық жыйнағы СССР Илимлер Академиясының Рус әдебияты институты (Пушкин Үйи) тәрепинен таярланған, 1977–1979-жыллары «Наука» баспасының Ленинград бѳлими тәрепинен басылған он томлығы болып табылады.
Mostrar todo...
👍 3
Дәртли қосықларым-әй. "Бир дәртли қосық кеуилде тири тууылса..." А.С.Пушкин. Қашан пәкленеди бизиң санамыз, Қашан елди дейип күйип жанамыз, Бир ауылдан асып кетпес ақыл ес, Қашан бул уатанды танып аламыз. Жағаласып кегирдекке суу бүркип, Алға шықса аяқ шалып биз иркип, Ауыл бетте батыр болған еркеклер, Орталыққа кире алмай жүр бас үркип. Қоллар бир жеңге кире алмай жүрсе, Баслар бир жағаға жайғаспай атыр, Ийтлер өз ийесин танымай үрсе, Беглердиң беглиги жараспай атыр. Көмешине күл тартарлар көбейди, Тегин дүнья жегенлери көркейди, Ел деп еңиреген ерди изледим, Сөзсиз ийин қысыу хеш ким билмейди. Ғыйбаткеш,иши тар көбейип кетти, Шонтық хәмелдарлар көркейип кетти, Халқым-әй галстукден бунша айбындың, Кастюм шалбарлылар хәңкийип кетти. Ийтлер өз ийесин талап үйренди, Бирди еки дейип санап үйренди, Бул сөзди айтпасам күйип өлемен, Өзге ийтаяғын жалап үйренди. Таныс билислерге ашық есиклер , Бир қыйлы емес пе жатқан бесиклер, Бесигин,қундағын умытып бүгин, Бармақлар излеген питеу тесиклер. Ашық болсадағы көрмес көзлерим, Кимгедур жақпаған айтқан сөзлерим, Ләттепаз,сипсекеш аңлыйды буғып, Өширмек қасты бар айтқан сөзлерим. Дәртли қосықларым тууылмай өлер, Қосықлар ишиме сыймасдан келер, Қосығымды сүйип оқыса екен, Халқым барлығымды қай уақда билер. 2021-жыл.2-май. Абат Крамов. Каналымыз: @Kramov_Abat.
Mostrar todo...
Дәртли қосықларым-әй. "Бир дәртли қосық кеуилде тири тууылса..." А.С.Пушкин. Қашан пәкленеди бизиң санамыз, Қашан елди дейип күйип жанамыз, Бир ауылдан асып кетпес ақыл ес, Қашан бул уатанды танып аламыз. Жағаласып кегирдекке суу бүркип, Алға шықса аяқ шалып биз иркип, Ауыл бетте батыр болған еркеклер, Орталыққа кире алмай жүр бас үркип. Қоллар бир жеңге кире алмай жүрсе, Баслар бир жағаға жайғаспай атыр, Ийтлер өз ийесин танымай үрсе, Беглердиң беглиги жараспай атыр. Көмешине күл тартарлар көбейди, Тегин дүнья жегенлери көркейди, Ел деп еңиреген ерди изледим, Сөзсиз ийин қысыу хеш ким билмейди. Ғыйбаткеш,иши тар көбейип кетти, Шонтық хәмелдарлар көркейип кетти, Халқым-әй галстукден бунша айбындың, Кастюм шалбарлылар хәңкийип кетти. Ийтлер өз ийесин талап үйренди, Бирди еки дейип санап үйренди, Бул сөзди айтпасам күйип өлемен, Өзге ийтаяғын жалап үйренди. Таныс билислерге ашық есиклер , Бир қыйлы емес пе жатқан бесиклер, Бесигин,қундағын умытып бүгин, Бармақлар излеген питеу тесиклер. Ашық болсадағы көрмес көзлерим, Кимгедур жақпаған айтқан сөзлерим, Ләттепаз,сипсекеш аңлыйды буғып, Өширмек қасты бар айтқан сөзлерим. Дәртли қосықларым тууылмай өлер, Қосықлар ишиме сыймасдан келер, Қосығымды сүйип оқыса екен, Халқым барлығымды қай уақда билер. 2021-жыл.2-май. Абат Крамов. Каналымыз: @Kramov_Abat.
Mostrar todo...
#Аудио_шеър 🎧 • 6 июнь - Улуғ рус шоири А.С.Пушкин таваллуд куни (1799-1837) • 225 ёшда 💌 "Татьянанинг Онегинга мактуби" ( • Ўзбек тилига рус тилидан таржима қилинган ) ✍ Муаллиф: А.С.Пушкин 🎙 Ижро: А. Зияев 🌊 Альбом: "Мона Лиза" (• Фон учун 🎞"Москва кўз ёшларга ишонмайди" б/ф соундтрэкидан фойдаланилди )
Mostrar todo...
AudioLabRecording_06-06-21_17-44-08-721.mp31.38 MB
🔥 3
Photo unavailableShow in Telegram
Бугин уллы рус шайыры А.С.Пушкин туўылған күни
Mostrar todo...
👍 1