cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Kegeyli jasları | Rásmiy kanalı

Kegeyli jaslar isleri agentligi rásmiy telegram kanalı

Mostrar más
Uzbekistán55 432El idioma no está especificadoNoticias y medios58 145
Publicaciones publicitarias
215
Suscriptores
Sin datos24 horas
Sin datos7 días
+430 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Photo unavailableShow in Telegram
☑️  Жаслар ислер агентлигиниң ең белсенди районлық ямаса қалалық бөлимин сиз бенен биргеликте анықлаймыз! Хабарыңыз бар, ҳәр жылы июнь айы жаслар айлығы деп белгиленеди. Биз де өз гезегинде усы ай даўамында Жаслар ислер агентлигиниң ең белсенди районлық ямаса қалалық бөлимин анықлаўды ҳәм жеңимпаз болған бөлимди хошаметлеўди мақсет еттик. Оның ушын сиз 30-июнь күни саат 21:00 ге шекем өзиңиз ылайық деп тапқан бөлимге @tanlaw2024bot мәнзили арқалы даўыс бериўиңиз керек болады ҳәм сораўнамада ең көп даўыс жыйнаған бөлим жеңимпаз деп табылады. Соны да айрықша атап өтиў керек, жеңимпазларға хошаметлеўши сыйлықларымыз бар. 👉 ДАЎЫС БЕРИЎ УШЫН УСЫ ЖЕРДИ БАСЫҢ 👈
Mostrar todo...
🔥 1
Кегейли районында "Әдиллик күни" ҳуқықый акциясы шеңберинде пуқаралар ушын көшпели қабыллаў өткерилди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, районлық Әдиллик бөлими ҳәм Кегейли районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими менен биргеликте "Әдиллик күни" акциясы шеңберинде пуқаралар ушын көшпели қабыллаў өткерилди. Қабыллаўда пуқаралар пуқаралық паспортын рәсмийлестириў, пенсия тайынлаў, кредит қаржыларын ажыратыў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти. Сондай-ақ, акция даўамында район ҳәкими А.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары М.Абдижалиев тәрепинен өз машқалаларын билдирген бир қатар жасларға жоқары оқыў орынларының шәртнама пулларының бир бөлегин ҳәм мүддетли әскерий хызмет ушын төлемлерин төлеў бойынша ваучерлер тапсырылып, илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти. Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети 👉@kegeylirkuzofficial👈
Mostrar todo...
👍 1
02:13
Video unavailableShow in Telegram
Бүгин "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы"ның жеңимпазлары сыйлықланды. @kegeylirkuzofficial
Mostrar todo...
IMG_0575.MP4104.68 MB
👍 1
▪️ Усы жылдың 22-июнь күни райондағы жаслар орайы имаратында «Министр ҳәм жаслар ушырасыўы» болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Бахтияр Төребеков қатнасты. ▪️ Тийкарынан ашық сәўбетлесиў формасында болып өткен ушырасыўда бир қатар жаслар өзлериниң пикир-усыныслары менен қатнасыў бахтына миясар болды. ▪️ Жаслар тәрепинен билдирилген пикир ҳәмде усыныслар министр тәрепинен қоллап-қуўатланып, оларды алдағы ўақытларда жолға қойыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди. Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети 👉@kegeylirkuzofficial👈
Mostrar todo...
01:30
Video unavailableShow in Telegram
Kegeyli rayonı mektep pitkeriwshilerine altın hám gúmis medallar tapsırıldı.
@k_yoshlar_ishlari_agentligi
Mostrar todo...
IMG_0093.MP470.93 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Кегейлиши бәрше жасларды мирәт етемиз! @kegeylirkuzofficial
Mostrar todo...
Кегейлиде және бир жас турақ жай менен тәмийинленди Тәғдирдиң түрлише сынаўы бар. Ашынарлысы ол жас, миллет, адам таңлап отырмайды. Егер бул сынаўларға көзи ашылып өмирдиң мәнисин еле түсинип биле алмаған жасларымыз дус келсе жүрек-баўрымыз езилип, ериксиз қамсығамыз. Бирақ, олардың баўырман халқы, меҳрибан Ўатаны бар. Бир ғана мысал, Ҳүрметли Президентимиздиң "Шын жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында”ғы  қарары менен Кегейлиши бир қатар жаслар өзлериниң турақ жайына ийе болмақта. Бүгин усындай турақ жайлардың бириниң гилти Жылўан жап МПЖ да жасаўшы Генжегулов Нуржан Жанат улына тапсырылды. Оған райондағы "Жаңа Өзбекстан" массивинен турақ жай алып берилип, барлық қолайлықларға ийе заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Илажға район ҳәкими Айбек Камалов, райондағы "Инсан" социаллық хызметлер орайы жуўапкерлери ҳәм бир топар нураныйлар қатнасты. Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети 👉@kegeylirkuzofficial👈
Mostrar todo...
👍 2
00:21
Video unavailableShow in Telegram
🧤 #Qabıllaw_2024 🧤 #Kegeyli_QM 〽️ Kegeyli rayonı Qánigelestirilgen mektebine 2024-2025-oqıw jılı ushın qabıllaw dawam etpekte. 🧤 Videoga názer salıń! 〽️ Qabıllaw haqqında tolıq maǵlıwmatqa iye bolıw ushın tómende kórsetilgen nomerlerden maǵlıwmat alsańız boladı. 📲 +998990187650 📲 +998886583234 📲 +998972401449 telegram 🧤 you tube 🧤 instagram 🧤 facebook 🧤
Mostrar todo...
IMG_7246.MOV1.82 MB
#Jaslar_hám_Nızam_tańlawı 🔷 Jámiyette jaslardıń huquqıy ańı hám huquqiy mádeniyatin rawajlandırıw, nızam ústinligin támiyinlew, sonday-aq, jaslardı Ózbekstan Respublikası Konstituciyası hámde basqa nızam hújjetlerine húrmet ruwxında tárbiyalaw, jaslardıń huqıqıy tárbiyasına keri tásir kόrsetiwshi faktorlarǵa huquqıy imunitetti qáliplestiriw maqsetinde búgin "Jaslar orayı" imaratında "Jaslar hám nızam" tańlawınıń Kegeyli rayonlıq basqıshı bolıp ótti. ⏳Tańlaw 14-30 jas aralıǵındaǵı jaslardan dúzilgen komandalar qatnasıwında 4 shárt, yagnıy “Huquqıy penalti”, “Sárdarlar bellesiwi”, “Konstituciya bilimdanı” hám “Sud májilisleri modeli” boyınsha bolıp ótti. 🏆Tańlaw juwmaǵı boyınsha, 🥇-orındı Jılwan jap máhellesi jasları; 🥈-orındı Gújim terek máhellesi jasları; 🥉-orındı Jańabazar máhellesi jasları hám Everest komandaları qolǵa kirgizdi. ⚡️ 1-orındı iyelegen Jılwan jap máhellesi jasları komandası tańlawdıń Qaraqalpaqstan Respublikası aymaqlıq basqıshına jollama aldı. 👉 @kegeylirkuzofficial
Mostrar todo...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
📣 DIQQAT DIQQAT Kegeyli rayonı Jaslar Isleri agentliginde jańalıq biz jáne bir kursqa start beremiz 🤩 Dizaynerlik tarawına qızıģıwshı moda hám sızılmalar menen islewdi model bolıwdı qálewshi bárshe jas qızlardı "JAS DIZAYNERLER KLUBI "na shaqırıp qalamız 🏫 Mánzil Kegeyli rayonı Jaslar isleri agentligi 🚀 Biz benen birge moda hám dizayn dúnyasına házirden qádem taslań ☎️ Tolıq maģluwmat alıw ushın tómendegi nomerge baylanıssańız boladı +998934494918
@jas_dizaynerler_klubi
Mostrar todo...
Elige un Plan Diferente

Tu plan actual sólo permite el análisis de 5 canales. Para obtener más, elige otro plan.