cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

OKTAM IBN RUSTAM

Qanliko'l "Eshim Axun" meshiti telegram kanali. Admin: OKTAM IBN RUSTAM @OKTAM_555 Telefon: +99899-452-9393 Gruppa: https://t.me/Oktam_Ibn_Rustam

Mostrar más
El país no está especificadoEl idioma no está especificadoLa categoría no está especificada
Publicaciones publicitarias
179
Suscriptores
Sin datos24 horas
Sin datos7 días
Sin datos30 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Photo unavailableShow in Telegram
📢 📢 📢 📜 Д А Г А З А 📜 📢 📢 📢 👋 Хурметли КАМАЗ хәм ЗИЛ ийелери!!! Машинаңыз ушын исенимли Хизмет излеп атырсызба? Бул жагдайда Биз Сизге: Карханамыздан Қунград каласина ПИСКЕН хәм КАМ ГЕРБИШ ТАСЫУҒА жумысқа шакырамыз. 📞 +998881205555 Реклама
Mostrar todo...
#мағлыўмат Өткен марҳумларға қандай тиләўат етиледи? 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәр жылы халқымыз өткен ата-бабаларын еслеў ушын қәбирстанларға барады. "Қәбирстанға барғанда қалай тиләўат етип марҳум ҳәм марҳумаларымызға бағышлаймыз?", дегенлер төмендегилерди оқып, ядлап кейин жақынлары басына барғанда биймәлел өзлери тиләўат етиўи мүмкин. Қуран аятларынан төмендеги келтиргенимизди оқыса болады: Әъуўзу билләәҳи минәш шәйтоонир рожийм. Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм. Қул ҳуўаллооҳу аҳад. Аллооҳус сомәд. Ләм йәлид ўә ләм йуўләд. Ўә ләм йәкул ләҳу куфуўән әҳад. Субҳаанә роббикә роббил ъиззәти ъаммәә йасифуўн. Ўә сәләәмун ъаләл мурсәлийн. Ўәл ҳамду лилләәҳи роббил ъааләмийн. Аяты кәрийманы оқып болып, ҳасыл болған саўапларын ата-бабаларына бағышланады. Әдетте былай дуўа етиледи: Қуран аятларынан ҳасыл болған саўапларды, әўеле Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға, ол кисиниң шаңарақ ағзаларына, саҳабаларына, өткен алым- уламаларға, ата-бабаларымызға, солардан пәленше улы төленшениң (усы орында сол жердеги марҳум яки марҳуманың аты ҳәм әкесиниң аты айтылады) руўхына бағышладым. Аллаҳ таала олардың жатқан жерин жайлы қылсын, жәннет бағларынан бир бағ қылсын. Гүналарын әпиў етип, қылған ийги ислерин өзлери менен бирге қылсын, изинде қалған әўладларынан разы болған болсын... бироҳмәтикә йәә әрҳамәр рооҳимийн. Дуўа қылып болып еки қолды жүзге сүртемиз. Аллаҳ таала бәршемизден өткенлерди Өзи жарлықасын! Әмийн, я роббәл ъаләмийн https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Mostrar todo...
Paziyletuz | Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты

https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/

https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e

https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Смотрите "Qanliko'l rayoni Eshim Axun meshiti" на YouTube https://youtu.be/47UgneyIGac
Mostrar todo...
Qanliko'l rayoni Eshim Axun meshiti

01:41
Video unavailableShow in Telegram
184.18 MB
Photo unavailableShow in Telegram
#хабар Бүгин 30-апрель 2022-жыл КАНЛЫКӨЛ районы «Ешим ахун» жоме мешитинде Хатмул Қуран жуўмақланады. Бәршеңизди хатмы Қуранға мирәт етемиз. Аллаҳ тааланың кәламын тыңлап, қәлбиңиз ләззет алсын, Қураны кәриймниң шарапаты менен журтымызға, халқымызға Аллаҳ тааланың мийрими, пайыз-берекетлери жаўсын! *Басланыў ўақты: 21:40 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• Жақынларыңызға жибериң! Каналымызға ағза болың ⬇️ ➡️https://t.me/OktamIbnRustam
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Photo unavailableShow in Telegram
JUMA MU'BA'REK
Mostrar todo...
Қәдир түнинде бул дуўаны имкан дәрежесинде көбирек айтың!!! https://t.me/OktamIbnRustam 🤲 АЛЛАҲЫМ! Дастығым намазжай, уйқым намаз, ҳәр демим зикир болсын! 🤲 АЛЛАҲЫМ! Басымнан аяғыма шекем, жаслығымнан бүгиниме шекем, өмиримнен өлимиме шекемги гүналарым ушын тәўбе қылдым! 🤲 АЛЛАҲЫМ! Өлим ҳақ, Азрейил алайҳиссаламды маған күлимлеген ҳалда жүзлестир! 🤲 АЛЛАҲЫМ! Көзимниң нурын, ақылым искерлигин, қол-аяқларымның күшин, денемниң дәрманын алып қойма! 🤲 АЛЛАҲЫМ! Нәзерим ибадат, тынышлығым пикирлеў, сөзлеримди зикир қылғайсаң! 🤲 АЛЛАҲЫМ! Көз ашып жумғаншелли бизлерди өз ҳалымызға таслап қойма! 🤲 АЛЛАҲЫМ! Ҳәр демимде тилимнен зикириңди, қәлбимнен шүкириңди ҳәм ақылымды пикирлеўден алыс қылма! 🤲 АЛЛАҲЫМ! Анадан қайта туўылғандай пәк ҳалда Саған жүзлениў ушын Өзиңе илтижа қыламыз! 🤲 АЛЛАҲЫМ! •Бизлерди солиҳ бенделериңнен әйле! •Әмел дәптеримизде саўабы тоқмайтуғын әмеллерден жазылыўын несип ет! •Наъийм жәннетиңниң мийрасхорлары болыўымызға көмек бер! •Ата-анамды Өзиң әпиў етегөр! •Устазларымды мийримиңе сазаўар етегөр! •Қәбирде жүзлеримизди жарық қылагөр! 🤲 АЛЛАҲЫМ! •Бул дүньяда ишкенимиз зам-зам, о дүньяда кәўсар болсын! •Бул дүньяда жүрер жолымыз ҳидаят, ақыретте жәннет болсын! •Бул дүнядан алғанымыз жақсы минез-қулық, о дүньяда шәпәәт болсын! •Бул дүньяда кирген жеримиз Мәккә-Мадина, о дүньяда жәннети аъла болсын! •Бул дүньяда нәремиз кәламың, о дүньяда жамалың болсын! •Еки дүньяда тақўа, солиҳ әмел ҳәм шырайлы қулық жолдасымыз болсын! •Перзентлеримизден бул дүньяда көз қуўанышы, ал ақыретте иззет тажы кийдиретуғын зүрядларды шығар! 🤲 АЛЛАҲЫМ! БУЛ ТҮНДЕ, бизлердиң, ата-аналарымыздың, биз жақсы көрген бәрше инсанлардың гүналарын мағфират етилгенлерден, олардан разы болынғанлардан, гүналары кеширилгенлерден қылғайсаң!!! Бироҳматикә я арҳамар роҳимийн! Әмийн! Әмийн! Әмийн!
Mostrar todo...
Qanliko'l Eshim Axun meshiti telegram kanali

Qanliko'l "Eshim Axun" meshiti telegram kanali. Admin: OKTAM IBN RUSTAM @OKTAM_555 Telefon: +99899-452-9393 Gruppa:

https://t.me/Oktam_Ibn_Rustam

Смотрите "ИШИНГИЗ ЮРУШМАГАНДА ТУШКУН АХВОЛДА БУЛСАНГИЗ ТИНГЛАНГ НУРИДИН ХОЖИ ДОМЛА МАРУЗАЛАРИ СУНАТИЛО ХОШИМОВ" на YouTube https://youtu.be/bv7kOELpAHY
Mostrar todo...
ИШИНГИЗ ЮРУШМАГАНДА ТУШКУН АХВОЛДА БУЛСАНГИЗ ТИНГЛАНГ НУРИДИН ХОЖИ ДОМЛА МАРУЗАЛАРИ СУНАТИЛО ХОШИМОВ

#ПАДЕШКА_ПАТПИСКА_ВА_ЛАЙК_УЧУН_КАТТА_РАХМАТ𝑽𝒂 𝒆𝒔𝒍𝒂𝒕𝒊𝒏𝒈. 𝑨𝒍𝒃𝒂𝒕𝒕𝒂, 𝒆𝒔𝒍𝒂𝒕𝒊𝒔𝒉𝒍𝒊𝒌 𝒎𝒐'𝒎𝒊𝒏𝒍𝒂𝒓𝒈𝒂 𝒎𝒂𝒏𝒇𝒂𝒂𝒕 𝒃𝒆𝒓𝒖𝒓.====...

Repost from KaNews.uz
Jaslar jaqsılıq jolında! “Ramazan ayi sawap isler ayi” atamasında qayırqomlıq shembilik ótkerildi. Akciya sheńberinde rayon aymaǵındaǵı “Eshim axun” meshiti janınan jańadan salınıp atırǵan taxaratxana qurılısına máhállelerdegi kewilli jaslar menen birgelikte járdemlesildi . Iláj dawamında meshit átirapın abadanlastırıw hám kókelemzarlastırıw maqsetinde “Jasıl mákan” akciyası shólkemlestirilip, túrli náller hám gúller otırǵızıldı. ✍️Qanlıkól rayonı hákimligi Málimleme xızmeti Kanalǵa aǵza bolıw https://t.me/kanlikulnews
Mostrar todo...
Elige un Plan Diferente

Tu plan actual sólo permite el análisis de 5 canales. Para obtener más, elige otro plan.