cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Baxıtlı APJ jasları

Bul kanal maqseti jaslardıń mashqala úsınısların úyrew, qızıǵıwshılıqların anıqlaw, bos waqıttı mazmunlı ótkeriw, huquqbuzarlıqtıń aldın alıw. Mámleketimizde jaslarǵa berilip atırǵan imkániyatlardan paydalanıw. @baxramtursinbaev

Mostrar más
Uzbekistán63 040El idioma no está especificadoPolítica26 507
Publicaciones publicitarias
186
Suscriptores
Sin datos24 horas
Sin datos7 días
Sin datos30 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Photo unavailableShow in Telegram
Erta tongdan mahallamiz yoshlari bilan prezidentlik saylovida ishtirok etdik va o’zimiz uchun munosib nomzodga ovoz berdik. Saylov uchastkalaridagi navbat, faollik va yoshlarimizning bu saylovdagi ishtiroki ochig’i odamni quvontiradi! Siz ham o’z konsitutsion huquqingizdan foydalanib, saylovda ovoz bering! @alisher_sadullaev
Mostrar todo...
Мийнет ҳәм қызығыӯшылық Бүгинги бағман күн қаҳарманымыз «Бахытлы» аӯыл пуқаралар жыйыны турғыны Толыбай Қаленов ол балалығынан бағ жаратыӯға қызыққан. Алма,жүзим,алмурт мийӯелерден жаз мәӯсиминде сатып шаңарағына қосымша дәрамат таӯып бир айда алма мийӯесин базарда сатып 7 млн сӯмға шамалас дәрамат табыӯға ериспекте. Сондай - ақ дийқаншылықты да өз орынында палыз өнимлерин жетистирип барлық затты атызынан алып жер менен сырлас Толыбай ағамыз атыздан шықпай өзгеше ықлас ҳәм меҳир менен ҳәрекетте Толық мағлыӯмат : https://shimbay.uz/7337.html Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Mostrar todo...
00:35
Video unavailableShow in Telegram
9-июль - Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасың! Каналға ағза болыў 👉 @saylaw2023
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
🏆Jeńisińiz dawamlı bolsın! ⚡️Mıńlaǵan sportshı, talantlı hám bilimli jaslardıń jetilisip shıǵıwına tiykar jaratıp atırǵan hám hár jılı ótkeriliwi dástúrge aylanıp úlgergen “Bes baslama olimpiadası” sheńberinde A B C ligaları boyınsha ótkerilgen tańlaw hám jarıslardıń Respublika basqıshı nátiyjeleri járyalandı. 🥉Olimpiada juwmaǵında jámi 37 joqarı orınlardı qolǵa kirgizgen Qaraqalpaqstanlı jaslar kúshli úshlikten orın aldı. Usı orında usınday nátiyjelerdi qolǵa kirgiziwde úles qosqan barlıq jaslar, olardıń trener hám ustazları, ata-anaları hám jaslar jetekshilerine óz minnetdarshılıǵımızdı bildiremiz.💐💐💐 🏆Jeńisińiz jáne bir márte múbárek bolsın áziz jaslar! 📲 Telegram | Instagram | You Tube | Facebook
Mostrar todo...
Repost from Joqarǵi keńes.uz
​​Қарақалпақстан халқын медициналық тексериўден өткериў ушын "Саламатлық поезди" шеңберинде пуқараларды қабыллаў күнлери Республикамыз бойынша өткерилген көшпели қабыллаўларда билдирилген көпшилик мүрәжәтларға тийкар ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен ең шетки аймақлардағы пуқаралардыңда саламатлығын медициналық тексериўден өткериў мақсетинде "Саламатлық поезди" жолға шықты. Акцияның биринши топарында Фтизиатр, Травматолог-ортопед, Врач Реабилитолог, Эндокринолог, Цитолог, Уролог, Нейрохирург, ЭХОКГ шыпакери, нефролог, Хирург сыяқлы врачлар Нөкис қаласы пуқаралары ушын 11-12-июнь күнлери, Нөкис районы пуқаралары ушын 13-14-июнь күнлери хызмет көрсетеди. Сондай-ақ, екинши топарда Врач фтизиатр, Травматолог-ортопед, Радиология, Уролог, сосудистый хирург, кардиолог, нефролог, ириңли хирург, уролог врачлары Кегейли районы пуқаралары ушын 11-12-июнь күнлери, Бозатаў районы пуқаралары ушын 13-14-июнь күнлери хызмет көрсетеди. Үшинши топарда Фтизиатр, офталмолог, Хирург, эндоваскулярный хирург, балалар ортопеди сыяқлы жөнелислерде Төрткүл районы пуқаралары ушын 11-12-июнь күнлери, Елликқала районы пуқаралары ушын 13-14-июнь күнлери хызмет көрсетеди. Төртинши топарда Пульмонолог, гематолог,  офталмолог, Невропотолог, Онколог, Балалар хирурги, абдоминальный хирург, Акушер-гинеколог, Ангиохирург, Инфекционист, нейрохирург, балалар ортопеди сыяқлы врачлары тексериўинен Беруний районы пуқаралары 11-12-июнь күнлери, Әмиўдәря районы пуқаралары 13-14-июнь күнлери өтсе болады. Бесинши топарда Врач гематолог, Врач  офталмолог, Невропотолог, Онколог, Болалар хирурги, Дерматолог, Акушер-гинеколог, Ангиохирург, Инфекционист , хирург, балалар ортопеди сыяқлы врачлар Мойнақ районы пуқаралары 11-12-июнь күнлери, Қоңырат районы пуқаралары 13-14-июнь күнлери медициналық тексериўден өткериледи. Алтыншы топарда Врач нарколог, Врач гематолог, Педиатр, Гематолог, Дерматолог, Акушер-гинеколог, Эпидемиолог, уролог, Педиатрия врачлары Қанлыкөл районы пуқараларын 11-12-июнь күнлери, Шоманай районы пуқараларын 13-14-июнь күнлери медициналық тексериўден өткереди. Жетинши топарда Врач Кардиолог, Балалар эндокринологи, Торокал онколог, Нейрохирург, Дерматолог, Аллерголог, Педиатрия врачлары Хожели районы пуқараларын 11-12-июнь күнлери, Тақыятас районы пуқараларын 13-14-июнь күнлери медициналық тексериўден өткереди. Сегизинши топарда Травматолог-ортопед, Врач Ревматолог, Эндокринолог, Уролог, Нейрохирург, интервенцион кардиолог, Ревматолог, нейрохирург, Педиатрия врачлары Қараөзек районы пуқараларын 11-12-июнь күнлери, Шымбай, Тахтакөпир районы пуқараларын 13-14-июнь күнлери медициналық тексериўден өткереди. Арнаўлы қәниге врачлар тийислилигинше Нөкис қаласындағы республикалық барлық медицина бирлеспелери филиалларында ҳәм орайларында, районларда районлық көп тармақлы медицина бирлеспелеринде белгиленген күн даўамында тексериўден өтиўди қәлеўшилердиң ең ақырғысын медициналық тексериўден өткергенге шекем пуқараларды қабыллайды. Буннан тысқары, үй шараятында емленип атырған наўқасларды орнына барып тексериўден өткереди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Mostrar todo...

Repost from Joqarǵi keńes.uz
Photo unavailableShow in Telegram
​​Қарақалпақстан халқын медициналық көриктен өткериў ушын "Саламатлық поезди" жолға шықты Денсаўлықты сақлаў министрлиги "Өзбекстан темир жоллары" АЖ ҳәм “Саламат әўлад ушын” халықаралық қайырқомлық фонды менен биргеликте және бир саламатлық акциясына старт берди. Бүгин жоқарыдағы жуўапкер шөлкемлердиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасына "Саламатлық поезди" жолға шықты. Бул акция арқалы Аралбойы регионының ҳаўа жоллары тармақлары жоқ болған ҳәм автомобиллер ҳәрекети ушын шәраятлары жеткиликли болмаған узақ аймақлардың турғынларын медициналық көриктен өткериў, оларға керекли болған дәри-дармақлар ҳәм медициналық керекли затларды жеткериў мақсет етилген. "Саламатлық поезди"не 1,5 миллиард сум муғдарындағы 5 тоннадан аслам дәри-дармақлар ҳәм медициналық затлар жүкленген болып, олар арасында профилактика мақсетинде қабыл етилетуғын витаминлар, микроэлементлер ҳәм де кардиологиялық, эндокринологиялық дәри-дәрмақлар, соның менен бирге жеке гигиена қураллары бар. Бул поездлерде аймақларға жол алған Республика қәнигелестирилген медицина орайларының жәми 200 ден аслам маман қәнигелери халықты тереңлестирилген медициналық көриктен өткереди. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Mostrar todo...
Repost from Shimbay.uz
Photo unavailableShow in Telegram
🔰 Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар дизимнен өтсе оған  қандай жеңилликлер бар? Президентимиздиң 2020-жыл 8-июндағы ПҚ-4742-санлы “Исблерменлик жумысы ҳәм өзин өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилип, усы пуқараларға қолайлықлар, кең имканиятлар ҳәм жеңилликлер берилди.  Атап айтқанда: 🔹 өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў бийпул болып, олар “Soliq” мобил косымшасы арқалы дизимнен өтеди ҳәм дизимнен өткенлиги ҳаққында матрицалы штрих код (QR-код) лы гуўалық бериледи. 🔹  өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслардың жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди ҳәм тапқан дәраматы салыққа тартылмайды. 🔹  өзин өзи бәнт еткен пуқаралар жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында (2023-жыл 1-майдан баслап 330 000 сум) социаллық салықты төлейди ҳәм пуқараға жыллық мийнет стажы есапланады ҳәмде пенсияға шыққанында пенсия муғдарын тайынлаўда төлеген салыклары есапқа алынады. Қарақалпақстан Республикасында қарар қабыл етилгеннен кейин 65 435 пуқара, соннан, 2023-жылда 14 669 пуқара өзин өзи бәнт еткен пуқара сыпатында дизимге алынды. ❗️ Түсиндирме 2023-жыл 1-майдан баслап жыллық 330 000 сум социаллық салық ҳәр айда 27 500 сумнан туўра келеди. Ҳәзирги ўақытта бул өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў керексиздей көриниўи мүмкин деген менен, пенсия жасына жеткен ўақытта мийнет стажының аз болыўы ямаса болмаўы себепли пенсия муғдарының аз болыўы менен байланыслы машқала келип шығыўы мүмкин. Бүгинги күнде усы пенсия муғдарының азлығы бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте. Усындай машқалалардың алдын алыўды ойлаған ҳәр бир өзин өзи бәнт еткен пуқара дизимнен өтсе келешекке тийкар жаратқан болады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Mostrar todo...
Repost from Alisher Sadullaev
⚡️ Avval xabar berganimizdek shaxmat turniri bo’yicha sovrin jamg’armasi 880 mln so’mlik "Yoshlar ishlari agentligi kubogi"ni e’lon qilgan edik! Ushbu respublika ochiq turniri havaskor ayollar va erkaklar hamda professional ayollar va erkaklar o’rtasida turnir bosqichlari aynan “Yoshlar oyligi” doirasida o’tish sanalarini e’lon qilamiz. 2-7 iyun kunlari birinchi (mahalla) bosqichi; 9-10 iyun kunlari ikkinchi (sektor) bosqichi; 12-13 iyun kunlari uchinchi (tuman (shahar)) bosqichi; 15-17 iyun kunlari to’rtinchi (hududiy) bosqich; Iyun oyining uchinchi o’n kunligida beshinchi (respublika) final bosqichi bo’lib o’tadi. Turnirda qatnashadigan ishtirokchilarga qulaylik yaratish maqsadida, agarda 1-bosqich boshlangunga qadar @uzshaxmatbot dan ro’yxatdan o’tmagan bo’lsa, 1-bosqichda ishtirok etish uchun kelgan vaqtda telegram bot orqali turnirda ishtirok etish uchun ro‘yxatdan o‘tib, turnirda qatnashish imkoniyati beriladi! Maqsadimiz mazkur turnirda ishtirok etish istagini bildirgan barchaga imkoniyat va sharoit yaratib berish. Turnirda 7 yoshdan 70 yoshgacha bo’lgan barcha ishtirok etishi mumkin! @alisher_sadullaev
Mostrar todo...
ДАҒАЗА Жеңиллетилген кредит алып, өз исбилерменлигин жолға қоймақшы болған барлық жасларды ертең Шымбай районы Қәнигелестирилген мектебине (бурынғы академиялық лицейге) мират етемиз. Ўақты: 1-июнь саат 09:00
Mostrar todo...
Repost from Shimbay.uz
Мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға қосымша қосымша қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ажыратылатуғын 2000 орын ушын усыныснама алыў мақсетинде талабанлардан арзалар 2023-жыл 30-майдан 8-июньға дейин https://xotin-qizlar.uz/ платформасы арқалы электрон формада қабыл қылынўы белгиленбекте. Республика жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде жоқары мағлыўмат алыў нийетинде болған мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлардың таңлаўда қатнасыўы ушын усыныснама төмендеги критериялар тийкарында бериледи: - кем тәмийинлеген шаңарақлардағы ҳаял-қызлар.Бунда кем тәмийинлеген шаңарақ дегенде, шаңарақтың ҳәр бир ағзасына жәми дарамат анықланатуғын дәўирде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 0,527 есесинен көп болмаған муғдарына туўры келетуғын бир айлық орташа жәми дараматқа ийе болған шаңарақ түсиниледи; - толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный атасы яки анасы ямаса олардың екеўиде қайтыс болған соқоллап-қуўатлаўға мүтәж қызлар; - бағыўшысы қайтыс болған, ер жетпеген перзентлерин жалғыз тәрбиялап атырған социаллық қоллап-қуўатлаўға түтәж ҳаяллар; - нәгиранлығы болған перзенти бар мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар; - еки ҳәм оннан көп перзентлерди тәрбиялап атырған, басқа ағайин-туўысқанларынан бөлек (ижарада) жасап атырған социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлери; - ата-аналарынан бири яки ҳәр екеўи де биринши яки екинши топар майыплылығы болған мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар; Усыныснама жоқарыдағы критерияларға мас келген сондай-ақ, улума билим бериў (11-класс негизинде) яки орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орынларын тамамлағанлығы ҳаққындғы ҳүжжетке ийе болған мүтәж шаңарақлардағы барлық талабан ҳаял-қызларға бериледи. Жоқарыдағыларға бола арзалар https://xotin-qizlar.uz/ платформасы арқалы электрон формада талабанның өзи тәрепинен толтырылады.
Mostrar todo...
«Xotin Qizlar» - ягона интерактив миллий платформаси

Хотин-қизлар ягона интерактив миллий платформаси.