cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

МЕРЎЕРТ

Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қ.] 📖Әдебият 🗞️Тарийх 🎭Көркем өнер 📜Илим Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y= Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi

Mostrar más
Publicaciones publicitarias
804
Suscriptores
-124 horas
-67 días
-1730 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Photo unavailableShow in Telegram
М И Р Ә Т Н А М А! Әдебият шайдалары, Сизди Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтыӊ эсселер, сәўбетлер ҳәм мақалалары топламы болған «Сөз ҳәм пикир» атамасындағы китабыныӊ презентациясының сыйлы мийманы болыўға шақырамыз... Китапты таныстырыў кешеси 2024-жыл 29-май күни саат 10:00де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде болып өтеди. Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1-жай. Бағдар: ҚМУ @QRjas_doretiwshiler 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Mostrar todo...
👍 3🔥 2
«ҚАСҚЫРЛАР ХАҚҚЫНДА» Пүткил тутас тәбият жаратылысы - адамлар, ҳайўанат дүньясы, өсимликлер дүньясы булардың барлығы жер бетиниң бир пүтин балансын сақлап турыўшы тиришилик әлеми. Сол тутас әлемниң бир бөлеги-қасқырлар әлеми. Қарақалпақстан аймағының шарўашылық хожалығы жайласқан районларында қасқырла еле де көплеп ушырасады, олардың тиришилик әлемине терең нәзер салып қарасақ, көп нәрсени билиўге болады: 1.Қасқыр адам қурған қақпанға түссе, тек қолға түспеў ушын, өзиниң аяғын шайнап, босанып шығып кетеди. Бул жерде оның "душпан" қолына түсип қор болып өлгеннен, бир аяқсыз еркинликте жасаўды жоқары қойыў, еркинликти сүйиў, қуллыққа қарсылық сезимлери бар. Сол ушында, жабайы ҳайўанлар ишинде қасқыр циркте болсын ямаса басқаша жағдайда қолға үйретилмейди, үйренбейди де. Қасқыр баласын қолда сақласаңда, күнниң күни келгенде тоғайына қарап қашып кетеди. «Бөрини қанша сақласаңда, тоғайға қарап улыйды»,--деген сөз усыннан келип шыққан. Және бир мысалы: қазақ жазыўшысы Мухтар Әўезовтың «Көксерек» шығармасындағы қолға үйретилген қасқыр баласы Көксерек пенен бала Қурмаштың трагедиялық ўақыялары. Бунда, қасқырдың қай ўақытта да «өз нызамлылықларына бағынатуғынын» көриўге болады. 2.Қасқыр ҳәр исин ақыл менен ислейди. Дурыс, ҳайўанат дүньясының да, жәнликлердиң де өзине ылайық ақыл өлшеми бар, солайда, қасқырдың балалайтуғын ўақытта инлерин аўылларға жақын әтирапқа қурыўы, өз инине жақын аўылдың малына шаппаўы, ондағы садықлық, өз балаларын жаўыз күшлерден қорғаў сыяқлы түсиниклердиң бар екенлигин билдиреди. 3.Қасқырлар нызамлылықларындағы атап көрсететуғын характерли белгилердиң түрлерине: оның шаңарағына садықлығы, өзлеринен күшли зүррияд қалдырыў түсиниклери, ар-намысты жоқары қойыў сезимлери бар. Атап айтсақ: а) өмириниң ақырына дейин бир жупты менен жасаўы, егер де жуптысы өлсе, жалғыз жасаўы, ямаса қайғыдан набыт болыўы; б) балаларын тәрбиялаўда қатаңлық пенен жуўапкершиликти баслы орынға қойыўы: олжаны балаларының ортасына әкелип таслап, сырттан бақлап, қайсысы күшли екенлигин, келешек тода баслығын солайынша белгилеў; в) қолға түсип қалғанда өз жыныс ағзасын шайнап таслаўынан, оның ар-намысты жоқары қойып, жыныс ағзасын басқаларға көрсетпеўи сыяқлы аршыллық турады. 4. Қасқыр баласын урлаған, алған адамнан өш алмай қоймайды. Буның мысалы: қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың «Әжел дастығы» («Плаха») романындағы жупты қасқырлар Тасшайнар ҳәм Ақбараның басынан өткен ўақыялар, қасқыр балаларын урлаған Базарбай мәскүнем бир достының үйине қонып кетеди. Бирақ, Ақбара балаларын сол жерде деп ойлап, сол үйдиң жалғыз нәрестесин урлап қашады. Баланың әкеси қасқырды атқан ўақытта, оқ қасқырдың да, баланың да жүрегин тесип өтеди. Жалғыз баласынан айрылған әке бет алды ылағып кетеди, ал Тасшайнар, Ақбараның әўлады соның менен тамам болады. Себеби, қасқыр өмиринде тек бир рет балалайды(3 тен 12 ге дейин). Бундай ўақыяларға қарап отырып, ҳәр жер, ҳәр жерден Мауглилердиң шығып туратуғыны өз-өзинен болған ҳәдийсе деп қараўға болмайды. 5. «Қасқыр арқан атламайды» деген сөз де бар, бул да қасқыр нызамлылықларына киретуғын сыпатлы белгилердиң бири. Қасқыр менен түлки қар жаўған ўақыттағы аң аўлаў «Қансонар» ўақтында жатқан орнынан қозғалмай жатады,--делинеди. Мүмкин, бул сақлық болар. 6. Қасқырдың және бир қәсийети: ерлик, өзи менен күши тең болмаған, ямаса ҳәлсизлик жағдайында қалған адамға тийиспеўи: және Ш.Айтматов романынан: роман қаҳарманы Абдий Калистратовты нашақорлар тодасы терекке аяғынан асып кеткенде, қасқыр келеди, бирақ, тийиспейди, көмеклесиў мүмкинлиги де жоқ еди, себеби, қасқырдың өзине жақсылық ислеген адамға жәрдем бериў де қәсийетлери бар. Соны да айтып өтиўимиз керек, гейпара ўақытларда адамлардың минез-қулқын, ерлигин «қасқырдай» деп баҳалап сөйлеймиз. Тәбияттағы барлық элементлердиң адам денесинде бар екенлигин есапқа алсақ, қасқырдың минезиниң де адамда болыўы таң қаларлық қубылыс емес. Қасқыр ҳаққында буннан да көп нәрселер айта бериўимиз мүмкин, қалай дегенде де, ол тәбиятымыздың байлығы, өз алдына бир дүньясы. Таярлаған: Shahzoda Allamuratova 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Mostrar todo...
👍 7👏 3
Photo unavailableShow in Telegram
📣📣📣ДАҒАЗА! Усы жылдыӊ 28-май күни Шоманай районындағы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде ϴзбекстан халық бақсысы, Қарақалпақстан халық жыраўы Жумабай жыраў Базаровтыӊ естелигине бағышланған республикалық «Жыраўлар таӊлаўы» болып өтеди. Таӊлаўда қатнасыўды қәлеўшилер  2024-жыл 27-май күни саат 15:00 ге шекем + 99 890 701-76-71 телефон номерине байланысып, дизимнен өтиўи мүмкин. 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Mostrar todo...
👍 3
#Балалыққа_барып_қайтамыз Оқыўшы жастың қосығы Хожамурат Турымбетов Жарқырайды күн менен, Мектебимниң айнасы, Қушағында өспекте, Ўатанымның көп жасы. Сол жаслардың биримен, Қуўанаман сол ушын. Жумсалса деп ойлайман, Елим ушын бар күшим. Муғаллимниң сөзине, Кеўилимди бөлемен. Тапсырмасын орынлап, Питкеремен келемен. Билим алып, үйренип, Шынығаман, өсемен. Билимленип ертең-ақ, Исте алға түсемен. Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Mostrar todo...
жаркырайды кун менен---.mp31.98 MB
👍 6🔥 4
Оныншы классты питирген жылы Халила Дәўлетназаров Оныншы классты питирген жылы, Соңғы имтиханды тапсырған күни, Өткенде қызлардың туңғыш дүркини, Балалықтың алтын жибин қырққанбыз. Ўақыт бизге: "енди буннан көш" деди, "Қалған сабағыңды өзиң шеш" деди, Класс балларының соңғы гештеги, Азырақ-азырақ шарап жутқанбыз. Сол нәўше қызлардың билеги аппақ, Тутсақ, сағат баўдай қолымыз шап-шақ, Тап бир болып қалған жандай ғоддаслап, Соңыра пушайманлық бағын қаққанбыз. Ҳәр жаңсақ қәдемге төлем төленер, Өкиниш-шар тас дур, жаның егелер, Гейбир жаңалықтан абзал гөнелер, Изге қарайлап көз майын сырққанбыз. Жалы-жылаўында қайғы ҳәм бахыт, Шоқлығын услатпас суў тулпар-ўақыт, Қос аяқлап сәдде берер уқшатып, Пүтин китапларды сонда жыртқанбыз. ...Қара көз, қәлем қас әрманлардың да, Соңғы дүркинлери жетип келгендей, Өмир дәптеринен жулынған жыллар– Аппақ ақ парақлар ушып кеткендей... Кеўлим уясының үмит қуслары, Гүз жақын дегендей безиге берер. Сол китаплар менен балалығым да, Жыртылып қалғандай сезиле берер. 15-июнь, 1990-жыл. @X_Dauletnazarov Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Mostrar todo...
🔥 6👍 4
01:15
Video unavailableShow in Telegram
Нөкис жуўынып атыр Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры мрамор саўытлы имәратларды, төрт қатар гәп яңлы панел жайларды, аеропортты - реактив темир қанатларды, муңлы Талларды... Руўхым аспаны алағада булт: наўрыз шақмағында гүңиренеди ол: демиккен кеңликти азада қылып муқаддес от пенен тебиренеди ол. Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры КамАз, автобуслар... қайқы ВАЗларды да. Ҳәм дәртли, ҳәм шадлы сигналлары жаңғырып қәлбимди мәнзиллерге сазлайды ма?! - Поездлар шыңғырар. Руўхымды шомылдырып атыр бул Бәҳәр - руўҳым қайтадан туўылып атыр: нурлы селде жаўрап қайта оянған Нөкис жуўынып атыр... Бахтияр Генжемуратов @Ssirgabaeva 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Mostrar todo...
9.65 MB
👍 15 4👏 2
15-май Халықаралық Шаңарақ күни 🎶🎶Шаңарақ 🎤✨Салаўат Камалов Ерли-зайыплының урысы, Жаўмаған булттың қурысы, Жаўып-жаўып басылар, Күн жадырап ашылар. Ибрайым Юсупов Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Mostrar todo...
Salawat_Kamalov_Shan'araq_|_Салауат_Камалов_Шаңарақ.mp33.65 MB
👍 4 2
01:33
Video unavailableShow in Telegram
#Бахтыяр_Генжемуратов_64_жаста БУЛ ЖУРТТЫҢ БАТЫРЛАРЫ ҚАЙДА?! (Қосықты шайырдың улы Айбарысхан Генжемуратов оқыған) Безигип сыбыр-сыбыр Гәплерден, безигип нәўбетши Мәплерден, көкирек керип турған, саўлат, көрик болған, қарақалпаққа айбат берип турған, кеттим Шылпық қорғанына- пайыў-пияда. Силкинип қонған қырандай, уяға силкинип жеттим. Қәлбимде саўал, санмың дәрт: "Бул журттың батырлары қайда?! Бул журттың шайырлары қайда?!" Силкинип оянар бир елес. Руўҳымды силкилер сол елес: "Батырлар мың жыллық ғәплетте. Шайырлар бир әсирлик уйқыда... Оятыңлар! Алпамысты... Шәрьярды оятыңлар... Жалалатдин Мангубердини оятыңлар! Ерназар Алакөзди..." Қәлбимдеги саўал, санмың дәртлерим санмиллион жапырақлардай сылдырласады, шексиз тәшўишлердиң дәрўазасын ашады: - Мынаў Әмиўдәрья тасып турмаса, анаў жетим Арал толқып турмаса, Батырлар мың жыллық ғәплеттен оянбайды - Шайырлар бир әсирлик уйқыдан... Оянбайды... Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Mostrar todo...
12.79 MB
8👍 6🔥 2
Ҳүрметли, әдебият шайдалары! Сизлерди 11-май күни саат 11:00де ҚМУ руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәжилислер залында өткерилетуғын Өзбекстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери, шайыр Бахтыяр Генжемуратовтыӊ 65 жыллығына арналып өткерилетуғын «Ерлик, мәртлик, батырлықты улығладым – сөз еттим!» атамасындағы конференцияға мирәт етемиз. 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Mostrar todo...
Буклет_Б_Генжемуратов_2024 _(2)3.pdf3.32 KB
👍 5🔥 3
#Бахтыяр_Генжемуратов_65_жаста Ҳәр бир жаңа жылда, атқан таңларда, Сен маған бахыт тиле... Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ @a_blognot Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Mostrar todo...
Qaraqalpaq_2014_MIRZAGUL_SAPAEVA_BAHT_TILE_www_hotplayer_ru.mp34.53 MB
👍 3