cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

Publicaciones publicitarias
4 745
Suscriptores
-924 horas
-477 días
-3 20330 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Photo unavailableShow in Telegram
Ёз кунларида аквапарк ва бассейнларга талаб ошиши табиий. Лекин туристлар учун “магнит” бўладиган бирорта замонавий аквапарк йўқлиги қайд этилди. Яна бир масала – табиий кўллар атрофидаги туризм имкониятлари ҳам ишга солинмаяпти. Мутасаддиларга аквапарк ва бассейнлар ташкил этиш бўйича лойиҳаларни кўпайтириш, кўллар бўйича мастер режа ишлаб чиқиб, атрофини лотларга бўлиб, тадбиркорларга таклиф этиш топширилди. — Жаз күнлеринде аквапарк ҳәм бассейнлерге талап артыўы тәбийий. Бирақ, туристлер ушын «магнит» болатуғын бирде-бир заманагөй аквапарк жоқлығы атап өтилди. Және бир мәселе – тәбийий көллер әтирапындағы туризм имканиятлары да иске салынбай атыр. Жуўапкерлерге аквапарк ҳәм бассейнлер шөлкемлестириў бойынша жойбарларды көбейтиў, көллер бойынша мастер реже ислеп шығып, әтирапын лотларға бөлип, исбилерменлерге усыныс етиў тапсырылды. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Президент туризм салоҳиятини тўлиқ очиб берувчи глобал тарғибот кампаниясини йўлга қўйиш вақти келганини айтди. Бунда телевидение ва онлайн платформалар билан бирга ижтимоий тармоқлардан ҳам фойдаланиш муҳимлиги таъкидланди. Мутасаддиларга 1 октябрга қадар “миллий туризм бренди” тўғрисида контент яратиш учун танлов ўтказиб, халқаро платформаларда тарғиботни йўлга қўйиш топширилди. Бу мақсадларга жорий йилда 5 миллион доллар маблағ ажратилади. Аудиторияси 10 миллиондан ортиқ бўлган камида 50 нафар чет эллик блогерлар учун инфо-турлар ташкил қилиниши белгиланди. — Президент туризм потенциалын толық ашып бериўши глобал үгит-нәсият компаниясын жолға қойыў ўақты келгенлигин айтты. Бунда телевидение ҳәм онлайн платформалар менен бирге социаллық тармақлардан да пайдаланыў әҳмийетлилиги атап өтилди. Жуўапкерлерге 1-октябрьге шекем «миллий туризм бренди» ҳаққындағы контент жаратыў ушын таңлаў өткерип, халықаралық платформаларда үгит-нәсиятлаўды жолға қойыў тапсырылды. Бул мақсетлерге усы жылда 5 миллион доллар қаржы ажыратылады. Аудиториясы 10 миллионнан артық болған кеминде 50 шет елли блогерлер ушын инфо-турлар шөлкемлестирилиўи белгиленди. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Жорий йилда Тошкент шаҳрида, кейинги йилда Хивада Халқаро гастрономик фестиваллар ўтказиш, 300 турдан зиёд таомларга эга миллий ошхонамизни бутун дунёга тарғиб қилиш муҳимлиги қайд этилди. Мутасадди вазирлик ва идораларга электрон виза тизимини янада такомиллаштириб, мобиль иловани ҳам ишга тушириш топширилди. Умуман, тармоқ ва ҳудудлар раҳбарлари жорий йилда 11 миллион хорижий сайёҳни олиб келиш ва туризм экспортини 2,5 миллиард долларга етказиш учун масъул ва жавобгар бўлиши белгиланди. — Быйылғы жылда Ташкент қаласында, кейинги жылда Хийўада Халықаралық гастрономиялық фестиваллар өткериў, 300 түрден артық тағамларға ийе миллий асханамызды пүткил дүньяға үгит-нәсиятлаў әҳмийетлилиги атап өтилди. Жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелерге электрон виза системасын жәнеде жетилистирип, мобиль қосымшаны да иске түсириў тапсырылды. Улыўма, тармақ ҳәм аймақ басшылары быйылғы жылда 11 миллион сырт ел туристлерин алып келиў ҳәм туризм экспортын 2,5 миллиард долларға жеткериў ушын жуўапкер болыўы белгиленди. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Давлатимиз раҳбари билдирилган фикр ва таклифлардан келиб чиқиб, тегишли вазирлик ва идоралар раҳбарларига: - хорижий сайёҳларга хизмат кўрсатган туроператорларга қўшилган қиймат солиғини субсидия сифатида қайтариш муддатини узайтириш ва уни қўллаш тартибини аниқ белгилаш; - туризм компанияларига айланма маблағ учун экспортолди молиялаштиришни йўлга қўйиш; - туристларга мўлжалланган, янги ишлаб чиқарилган “Евро-5” ва ундан юқори экологик тоифа талабларига тўғри келадиган автобус ва микроавтобусларни божхона божи ва утилизация йиғимидан озод этиш муддатини узайтириш; - сўнгги 3 йилда ташкил топган туркомпанияларга халқаро кўргазмалардаги павильон ижараси харажатини 50 фоизини қоплаб беришни йўлга қўйиш; - халқаро фестивалларда қатнашадиган ҳунармандларга павильон, юклар ва авиачипта харажатининг 50 фоизини қоплаб бериш тизимини йўлга қўйиш юзасидан таклиф киритишни топширди. — Мәмлекетимиз басшысы билдирилген пикир ҳәм усыныслардан келип шығып, тийисли министрлик ҳәм мәкемелер басшыларына: - сырт елли туристлерге хызмет көрсетип атырған туроператорларға қосылған қун салығын субсидия сыпатында қайтарыў мүддетин узайтыў ҳәм оны қоллаў тәртибин анық белгилеў; - туризм компанияларына айланба қаржы ушын экспорт алды қаржыландырыўды жолға қойыў; - туристлерге арналған, жаңадан ислеп шығарылған “Евро-5” ҳәм оннан жоқары экологиялық категория талапларына туўра келетуғын автобус ҳәм микроавтобусларды бажыхана бажы ҳәм утилизация жыйымынан азат етиў мүддетин узайтыў; - соңғы 3 жылда шөлкемлестирилген туркомпанияларға халықаралық көргизбелердеги павильон ижарасы қәрежетлериниң 50 пайызын қаплап бериўди жолға қойыў; - халықаралық фестивалларда қатнасатуғын өнерментлерге павильон, жүклер ҳәм авиабилет қәрежетлериниң 50 пайызын қаплап бериў системасын жолға қойыў бойынша усыныслар киргизиў бойынша усыныс киргизиў тапсырылды. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Шунингдек, тадбиркорлар томонидан илгари сурилган: - мактаб ва коллеж ўқувчилари автобусда бир вилоятдан бошқасига саёҳат қилишида йўл-патруль хизмати ҳамроҳлиги учун тарифларни кескин камайтириш; - ҳар йили камида 20 та ўрта бўғин менежерларини хорижда қисқа муддатли малака оширишга юбориш, янги ўқув йилидан туризм соҳасидаги олийгоҳ ва техникумларда “дуал таълим”ни жорий қилиш; - 3-4 қаватли меҳмонхоналарга ҳам субсидия бериш, меҳмонхонаси бўлмаган 22 та туманда кичик отеллар барпо этишга оилавий хоналар сонидан келиб чиқиб субсидия ажратиш; - халқаро тажриба асосида миллий меҳмонхона брендларини яратиш ташаббусларини ўрганиб, тегишли чораларни ишлаб чиқиш вазифаси қўйилди. — Сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен билдирилген: - мектеп ҳәм колледж оқыўшылары автобуста бир ўәлаяттан басқасына саяхат етиўинде жол-патруль хызмети бирге жүриўи ушын тарифлерди кескин кемейтиў; - ҳәр жылы кеминде 20 орта буўын менежерлерин сырт елде қысқа мүддетли тәжирийбе арттырыўға жибериў, жаңа оқыў жылынан туризм тараўындағы жоқары оқыў орны ҳәм техникумларда «дуал билимлендириў»ди енгизиў; - 3-4 қабатлы мийманханаларға да субсидия бериў, мийманханасы болмаған 22 районда киши отеллер қурыўға шаңарақлық бөлмелер санынан келип шығып субсидия ажыратыў; - халықаралық тәжирийбе тийкарында миллий мийманхана брендлерин жаратыў басламаларын үйренип, тийисли илажларды ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Йиғилишда мамлакатимизда ўтказиладиган фестиваллар календарь-режасини такомиллаштириш, чет эллик машҳур ижрочилар концертини ўтказишга талабларни қайта кўриб чиқиш зарурлиги кўрсатиб ўтилди. Шунингдек, мутасаддиларга қўшни давлатлардаги ҳамкасблари билан чегарадан ўтишни яна енгил қилиш бўйича музокара ўтказиш топширилди. Энг муҳим масалалардан бири – сайёҳлар маҳаллий рейсларга самолёт ва поезд учун икки ой уёқда турсин, ярим йил олдин чипта олишда қийинчиликларга дуч келмоқда. Мутасаддиларга барча қатновлар ҳақида маълумот ва чипта олиш имконини берадиган ягона онлайн платформани ишга тушириш топширилди. Бунда чипталарни табақалашган нархда камида олти ой олдин савдога чиқариш тизими жорий қилинади. — Мәжилисте мәмлекетимизде өткерилетуғын фестиваллар календарь-режесин жетилистириў, шет елли белгили атқарыўшылар концертин өткериўге талапларды қайта көрип шығыў зәрүрлиги көрсетип өтилди. Сонлықтанда, жуўапкерлерге қоңсы мәмлекетлердеги кәсиплеслери менен шегарадан өтиўди және жеңиллестириў бойынша сөйлесиўлер өткериў тапсырылды. Ең әҳмийетли мәселелерден бири – саяхатшылар жергиликли рейслерге самолёт ҳәм поезд ушын еки ай ары турсын, ярым жыл алдын билет алыўда қыйыншылықларға дус келмекте. Жуўапкерлерге барлық қатнаўлар ҳаққында мағлыўмат ҳәм билет алыў имканиятын беретуғын бирден-бир онлайн платформаны иске түсириў тапсырылды. Бунда билетлерди категорияластырылған баҳада кеминде алты ай алдын саўдағы шығарыў системасы енгизиледи. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Шунингдек, мулоқотда тадбиркорлар томонидан билдирилган: - хорижий давлатлардан келадиган пенсия ёшидаги сайёҳларнинг Ўзбекистонда олти ойгача визасиз бўлиши тартибини ишлаб чиқиш; - камида 100 нафар хорижий иштирокчиси бўлган уч кунлик бизнес тадбирни ташкил қилганларга тадбирдан олинган даромад солиғини 50 фоизга камайтириш, қўшилган қиймат солиғининг ярмини қайтариш тизимини жорий қилиш; - Тошкентдаги Чорсу бозори ва Хивада миллий колоритга эга шарқ бозорини ташкил этиш; - болалар оромгоҳларини хусусий шериклик асосида ривожлантириш каби фикрларни чуқур ўрганиб, уларнинг ечими бўйича аниқ таклифлар киритиш топширилди. Ўз навбатида, Президентимиз соҳани қўллаб-қувватлаш мақсадида туризмни ривожлантириш бўйича жамоатчилик кенгашини тузишни таклиф қилди. Бу ташаббус учрашувда иштирок этган туризм соҳаси вакиллари томонидан қизғин қўллаб-қувватланди. Йиғилиш давомида мутасаддиларнинг ҳисоботлари ва режалари тингланди. — Сондай-ақ, пикирлесиўде исбилерменлер тәрепинен билдирилген: - сырт мәмлекетлерден келетуғын пенсия жасындағы туристлердиң Өзбекстанда алты айға шекем визасыз болыўы тәртибин ислеп шығыў; - кеминде 100 сырт ел қатнасыўшысы болған үш күнлик бизнес илажын шөлкемлестиргенлерге илажлардан алынған дәрамат салығын 50 пайызға кемейтиў, қосылған қун салығының ярымын қайтарыў системасын енгизиў; - Ташкенттеги Чорсу базары Хийўадағы миллий колоритке ийе шығыс базарын қурыў; - балалар саўалландырыў орынларын жеке шериклик тийкарында раўажландырыў сыяқлы пикирлерди терең үйренип, олардың шешими бойынша анық усыныслар киргизиў тапсырылды. Өз нәўбетинде, Президентимиз тараўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде туризмди раўажландырыў бойынша жәмийетшилик кеңесин дүзиўди усыныс етти. Бул баслама ушырасыўда қатнасқан туризм тараўы ўәкиллери тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды. Мәжилис даўамында жуўапкерлердиң есабатлары ҳәм режелери тыңланды. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Охирги йилларда пойтахтда “Тошкент сити”, “Тошкент молл”, “Мэджик сити” каби туризм масканлари барпо этилди. Бу мажмуаларга йилига 4 миллиондан зиёд одам ташриф буюряпти, уларнинг 35 фоизидан кўпи хорижий туристлар. Лекин пойтахт ҳокимлиги ўз ташаббуси билан янги таклифлар билан чиқмаётгани танқид қилинди. Шу боис Тошкент шаҳри ҳокимининг туризм масалалари бўйича ўринбосари Ф.Давруков лавозимидан озод этилди. Бош вазирга туризм бўйича ҳар бир ҳоким ўринбосари ишига баҳо бериш топширилди. — Ақырғы жылларда пайтахтта “Ташкент сити”, “Ташкент молл”, “Мэджик сити” сыяқлы туризм мәсканлары қурылды. Бул комплекслерге жылына 4 миллионнан артық адам келип атыр, олардың 35 пайызынан көби сырт елли туристлер. Бирақ, пайтахт ҳәкимлиги өз басламасы менен жаңа усыныслар менен шықпай атырғанлығы сынға алынды. Сонлықтан, Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң түризм мәселелери бойынша орынбасары Ф.Давруков лаўазымынан азат етилди. Бас министрге туризм бойынша ҳәр бир ҳәким орынбасары жумысына баҳа бериў тапсырылды. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Сўнг давлатимиз раҳбари соҳа вакиллари ва тадбиркорлари билан мулоқот қилиб, уларнинг муаммолари ва таклифларини эшитди. Жумладан, мулоқотда: - туризм хизматлари кўрсатувчиларни молиявий қўллаб-қувватлаш ва иқтисодий имкониятларини кенгайтириш; - туроператорларни маданий мерос объектлари ва темир йўл чипталари нархларидаги ўзгаришлар тўғрисида олдиндан хабардор қилиш; - меҳмонхона бошқарувчиларини тайёрлаш ва меҳмонхона қуришга субсидиялар доирасини кенгайтириш; - пенсия ёшидаги туристларга алоҳида виза тартибини жорий этиш; - тарихий шахсларнинг уй-музейларини реставрация қилиш каби масалалар кўтарилди, таклиф ва ташаббуслар билдирилди. — Соң мәмлекетимиз басшысы тараў ўәкиллери ҳәм исбилерменлери менен пикирлесип, олардың машқалалары ҳәм усынысларын еситти. Соннан, пикирлесиўде: - туризм хизметлерин көрсетиўшилерди қаржылық қоллап-қуўатлаў ҳәм экономикалық имканиятларын кеңейтиў; - туроператорларды мәдений мийрас объектлери ҳәм темир жол билетлери баҳаларындағы өзгерислер ҳаққында алдыннан хабардар етиў; - мийманхана басқарыўшыларын таярлаў ҳәм мийманхана қурыўға субсидиялар шеңберин кеңейтиў; - пенсия жасындағы туристлерге өз алдына виза тәртибин енгизиў; - тарийхый шахслардың үй-музейлерин реставрациялаў сыяқлы мәселелер көтерилди, усыныс ҳәм басламалар билдирилди. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Мамлакатимиздаги 86 та санаторий ва тиббий муассасаларда ўтган йили 60 мингдан зиёд хорижий турист даволанди. Бу кўрсаткични янада ошириш мумкин. Охирги беш йилда хусусий клиникалар каррасига кўпайгани билан атиги 2 таси халқаро сертификат олган. Оқибатда чет элдан даволанишга келганлар улуши пастлигича қолмоқда. Тиббиёт ва соғломлаштириш туризмини уйғунликда ривожлантириш бўйича яхлит ёндашув йўқлиги кўрсатиб ўтилди. Шу боис илғор хорижий тажриба асосида “Тиббий хизматлар меҳмондўстлиги” дастури бошланиши эълон қилинди. Эндиликда хусусий клиникаларнинг халқаро стандарт олиш, хорижий кўргазмада қатнашиш харажатлари бюджетдан қопланади. Клиникаларга келган чет элликлар учун қўшилган қиймат солиғи қайтарилади. — Мәмлекетимиздеги 86 санаторий ҳәм медицина мәкемелеринде өткен жылы 60 мыңнан артық сырт елли туристлер емленди. Бул көрсеткишти еледе арттырыў мүмкин. Ақырғы 5 жылда жеке меншик клиникалар есесине көбейгени менен тек ғана екеўи халықаралық сертификат алған. Ақыбетте, шет елден емлениўге келгенлер үлеси төменлигинше қалмақта. Медицина ҳәм саламатластырыў туризмин сәйкесликте раўажландырыў бойынша бир пүтин жантасыў жоқлығы көрсетип өтилди. Сонлықтанда, алдынғы шет ел тәжирийбеси тийкарында «Медициналық хызметлер миймандослығы» бағдарламасы басланыўы жәрияланды. Енди жеке меншик клиникалардың халықаралық стандарт алыў, сырт ел көргизбесинде қатнасыў қәрежетлери бюджеттен қапланады. Клиникаларға келген шет еллилер ушын қосылған қун салығы қайтарылады. Facebook|Instagram|X
Mostrar todo...