cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Hoja.uz️

➡ Интервьюлар ➡ Қарақалпақстанда N1 проектлер ➡ Ең машқалалы тараўлар хаққында жеке пикирлер YouTube:➡ https://youtube.com/channel/UCRifr0rHrO8kMJ-sG3dC6Ww Instagram:➡https://www.instagram.com/hoja.uz?r=nametag Байланыс:➡ t.me/Hojauz_bot

Mostrar más
Publicaciones publicitarias
11 083
Suscriptores
+324 horas
+1307 días
+22630 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

ҚР ДСМ "Аналықты ҳәм балалықты қорғаў" бойынша орынбасары Г. Абдисаметова лаўазымға тайынлаўынынан - ақ жас келиншектиң жағдайынан хабар алыўы мақтарға ылайық 👍 ! Ал, Кегейли районы "женсовети" неге үнсизликте? Бул жас келиншек пенен басқа ўәләяттан районға "дуз айдап" келин болып ийилип түскен екенлигин билер ме екен ? Мениң жеке пикиримше район, АПЖ аймақларындағы ҳәр бир ҳаял - қызлардың жағдайынан хабарлы болыўы керек ! Бармысыз, аманбысыз кегейлиши қыз - келиншеклер ?! P.s. ўақыт созбай Кегейлиге барамызба дедим... Каналға ағза болыў: @hoja_uz
Mostrar todo...
👍 38🤔 4😁 1
Үшинши қабаттан секирген ҳаялдың денсаўлығы жақсы... (Бүгин наўқасқа үйине рухсат берилди ) ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ “Аналықты ҳәм балалықты қорғаў” бойынша орынбасары Г.Абдисаметова Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий  медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына барып, өзин үшинши қабаттан таслаған ҳаялдың денсаўлығынан хабар алды . ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети ✅ @qrdssm
Mostrar todo...
👍 12 1🐳 1
#Рәсмий_мағлыўмат Үшинши қабаттан өзин таслаған ҳаял ҳәмиледар болмаған Социал тармақлар арқалы тарқалған ҳәм көпшиликтиӊ пикир тартысларына себеп болып атырған “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады” атамасындағы ўақыя бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ рәсмий мағлыўматы. 1990 жылы Қашқадәрья ўәлаятында туўылған М.Ю. –ҳәзирде Кегейли районы “Жалпақ жап” АПЖ да жасайды. М.Ю усы жылдыӊ 11 май күни Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалында операция жолы менен баласын дүньяға келтиреди. 15 май күнине келип М.Ю бөлимниӊ 3 қабатында жайласқан “Реанимация” бөлимине көшириледи. Усы күни кешки саат 21_00 шамасында М.Ю терезеден секиреди ҳәм сол жерден Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына тез жәрдем автотранспорты арқалы алып келинип,биринши жәрдем көрсетиледи.Орайдыӊ тәжрийбели хирург шыпакерлери тәрепинен М.Ю барлық медициналық тексериўлерден өткериледи ҳәм 16 май күни ҳаялға “Сан сүйегин жабық түрде бириктириў” операциясы әмелге асырылады. Наўқас бөлимниӊ “Травматология” бөлимине көширилип шыпакерлер қадағалаўында болады. 23 май күни шыпакерлер тәрепинен М.Ю ға емлеўханадан шығыўға рухсат бериледи. Ҳәзирде наўқастыӊ ҳәм туўылған баласыныӊ денсаўлығы жақсы жағдайда. Демек социал тармақларда тарқағанындай емес: “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслаған” -деген хабарға келсек ол ўақытта ҳаял ҳәмиледар болмаған.
Ҳаялдыӊ нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған деген түсиникке келетуғын болсақ
- Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы админстрациясы мағлыўматты асығыс түрде ҒХҚ ўәкиллерине усынған. 1996-жыл 29 август күнги “Пуқаралардың Денсаўлығын сақлаў туўрысында”ғы №265-I санлы Өзбекистан Республикасы Нызамының 45-статьясы талапларына муўапық пуқаралардыӊ медициналық ҳүжжетлериндеги мағлыўматлар шыпакерлик сыры болып, ол тек 45-статьясыныӊ үшиниши бөлиминде көрсетилген жағдайлардағана пуқараныӊ разылығысыз әшкара етилиўи мүмкин деп белгиленген.
Жағдай шеңберинен бир қатар медицина хызметкерлерине төмендеги шаралар қолланылды: Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалыныӊ “Реанимация” бөлиминиӊ нәўбетши шыпакерине,нәўбетши мийирбийкесине, нәўбетши киши медицина хызметкерине 15 май күнги жумыс ўақтындағы нәўбетшилигинде наўқас ҳаял М.Ю ны қараўсыз қалдырғаны ҳәм жумысқа немқурайдылық пенен қарағаны ушын ӨР Мийнет Кодексиниӊ 312-статьясыныӊ 2 бөлимине тийкар орташа айлық ис ҳақысыныӊ 30 пайыз муғдарында жәрийма интизамый жаза шарасы қолланылды.
Бул ўақыяны сол күнниӊ өзинде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги өз қадағалаўына алды ҳәм ана менен бала денсаўлығы тиккелей қадағалаўда турды. Ҳәзирде орай администрациясының жуўапкер хызметкерлерине шара қолланыў илажлары алып барылмақта. ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ “Аналықты ҳәм балалықты қорғаў” бойынша орынбасары Г.Абдисаметова Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына барып наўқас М.Ю дыӊ денсаўлығынан хабар алды. Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы медицина хызметкерлериниӊ бәршесине бул ўақыяға тийкарланып-ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары А.Асқаров мәжлис өткерип түсиндириў жумысларын алып барды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети@qrdssm
Mostrar todo...
👍 10

👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
МҚХ: «Ҳаж» зыяратына жибериўди ўәде еткен бир қатар шахслар усланды Айырым шахслар пуқараларымызды алдаў жолы арқалы «Ҳаж» зыяратына жибериўди ўәде етип олардың пулларын өзлестирип алыў жағдайлары бақланып атыр. Атап айтқанда, Ташкент қаласының Яккасарой районында жайласқан саяхатшылық фирмасының 2 хызметкери жергиликли пуқараның исенимине кирип, оның ата-анасын Саудия Арабстанына «Ҳаж» сапарына барыўы ушын талап етилетуғын виза ҳүжжетлерин таярлап бериў ҳәм оларды зыяратқа жибериў есесине 18 мың АҚШ доллары талап етип, 4500 АҚШ долларын алған ўақтында усланды. Ташкент қаласының Юнусобод районындағы саяхатшылық фирмасы баслығы Яшнобод районында жасаўшы пуқараны «Ҳаж 2024» мәўсиминде Саудия патшалығына мүбәрек сапарға жибериў есесине 9500 АҚШ доллары талап етип, 5700 АҚШ доллары алған ўақтында усланды. Ферғана қаласындағы саяхатшылық фирмасының ис жургизиўшиси болса Таслақ районында жасаўшы пуқараны ҳәм оның 2 өспирим перзентин 30 мың АҚШ доллары есесине «Ҳаж» зыяратына жибериўди ўәде етип, 15 мың АҚШ доллары алған ўақтында усланды. Бундай жағдайлар бир емес, еки емес, көп ҳалларда ушырасып атыр. Ҳәзирги ўақытта бул шахсларға қарата жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта. Ескертиў: Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын “Ҳаж” илажы Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен әмелге асырылады. “Ҳаж” искерлиги менен басқа шөлкемлердиң, атап айтқанда, саяхатшылық шөлкемлери ҳәм басқалардың шуғылланыўына жол қойылмайды ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етиледи. Абайлы болың, алдаўшыларға алданып қалмаң! 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Mostrar todo...
👍 7😁 1🤔 1
Photo unavailableShow in Telegram
❗️"Сонғы қоңыраў"ға пул жыйнаў, сейилге шығыў қадаған етиледи — министр Мектеплерде оқыў жуўмақланып, "Сонғы қоңыраў" өткерилиўине байланыслы ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаева ескертиў менен шықты. 2023-2024-оқыў жылында питкериўши оқыўшы жаслар ушын «Сонғы қоңыраў» қағылады. Усы мүнәсибет пенен, мектептиң қурылыс оңлаў жумыслары, мәмлекетлик имтиханлар,  мектепке, директорға, оның орынбасарларына, оқытыўшыларға саўға бериў ямаса пул жыйнаў қадаған етиледи. Сондай-ақ, питкериўшилер ресторан, кафе, үйлерде, кеўил ашар орынларда ҳәр түрли илажларды шөлкемлестириў, суў ҳәўизлеринде шомылыў ҳәм жеңил автомашыналарда сейил етиў қадаған етиледи. Мектеплерде жоқарыда атап өтилген жағдайлар анықланса, нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады. Министрлик илажларға пул жыйнаў жағдайлары ушырасып атырған болса (61) 222-94-45 ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерине қоңыраў етип яки @QRmshmbministrligi_bot'қа мүрәжат жоллаў мүмкинлигин мәлим етти. Каналға ағза болыў: @hoja_uz
Mostrar todo...
👍 21😭 4🤔 3😁 2
#Рәсмий_мағлыўмат Үшинши қабаттан өзин таслаған ҳаял ҳәмиледар болмаған Социал тармақлар арқалы тарқалған ҳәм көпшиликтиӊ пикир тартысларына себеп болып атырған “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады” атамасындағы ўақыя бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ рәсмий мағлыўматы. 1990 жылы Қашқадәрья ўәлаятында туўылған М.Ю. –ҳәзирде Кегейли районы “Жалпақ жап” АПЖ да жасайды. М.Ю усы жылдыӊ 11 май күни Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалында операция жолы менен баласын дүньяға келтиреди. 15 май күнине келип М.Ю бөлимниӊ 3 қабатында жайласқан “Реанимация” бөлимине көшириледи. Усы күни кешки саат 21_00 шамасында М.Ю терезеден секиреди ҳәм сол жерден Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына тез жәрдем автотранспорты арқалы алып келинип,биринши жәрдем көрсетиледи.Орайдыӊ тәжрийбели хирург шыпакерлери тәрепинен М.Ю барлық медициналық тексериўлерден өткериледи ҳәм 16 май күни ҳаялға “Сан сүйегин жабық түрде бириктириў” операциясы әмелге асырылады. Наўқас бөлимниӊ “Травматология” бөлимине көширилип шыпакерлер қадағалаўында болады. 23 май күни шыпакерлер тәрепинен М.Ю ға емлеўханадан шығыўға рухсат бериледи. Ҳәзирде наўқастыӊ ҳәм туўылған баласыныӊ денсаўлығы жақсы жағдайда. Демек социал тармақларда тарқағанындай емес: “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслаған” -деген хабарға келсек ол ўақытта ҳаял ҳәмиледар болмаған.
Ҳаялдыӊ нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған деген түсиникке келетуғын болсақ
- Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы админстрациясы мағлыўматты асығыс түрде ҒХҚ ўәкиллерине усынған. 1996-жыл 29 август күнги “Пуқаралардың Денсаўлығын сақлаў туўрысында”ғы №265-I санлы Өзбекистан Республикасы Нызамының 45-статьясы талапларына муўапық пуқаралардыӊ медициналық ҳүжжетлериндеги мағлыўматлар шыпакерлик сыры болып, ол тек 45-статьясыныӊ үшиниши бөлиминде көрсетилген жағдайлардағана пуқараныӊ разылығысыз әшкара етилиўи мүмкин деп белгиленген.
Жағдай шеңберинен бир қатар медицина хызметкерлерине төмендеги шаралар қолланылды: Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалыныӊ “Реанимация” бөлиминиӊ нәўбетши шыпакерине,нәўбетши мийирбийкесине, нәўбетши киши медицина хызметкерине 15 май күнги жумыс ўақтындағы нәўбетшилигинде наўқас ҳаял М.Ю ны қараўсыз қалдырғаны ҳәм жумысқа немқурайдылық пенен қарағаны ушын ӨР Мийнет Кодексиниӊ 312-статьясыныӊ 2 бөлимине тийкар орташа айлық ис ҳақысыныӊ 30 пайыз муғдарында жәрийма интизамый жаза шарасы қолланылды.
Бул ўақыяны сол күнниӊ өзинде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги өз қадағалаўына алды ҳәм ана менен бала денсаўлығы тиккелей қадағалаўда турды. Ҳәзирде орай администрациясының жуўапкер хызметкерлерине шара қолланыў илажлары алып барылмақта. ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ “Аналықты ҳәм балалықты қорғаў” бойынша орынбасары Г.Абдисаметова Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына барып наўқас М.Ю дыӊ денсаўлығынан хабар алды. Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы медицина хызметкерлериниӊ бәршесине бул ўақыяға тийкарланып-ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары А.Асқаров мәжлис өткерип түсиндириў жумысларын алып барды. ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети@qrdssm
Mostrar todo...
👍 22😁 2 1
Бул жүдә жақсы жаңалық. Орайлык дийхан базарында орын излеп, "қағысып,таласып" котролерлар "бий" , ҳаслы дийханға "орын" жоқ, биз қарыйдарлар ушын жаздың жәзийрама ыссысы, қыстың қақаман суўығы демей хызметин аямайтуғын ҳүрметли базар сатыўшылары "Катекс" базарына (халық тилинде) орын алып қалыңлар ! 0ннан аслам автотранспорт жөнелислери қойылып атырғаны дегени бул "Саўда комплекси"ниң жақын арада саўда орынларының төбесинен "шыра жанады" деген болжаў, гүзге бармай бул базарда саўда орындары дефицитке айналады.
Mostrar todo...
😁 49👍 16🤩 4👏 3🥰 2🤨 1😇 1
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ Усы жылдың 27-май сәнесинен баслап, тѳмендеги жѳнелислер Нѳкис қалалық Саўда комплексине ҳәрекетленеди. 1.  10-санлы «Саманбай елаты-Нөкис қалалық саўда комплекси» автобус жѳнелиси; 2.  14-санлы «Нөкис қалалық саўда комплекси-Орайлық базар»; 3.  25-санлы  «Туб.санатория(52-санлы Нәўбәҳәр МПЖ)-Орайлық базар»; 4.  27-санлы «Нөкис қалалық саўда комплекси- Ургенчтрансгаз»; 5.  10-санлы  «Нөкис қалалық саўда комплекси-Саманбай елаты»; 6.  3-санлы «Нөкис қалалық саўда комплекси-Жийдели байсын(Саранша) елаты»; 7.  48-санлы  «Нөкис қалалық саўда комплекси-Таслақ елаты(Мал базар)»; 8.  33-санлы  «Нөкис қалалық саўда комплекси-Саманбай елаты(Котельный)»; 9.  63-санлы  «Нөкис қалалық саўда комплекси- Жийдели байсын(Саранша) елаты»; 10.  4-санлы  «Нөкис қалалық саўда комплекси-Нөкис арқа батыс автовокзал»; 11.  12-санлы «Қызкеткен елаты (Рес. ЖҲҚБ)-Орайлық базар»; 12.  21-санлы «Қызкеткен елаты (Санатория көшеси)-Орайлық базар» жѳнелисли такси жѳнелислери; 13.   ВХ-521 санлы «Маңғыт АС-Нөкис қалалық саўда комплекси» автобус жөнелиси; 14.  ВХЙТ-521 санлы «Маңғыт АС-Нѳкис қалалық саўда комплекси» жөнелисли такси жөнелиси; 15. ШАЙ-289 санлы «Тақыятас АС-Нѳкис қалалық саўда қомплекси» автобус жөнелиси; 16. ШЙТ-291 санлы «Тақыятас АС-Нѳкис қалалык саўда қомплекси» жөнелисли такси жөнелиси. 17. ВХЕЙТ-507 санлы «Қоңырат АВ-Нѳкис қалалык саўда қомплекси» жөнелисли жеңил такси жөнелиси (4-орынлық) Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети Бизди социаллық тармақларда бақлап барың 👇👇👇 📱 Instagram |🌐 sayt |✉️ telegram |📱 facebook|📱twitter
Mostrar todo...
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги

ҚР Транспорт министрлигиниң рәсмий телеграм каналы мәнзил: Нөкис қаласы, Төрткуль автомагистраль 1а-жай Исеним телефон: +998 61 225-70-36 Facebook каналымыз: krmintrans Веб сайт: qoraqalpoq.mintrans.uz

👍 22🤨 3😁 1
@Hoja_uz каналының бүгинги күн искерлиги республикамызда Билимлендириў тараўындағы болып өткен "Методик - тур" ӨзР МШҳМБ орынбасары А.Шин Қарақалпақстан сапарына бағынланады. Каналға ағза болыў: @hoja_uz
Mostrar todo...
👍 18🤨 5🤔 2