es
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Ir al canal en Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Mostrar más

📈 Análisis del canal de Telegram ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

El canal ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) en el segmento lingüístico de Kazajo es un actor destacado. Actualmente la comunidad reúne a 18 826 suscriptores, ocupando la posición 4 312 en la categoría Religión y espiritualidad y el puesto 445 en la región Kazajistán.

📊 Métricas de audiencia y dinámica

Desde su creación el невідомо, el proyecto ha mostrado un crecimiento acelerado, reuniendo a 18 826 suscriptores.

Según los últimos datos del 03 julio, 2026, el canal mantiene una actividad estable. En los últimos 30 días la variación de miembros fue de -284, y en las últimas 24 horas de -14, conservando un alto alcance.

  • Estado de verificación: No verificado
  • Tasa de interacción (ER): El promedio de interacción de la audiencia es 26.56%. Durante las primeras 24 horas tras publicar, el contenido suele obtener 19.99% de reacciones respecto al total de suscriptores.
  • Alcance de las publicaciones: Cada publicación recibe en promedio 5 002 visualizaciones. En el primer día suele acumular 3 765 visualizaciones.
  • Reacciones e interacción: La audiencia responde de forma activa: el promedio de reacciones por publicación es 43.

📝 Descripción y política de contenido

El autor describe el recurso como un espacio para expresar opiniones subjetivas:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Gracias a la alta frecuencia de actualizaciones (últimos datos recibidos el 04 julio, 2026), el canal mantiene la vigencia y un amplio alcance. La analítica demuestra que la audiencia interactúa activamente con el contenido, lo que lo convierte en un punto de referencia dentro de la categoría Religión y espiritualidad.

18 826
Suscriptores
-1424 horas
-827 días
-28430 días
Archivo de publicaciones
4. Ол Қараөзек районында дүньяға келеди. Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты. Лирик дөретиўши. "Айсанем" поэмасының авторы. Бу
4. Ол Қараөзек районында дүньяға келеди. Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты. Лирик дөретиўши. "Айсанем" поэмасының авторы. Бул инсан ким? https://t.me/ibratli_sozler

3. Ол сүўретке алған фильм ең көп қәрежет жыйнаған фильм болып есапланады. Сол фильмнен кейин бул инсан улыўма көринбей, қара
3. Ол сүўретке алған фильм ең көп қәрежет жыйнаған фильм болып есапланады.  Сол фильмнен кейин бул инсан улыўма  көринбей, қараңғылықта  қалып кетип, 5-6 жыллардан кейин көк экранларда көрине баслайды. Ол жүдә әжайып инсан. Бул  инсан ким ҳәм ол алған фильмниң аты қандай еди? https://t.me/ibratli_sozler

2. Бул инсан Уттар-Прадеш штатының Иллахабад қаласында дүньяға келеди. Ол өз елиниң әкесинен кейинги, ҳаяллар арасындағы ең б
2. Бул инсан Уттар-Прадеш штатының  Иллахабад қаласында дүньяға келеди. Ол өз елиниң  әкесинен кейинги, ҳаяллар арасындағы  ең биринши  примьер-министри болды. 1917-жыл 31-октябрьде дүньяға келген. Бул инсан ким екен? https://t.me/ibratli_sozler

1. Белгили рус жазыўшысы. Әдебият сыншысы, философ ҳәм журналист болған. Ол Финляндияның Свеаборг қорғанында дүньяға келеди.
1. Белгили рус жазыўшысы. Әдебият сыншысы, философ ҳәм журналист болған. Ол Финляндияның Свеаборг қорғанында дүньяға келеди. Бул инсанның аты ким? https://t.me/ibratli_sozler

#тәрбия Үйлеримиз берекети Ата-анаға ҳүрмет болмаған үйде берекет болмайды. Ағайын-туўысқанлар менен қарым-қатнас үзилген үйд
#тәрбия Үйлеримиз берекети      Ата-анаға ҳүрмет болмаған үйде берекет болмайды.     Ағайын-туўысқанлар менен қарым-қатнас үзилген үйде дуўа қабыл болмайды.     Ерли-зайып бир-бирине мүләйим болмаған үйде тынышлық болмайды.     Ҳарам луқма кирген үйден солиҳ перзентлер шықпайды. (Дерек: Paziyler.uz.) Бизден узақласпаң...... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Alisher Allambergenov - Qalaberemen .mp38.30 MB

📚ӨТТИ ДҮНЬЯДАН                ✍Өтеш Алшынбай улы Қулақ салып тыңлаң, дослар, сөзимди, Бир неше адамлар өтти дүньядан, Анадан туӯғалы ашпай көзимди, Қараңғы думанда өттим дүньядан.                      ✨✨✨ Қарақалпақ өз журтынан бүлгенде, Ҳарып-шаршап жолда бираз өлгенде, Едилден айырылып еңиреп бүлгенде, Түркистанда бабам өтти дүньядан.                    ✨✨✨ Бабам айтар еди сөздиң салтында, Бир нешшелер өтти алды-артында, Ата мәкан етип жайлаӯ журтында, Биразлары әрманда өтти дүньядан.                         ✨✨✨ Мен өтейин өткенлерди аңлатып, Азлығынан елатымды ақсатып, Зор адамлар ханға сөзин тыңлатып, Залымлар шалқыды фаный дүньяда.                    ✨✨✨ Қаршығадай қанатынан қайырылып, Жүйриклердей дойнағынан майырылып, Ноғай болып ел-журтынан айырылып, Биразы әрманда өтти дүньядан.                     ✨✨✨ Биразлар қырылып, бираз өлгенде, Айра түстиң ел-журтыңнан дегенде, Онсан ноғай ел-журтынан бүлгенде, Биразлары жолда өтти дүньядан.                    ✨✨✨ Оны Өтеш шежиреден көрмишлер, Соның аз-кем жерин айтып бермишлер, Ол ноғайды қарақалпақ демишлер, Бүлгиншилик пенен жүрген дүньяда.                      ✨✨✨ Тилге келсе Жийреншеден өтирди, Душпан емес, достың кеӯлин питирди, Ақыл-ҳуӯшын халайыққа жетирди, Әрман менен Жийен өтти дүньядан.                   ✨✨✨ Қарсы болды патшаларға қайтпастан, Айырылған соң ата-мәкан қоныстан, Сорлы Жийенниң ҳалы болды зимистан, Әрман менен ол да өтти дүньядан.                    ✨✨✨ Адамларды патша қойдай қосақлап, Жәлладлары қассап яңлы пышақлап, Көзиниң алдында ийтлери талап, Оны көрип Жийен өтти дүньядан.                    ✨✨✨ Патшаны жаманлап қолынан қашып, Сөзи менен залымларға уӯ шашып, Қоңырат-мүйтенге қушағын ашып, Әрман менен Жийен өтти дүньядан.                      ✨✨✨ Жийен еди тилге шешен, сөзге бай, Әрман менен өтти сол күн ол боздай, Зар-гирянлар болып қәпесте жылай, Әрман менен Жийен өтти дүньядан…                     ✨✨✨ Әлҳасыл ойлансаң, нешелер өтти, Жылап арсар болып қайғыда кетти, Жыл артынан жыллар келип, жыл жетти, Әрман менен бабам өтти дүньядан.                     ✨✨✨ Неше жыллар, неше күнлер ойланып, Хорезмди, Түркистанды айланып, Барған ӯакта ол халықтан сайланып, Қуӯғын болып Жийен өтти дүньядан.                       ✨✨✨ Қобыз услағанның, дуӯтар алғанның, Мерекеде қарақалпақта болғанның, Ат дизгинниң басын жолға салғанның, Алды болып Жийен өтти дүньядан.                   ✨✨✨ Қыяметлик саӯда болды басында, Қаӯмы қарындасы турып тусында, Өлди Жийен елиӯде төрт жасында, Әрман менен бабам өтти дүньядан.                      ✨✨✨ Батырдан Хожамет мүйтен де болды, Жийен заманында саӯашлар қылды, Ақыры патшаның қолында өлди, Әрман менен бул да кетти дүньядан.                       ✨✨✨ Оның шаӯлығы еди Қалмамбет батыр, Оның дәргаҳында көп сөзлер жатыр, Батыр болып бәрҳа кейин киятыр, Әрман менен бул да өтти дүньядан.... https://t.me/ibratli_sozler

ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ Мен кисилик таластырып, Киси менен жарыспайман. Тарийхшыға пал аштырып, Әййемгиме тарыспайман. Мәрт Т
ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ Мен кисилик таластырып, Киси менен жарыспайман. Тарийхшыға пал аштырып, Әййемгиме тарыспайман. Мәрт Тумарис — массагеттиң, "Қырқ қызы“ның ypпағыман, Перзентимен печенегтиң, Шөлдиң қарақалпағыман. Қара табан, қара пуқара, Бабам ғайбар киси болған, Кеўли ақ қалпағы қара, Жаў менен көп иси болған. Аттан қулап атырғанда, Қан майданда сүйеп оны, "Бир ўәсият айтып кет онда" Деп сорапты оннан улы. Ўәсият екен ал сондағы Айтып кеткен урпағына, "Тыр жаланаш қалсаңдағы, Бек бол, бала, қалпағыңа!..." Қарақалпақлар соннан баслап, Қалпағы менен туўылыпты. Көп заманды изге таслап, Қалпақ шешпей жуўырыпты. Көп заманның әндийшесин, Көрседе көзи ағармаған, Жоғалтсада көп нәрсесин, Қалпағы ҳеш жоғалмаған. Қатал сорап қысым етип, Хан да оны шештире алмаған, Жан шықпаса гелле кетип, Жаўда оны шештире алмаған. 1972-жыл. Ибрайым Юсупов 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

Беглигиңди бузба сен_ (6).mp37.88 MB

photo content

Guldasta Qurbanbaev - Appaq Qizim.mp38.73 MB

photo content

photo content

#Рәўият 📜 Ырысқыны аяқ асты етпе Нуў Пайғамбер  бир күни балларына: - Перзентлерим, жолларыңыз бийҳәтер, сапарларыңыз қайырлы болсын! Аллатаала сизлерди ырысқыдан, аўызбиршиликтен айырмасын! - деп пәтия берипти. Баллары: - Аға, аўызбиршиликти түсиндик. Ырысқы деген не? - деп сорайды. - Ырысқы - Аллатааланың адамға беретуғын несийбеси,  ырысқы-напақасы. Уллы Алла адамзатқа төрт ырысқы несип етти. Биринши  - ақ ырысқы, ол төрт түлик малдан шығатуғын сүт-қатық, май, торақ. Екинши - көк ырысқы. Жерден өсип- өнетуғын азықлы көк шөплерди айтады. Үшинши ырысқы - қызыл ырысқы. Ол қара мал, қой, ешки ҳәм ҳалал болған аңлардың гөшлери. Төртинши - дәнли ырысқы. Оған дәнли өнимлер киреди. Аўызбиршилигиңиз беккем болса, ырысқыларыңыз мол болады, - деп сөзин жуўмақлапты Пайғамбер. Соннан баслап сол аталған төрт затты ырысқы деп есаплап, оларды қәстерлепти. Буларды аяқ асты етиўге, хорлаўға тыйым салыныпты. Қарақалпақ халқында бул аты аталған ырысқы жүдә жақсы қәдирленип келген. Ата-әжелеримиз ағарғанды төкпе,  малды теппе деген нәсиятлар қалдырып ырысқы несийбениң мол болыў қағыйдасын түсиндирип кеткен. 📗 📝📝📝 https://t.me/ibratli_sozler @ibratli_sozler kanali

photo content

photo content