es
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Ir al canal en Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Mostrar más

📈 Análisis del canal de Telegram ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

El canal ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) en el segmento lingüístico de Kazajo es un actor destacado. Actualmente la comunidad reúne a 18 812 suscriptores, ocupando la posición 4 306 en la categoría Religión y espiritualidad y el puesto 442 en la región Kazajistán.

📊 Métricas de audiencia y dinámica

Desde su creación el невідомо, el proyecto ha mostrado un crecimiento acelerado, reuniendo a 18 812 suscriptores.

Según los últimos datos del 06 julio, 2026, el canal mantiene una actividad estable. En los últimos 30 días la variación de miembros fue de -294, y en las últimas 24 horas de -3, conservando un alto alcance.

  • Estado de verificación: No verificado
  • Tasa de interacción (ER): El promedio de interacción de la audiencia es 27.71%. Durante las primeras 24 horas tras publicar, el contenido suele obtener 19.47% de reacciones respecto al total de suscriptores.
  • Alcance de las publicaciones: Cada publicación recibe en promedio 5 213 visualizaciones. En el primer día suele acumular 3 663 visualizaciones.
  • Reacciones e interacción: La audiencia responde de forma activa: el promedio de reacciones por publicación es 44.

📝 Descripción y política de contenido

El autor describe el recurso como un espacio para expresar opiniones subjetivas:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Gracias a la alta frecuencia de actualizaciones (últimos datos recibidos el 07 julio, 2026), el canal mantiene la vigencia y un amplio alcance. La analítica demuestra que la audiencia interactúa activamente con el contenido, lo que lo convierte en un punto de referencia dentro de la categoría Religión y espiritualidad.

18 812
Suscriptores
-324 horas
-607 días
-29430 días
Archivo de publicaciones
ҲИКМЕТЛЕР БУЛАҒЫ 🔹 Ҳүждан не? Ол – индемей турып: “Аллаҳ сени ҳәмме ўақыт көрип турыпты, биреўдиң ҳақынан қорқ” деп айтыўшы ишки даўыс. 🔹 Турмыс таслардан ибарат. Сен ол тасларға сүрникпе. Ал оларды жыйнап, бир текше қур ҳәм сол текше арқалы жоқарыға көтерил. 🔹 Егер сени миллионлаған адам жақсы көрсе, мен де олардың биримен. Егер сени тек бир адам ғана жақсы көрсе, сол мениң өзим. Егер сени ҳеш ким жақсы көрмесе, онда, мен өлгенмен - "АНА"ның перзентке сөзи. 🔹 Садықлық саяманға уқсайды. Жаўын ҳәм ыссы күшейген сайын оған болған мүтәжлигиң арта береди. 🔹Ҳәмме нәрсе кишкене ҳалда басланып, кейин үлкенлеседи. Бирақ мүсийбет ондай емес. Ол үлкен ҳалда басланып, кейин киширейеди. 🔹Ҳәмме нәрсе көбейген сайын, арзанласады. Бирақ әдеп ондай емес. Ол көбейген сайын қымбатласады, таўылмас болады. https://t.me/ibratli_sozler

Шыраз Нуратдинов "Пашшайы көйлек" https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаýма әлейкум! Атқан таң шаңарағыңызға мол ырысқы - несийбе алып келсин.Бүгинги таң ойлаған пәк сезимлериңиз бенен әрманл
Ассалаýма әлейкум! Атқан таң  шаңарағыңызға мол ырысқы - несийбе алып келсин.Бүгинги таң ойлаған пәк сезимлериңиз бенен  әрманларыңыз және нийетлериңиз орынланыýына ыссы нурын инәм етсин.Нурын шашқан қуяш бес күнлик өмирде инсан баласына ыссы сезим, пәклик, туýрылық, сабыр, инсаный  пазыйлетлерин жыллы нурлары менен инсанлардың  баýырларына кең етип ыссы нурларын жайсын. ☀️БҮГИНГИ КҮНИҢИЗ ӨМИРИҢИЗДЕГИ  ең есте қалатуғын жаңалықлардан ибрат алатуғын мазмунға бай болсын! Хəмал айының 28-сəнеси, хəптениң Шемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Яссаўий 📜 Лайқор ата Яссаўий заманында Санжар деген султан болған екен. Бир күни түс көреди. Түсинде әжайып бир ис көреди. Шексиз периштелер толқын-толқын болып ағып киятыр екен. - Қаяққа барасыз? - деп сорайды. - Арыслан бап Хожа Ахметке пайғамбардың аманат қурмасын алып келипти. Соны көриўге барамыз. Үлес тийсе бир шарапатына ийе болармыз, - дейди. Ол қай жерде? - деп сорайды. - Мадина ал-Байза деген елде, Ханкөпирдиң үстинде болады. Еки әўлийе дәрядан суў ишип, шөлин қандырады. Сол суўға  берекет дарыйды. Биз соған баратырмыз, - дейди. Мени де өзиңиз бенен алып кетиң, - деген ўақта султан уйқысынан оянып кетипти. Оның басы мең-зең болып, ойланып отырып қалады. Уәзирлерин шақырып түсин жорытады. Олар кийиз китапты ақтарып: - Я, патшамыз, буннан төрт жүз жыл бурын Мухаммед пайғамбер бир саҳебесине қурма аманатқа берген деген сөз бар. Аманат ийеси Бозқала деген қалада дүняға келеди. Биз билсек, оның ўақты жақынласқан сыяқлы. Арадан төрт жүз жыл өтти. Арыслан бап Сайрамға жетипти. Санжар Султан: - Онда көликти таярлаң, мен жолға шығаман. Барлық периштелер түнде сол жаққа ағылды. Патша жолға шығыўға таярланып атырғанда, гөззал ҳаялы еркелеп, мойнына асылады. Сүт писирим ўақыт кешигеди. Қырық атты ертлеп жолға шықты. Шаршаған атларды бирим-бирим аўмастырып, қырық күнде Сайрам қаласына жетип келди. Ханкөпирди излеп таўып келсе, дәряның суўы азайып, ылай суўдың ақыры қурып атырған екен. Есапсыз периште суўдан симирип ишкени ушын Ақсу дәрьясы ўақтынша тартылып турған ўақыты екен. Султан сүт писирим ўақытқа кешигипти. Ҳәмме сол әтирапқа жыйналып, ҳайран қалып тур екен. Санжар Султан: - Әй, мен кешиктим-аў. Арыслан бап аманатын тапсырған екен. Ертерек шыққанымда үлгерген болар едим. Бәлким, дәрьяның түбиндеги ылайына да қут дарыған шығар деп, ылай суў менен бетин жуўады. Шыдамай дәмин жалап көреди. Адамлар оны түсинбей: - Лайқор, лайқор, - деп мазақ етипти. Тәңритаала оның ықласынан разы болады. Енди сонша мийнети зая кетпесин деп көкирек көзин ашып, Яссауийге шәкирт етипти. Ўақыттың өтиўи менен патша аты шыққан әўлийеге айланыпты. Бирақ лайқор аты өлгенше қалмапты. Халық оны сол лайқор аты менен атап кетипти. "Яссаўий феномени" китабынан алынды. https://t.me/ibratli_sozler

Мәўсимлер Ҳәр пасылдың өзине тән заўқы бар, Айрықшалық,өзгешелик тағы бар, Инсәнлардың кеўилинен жай алған, Мәўсимлердиң бизге унар жери бар. Биреў жақсы көрер гөззал бәҳәрди, Тиришилик,жасарыў,сулыў әййямды, Мусылманның жаңа жылы саналған, Миллийликти сақлаған Наўрыз байрамды. Биреўлерге унар тек жазғы айлар, Балаларда күтеди усы пайытлар, Дым мазалы жемислерден дәм татып, Лагерьлерде дослар менен дем алар. Биреў жақсы көрер гүздиң айларын, Дәстурханды толтырар азийз бағманым, Дийхан,фермер тыным билмей ислеген, Мол зүрәәт етер пахта қырманын. Мине енди үлкемизде гумис қыс, Кеўиллерди қуўанышқа толтырар, Жаңа жылға күн санатып бизлерди, Жаңа арзыў менен қәдем аттырар. Қыс зийнети гүмис қары болады, Аппақ қарға жерде ырза болады, Балалардың қыс ойыны тамаша, Байрамларға олар үлес қосады. Азийз инсән.!,Шүкирликте мәни бар, Мәўсимлердиң өзине тән сыры бар, Бәри жақсы,қуўанышларға бөлейди, Өмириңде ҳәр бириниң изи бар. Күн артынан айлар келер избе-из, Мәўсимлерде орны менен алмасар, Жыллар өтсе,өтер сизиң өмириңиз, Жақсы нийет,жақсы тилек жарасар.! Гүлжәҳән Исмайлова Мойнақ районы. 2-мектеп баслаўыш класс муғаллими. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

TEATR JANKÚYERLERINE (27-mart-xalıqaralıq teatr kúnine) Geyde jansız súwretińiz janlanıp, Tillesemen sizler menen sıbırlap. Sizler basqan izler búgin teberik, Ruwxıńız shad bolǵay, marhum aktyorlar! Birińiz kúldirip, biriń jılatıp, Kórgenlerdiń júrek-bawrın sızlatıp. Bayramda da jatpaysız bir dem alıp, Saw bolıń, teatr jankúyerleri! Birewlerge unamas bul kásibiń, "Qoysań-á, ártis-qo" deydi násili. Bul sózler hesh tiygizbesin tásirin, Saw bolıń, teatr jankúyerleri! Ata-anam hadal nanıńdı jedi, Kásibine ıqlas mehirin berdi. Hámmeńizdi birdey jaqsı kóremen, Saw bolıń, teatr jankúyerleri! Qaraqalpaqtı tanıtıp shet ellerge, Mártebeńiz asa bersin ele de. Shın kewilden tileklerim sizlerge, Saw bolıń, teatr jankúyerleri! Miywagúl Baymurzaeva. https://t.me/ibratli_sozler

Бизиң мухаббатымызға ақ таллар гүуа Аққан суулар гүуа толқып дүрликкен Билмеймен тек өзиңе кеткендей дууа Жипсиз байлағансаң
Бизиң мухаббатымызға ақ таллар гүуа Аққан суулар гүуа толқып дүрликкен Билмеймен тек өзиңе кеткендей дууа Жипсиз байлағансаң мени неликтен.. Сағындым деуге де тилим гүрмелмей Хатыңды оқыйман тəкирар хəм тəкирар Кирпигим хөллеймен гейде билдирмей Таңғы шықтай дизилер жасларым қатар Излеймен хəр күни сени хəр жерден Дийдарың көрмеклик мен ушын əрман Көксимде сенсизликтиң шоғын үрлеткен Билсеңиз сағыныштың азабы жаман... Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Ағаларға Сизлер баратырсыз азайып кем-кем, Бәлким, биразыңды таппаспан ертең. Өмир теңизиниң даўылы бәлент, Сизлер едиңизлер кемемде желқом. Қар жаўып турғандай саратан жазда, Кеўлиңизден шыға алмадым базда. Қурқулақ тыңлаўшы сийрексип қалды, Сизлер нама едиңиз мен шалған сазға. Бул асығыс ўақыт кеўлимди дағлар, Қуўрап, нарт шығарар әрманлы бағлар. Өмир дәрьясының толқынларында Сизлер шыра едиңлер силтеген бағдар. Неге сонша асықтық атқан ҳәр таңға? Сизлер барда еди арқамыз тамда. Өмир шөлиндеги дубелей кушли, Қутқарар едиңиз қалдырмай шаңда. Жаслық-туйнеги аз, қуры ғаў пәлек, Сизлер нықырттыңлар атласақ ғәлет. Өмир майданында көпдур ғалаўыт, Бизди дузеў ушын болдыңлар ҳәлек. Дәўир басқа менен қурмақта ойын, Сизлерди излеймиз талдырып мойын. Өмир гузарының алды босаған, Ағалар кетипти-аў тарқатып тойын… К. Рахманов https://t.me/ibratli_sozler

СОРАЎ🔖 Қарақум ийшан медресе салып атырғанда оның досты Бердақ шайыр қасынан ешекли өтип кетеди. Сонда ийшан: Бердақ бир кел
СОРАЎ🔖 Қарақум ийшан медресе салып атырғанда оның досты Бердақ шайыр қасынан ешекли өтип кетеди. Сонда ийшан: Бердақ бир келип кетиў керек едиғо, бул қалай болды деп бир шәкиртин изинен жуўыртады. Шәкирти айланып келип шайырдың айтқан гәпин тәкирарлайды: - Мен медресеге барғым келди бирақ қасымдағы еки жолдасым жибермей қалды, - дегенин айтады. - Қасында ким бар еди? - деди ийшан. - Қасында ҳеш ким жоқ, - деди шәкирти. Дыққат СОРАЎ: Бердақ еки жолдасым деп нени нәзерде тутқан ? https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық Инсан, ҳақыйқаттан қәлесе, ҳәмме нәрсе ушын ўақыт табады. Ф.М.Достоевский Сабырлы инсанның ғәзебинен қорқ.   Джон Драйден Ақыллы инсан өкпе-гийне қылмайды, ал жуўмақ шығарады.  Агата Кристи Билип қойыңыз -  қашан сиз ҳәммесин қолдан шығарсаңыз, сизге бәри келеди. Қорқпаңыз. Шри Шанкар Сиз ҳаққында айтып атыр ма?, демек, сиз басқаларда қызығыўшылық, яки қызғаныш оятасыз. Сергей Бодров Басқаларды нурың менен шағылыстырыў ушын, өзиң қуяш болыўың керек.  Ромен Роллан Ерте жатып, ерте турыў адамды бай ҳәм күшли және дана етеди. Бенжамин Франклин https://t.me/ibratli_sozler

Дәлибай Мәмбетмуратов "Келдим" Қарақалпақша ретро қосық https://t.me/qosiqtoplam https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Ертеңги күниңиз бүгинги күниңизден абзал болсын! Аллатаала бәршеңизди түрли қәўиптен-қәтерден, көринбес бәлелер
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Ертеңги күниңиз бүгинги күниңизден абзал болсын! Аллатаала бәршеңизди түрли қәўиптен-қәтерден, көринбес бәлелерден сақласын, нурлы таңға саў-саламат жеткизсин! Түниңиз қәсийетли болып, Аллатаала көмекши, периштелер тилекши болсын! https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет Өмириңизден шығып кеткен, яки шығып кетпекши болған адамларды қайтарыўға урынбаң, өйткени, олар өмириңизде өз образла
#ҳикмет   Өмириңизден шығып кеткен, яки шығып кетпекши болған адамларды қайтарыўға урынбаң, өйткени, олар өмириңизде өз образларын атқарып болыпты...        Себеби жаратыўшы ийемиз сиз ушын керекли инсанларды өзи сизге ушырастырады. Ал, сизиң өмириңиз ушын өз ўазыйпасын атқарып болғанлардың жолын  өзи айра етеди... https://t.me/ibratli_sozler

1959-жылы 11-майда Тахтакөпирде қайсы шайыр туўылады.
Anonymous voting

Мен кишкене елдиң шайыры болсам да, Мен уллы ислердиң парқын билемен. Тикенекли тар соқпақтан барсам да, Талай үлкен жолдан жүрип көргенмен.
Anonymous voting