es
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Ir al canal en Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Mostrar más

📈 Análisis del canal de Telegram ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

El canal ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) en el segmento lingüístico de Kazajo es un actor destacado. Actualmente la comunidad reúne a 18 884 suscriptores, ocupando la posición 4 300 en la categoría Religión y espiritualidad y el puesto 452 en la región Kazajistán.

📊 Métricas de audiencia y dinámica

Desde su creación el невідомо, el proyecto ha mostrado un crecimiento acelerado, reuniendo a 18 884 suscriptores.

Según los últimos datos del 27 junio, 2026, el canal mantiene una actividad estable. En los últimos 30 días la variación de miembros fue de -249, y en las últimas 24 horas de -15, conservando un alto alcance.

  • Estado de verificación: No verificado
  • Tasa de interacción (ER): El promedio de interacción de la audiencia es 26.66%. Durante las primeras 24 horas tras publicar, el contenido suele obtener 19.18% de reacciones respecto al total de suscriptores.
  • Alcance de las publicaciones: Cada publicación recibe en promedio 5 038 visualizaciones. En el primer día suele acumular 3 625 visualizaciones.
  • Reacciones e interacción: La audiencia responde de forma activa: el promedio de reacciones por publicación es 47.

📝 Descripción y política de contenido

El autor describe el recurso como un espacio para expresar opiniones subjetivas:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Gracias a la alta frecuencia de actualizaciones (últimos datos recibidos el 28 junio, 2026), el canal mantiene la vigencia y un amplio alcance. La analítica demuestra que la audiencia interactúa activamente con el contenido, lo que lo convierte en un punto de referencia dentro de la categoría Religión y espiritualidad.

18 884
Suscriptores
-1524 horas
-767 días
-24930 días
Archivo de publicaciones
#Миллийлик 5. Атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler
#Миллийлик 5. Атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler

#Миллийлик 4. Тағыншақ атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler
#Миллийлик 4. Тағыншақ атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler

#Миллийлик 3. Атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler
#Миллийлик 3. Атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler

#Миллийлик 2. Балалар кийими атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler
#Миллийлик 2. Балалар кийими атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler

#Миллийлик 1. Тағыншақтың атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler
#Миллийлик 1. Тағыншақтың атамасын табың? https://t.me/ibratli_sozler

Қайырлы кеш ҳүрметли топар ағзалары. Бүгинги сораў-жуўап ойыны #Миллийлик рубрикасы астында миллий кийим, тағыншақ,үй дәскеле
Қайырлы кеш ҳүрметли топар ағзалары. Бүгинги сораў-жуўап ойыны #Миллийлик рубрикасы астында миллий кийим, тағыншақ,үй дәскелери атамаларын фото-сүўретлер арқалы анықлаймыз. Кешки дем алыс мәўритлериңиз кеўилли өтиўине азда болса үлесимизди қоссақ буннан қуўанышлы боламыз әлбетте! https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳикмет Мектеп алды менен сабақ үйретеди, кейин сынайды. Өмир болса, алды менен сынайды кейин сабақ үйретеди. https://t.me/ib
#Ҳикмет Мектеп алды менен сабақ үйретеди, кейин сынайды. Өмир болса, алды менен сынайды кейин сабақ үйретеди. https://t.me/ibratli_sozler

#Ўақыя Ер адам өз өмиринен сөз етеди: - Ҳаялым қасымда уйықлап атыр еди. Маған болса күтилмегенде инстаграмнан хабар келди. Бир қыз маған дослық усынысын жиберген екен. Мен ким екенлигин билейин деп дослық усынысын қабылладым. Оған хабар жаздым: - Ким бул танымадым? - Мен солман. Сизиң үйленгениңизди еситтим, лекин еле сизди сағынып жүрмен. Ол өтмиштеги қыз достым еди. Ол өзине айрықша итибар беретуғын жүдә сулыў қыз еди. Мен ҳаялымның ҳақыйқаттанда уйықлап атырғанын билиў ушын инстаграмды жаўдым. Кейин ҳаялыма қарадым. Ол күн бойы үй жумыслары менен әўере болып шаршағанынан терең уйқыда еди. Оған қарар екенмен, ойланып қалдым... . "Қалай етип ол өзи ушын жаңа болған үйде өзин буншама қәўипсиз сезиниўи ҳәм буншама қәтержәм уйықлаўы мүмкин. Ол 20 жыл өзиниң ата-ана шаңарағы менен жасаған үйинен әдеўир узақта. Қашан ол ашыўы келсе ямаса қапа болса анасы жанында болар еди. Ол қәлегенинше жылап дәртлерин айтыўы мүмкин еди. Иниси, сиңлиси болса оның кеўлин көтерер, яки әкеси үйге ол унатқан барлық нәрсени алып келер еди... " Бул қыяллар мийиме келер екен, телефонды қолыма алдым ҳәм "блоклаў” белгисин бастым. Ҳаялыма қарадым ҳәм оның жанында уйқыға кеттим. Өйткени, мен еркекпен. Ҳаялына қыянет етпейтуғын ҳәм шаңарағының бузылыўын қәлемейтуғын еркек! ✍Интернеттен https://t.me/ibratli_sozler

КИТАП. Жәмийет ағзалары раўажланбаса, жәмийет те раўажланбайды. Жәмийет ағзалары раўажланыўы ушын олардың ақылы раўажланыўы л
КИТАП. Жәмийет ағзалары раўажланбаса, жәмийет те раўажланбайды. Жәмийет ағзалары раўажланыўы ушын олардың ақылы раўажланыўы лазым. Ақыл болса, тек китап оқыў менен ғана раўажланады.
Китап саўға етемен десеңиз яқ демеймен ал...😊🫶🙊
https://t.me/Sezim_siri

КИТАП. Жәмийет ағзалары раўажланбаса, жәмийет те раўажланбайды. Жәмийет ағзалары раўажланыўы ушын олардың ақылы раўажланыўы л
КИТАП. Жәмийет ағзалары раўажланбаса, жәмийет те раўажланбайды. Жәмийет ағзалары раўажланыўы ушын олардың ақылы раўажланыўы лазым. Ақыл болса, тек китап оқыў менен ғана раўажланады.
Китап оқыўды үрдис етейик, ким қандай китап оқып атыр...?
https://t.me/ibratli_sozler

#Ибрат. Ата-анасынан мийрас қалған жерде аға-ини . Гүзги қырманда аға-ини зүрәәтти тең бөлисип алатуғын еди. Күнлердиң биринде иниси: – Жыйналған зүрәәтти тең бөлисип алыўымыз дурыс емес. Мен бойдақпан ҳәм сарыплайтуғын қәрежетим онша көп емес. Ағамның болса, шаңарағы үлкен, оның қәрежетлери де соған жараса, – деп ойлады. Сол күннен баслап бойдақ иниси ҳәр күни ярым түнде үйинен шығып, өзиниң телегинен бир қап бийдайды желкесине салып, ҳеш кимге сездирместен ағасының дәнханасына қойып кететуғын болды. Сол күнлерде ағасы да өзине өзи: – Зүрәәтимизди тең бөлисип алып атырғанымыз әдалаттан емес. Мен шаңарақлыман, ҳаялым ҳәм перзентлерим бар. Қартайған ўақтымда олар маған ғамхоршылық қылады. Үкем қартайғанда оған ким қарайды! Демек, келешекте оның мүтәжлиги көбирек болады, – деди. Соннан соң ағасы да ҳәр күни ярым түнде үйден шығып өзиниң дәнханасынан бир қап бийдайды желкесине қойып ҳеш кимге сездирместен үкесиниң телегине қойып келиўин әдет қылды. Аға-ини ортасында бул ис көп ўақытқа шекем даўам етти. Бирақ ҳеш ким бул исти сезбеди. Себеби, екеўиниң де дәнханасындағы бийдайдың муғдары өзгермес – кемейип яки көбейип қалмас еди. Соң бир күни түнде аға-ини бир-бириниң дәнханасына бийдай алып баратырғанда ушырасып қалды ҳәм сонда болып өткен исти аңлап жетти. Желкелериндеги қапты жерге қойып, бир-бирин қатты қушақлап баўырына басты. Демек, аға-инилер бир-бирине мийрим-шәпәәтли болса, турмыста ҳеш қашан мүтәжлик сезбейди... https://t.me/ibratli_sozler

ЖИГИТТИҢ ҲИЙЛЕСИ Бир жигит ҳаялы менен жәнжеллесип қалады. Ҳаялы күйеўине ренжип, сөйлеспей қояды. Арадан бираз ўақыт өтип, ө
ЖИГИТТИҢ ҲИЙЛЕСИ      Бир жигит ҳаялы менен жәнжеллесип қалады. Ҳаялы күйеўине ренжип, сөйлеспей қояды.       Арадан бираз ўақыт өтип, өз жумысларына араласып кеткен жигит ҳаялы менен келисе алмай қалғанын умытып кетеди. Жумыстан келеди де күндегисинше ҳаялына анаў-мынаў айтып отырады. Бирақ күйеўине қатты өкпелеп,  гийнеси тарқамаған ҳаял оған ҳеш нәрсе деп жуўап бермейди.       Күйеўи қанша урынса да, ҳаялын сирә сөйлете алмайды.  Соннан кейин жигит ҳийлеге көшеди.       Ол бир нәрсе излеп атырған адам қусап, шкафларды ақтарады. Кейин шифонердеги кийимлерди тинткилейди.  Одан кейин барып, серванттағы сервислерге тийисе баслайды. Ыдысларға жаны ашып, шыдамаған келиншек:       - Ҳәй, соншама не излеп атырсаң? Ҳәмме жерди  тинтип тасладың ғо? - деп сөйлеп қояды.      Сонда күйеўи:     - Уҳ, Қудайға шүкир, таптым-аў! Мен  бағанадан бери сениң усы даўсыңды излеп атыр едим! Болды, таптым! - дейди.       Ҳаял да артына қарап турып, күлип жибереди.           ✍ Анар Елкеева https://t.me/ibratli_sozler

☕️ Үш ҳикмет Бир қыз әкесиниң алдына келип сорады: — Әке, мен шаршадым, мениң өмирим жүдә аўыр, жолымда қыйыншылықлар ҳәм азаплар көп. Билесиз бе, мен толқынға қарсы жүзиўден шаршадым, әке... Айтың, не қылайын? Жуўап бериў орнына әкеси үш қазанды отқа қойды. Қазанлардың бирине гешир, екиншисине Майек ҳәм соңғысына кофе дәнлерин салып, оларды қайнатты. — Не өзгерди? — деп, қызынан сорады. — Гешир менен мәйек қайнады, ал кофе дәнлери езилди, — деп жуўап берди қыз. — Яқ, қызым, бул тек затлардың сыртқы өзгериси. Жақсылап қара: Қатты гешир суўда қайнап, жумсақ ҳәм езилгиш болды. Суйық ҳәм сынғыш мәйек болса, қатайып писип шықты. Сыртынан қарағанда олар өзгермегендей көринеди. Бирақ қайнаған суўдың тәсиринен олар ишинен өзгерди. Адамлар да дәл сондай: Сыртынан күшли болып көрингенлер базы ўақыялар себепли сынып қалыўы мүмкин. Ал ҳәлсиз болып көрингенлер, керисинше, қыйыншылықлар арқасында батыр, қайсар болып шығыўы да әжеп емес... — Ал кофе не? — деп сорады қызы. — Мине, ең баслысы да сол! Кофе дәнлери болса, езилип, хош ийисли ишимликке айланды. Ҳеш кимге уқсамайтуғын адамлар болады: олар қыйыншылықлар себепли өзлери өзгермейди, керисинше, сол ўақыяларды өзгертип, өзлерине де, басқаларға да пайда келтириў ушын ҳәрекет қылады! ✨ https://t.me/ibratli_sozler

Бир сүўретте мың мәнис... Артықша пикирге орын жоқ шамасы, сиз не дейсиз Қәдирлим...? https://t.me/ibratli_sozler
+2
Бир сүўретте мың мәнис... Артықша пикирге орын жоқ шамасы, сиз не дейсиз Қәдирлим...? https://t.me/ibratli_sozler

Алтынгүл Утениязова    Карақалпақ қызыман Жаным мениң Бийпатпаға ханалас, Арым мениң жулдызларға аралас, Жалған сөйлеп жалтақлаған унамас, Туўры сөзли мәрт халықтың қызыман. Нәўшесимен Алпамыстай дақылдың, Мийрасыман Аллаярдай ақылдың, Әрманларын Ерназардай батырдың, Кең көксинде сақлар елдиң қызыман. Мәрт Тумарис массагет түп дерегим, Гулайымдай  палўан болды және ким!? Қумар ана мақтанышым тирегим, Ата халық- қарақалпақ қызыман. Нәдира  ғәззели йош берер бизге, Зульфиялар исми сүрмедур көзге, Гулпаршындай опа әйлейин елге, Қызын сыйлар қарақалпақ қызыман. Өз ағам өзбегим -жанажаным бар, Қазақ, қырғыз,түркмен қәдирданым бар, Ғәрезсиз бостаным алтын таңым бар, Бахты күлген еркин елдиң қызыман. https://t.me/ibratli_sozler

Өмир дәптериңиздиң тағы бир бети артта қалды...💫 Аллаҳым....жақынларым, кеўил жетерлерим өзиңе аманат🤲 Қайырлы түн Қәдирдан
Өмир дәптериңиздиң тағы бир бети артта қалды...💫 Аллаҳым....жақынларым, кеўил жетерлерим өзиңе аманат🤲 Қайырлы түн Қәдирданлар! Түниңиз ҳәм уйқыңыз тыныш болсын! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• https://t.me/ibratli_sozler

7. #Сиз оларды таныйсыз. Қарақалпақлардың атақлы бийлеринен болған. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler
7. #Сиз оларды таныйсыз. Қарақалпақлардың атақлы бийлеринен болған. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler