cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Каракалпак 24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT 👉 Реклама: @kk24_reklama

Mostrar más
Advertising posts
103 873Suscriptores
-33124 hours
-1 1857 days
+2 86830 days

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

🇰🇿 Қазақстанның Жамбыл ўәлаятында бүгин қар жаўды Ҳаўаның температурасы -2 градусқа түскен. 👉 @Karakalpak24
Mostrar todo...
❗️Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында: 🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 050 000 сўм; 🔹базалық есаплаў муғдары – 340 000 сўм; 🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 372 000 сўм; 🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 725 000 сўм; 🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 800 000 сўм; 🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 800 000 сўм; 🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (725 000 сўм)нан 800 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 800 000 сўм. 🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 608 000 сўм; 🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 608 000 сўм. 👉 @Karakalpak24
Mostrar todo...
Тармақларда ушырайтуғын шет елге жумысқа жибериў ҳаққындағы хабарларға исениўге болама? Соңғы жылларда тармақларда Европа мәмлекетлери, Америкаға жумысқа жибериў, буған тил билиў де шәрт емеслиги ҳаққындағы хабарлар, онлайн компаниялар көбейип кетти. Буларға исенип, соралған пулды берип атырған пуқаралар да ушыраспақта. Пуқараларды шет елге жумысқа жибериў лицензиялы искерлик түри есапланады. Сонлықтан шет елде ислеўге шақырып атырған фирмаларда бундай искерлик пенен шуғылланыўға арнаўлы рухсатнама, лицензия болыўы керек. Жоқарыдағы видеода онлайн фирмаларға алданып қалсаңыз не қылыў кереклиги, сондай-ақ, рәсмий искерлик жүргизиўши фирмаларды қалай билиў мүмкинлиги ҳаққында мағлыўмат берилген. 👉 @Karakalpak24
Mostrar todo...
"Темир дәптер"ге кимлер киргизиледи? Ҳүкиметтиң 250-санлы қарарына етилген "Ўақтыншалық тәртипке" тийкар, ҳәр бир сектор бойынша мәҳәллебай "Темир дәптер"ге төмендеги тайыпадағы шаңарақлар киритиледи: ➖ социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақлар; ➖ кем тәмийнленген жеке-жалғанлар ҳәм кекселер; ➖ бағыўшысынан айырылған шаңарақлар; ➖ көп (4 ҳәм оннан артық) перзентли материаллық көмекке мүтәж шаңарақлар; ➖ мийнетке уқыплы жумыссыз ағзалары бар болған шаңарақлар; ➖ медициналық жәрдемге мүтәж шаңарақлар; ➖ жарамсыз орынларда жасап атырған, өзи ямаса бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ-жай болмаған шаңарақлар. 👉 @Karakalpak24
Mostrar todo...
❓Сизге сапалы көзәйнек ҳәм анық көз диагнозы керек пе? 🤓"JV OPTIKASÍ" соңғы моделдеги аппараты менен зрениеңызды анықлап, 15 минутта сизге қолайлы ҳәм жузиңизге жарасымлы көз айнеклер ислеп береди. 😎🤓"JV optikası" менен дуньяны айнадай тынық көриң! Мәнзил: Нукус, Амир Тимур көшеси Бағдар: 3-магазин, Бабажанов студия жанында Тел: (77)444-88-88 (97)359-13-13 Реклама
Mostrar todo...
❗️1-июннан баслап бағшалардың жоқары мағлыўматлы педагогларының айлығы көбейеди ✅ Президенттиң 26.05.2023 -жылдағы ПП–79-санлы Пәрманына муўапық, 2024-жыл 1-июннан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўматлы педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары муғдарлары улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң (мектеплердиң) педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкасының әмелдеги муғдарларына теңлестириледи. ☝️Яғный, 1-июннан баслап бақшалардағы жоқары мағлыўматлы тәрбияшылардың айлығы мектеп оқытыўшыларының айлығына теңлестириледи. 👉 @Karakalpak24
Mostrar todo...
Айлық кешиктирилген ҳәр бир күн ушын неше сум төлениўи керек? 💰Мийнет кодексиниң 333-статьясына көре, жумыс бериўши ис ҳақыны ҳәм басқа төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда ҳәр бир кешиктирилген күн ушын пуллы компенсация төлеўи шәрт. Бунда компенсация ис ҳақының кешиктирилиўинде жумыс бериўшиниң айыбы бар ямаса жоқ екенлигине қарамастан төленеди. 🗓 Кешиктирилген күнлер ушын пуллы компенсация Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасының (14%) 1/10 бөлеги муғдарында белгиленеди. ☝️Әмелиятта усы компенсацияны төлеў тәртибинде түсинбеўшиликлер ҳәм даўлар келип шықпақта. ✅ Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен усы компенсацияны төлеўдиң тәртиби түсиндирилген. Хатта айлық муғдары 2 млн сум етип алынған. 👉 @Karakalpak24
Mostrar todo...
Ayollar ishi: Uzum Media ayollar biznes va oilada byudjetini qanday boshqarishi haqida rubrikani yo‘lga qo‘ydi Uzum Media "Moliyaviy odatlar" rubrikasini ishga tushirdi, unda O'zbekiston aholisi shaxsiy va oilaviy byudjetni boshqarish, karyera qurish va o'z bizneslarini rivojlantirish usullari haqida so'zlab beradi. —Ayollar nafaqat karyera qurish yoki o'z bizneslarini rivojlantirish, balki yirik xaridlar to'g'risida qaror qabul qilish, oilaviy sayohatlarni rejalashtirish, bolalar uchun to'garak va seksiyalarni tanlash — umuman olganda, nafaqat shaxsiy, balki oilaviy byudjetini ham yuritishadi, — deydi Uzum Media loyihasi rahbari Valeriya Bulycheva. — Va bizning qahramonlarimiz moliyaviy rejalashtirish sirlari va pulni tejash yoki yig'ish usullari haqida hamma narsani biladiganga o'xshaydi. Batafsil Реклама
Mostrar todo...
❗️2025-жылда да электр энергиясы ҳәм газдың баҳасы көтериледи 2025-жыл 1-апрелден баслап халық ушын электр энергиясының кВт. сааты 450 сумнан 600 сумға шекем асырылады. Бунда, тутыныўдың социаллық нормадан асқан бөлеги бойынша төмендеги шкала иске түседи: ➖ 201-1000 кВт. саат пайдаланылса 1000 сум; ➖ 1000 нан 5000 кВт. саатқа шекем 1 500 сум; ➖ 5000 нан 10000 кВт •саатқа шекем 1 750 сум; ➖ 10 мың кВт. сааттан асып кетсе 2000 сум. 2025-жыл 1-апрелден баслап газ баҳасы: Жазғы мәўсимде: ➖ айына 100 куб метрге шекем - 1 000 сум; ➖ айына 101 куб метрден 2 500 куб метрге шекем - 1 800 сум; ➖ айына 2 501 куб метрден 5 000 куб метрге шекем - 2 100 сум; ➖ айына 5 001 куб метрден 10 000 куб метрге шекем - 2 500 сум; ➖ айына 10 001 куб метр ҳәм одан жоқары 3 000 сум. Қысқы мәўсимде ➖ айына 500 куб метрге шекем - 1 000 сум; ➖ айына 501 куб метрден 2 500 куб метрге шекем - 1 800 сум; ➖ айына 2 501 куб метрден 5 000 куб метрге шекем - 2 100 сум; ➖ айына 5 001 куб метрден 10 000 куб метрге шекем - 2 500 сум; ➖ айына 10 001 куб метр ҳәм одан жоқары 3 000 сум. 👉 @Karakalpak24
Mostrar todo...
Аўыл хожалығы тараўы ушын берилген жеңиллик тийкарында қысқа ўақыт ишинде республикамызға жаңадан 377 техника ҳәм агрегатлар алып келинди Қарақалпақстанға улыўма 67 млрд. 873 млн. сум қаржы тийкарында жәми 783 техника алып келиниўи белгиленген болып, реже бойынша артығы менен 962 техника ушын шәртнамалар дүзилди. Соннан, жәми 377 техника ушын аванс төлемлери төлеп берилди. Нәтийжеде бул техникалардан 272 данасы лизинг тийкарында республикамызға кирип келиўи тәмийинленди. Буннан тысқары, лизинг ҳәм банк кредитлери есабынан 105 техника алып келиниўине ерисилди ҳәм бүгинги күнде атыз майданларында хызмет етпекте. 👉 @Karakalpak24
Mostrar todo...