cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

Publicaciones publicitarias
8 064
Suscriptores
+424 horas
-207 días
-4 57930 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

«Ата мәкан» мәҳәллесинде «Сайхунабад» тәжирийбеси. ⚡️Қараөзек районы «Ата мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Парахат Нурниязов, Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында бир қанша жөнелислерде дәрамат алыўды мақсет етип, үй алды қыйтақ жерлеринде овощ-палыз, мийўе өнимлерин жетистирип, шаңарағының ҳәм халқымыз дастурханының молшылығына өзиниң айрықша үлесин қосып келмекте. Соның менен бирге, П. Нурниязов шарўашылық тараўында жолға қойып, бир қанша жөнелислерде өзиниң ҳәм де шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеп шаңарағына мол дәрамат келтирмекте. Сондай-ақ, ақлықларының бос ўақытларында қусшылық пенен шуғылланыўы ушын 40 бас шөже ҳәм кишкене тоты қус алып берип, олардың тәрбиясы менен де шуғылланып атыр. Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети ➡️@QaraozekHakimligi
Mostrar todo...
Районда спорттың «Аўыр атлетика» түри раўажланбақта.
Районымызға белгили спортшы, бир неше мәртебе Азия ойынларының женимпазы нураный спортшы Е. Алмағанбетов, 1984-жылы Нөкис Мәмлекетлик Университетиниң Дене-тәрбия факультетин питкерип, өз жумысын 1-санлы мектепте дене-тәрбия пәнинен оқытыўшы болып ислеўден баслады.
Толық оқыў:👉https://qaraozek.uz/news/10243/ Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети ➡️@QaraozekHakimligi
Mostrar todo...
02:15
Video unavailableShow in Telegram
⚡️Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университети жанындағы Қараөзек Агроэкономика Техникумы оқыўға мирәт етеди! ➡️@QaraozekHakimligi
Mostrar todo...
18.22 MB
Париж олимпиадасына жол алған автокәрўан Нөкисте 5-июль күни арнаўлы автокәрўан Ташкент қаласынан Парижде болып өтетуғын Олимпиада ойынларына жол алды. Атақлы спортсмен ҳәм блогер Абдурахмон Фозилов, “Autotuning_uz” тийкаршысы Иброхим Икромов, “LITTOS” авторы Асаль Сапарбаева ҳәм басқа да бир қатар блогерлерден ибәрат болған бул автокәрўанның мақсети елимиздиң туристлик потенциалын Европа мәмлекетлерине кең үгит нәсият етиў. 7-июль күни автокәрўан Нөкис қаласына жетип келип, блогерлер И.Савицкий музейи алдында ықласбентлери менен ушырасты. Илажда Спорт министри Адил Алланазаров, Туризм басқармасы баслығының орынбасары Байрам Кусекеев, И.Савицкий музейиниң директоры Тигран Мкртычев, “ARAL” футбол клубының ықласбентлери, жергиликли спортшылар ҳәм жаслар қатнасты. Илаж соңында мийманлар ушын музей бойлап экскурсия өткерилди. Мағлыўмат орнында, автокәрўан Қазақстан, Россия, Грузия, Турция, Греция, Италия, Швейцария, Монако мәмлекетлери бойлап 15.000км аралықты басып өтеди. 👉 t.me/turizm_kr
Mostrar todo...
85 түп жүзимнен 25 млн дәрәмат. Үй алды қыйтақ жеринен пайдаланыў бүгинги күн талабы есапланады. Сонлықтанда қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланып, базарларымыздың арзанлаўына өз үлесин қосып киятырған район турғынлары көплеп ушырасады. Белгили нураный спортшы Е. Алмағанбетов көп жыллардан берли үй алдындағы сегиз сотых жерине 85 түп жоқары өнимдарла жүзим сортларын егип. өмирлик жолдасы Гулбахар Хапизова менен бирге өсирип тәрбиялап, шаңарағына қосымша дәрәмат киритип отыр. Олар жүзимнен ҳәр жылы 25 млн сўмнан артық шаңарағына дәрәмат киргизип, өзлериниң мийнет нәтийжесинен кеўиллери тоқ. Келешекте жүзимгершиликти еледе раўажландырып, экспорт бап сортларын көбейтип халқымызды үзликсиз жүзим ҳәм басқада мийўелер менен тәмийинлеўди алдына мақсет етип қойған. Сондай-ақ, ерте писер өнимлерден помидор, кортошка, көк пияз, чеснок өнимлерин егип, тәрбиялап жетистирип келмекте. Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети @QaraozekHakimligi
Mostrar todo...
#Күн фотосы Жаздың дем алыс күнлеринде Фурхат Парахатов, ажағасы Бегис Даўлетияров пенен бирге шаңарағында кишкене тоты қус өсирип, бос ўақытларын қус өсириў менен өткерип атыр. Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети @QaraozekHakimligi
Mostrar todo...
01:14
Video unavailableShow in Telegram
Málimleme texnologiyaları tarawında jınayatshılıqqa qarsı gúresiw basqarması prezentaciyası. __ Axborot texnologiyalari soxasida jinoyatchilikka qarshi kurashish boshqarmasi taqdimoti. Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети https://t.me/Aqmangituz
Mostrar todo...
28.80 MB
03:17
Video unavailableShow in Telegram
Málimleme texnologiyaları tarawında jınayatshılıqqa qarsı gúresiw basqarması prezentaciyası. __ Axborot texnologiyalari soxasida jinoyatchilikka qarshi kurashish boshqarmasi taqdimoti. Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети https://t.me/Aqmangituz
Mostrar todo...
Шахсга доир маълумотлар_ролик.mp430.29 MB
08:48
Video unavailableShow in Telegram
Málimleme texnologiyaları tarawında jınayatshılıqqa qarsı gúresiw basqarması prezentaciyası. __ Axborot texnologiyalari soxasida jinoyatchilikka qarshi kurashish boshqarmasi taqdimoti. Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети https://t.me/Aqmangituz
Mostrar todo...
КИБЕРТАХДИД_РОЛИК.mp481.48 MB
Archivo de publicaciones
Elige un Plan Diferente

Tu plan actual sólo permite el análisis de 5 canales. Para obtener más, elige otro plan.