cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Mostrar más
Publicaciones publicitarias
12 711
Suscriptores
-2024 horas
-927 días
-46030 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Photo unavailableShow in Telegram
#Қараң Суфян Саўрий раҳимаҳуллаҳ айтты: "Егер шайтан кеше меннен үстем келген болса, мен де бүгин тәўбем ҳәм гөззал ибадатым менен оның белин сындыраман". ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ t.me/nasiyatuz
Mostrar todo...
👍 1
01:39
Video unavailableShow in Telegram
#жума_марузасынан #әҳмийетли 📹  "Инсанлардың ҳақысынан абайлы болайық".      🎤 Устаз Бахрамаддин Разов. @nasiyatuz
Mostrar todo...
👍 11 5
#Дуўа ҚУРАН ТИЛАЎАТЫНАН КЕЙИН ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎАЛАРДЫҢ БИРИ اللَّهُمَّ ارْحَمْنَا بِالْقُرْآنِ العظيم، وَاجْعَلْهُ لَنَا إِمَامًا، وَنُورًا، وَهُدًى، وَرَحْمَةً، وَشِفَاءً. "Аллаҳумма-рҳамнәә билқүрәәнил ъазыйм ўә жәълҳү ләнәә имәәмән, ўә нүўрон, ҳүдән, ўә роҳмәтән, ўә шифәәьн". Мәниси: "Аллаҳым, Азыйм (уллы) Қуран себебинен бизлерге рейим қыл, оны бизлерге жол басшы, нур, ҳидаят, раҳмет ҳәм (аўырыўларымызға) шыпа қыл". 📱http://t.me/nasiyatuz
Mostrar todo...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

24👍 8
Photo unavailableShow in Telegram
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
Mostrar todo...
🥰 8 6👍 3
Photo unavailableShow in Telegram
#Таңғы_сәлемнама 🌸Ассаламу алайкум ҚӘДИРЛИМ!🌸 Арамыз узақ болғанының әҳмийети жоқ. Биз оғада узақлардан да сүйген инсанларымызды дуўаларымызда еслеймиз... Жүрегиңиз Жәннет киби гөззал, Жәннет болса, сизиң қәлбиңиз сыяқлы шырайлы болсын... Ҳәр бир имтиҳанда Аллаҳтың сизлерге бир гилтти узатыўын умытпаң. Раҳмет есигине машақат гилти менен кириледи... Аллаҳ жолыңызды, жүрегиңизди, кеўлиңизди жақсы инсанларға ашсын... 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 Атқан таң берекетли, раҳметли болсын! 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 📱http://t.me/nasiyatuz
Mostrar todo...
👍 12 6🥰 3
Photo unavailableShow in Telegram
Нөкис ўақты менен 22-май күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
Mostrar todo...
10👍 3
Photo unavailableShow in Telegram
Mostrar todo...
👍 55🥰 19 8🔥 6
#Пикирлең
❗️ Сизди жаман атлық қылажақ болған кимсе дүньядағы ең жақсы инсан болсаңыз да себеп табады...
  ❕Ҳәм керисинше, бир инсан сизди кешириўди, жақсы көриўди қәлесе дүньядағы ең жаман инсан болсаңыз да бир себеп табады...
  ‼️ Парықы сизиң жақсы ямаса жаман екениңизде емес, қарсыңыздағы инсан ушын қәдириңиз қай дәрежеде екенинде...
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• t.me/nasiyatuz
Mostrar todo...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 13 4
#Әмел_етиң! ҮШ ЕЛЕЎИШ ҲАҚҚЫНДА РӘЎИЯТ Бир адам данышпаннан сорады: - Достыңыз сиз ҳаққыңызда не дегенин айтайынба? - Асықпа, - деди данышпан. Алдын айтажақ болған гәпиңди үш елеўиштен өткер... - Уш елеўиш? - Бир гәпти айтыўдан алдын, оны үш елеўиштен өткериў лазым. Әўел ҲАҚЫЙҚАТ елеўишинен. Айтажақ болған гәпиң ҳақыйқат екенине исенимиң кәмилме? - Яқ, мен оны тек ғана еситтим, болғаны. - Демек, сен оның рас ямаса өтирик екенин билмейсең. Енди екинши - ЖАҚСЫЛЫҚ елеўишинен өткеремиз. Сен маған достым ҳаққында жақсы гәпти айтажақсаңба? - Яқ, керисинше. - Демек, сен маған ҳақыйқат екенин билмей турып жаман хабарды жеткеремекшисең. Енди үшинши елеўиштен өткеремиз - ПАЙДА елеўишинен. Сениң гәпиңди еситиўим шәртпе, ол маған пайда келтиредиме? - Яқ, ҳәжети жоқ. - Демек, сен айтажақ болған хабарда ҳақыйқат да, жақсылық да, пайда да жоқ екен. Солай екен, оны маған айтып не қыласаң? 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 t.me/nasiyatuz
Mostrar todo...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 26 7
#Әлбетте_оқың! СҮННЕТКЕ ҚАРАЙ БИРИНШИ АДЫМЛАР✨ 🕊 – Перзентиңиздиң шашын тарап атырғаныңызда, бул исти Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның:
🌸 – «Кимниң шашы болса, (оған қараў арқалы) оны ҳүрмет қылсын», деп айтқан ҳәдийсине муўапық тарап атырғаныңызды айтың.
🕊 – Перзентиңизге әтир сеўип атырғаныңызда, бул исти Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға ерип қылып атырғаныңызды айтың. Себеби Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
🌸 – «Маған дүньяңыздан жупар ийис, ҳаяллар ҳәм намаздағы көз қуўанышы сүйкимли қылынды», деп айтқан.
🕊 – Перзентиңиз мектепке кетип баратырғанда, оған Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның төмендеги:
🌸 – «Ким илим талабында жолға түссе, Аллаҳ оған жәннет тәрепке болған жолды аңсат қылып қояды», деп айтқан ҳәдийсин еслетиң.
🕊 – Перзентиңизге күлимсирген ўақтыңызда, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
🌸 – «Бирадарыңның жүзине күлимсиреп қараўың да садақа», деп айтқанын еслетиң.
🕊 – Перзентиңизди мақтаған ўақтыңызда, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
🌸 – «Жақсы сөз де садақа», дегенин еслетиң.
🕊 – Перзентиңизге аўқатыңыздан берген ўақтыңызда, буны Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның:
🌸 – «Өзиңниң шелегиңнен бирадарыңның шелегине суў қуйыўың да садақа», деп айтқан ҳәдийсинен алғаныңызды еслетиң!
🕊 – Егер бир жерде отырған болсаңыз ҳәм ол жерде қартайған адамлар болса, перзентиңизден оларды ҳүрмет қылыўын талап қылың. Себеби Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
🌸 – «Кишилеримизге меҳир-муҳаббат қылмағанлар, қартайғанларды қәстерлемегенлер бизлерден емес», деп айтқанын айтың.
🍃 🦋 🍃 🦋 🍃 🦋 🍃 🦋 🍃 🦋 🍃
ПЕРЗЕНТЛЕРИҢИЗДИҢ ТӘРБИЯСЫН СҮННЕТ ҲӘМ СИЙРАТҚА (Пағамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өмиринен алынған әмеллерге) БАЙЛАП, ҲӘДИСЛЕР ТИЙКАРЫНДА ТӘЛИМ БЕРИҢ!
🌱 🌺 🌱 🌺 🌱 🌺 🌱 🌺 🌱 🌺 🌱 http://t.me/nasiyatuz
Mostrar todo...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

17👍 11🥰 2