cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

B A X Í T L A N D I Y A 🛸

✍ Психология, жеке раўажланыў ҳаққында Гүлзада Өтениязовадан📎 @Grace_Gulzadaa

Mostrar más
Tayikistán8 703El idioma no está especificadoPsicología19 315
Publicaciones publicitarias
326
Suscriptores
Sin datos24 horas
-57 días
-1430 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Сен-сен менен және сениң сезимлериң менен жумсақ қарым-қатнаста болғанларға ылайықсаң!
Mostrar todo...
5
#қарақалпақтили ❗️«Қәтий нәзер», «қолға киритти», «нызам үстинлиги», «көзин асыраў», «алға сүрилди» деп жазыў дурыс па? ✅ Сораўға Жуманияз аға Өтениязовтың авторлығында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында (02.08.2011-жыл 92-саны) жазып шығарылған «Жас журналистлерди тәрбиялаў ўазыйпамыз» деп аталған мақаласында толық жуўап берилген. ☝️Тилимизге бийпарық болмайық! 🔔 Постты еринбей журналист ҳәм блогерлерге тарқатамыз. 📨 Юристке сораў бериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
Mostrar todo...
👍 4
↗️↗️↗️↗️↗️ ▶️ Перзентиңиз ЛИДЕР болыўы ушын 3 ИДЕЯ Перзентиңиз жаслығынан сын пикирлеўин ҳәм анализлеў қәбилетине ийе болыўын қәлесеңиз усы идеялардан пайдаланыўыңыз мүмкин. 1️⃣ Пикирди биргеликте додалаў 2️⃣ «Егер …» деп басланыўшы ситуацион сораўлар бериў 3️⃣ Факт-чекинг өткериў Каналға ағза болың 👉@Xaliq_ushin👈🏻
Mostrar todo...
👍 5🎉 1🤩 1
HÁR BIR MINUT ÓTKEN SAYÍN BIZDEN SONSHA KÓBIREK ÓTMISH, SONSHA KEMIREK KELESHEK QALADÍ. HÁZIRIŃIZDI QOLDAN SHÍǴARMAŃ! @baxitland
Mostrar todo...
2👍 1🔥 1😱 1
"Aysulu doctor" клиникасы бас шыпакери, дерлик 30 жыллық тәжирийбеге ийе гинеколог Гүлқатиша Султамуратова Қалмуратовнаны көпшилик Республикамыз ҳаяллары жақсы таныйды. "Aysulu doctor" клиникасында: 📎УЗИ 4D 📎12 жыллық тәжирийбеси бар УЗИст врачтан (ҳаяллар гинекологиясы және 1,5 жасар балалардың мий ҳәм жүрек системасы бойынша) УЗИ хызметин әмелге асыра аласыз. Дағаза: Биз бенен бирге ислесиў ушын төмендеги кәсип ийелерин шақырамыз: -Невропатолог; -Гинеколог; Кардиолог. Байланыс ушын телефон: +998907355964
Mostrar todo...
Жуманияз Өтениязов БАХЫТЫМЫЗ АЙНАСЫ Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына Аңсат жеткен емес халқым бул күнге, Теңлик таппай түсти талай сүргинге, Қуллыққа мой бермей көшип жүргенде, Көп болды жаныма ҳазарым мениң. Жердиң, суўдың даўы, салықтың даўы, Тартса зорлық етти аз журттың жаўы, Адымын аштырмай салған тусаўы, Жүрмеге тар болған гүзарым мениң. Әййемги Бабилдеги Хамураппийдиң, Нызам кестелерин оқып бас ийдим. Бизде қазы-кәлан ҳәм мурап, бийдиң, Заңлары кем болды, жазарым мениң. Еңсемди көтерип еркинлик жели, Еншиме мол тийген бабалар жери. Дуз болса атамның төгилген тери, Сода болар сорлақ қозағым мениң. Көкте қуяш күлген елиң сеники, Ексең алтын өнген жериң сеники. Аспаның, топырағың, көлиң сеники, Барсакелмес киби узағым мениң! Қаҳарман дийқансаң , даңқың аспанда, «Ең жақсы фермер»  сен – Өзбекстанда. Мәрт майданда белли – жолға қосқанда, Қарабайыр аттай қызарым мениң. Аман бол қос арыс, полат жолларым, Сен барда арқам кең, узын қолларым. «Жипек жолы» бойлап шықса кәрўаным, Жақын болар алыс базарым мениң. Өмиримниң ҳәзи – Үстирттиң гази, Қыраўлы қыс күним Ташкенттиң жазы. Қаратаў мәрмәри, алтынның тажы, Байлық бәйгисинде озарым мениң. Елим Байрағың бар бәлентте тутқан, Гербиң, Гимниң бар пәтиўа тапқан. Бәрше табысыңа қуўан, йош, мақтан, Саў болсын Тийкарғы нызамым мениң!
Mostrar todo...
👍 2
"Múnásebet" kórsetiwinde psixologımız Gúlzada Óteniyazova perzentlerde ótiw dáwirinde ámelge asırıw zárúr psixologiyalıq qollanbalar berip ótti.
Mostrar todo...
👍 4 1
Aytpaqshı, men  daǵaza ushın kirgen edimǵo kanalıma😂 ‼DAǴAZA, Tólemsiz🫶 Házir bir adamǵa kouch islep beremen❤️🌹😘 @Grace_Gulzada
Mostrar todo...
Geyde perzent tárbiyasındaǵı analar óz isin tómen bahalaydı. Negizinde ekinshi bir adam ómirine Alladan keyin juwapker bolıp otırıw-eń ullı is. Men sıyaqlı dóretiwshilik energiyası kóp, perzent tárbiyasında otırǵan analarǵa aytar edim, perzentińizge sulıw bir nárseler satıp, alıwǵa barıp, bir maydan aylanıp, súwretke alıp, ol mn oynap, betińizden tisletip, bawırıńızǵa basıwdan energiya ala turıń. Bul demler 3 jıldan keyin, jumıstan sharshap endi dem alaman-bópe iyiskelesem boladı endi-degenińizde de qaytıp kelmeydi. 3ten keyin kesh kitabında Masaru jazǵanınday, keshigip qalmayıq! Barlıq nárseniń qayırlısı, Alla barqulla eń jaqsısın bizge tayarlap qoyǵan. Tek isenbey qoyǵanda ornına isenbegenimizge jarasasın qoyıp, almastırıp jiberedi. Hámmesiniń iyesi bar, waqıttıń da!
Mostrar todo...
👍 6🔥 1