cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Keleshek Liderleri | QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ

Publicaciones publicitarias
496
Suscriptores
Sin datos24 horas
Sin datos7 días
-430 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

00:01
Video unavailableShow in Telegram
IMG_3841.MP40.81 KB
СLIСК RАSMIY
Президент Шавкат Мирзиёев аймақлар раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына келди. Сапар даўамында жаңа кәрханалар иске түсирилип, республикада санаатты раўажландырыў бағдарлары белгиленеди. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының жаслар менен сәўбетлесиўи, мәҳәллелердеги жумысларды көзден кешириўи ҳәмде мәдений илажларда қатнасыўы режелестирилген. Каналға жалғаныў 👇👇👇 @ARGOS_QR
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КЕЛЕШЕК ЛИДЕРЛЕРИ КЛУБЫ АҒЗАСЫ ЖАСЛАР ПАРЛАМЕНТИ АҒЗАЛЫҒЫНА ҚАБЫЛ ЕТИЛДИ Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы "Арал" округинен талабан Гүлимбетова Малика Жалғасбай қызы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық Палатасы жанындағы Жаслар Парламенти ағзалығына рәсмий түрде қабыл етилди. М. Гүлимбетова әйне пайытта Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Хожели районлық бөлиминиң бас қәнигеси болып ислеп келмекте. Жас кадр соның менен бирге, Экология партиясында "Жаслар қанаты"ның жетекшиси ҳәм "Келешек Лидерлери" клубының ағзасы болып табылады. Биз клубымыз ағзасын бул жетискенлиги менен шын жүректен қутлықлаймыз! Рәсмий каналымызға ағза болың: 👉@QRKeleshek_liderleri Позитив| Креатив| Оператив
Mostrar todo...
Күнниң екинши ярмында клуб ағзалары районда жайласқан “Aktuba textile group“ ЖШЖның искерлиги менен жақыннан танысты. Рәсмий каналымызға ағза болың: 👉@QRKeleshek_liderleri
Mostrar todo...
01:33
Video unavailableShow in Telegram
#Онлайн "Ҳәким менен бир күн" жойбарынан таярланған видеоролик Рәсмий каналымызға ағза болың: 👉@QRKeleshek_liderleri
Mostrar todo...
IMG_6824.MP412.44 MB
01:19
Video unavailableShow in Telegram
#Онлайн "Ҳәким менен бир күн" жойбары Рәсмий каналымызға ағза болың: 👉@QRKeleshek_liderleri
Mostrar todo...
IMG_6779.MP410.69 MB
#Онлайн ⚡️ "Ҳәким менен бир күн" жойбары басланды. Келешек лидерлери клубы ағзаларын район ҳәкими Даулетбай Утемуратов күтип алды ҳәм бүгинги күнге режелестирген күн тәртиби менен таныстырды. Ҳәзирги ўақытта лидерлердиң район жаслары менен ушырасыўы болмақта. @ARGOS_QR Рәсмий каналымызға ағза болың: 👉@QRKeleshek_liderleri Позитив| Креатив| Оператив
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
#Онлайн_Келешек_лидерлери Қарақалпақстан Республикасы "Келешек лидерлери" клубы ағзалары "Ҳәким менен бир күн" жойбарында қатнасыў ушын Кегейли районына жол алды. @ARGOS_QR
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
ТАЙЫНЛАЎ! Келешек лидерлери клубы ағзасы Абдимажитов Фарид Маратович - Өзбекстан Саўда - санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Қоңырат районы бөлими баслығы етип тайынланды. Ф. Абдимажитов 1995-жылы Қанлықөл районында туўылған. Мағлыўматы жоқары. 2017-жыл Ташкент информация технологиялар университетин тамамлаған. Тайынлаўға шекем Қоңырат районы экономикалық раўажланыў ҳәм камбағаллықты қысқартырыў бөлими баслығы орынбасары лаўазымында жумыс ислеген.
Mostrar todo...
Liderlerden jáne bir seminar trening «Keleshek liderleri» klubı is rejesine tiykarlanıp «Shańaraq psixologiyası» atamasında seminar trening shólkemlestirildi. Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı juwapker qanigesi A. Davletnazarov sózge shıǵıp, óz sózinde Ózbekstan Respublikası Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı janındaǵı “Keleshek liderlari” klubı jumıs iskerligi, aǵza jaslar, jumıs-tájiriybeleri haqqında kennen aytıp túsinikler berdi. Seminar treningde student jaslar ózlerin qızıqtırģan sorawlarģa juwap aldı. @QRKeleshek_liderleri
Mostrar todo...