cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

alberuniy.uz| Rásmiy kanal

Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı

Mostrar más
Publicaciones publicitarias
5 719
Suscriptores
-624 horas
-447 días
-12230 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

#қайырлы_таң    Ҳәр таңда ерте оянған инсанның алдында еки жол бар болады...    Бириншиси, уйқылап шийрин түслер көриўди даўам еттириў.    Екиншиси болса, "Бисмиллаҳ" деп орнынан турып шийрин түслерди әмелге асырыў...     Ассаламу алейкум Қәдирдан! Пайызлы ҳәм қуўанышлы таң бәршеңизге қайырлы болсын... Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram Каналға ағза болыўды умытпаң! ✅@alberuniyuz
Mostrar todo...
👍 2
#тәрбия #турмыслық_ўақыя ӘКЕ ҲАҚҚЫНДА       Балалар майданшасында әткөншек ушып атырған кишкене балалардан биреўи жығылып, жылап жиберди. Сәл арыда гәп сатып отырған ҳаял шаўлаўы менен олар тәрепке келе баслады: – Ҳә, атаңа нәлет, қарындасыңа қарап жүр деп, айтпадым ба саған? Турғыз енди, ийттиң баласы!...      Әке "абыройы"на айтылған жаман сөзлерден сескенип кеттим. Қалаберди, айыплы баланың жүзине ашшы бир шапалақ урды. Еки шырылдап жылаған баланы жетеклеп баратырып, ҳаял телефоннан бақырып: – Айттым сизге алып қалың деп, гәпти гәпке қоса ма усы жүўернемеклер?!      Кейин балаларына қарап: "Туўры үйге кириң! Әкең шығып киятыр, алып кетеди" деди.      Отырып ойланып қалдым: усы бала қандай әке болар екен? Әкесиниң бослығын, бойсыныўшаңлығын көрип, санасына сиңдирип, күш көрсетиўши анасының сөгис ҳәм таяқларынан езилип өскен баладан шаңарағына қалқан бола алатуғын қорғаўшы шыға ма екен?      Бул сөзлерди оқыған инсан ер адамның үстинлиги пүткил шаңарақты мушы менен услап турыў, ҳақ па - наҳақ па, гәпин өткизиўи керек пе яки жоқ па, ол ҳаққында емес, әкениң, ер адамның саўлаты, мәртебеси мәнисинде айтылып атырғанын түсингени анық.      Ескиден қалған бир гәп бар: әке отырған үйдиң төбесине шығыўға болмайды. Бул – қәдирият әке биз ушын қаншелли уллы инсан екенин көрсетеди. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram Каналға ағза болыўды умытпаң !!! ✅@alberuniyuz
Mostrar todo...
6👍 5💯 2
1
#muftiy_minbari 🌙 МУСУЛМОН ЭНГ ИШОНЧЛИ ШЕРИК 🎙 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари 🌐 https://t.me/+ZgkOZopwJwc3ZWEy
Mostrar todo...
2🔥 1
#тәрбия ЖАС ШАҢАРАҚ ҚУРҒАН ЕРЛИ-ЗАЙЫПЛЫЛАР УШЫН МӘСЛӘҲӘТЛЕР 1. Ҳеш қашан бир-бириңизди алдамаң. Бул қылмыс шаңарақтың бузылыўына алып келиўи мүмкин; 2. Күшли ер болың ҳәм күшли ерге ылайық нәзик ҳаял болың; 3. Бос ўақтыңызды интернет тармақларында өткериўден көре, бир-бириңизге ўақыт ажратың. Бул исте әлбетте сыпат керек, муғдар емес; 4. Арзымаған нәрселерден урыс шығара бермең. Бул ис ҳәр дайым келиспеўшиликке себеп болады; 5. Шаңарақта еркек адам баслық, ал ҳаял ўәзир болсын. Егер усындай болмаса бахытлы шаңарақ қурыў қыйын; 6. Перзентлериңиздиң алдында ҳеш қашан бир-бириңизди жаманлап, жаман сөзлерди айтпаң. Олардың алдында ҳәр дайым бир-бириңизге жақсы мәмиледе болың; 7. Перзентиңиз тәрбиясына қатты итибар бериң. Еркек ҳаялын, ал ҳаялы күйеўин мақтасын. Сонда перзентлериңиз де сизлерди ҳүрмет қылады; 8. Ҳаялыңыз ҳаққында жақын инсанларыңызға да сөйлей бермең. Себеби, ҳаял жасырыўға ылайық болған ең қәдирли сыр есапланады; 9. Ҳаялыңызды пул табыўға мәжбүрлемең. Аллаҳ таала шаңарақты бағыўды сизиң (еркектиң) мойныңызға жүклеген; 10. Күйеўиңиз таўып келген нәрсеге қанаат қылың. Оларды кем санамаң. Бахытлы жасаў ушын ҳәмме нәрсең болыўы шәрт емес. Тийкарғысы қолыңа берилген ырысқыға қанаат қылыўыңда. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram Каналға ағза болыўды умытпаң !!! ✅@alberuniyuz
Mostrar todo...
16🥰 3👍 2
#мағлыўмат ҚУРАНЫ КӘРИЙМ ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТЛАР 🔹Ең узын сүре – Бақара сүреси болып, 286-аяттан ибарат; 🔹Ең кишкене сүре бул – Кәўсар сүреси болып, 3-аятдан ибарат; 🔹Ең узын аят бул – Бақара сүреси 282-аят. Бул аяты кәриймада қарыз алды-бердиси ҳаққында көрсетпелер келген; 🔹Ең қысқа аят – "Ҳа мийм" ол жети сүрениң басында келеди. Оннан басқа қысқа ҳәриплер менен басланған аятлар бар. Олар: Ғофир, Фуссилат, Шуўро, Зухруф, Духон, Жасия, Аҳқоф, Ясин, Тоҳа. 🔹Ең биринши сүре – Фатиҳа сүреси; 🔹Ең ақырғы сүре – Нас сүреси; 🔹Ең биринши назыл болған сүре – Иқро, яғный Алақ сүреси; 🔹Ең ақырғы назыл болған сүре – Наср сүреси; 🔹Қураны кәриймди ең биринши еситкен адам – Хадича анамыз; 🔹Ең биринши динсизлерге еситтирген адам – Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу; 🔹Ең уллы аят – Аят ал-курсий. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram Каналға ағза болыўды умытпаң !!! ✅@alberuniyuz
Mostrar todo...
9
Перзентлериңиз сизге басқа адамлар ҳаққында гәп жеткерип келсе, оны бул истен қайтарың. Сонда оны тыңшылық ҳәм ғыйбат қылыў деген жаман иллетлерден қутқарған боласыз. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram Каналға ағза болыўды умытпаң !!! ✅@alberuniyuz
Mostrar todo...
8👍 2🥰 2
ЖУМА КҮНИҢИЗ БЕРЕКЕТЛИ, ТИЛЕГИҢИЗ ҚАБЫЛ БОЛСЫН ҚӘДИРДАН! Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram Каналға ағза болыўды умытпаң !!! ✅@alberuniyuz
Mostrar todo...
9
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген. Байҳақий рәўияты. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram Каналға ағза болыўды умытпаң !!! ✅@alberuniyuz
Mostrar todo...
4👍 3🕊 2