cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

13-Войн

Mostrar más
Kazajistán959Kazajo433La categoría no está especificada
Publicaciones publicitarias
6 031
Suscriptores
Sin datos24 horas
Sin datos7 días
Sin datos30 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Лирик шегиниу. ҚАЛПАҚСАҢ. (И. Юсуповтың "Шөгирме" қосығынан тәсирленип) Таңың атпай турып күниң батқанда Жерлес дөхмет қылып сени сатқанда, Аллаярды НКВД атқанда Кемь жеринен келмей қалған қалпақсаң. Қалған күн жоқ сирә үргин борамай Шештирмекши болды бастан сорамай. Шайых болсадағы сәлле орамай Мурат шайых кийип өткен қалпақсаң. Хан шештире алмай сени баслардан Илме-тесик болдың ғәррем таслардан. Ығалласып маңлай тер, көз жаслардан Көп мийнетке гүуә болған қалпақсаң. Қалпағыңа бек бол бала дегенге Басып алып кийип жүрмен төбемде. Өзим жатып қалсамдағы еденде Сен илиули турған қара қалпақсаң. @voyn13. 30.08.2021.
Mostrar todo...
Лирик шегиниу. ҚАРА ҚАЛПАҚСАҢ. Бир жағың батыстан Едил хәм Жайық Түркистан, Байсынға жол алған қайық, Басынан тасламай сол Мурат шайых Маманға заманлас қара қалпақсаң. Хей, миллет уллары гәпимди бақла Қалсаңда жалаңаш қалпақты сақла, Деп кеткен бабалар айтқанын ақла Деп сөйлеп турғандай қара қалпақсаң. Мереке, гештекте сән болдың баста Алпыс бий менен бир жәм болдың баста, Аллаяр атылып, қан менен жасқа Былғанып, буулықған қара қалпақсаң. Тилегим, келешек әуладларға жет Орының болмағай елеспесиз шет. Бабалар жырлаған намысымсаң деп Әдиули, әлпешли қара қалпақсаң. @voyn13. 11.11.2019.
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
КҮН ХАҚҚЫНДА. Бүгин 5-март Қарақалпақ халқының миллий бас кийими болған қара қалпақ күни. @voyn13
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
ШИРИГЕН ЖӘМИЙЕТТИҢ ШИРКИНЛИКЛЕРИ. Ендигиден былай Швейцарияда кексе адамларға героин берер екен аптекаларда. Аяқта жүриуи ушын. @voyn13
Mostrar todo...
00:55
Video unavailableShow in Telegram
ШИРИГЕН ЖӘМИЙЕТТИҢ ШИРКИНЛИКЛЕРИ. Бельгияда ”Балалар ярмаркасы” болып өтип турады екен. Турмыс қурған бир жыныслылар (гейлер менен лесбиянкалар) ол жерден өзлерине бала сатып алады. Ярмаркадағы балалар бахасы 25 000 долларынан 160 000 долларға шекем болады. @voyn13.
Mostrar todo...
6.48 MB
УСЫНЫС. Баяғы Нөкистен арқа районларға шыққан жердеги мынадай трактор турар еди. Келин-күйеулер Чайка менен барып сүуретке түсер еди. Мына тракторды да бир жерге қойыу керек көргизбе сыпатында. Оның хешкимге, хешнәрсеге зыяны жоққо. Металлолом болып кетпесинен бурын. Бурын СССР уақтында көшелерде заводской кранлар болар еди. Мен бир районда сол кранлардың екеуин көрип едим жақында. Бурынғыдай ағып турмасада суп-сулыу болып турған екен. Балалығым еске түсип кетти. Кетип баратырып суу ишер едик. Кеше сорастырсам биреуин қазып, қопарып алып кетипти. Тарийхый нәрселерди қорғауымыз керек. @voyn13.
Mostrar todo...
01:11
Video unavailableShow in Telegram
ҚОҢСЫДА НЕ ГӘП? Қазақстанның Туркстан қамақханасында педофиллер кастрация (укол) жолы менен жазаламақта екен. Кастрациядан соң шаш түсиу, жынысый зайыплылық, бала болмау сыяқлы машқалалар болады екен. Бундай нызам 2 жыл алдын күшке кирген. @voyn13
Mostrar todo...
6.23 MB
Photo unavailableShow in Telegram
РАСПА? Самарқант уәлаятының Булунғур районындағы 13-мектеп деп айтылмақта мынаны. @voyn13
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
ФАКТ.😊 Ҳәмиледарлық уақытта көп селыи түсиўдиң ақыбетинен перзентлер усындай болып шығады екен😊. Р.S. Соның ушын еки қабат гезиңизде жыртың-жыртың селфиге түсе бермең келиншеклер. Сыртқы хәр қандай тәсирдиң хәмилеге өтиуи бар гәп. @voyn13
Mostrar todo...
00:40
Video unavailableShow in Telegram
СЫРТ ЕЛ ХАБАРЛАРЫ. Италияның Тренто қаласындағы әжептәуир үрдис. Ҳәр жылы аймақтағы ең жаман сиясатшы темир қәпеске салынып сууға батырылады. Р.S. Гөхийқапта сөйтсе хешким қалмайтуғын шығар я? @voyn13
Mostrar todo...
11.32 MB
Elige un Plan Diferente

Tu plan actual sólo permite el análisis de 5 canales. Para obtener más, elige otro plan.