cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

33-ШКОЛА КАРАУ3ЯКСКОГО РАЙОНА

Mostrar más
Uzbekistán51 130El idioma no está especificadoEducación107 596
Publicaciones publicitarias
323
Suscriptores
-224 horas
Sin datos7 días
-630 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

✅Mektep-Shańaraq-Máhálle birge islesiw ámelde. ✍Qaraózek rayonı Qutlı mákán MPJ aymaǵında mine usı temada aymaqtaǵı mektepler, mekeme shólkem  basshıları qatnasında ótken 6 ay juwmaqları boyınsha esabat jıynalıs bolıp ótti. Kún tártibindegi máseleler boyınsha aymaq aqsaqalı P.Qállibekov sózge shıǵıp, óspirim jaslardı watan súyiwshilik ruwxinda tárbiyalawda shańaraq sonıń menen qatar mekteplerde alıp barılıp atırǵan ilajlarǵa  toqtap ótti. Jánede mekteplerde ámelge asırılıp atırǵan is ilajlar boyınsha sózge shıqqan, aymaqta ornalasqan 33-sanlı mekteptiń RAIBDO B.Muratbaev oqıwshı jaslardıń joqarı bilim alıwda shańaraqtıń ornı, ondaǵı salamat ortalıqtıń qáliplesiwi perzentler tárbiyasında ata-ananiń ayırıqsha ornı bar ekenligin aytıp ótti.  Bul birge islesiw joqarı nátiyjelerge jeteklewshi jol ekenligi búgin óz dálilin kórsetpekte. Bul jolda biz Ustazlar sizlerge súyenemiz dep sózin juwmaqladı. Aldaǵı waqıtta bul mánzilli birge islesiw dawam etedi.
Mostrar todo...
01:56
Video unavailableShow in Telegram
Húrmetli puqaralar! Belgilenbegen orınlarda shomılıw ayanıshlı aqıbetlerge alıp keliwi múmkin ✉️Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook
Mostrar todo...
SHOMILIW ROLIK QAYTA 2.mp429.82 MB
Ассалаума алейкум хурметли ата-аналар! Калайсызлар, баллар жаксы дем алып атырма? Кейинги уақытта сууга кетиу коп ушырасып турыпты. Илтимас, балларынызды кадагалан, жибермен суу бойына. Алдымызда аман есен ойнап осип журсин. Кадагалауды кушейтин, айтпай кошенин балаларымен кетип калмасын ойнап журип.
Mostrar todo...
Суў ҳәўизлеринде бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алайық Соңғы жыллары республикамыз аймағында жайласқан шомылыў қадаған етилген суў ҳәўизлеринде, дәрья, канал ҳәм көллерде инсәнлардың суўға шөгиўи менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер жүз бермекте. Жүз берип атырған бахытсыз ҳәдийселерде әсиресе, жас өспиримлердиң қараўсыз қалдырыўлары, айрым пуқаралардың дус келген орынларда шомылыўлары, жүзиў қағыйдаларын билмеўлери, бийик жерлерден (көпир, терек, тик жарлар) бойын таслаўлары, спиртли ишимликлер ишип суўға түсиўлери баслы себеплерден болып қалмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 20-майдағы “Өзбекстан Республикасы акваторияларының пляж зоналарында дем алыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге тийисли қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы 164-санлы қарарының 1-қосымшасына муўапық тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы акваторияларының пляж зоналарында пляжларды үскенелеў ҳәм олардан пайдаланыў, сондай-ақ, пуқаралардың қәўипсизлигин қорғаў тәртиби ҳаққында”ғы Қағыйданыӊ VI-бөлим 26-бәнтинде үскенеленген пляжларға, сондай-ақ, суўда халықтың дем алыў орынлары сыпатында пайдаланыў ушын рухсатнамаға ийе болмаған каналлар, көллер, өрт өшириў ҳәўизлери, суў толтырылған кәнлер ҳәм басқада суў ҳәўизлеринде шомылыў қадаған етилген. Бундай кеўилсиз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде районымыздағы шомылыў қадаған етилген канал ҳәм жаплар бойларына “Шомылыў қадаған етиледи” белгилери орнатылған болып, район ҳәкими тәрепинен дүзилген исши топар қурамы ағзалары тәрепинен мәўсим даўамында рейд жумыслары алып барылады. Өткен жылы рейдлер даўамында жас өспирим балалардың, ҳәттеки жүзиўди билмейтуғын жас балалардың қараўсыз ҳалда шомылыў жағдайлары ушырасты. Ҳүрметли пуқаралар суўда шөгиў менен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде, шомылыў қадаған етилген суў ҳәўизлеринде, дәрья, канал ҳәм көллерде шомылмаўыңызды, жас өспирим балаларды қараўсыз қалдырмаўыңызды ҳәм шомылыўына жол қоймаўыңызды, бийик жерлер есапланған көпир, терек, тик жарлардан бой таслаўларларға жол қоймаўыңызды ҳәм спиртли ишимликлер ишип суўға шомылмаўыңызды соранып қаламыз. Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими @QaraozekHakimligi
Mostrar todo...
01:43
Video unavailableShow in Telegram
📌 Корея мактабларида манавият соати Ўқувчиларга телефоннинг ўқишга қандай салбий таьсири борлигини ва келгусида унинг зарарларини ажойиб тарзда тушинтиришмоқда. Бизда ҳам тарбиявий соатлар шу тарзда ташкил этилса, янада самарали бўлади. 👉 https://t.me/muallimlarga
Mostrar todo...
6.29 MB
⚡️ХОШ ХАБАР⚡️ Қараөзек районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 33-санлы мектеп оқыўшысы Қалбаев Қуўат "JÍU-JETSU" спорт тури бойынша  Нөкис каласында усы жылдын 2-3 июль кунлери откерилген халык аралык ашык турнирде +85  кг салмакта сыйлы биринши орынды ийеледи. Спортшыға алдағы спорт жарысларында әўметлер тилеп қаламыз. Mekteptiń sociallıq tarmaqlardaǵı mánzilleri: - Telegram:👉🌎 https://t.me/mektep33qaraozek -Web Sayt👉 🌎[email protected]
Mostrar todo...
⚡️ХОШ ХАБАР⚡️ Қараөзек районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 33-санлы мектеп оқыўшысы Қалбаев Қуўат "JÍU-JETSU" спорт тури бойынша  Нөкис каласында усы жылдын 2-3 июль кунлери откерилген халык аралык ашык турнирде +85  кг салмакта сыйлы биринши орынды ийеледи. Спортшыға алдағы спорт жарысларында әўметлер тилеп қаламыз. Mekteptiń sociallıq tarmaqlardaǵı mánzilleri: - Telegram:👉🌎 https://t.me/mektep33qaraozek -Web Sayt👉 🌎[email protected]
Mostrar todo...
⚡️ХОШ ХАБАР⚡️ 🥎🥎🥎 2024-жыл 7-июль күни Нөкис қаласында Өзбекстан футбол ассоцациясы жанындағы Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясының спорт базасында улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында ''Футболымыз сениң қолыңда" сүрени астында футбол спорт түринен Қарақалпақстан Республикасы финал басқышы болып өтти. Усы спорт жарысында 33-санлы мектептиң дене-тәрбиясы мүғәллими Пазылбеков Қуўандық таярлаған 28-33 санлы оқыўшылары қатнасып сыйлы 1-орынды ийелеп Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды. Спортшыларға алдаға спорт жарысында әўметлер тилеп қаламыз.
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Ózbekstan Respublikası Mámleketlik gerbi 32 jasta 1992-jıl 2-iyul kúni “Ózbekstan Respublikası Mámleketlik gerbi haqqında”ǵı nızam qabıl etilgen. Nızamǵa muwapıq, Ózbekstan Respublikası Mámleketlik gerbi Ózbekstan Respublikası mámleket ǵárezsizliginiń belgisi bolıp tabıladı. 💐 Sáne múnásibeti menen, gúllán xalqımızdı qızǵın qutlıqlaymız! Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń: Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
Mostrar todo...
Mostrar todo...
караозек сонгы конрау 33-мектеп 2024

Elige un Plan Diferente

Tu plan actual sólo permite el análisis de 5 canales. Para obtener más, elige otro plan.