cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

KarInform.uz

Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы Facebook: www.fb.com/karinform.uz Instagram: www.instagram.com/karinformuz Odnoklassniki: www.ok.ru/karinform.uz Бизге мүрәжат @Karinformuzbot

Mostrar más
Uzbekistán18 880Kazajo1 517La categoría no está especificada
Publicaciones publicitarias
688
Suscriptores
Sin datos24 horas
-57 días
-3730 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды. Жойбар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылды. Бул платформа латын ҳәм кирилл жазыўында ислеп шығылды. Түсиндирме сөзликтиң мобиль қосымшасы «Play Market»ке жүкленди ҳәм халыққа программалық жақтан таяр формада усынылмақта. Веб платформаның URL мәнзилин https://tusindirmesozlik.uz арқалы излесеңиз болады. Tолық мағлыўмат 👇 https://karinform.uz/kk/article/12675 Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Mostrar todo...
9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенин аңлатады. «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық: - Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик герби элементлериниң мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳүжжетлериниң реквизитлери ямаса реклама материалларына киргизилиўине жол қойылмайды; - Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң тәрийплемеси түсирилген белгилерден ислеп шығарылып ямаса реализацияланып атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткериў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў мүмкин емес; - Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белгилери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гербине уқсас болыўы мүмкин емес. Karinform.uz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
Mostrar todo...

Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толды Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген. Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат. Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады. Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына 1994-жылы 26-февраль, 1995-жыл 31-октябрь, 1997-жыл 15-декабрь, 2003-жыл 12-ноябрь, 2014-жыл 27-июнь, 2019-жыл 29-июнь ҳәм 16-декабрь, 2021-жыл 12-февральдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли шақырық ҳәм сессияларында өзгерис және қосымшалар киргизилген. Karinform.uz Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
Mostrar todo...
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар ❗️Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары көбейтиледи «Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарын көбейтиў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди. 🔰Пәрман тийкарында: 🔸2023-жыл 1-апрельден пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 7 процентке көбейтиледи. 🔸2023-жыл 1-апрельден Өзбекстан аймағында: ▫️пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 347 000 сум; ▫️жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 677 000 сум; ▫️майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған майыплық пенсиясының ең кем муғдары – айына 747 000 сум; ▫️ мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған адамларға берилетуғын напақа муғдары – айына 747 000 сум; ▫️ 1941-1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған адамлар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерьлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген адамлардың ең кем пенсия муғдары үстемелерди есапқа алған ҳалда – айына 3 296 000 сум; ▫️ белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (677 000 сумнан) 747 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсияларының муғдары – айына 747 000 сум; ▫️ зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум; ▫️ мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 535 000 сум; ▫️ басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың ҳуқықый ўәкилине берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум; ▫️ бағыўшысын жойытқанлық напақасын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғддары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын – 198 000 сум қосылады; ▫️ бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленеди. 🔸Сондай-ақ, 2023-жыл 1-майдан баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы муғдары 7 процентке көбейтиледи. 🔸 2023-жыл 1-майдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында: ▫️ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 980 000 сум; ▫️ базалық есаплаў муғдары – айына 330 000 сум етип белгиленеди. Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Mostrar todo...

00:59
Video unavailableShow in Telegram
⚡️⚡️⚡️ДЫҚҚАТ!!! «Қарақалпақстан» телеканалында жаңалық! ✅Сиз өз талантыңыз ҳәм қәбилетиңиз бенен адамларды таң қалдырыўды, пүткил елимизге танылыўды қәлейсиз бе? 🎭Онда «Талант шоу» телевизиялық таңлаўымызға мәрҳамат! 🎤Таңлаўда 7 жастан 25 жасқа дейинги барлық ҳәўескер талант ийелери миллий ҳәм заманагөй эстрада қосықшылығы ҳәм аяқ-ойыны, қызықшылық ҳәм пародия бағдарларында қатнасыўы мүмкин! ➡️Таңлаўдың таллаў, шерек финал ҳәм ярым финал басқышынан өткен он қатнасыўшы финалда қатнасады. 🎉Таңлаў жеңимпазлары арнаўлы статуэтка, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады! ❗️Асығың! Арзалар 1-апрель сәнесине дейин қабыл етиледи. 🤝Сондай-ақ, таңлаўымызға қәўендерлик етиўди қәлеўши исбилерменлерди бирге ислесиўге шақырып қаламыз. ☎️Мүрәжат ушын телефонлар: +998996820986, +998999512085 Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
Mostrar todo...
ТВ.mp49.36 MB
02:08
Video unavailableShow in Telegram
Тийкарғы кәсиби тәрбияши болған исбилермен ҳаял ҳаққында Нөкисли Райхан Өтемуратова бос турған орында ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестирди. Ана ҳәм оның перзенти енди өнимлерди экспортқа бағдарлаў нийетинде. 👉🏻 @qr_economy
Mostrar todo...
IMG_9736.MP411.27 MB
00:55
Video unavailableShow in Telegram
Жеңиллетилген кредит есабынан үскенеленген стаматология 10 адамды жумыс пенен тәмийинлейди Нөкис қаласында ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен алынған жеңиллетилген кредит есабынан стаматология заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. «Бизлер шыпакерлер шаңарағымыз, жеңиллетилген кредит алдық. Бул арқалы халқымызға сапалы хызмет етиў ушын ҳәрекеттемиз. Кеминде 10 адам жумыс пенен тәмийинленеди», дейди стамотолгияның жумыс жүргизиўшиси Сардар Кеўлимжаев. 👉🏻 @qr_economy
Mostrar todo...
IMG_9738.MP44.79 MB
02:24
Video unavailableShow in Telegram
Кәсибинен берекет тапқан нөкисли исбилермен темирши: 20 жылдан берли темиршилик пенен шуғылланаман. Мәҳәлледеги жумыссыз жүрген жасларды шәкирт етип алып атырман. Баҳадыр Ешмуратов Нөкис қаласының «Дәрбент» мәҳәллесинде жасайды. Ол 20 жылдан берли темиршилик менен шуғылланып атыр. Өз устаханасы арқалы 4-5 жумыс орнын жаратқан. Ҳәзирги ўақытта мәҳәлледеги жумыссыз жасларды шәкирт етип алып, оларды жумыслы етиў ҳәрекетинде. Сондай-ақ, Баҳадыр Ешмуратов мәҳелледеги бос турған жерден үнемли пайдаланып, балалар ушын материаллық дем алыў мәканын қурыў алдында. Оның ушын аймақтағы ҳәким жәрдемшиси исбилерменге ҳәр тәреплеме жәрдем берип атыр. 👉🏻 @qr_economy
Mostrar todo...
IMG_9737.MP412.67 MB
03:21
Video unavailableShow in Telegram
Бәҳәр келди Сөзи: Толыбай Қабулов Музыкасы: Шарапатдин Пахратдинов Базаргүл Кәримова атқарыўында Бәҳәр келди! Нәўбәҳәр келди, Нурлы куяш жибитти жерди, Қысқы тоқсан нәўбети енди, Нәўбәҳәрдей асыға берди, Әтшөк қуслар шақырғанында, Сен, бәҳәрди сағынбадың ба? Бәҳәр сени сағынып келди, Гүлден ҳәйкел тағынып келди. Наз уйқыдан турып тәбият, Қуслар көкти әйледи пәрият, Үйрек ғазлар келген көклерге, Нәўпир суўын тастырды дәрья, Жерлер липас жамылғанында, Сен бәҳәрди сағынбадың ба? Бәҳәр сени сағынып келди, Ол ышқына табынып келди. Қызлар тағып алтын сырғасын, Ат көтермес назын, жылўасын, Нәўбаҳәрге көрсетиў ушын, Ертип шықты қурбы-қурдасын, Олар моншақ тағынғанында, Сен, бәҳәрди сағынбадың ба? Бәҳәр сени сағынып келди, Гүлден липас жамылып келди. Бәҳәр келди бийғәрез елге, Қуўат берди, күш берди белге, Әбиҳаят суўы сылдырап, Жан берди ҳәм сән берди жерге, Той дабылы кағылғанында, Сен, бәҳәрди сағынбадың ба? Бәҳәр сени сағынып келди, Ашық болып аҳ урып келди. Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
Mostrar todo...
Базаргүл Кәримова – Бәҳәр келди.mp414.34 MB
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Магистратураға қысқы қабыллаўда оқыўға кирген ҳаял-қызлардың контракт пуллары да мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи 🎓Хабарыңыз бар, Президент пәрманы ҳәм ҳүкимет қарары тийкарында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз қаплап берилиўи белгиленген. ✅«Бул тәртип, сондай-ақ, магистратураға қысқы қабыллаўда төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген ҳаял-қызларға да бирдей әмел етеди», - деп хабар берди Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги. 📝Сонлықтан, магистратураға усыныс етилгенлер усы жеңилликтен пайдаланыў мақсетинде жоқары оқыў орынлары басшыларына арза менен мүрәжат етиўи соралады. ❗️Мағлыўмат орнында, бул тәртип белгиленген мүддетке шекем арза бермегенлерге, еселенген төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилгенлерге ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларының магистратурасы ушын енгизилмейди. Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Mostrar todo...
Elige un Plan Diferente

Tu plan actual sólo permite el análisis de 5 canales. Para obtener más, elige otro plan.