cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Damir Hamdullaevich

Керекли мағлыўматларды сизге жеткерип барамыз. Сын мақалалар ҳәм жеке пикир. Мүрәжатлер ушын: @bdhamdullaevich

Show more
Advertising posts
433
Subscribers
-324 hours
-177 days
-5430 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

00:36
Video unavailableShow in Telegram
#Мотивация 🟣Мотивация – тек сени орныңнан турғызады. Бирақ турған ҳалыңызда қалып кетиў яки даўам еттириў бул өзиңиздиң қолыңызда... ❗️Қәйткенде де, оның түп тийкарында яғный, өз мақсетиңизге ерисиў ушын оқыў, билим керек. @damir_blogi
Show all...
йй.mp44.13 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Күн хикмети. "Сиясатқа араласпайтуғын ақыллыларды өзлеринен ақылсыз адамлар басқарыу менен жазалайды." Платон. @damir_blogi
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Билип қоя бериң. Астронавт пенен космонавттың парқы неде? АҚШлықлар космосқа ушыушыларын астронавт, ал Россиялықлар болса космонавт деп атайды. Хош усы еки атаманың парқы неде? Негизинде астронавт пенен космонавттың хызмети бирдей. Космосты үйрениу. Еки атамахәм әйемги Юнон тилинен алынған болып, космонавт~универсал жүзиуши, астронавт~жулдызлар ара жүзиуши дегенди билдиреди. Р.S. Космонавт атамасы дурысыраққа келеди. Себеби инсан еле жулдызлар ара жүзип жүргени жоқ. Тек ғана жер атмосферасын айланып жүзип (ушып) жүр. @damir_blogi
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
ИБРАТ. «Мен тек ғана уатаным алдындағы миннетимди орынладым» «Көпшилик меннен Сингапурдың қалай раўажланғаны хаққында сорайды. Қандай қылып үлкен мәмлекеттен бөлинип шығып, кишкине ғана аймақ пенен рауажланған мәмлекетке айландыңыз? Бул “кәрамат”ты қалай әмелге асырдыңыз?» Оларға жууабым: «Мен Сингапурда кәрамат жаратпадым. Мен тек ғана уатаным алдындағы миннетимди орынладым. Мәмлекеттиң бюджетин билимлендириуге бағдарладым. Муғәллимди ең төменги жиктен (жик-класслық айырыу, бай-жарлы, ақсүйек-хызметкер дегендей) ең жоқары мәртебеге көтердим. Мәмлекеттеги "кәраматларды” қылған инсанлар –булар муғәллимлер. Олар илим, әдеп, мийнет хәм ҳақыйқатты қәдирлейтуғын, кемтар әуладты жетистирип шығарды. Буның ушын олардан миннетдармыз!» Ли Куан Ю. Сингапурдың алдыңғы бас уәзири. @damir_blogi
Show all...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
Балалыққа қайтып... Балалықта хәммемиз сүйип тамаша қылған "Ну, погоди!" мультфильминиң авторы Вячеслав Котёночкин дегени усы. @damir_blogi
Show all...
Емлеуханалардағы сантехникалар хаққында. Өткенде де айтылып еди, районлардағы емлеуханалардың палаталарында раковина көзабаға ға турады. Ашсаң суу ақпайды. Бирақ жап-жаңа. Айтсаң айтады; -адамлар хәр түрли нәрселерди таслай берип тығылып қалады, истен шығады, суу жетпейди, хтб уәжлер. Дурыс, усы жерде адамлардың өзлеринде сынға алыуымыз керек. Раковинаға шәмбе, уколдан соңғы пахта, бәле-мәттерди таслайды. Мәденият ноль базы адамларда. Сорпа төккенлерди де көз көрди. Бирақ, солар себеп палаталардағы сууды өширип қойыу төсек режиминде жатырған (көп қыймылдауға болмайтуғын) кеселлер ушын қыйыншылық туудырмақта. Әнер-минерин қасыйды, аяғын услайды кейин ол қол менен ауқатлана алмайдығо, жууыу керек. Жууыу ушын хооо анау бир талай жердеги орталық кранға барыулары керек. Врач болса бақырады саған жүриуге болмайды не қылып жүрсең, неге емлеп атырмыз сени, деп. Дурыс-тә, олар ем болсын дейди. Бирақ хәр жерди услай берген қол қурғырды жуумасақ болмайды-дә. Және бир гәп. Сол кранлар, раковиналар 2-3 жылдан бюджеттен пул ажыратылып жаңасына алмастырылады. Қызық, палатадағылар ислетилмей-ақ кетеди списаниеге. Қаяққа хәм кимлерге кетеди екен-әй я?🤔 Ал енди, республикалық емлеуханада болса хәр бир палатада унитаз, раковина бар. Бул жақсы. Бирақ, ваннаханада ыссы суу жоқ. Жаздың қапырық ыссысында терлейсең, оның үстине дәрилердиң ийси үстиңе отырып қалып өзиңнен-өзиң жеркенип кетесең. Барып шомылайын десең ыссы суу жоқ. Муздай сууға шомылайын десең алған емиңди бир тийин қыласаң. Еле де санитаркаларына рахмет өтиниш қылсаң бир шелек суу ысытып береди. Енди мен сизлерге бир гәп айтайын. Өзим көргенимди. Ферғана уәлаятының пайтахты Ферғана қаласы. Қоқанд болса екинши қаласы, биздеги Нөкистен кейинги Хожели дегендей. Әне сол Қоқандтағы емлеуханада ыссы суу-муздай суу қәлеген уақытта урып турыпты. Ташкентти айтпай-ақ қояйын, уәлаят пайтахты болмаған Қоқандта солай. Ал бизлердиң Республика деген атымыз бар емеспе? Тексериулер келмейди емес, келеди. Көрмейди емес, көреди. Бирақ буларға көзин жумып кетеме билмедим. Минздравта пидәйы инсанлар бар болса усыларды қолға алайықта я. @damir_blogi
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Күн хикмети. «Хәмме дүньяны өзгерткиси келеди. Бирақ, өзинен баслауды ойламайды» Лев Толстой. @damir_blogi
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Кем тәмийнленген шаңарақлардың үйлерин ремонтлаў ҳәм үскенелеў ушын мәмлекет тәрепинен пул ажыратылады Президент қарарына бола “Мәҳәллениң социаллық-экономикалық машқалаларды сапластырыў фонды” дүзиледи. Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм кем тәминленген шаңарақлардың үйлерин ремонтлаў ҳәм үскенелеў усы фонд қаржылары есапбынан әмелге асырылады. @damir_blogi
Show all...
03:37
Video unavailableShow in Telegram
Ессиз еркеклер, ессиз хаяллар. Мен сонша айттым, еледе айтаман, сондай күнлерге келип жеттик, ел нәзериндеги инсанларда я уят қалмады, я ийбе, я намыс. "Миллион", "Браво", "Дизайн" хтб усы сыяқлы қызықшы топарлар тек уят сөз айтыудан басқасын билмейди. Инсанларды күлдириу дегенде тек белден төменин айтып күлдириуди мақсет еткен. Мәденият министри хәм басқада жууапкер қәнигелер я уйқыда, я доляда. Бурынғы ауқам дәуиринде бундай сөз, бундай қылықлар ушын қамаққа кетер еди. Этика-эстетика дегенге қатаң әмел қылынар еди. Хәзир еркинлик. Билгениңди қыла бересең. Адамларды күлдирсең болды. Бул халықтыңхәм арғысында жоқ. Аяғын шаппатлап күлип отырады. Тек тилинде мусылман. Әмелде шайтаннан беттер. Тезирек хәрекетиңди қылмасаң шатақ. @damir_blogi
Show all...
13.08 MB
👍 4💯 1
Көше бийлерин ҳәм “домком”ларды сайлаў тәртиби тастыйықланды Министрлер кабинетиниң қарары менен Көше бийлери хәм үй бийлериниң жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы үлги реже тастыйықланды. Бул режеге тийкар, бийлер сол аймақта турақлы ямаса ўақытша жасаўшы пуқаралардың пуқаралар жыйыны баслығы басшылығындағы жыйналыста ашық даўыс бериў жолы менен сайланады. Сайлаўға талабанлар ҳәм сайлаў ўақты ҳаққында сол аймақтың пуқараларына сайлаў күнине кеминде 5 күн қалғанда хабар бериледи. Сайлаўда қатнасыўшылардың ярымнан көбиниң даўысын топлаған талабан бий етип сайланған есапланады. Бийлер 5 жыллық мүддетке сайланады хәм олардцң жумысын хошаметлеў төмендеги формаларда әмелге асырылады: Министрлер Кабинетиниң 23.02.2021-жылдағы қарарға тийкар коммунал төлемлер бойынша компенсациялар бериў; ҳәкимликлер ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары белсенди бийлерге пул сыйлықлары ҳәм естелик саўғаларын бериўи, мәмлекетлик сыйлықларға усыныўы мүмкин.
Show all...