cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Билимлендириў жаңалықлары

Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз. Реклама бойынша: @bilimlendiriwbot

Show more
Advertising posts
2 148
Subscribers
No data24 hours
+367 days
+12030 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

  • File unavailable
  • File unavailable
💰 Бақшаларда балалар тәмийнаты ушын төленетуғын төлемлер муғдары өзгерди 2024-жыл 1-июннан ҳәм 2025-жыл 1-январьдан баслап әмел ететуғын мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар тәрепинен төленетуғын төлем муғдарлары тастыйықланды. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 1
Оқытыўшы сабақ өтиў процесинде қандай миннетлемелерди орынлаўы керек? 📑 Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң 2023-жыл 20-декабрьдеги 565-санлы буйрығына 37-қосымшада тастыйықланған улыўма орта билим бериў мәкемелери хызметкерлериниң лаўазым миннетлемелерине тийкар, оқытыўшы: 👉 сабақ шынығыўларын улыўма орта билим бериў шөлкеми администрациясы тәрепинен тастыйықланған сабақ кестеси және жоба тийкарында алып барыў; 👉 өз пәни бойынша белгиленген методикалық күнде өзиниң кәсиплик шеберлигин арттырыў мақсетинде өз үстинде өзбетинше ислеў, алдыңғы билимлендириў методларын үйрениў ҳәм турақлы түрде маманлығын арттырып барыў иләжларын көриў; 👉 оқыўшылардың ҳуқықларына ҳәм балаларды қорғаўға тийисли нызамшылық талапларына әмел етиў; 👉 тәлим-тәрбия процеси қатнасыўшыларының абыройын, қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў сыяқлы миннетлемелерди орынлаўы керек. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 3🔥 2
💰 Қарақалпақстанлы 80 педагог 9 ай даўамында ҳәр ай 5 млн 775 мың сумнан үстеме алатуғын болды Дизим менен жоқарыдағы файл арқалы танысыўыңыз мүмкин. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 12🔥 3 2👏 2
Нөкис районында бақша директорына ҳәкимшилик ис ашылып, жәрийма салынды ▪️Нөкис районындағы 5-санлы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкеминде санитариялық талапларға әмел етилмей атырғанлығы ушын шөлкем директорына ҳәкимшилик ис ашылып, базалық есаплаў муғдарының 20 есеси муғдарында жәрийма салынды. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 7🔥 2👏 1😱 1😢 1
▶️ Қарақалпақстандағы 5 бақшаның директоры жумыстан алынды 📃 Билимлендириў мәкемлериниң жумысларын үйрениў нәтийжесине бола, өзиниң хызмет ўазыйпаларын тийисли тәртипте орынламағанлығы ҳәм нызам талапларына әмел етпегенлиги ушын: ◾️ Шымбай районы 2-санлы МШБШ; ◾️ Шымбай районы 16-санлы МШБШ; ◾️ Шымбай районы 20-санлы МШБШ; ◾️ Хожели районы 21-санлы МШБШ; ◾️ Әмиўдәря районы 13-санлы МШБШ директорлары менен дүзилген мийнет шәртнамалары тийисли тәртипте бийкар етилген. Сондай-ақ: ◾️ Нөкис қаласы 52-санлы МШБШ; ◾️ Нөкис қаласы 6-санлы МШБШ директорларына интизамый жаза шарасы қолланылған. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 14👎 3🔥 1😢 1
▶️ Қарақалпақстандағы 5 бақшаның директоры жумыстан алынды 📃 Билимлендириў мәкемлериниң жумысларын үйрениў нәтийжесине бола, өзиниң хызмет ўазыйпаларын тийисли тәртипте орынламағанлығы ҳәм нызам талапларына әмел етпегенлиги ушын: ◾️ Шымбай районы 2-санлы МШБШ; ◾️ Шымбай районы 16-санлы МШБШ; ◾️ Шымбай районы 20-санлы МШБШ; ◾️ Хожели районы 21-санлы МШБШ; ◾️ Әмиўдәря районы 2-санлы МШБШ директорлары менен дүзилген мийнет шәртнамалары тийисли тәртипте бийкар етилген. Сондай-ақ: ◾️ Нөкис қаласы 52-санлы МШБШ; ◾️ Нөкис қаласы 52-санлы МШБШ директорларына интизамый жаза шарасы қолланылған. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
😢 2👍 1🔥 1👏 1
⚡️ Жаслар ислери агентлиги Қанлыкөл районы жаслар ислери бөлими баслығы жаңа лаўазымға тайынланды Айбек Қурбанбаев — Қанлыкөл районы ҳәкимлиги шөлкемлестириў-кадрлар топары баслығы лаўазымына тайынланды. Ол усы күнге шекем Жаслар ислери агентлиги Қанлыкөл районы жаслар ислери бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
❗️ Әмиўдәрьядағы еки билимлендириў шөлкемине ажыратылған 1 млрд сомнан зыят қаржы талан-тараж етилди Әмиўдәрья районындағы 67-санлы мектепке ҳәм 40-санлы бақшаға жылытыў қазанларын сатып алыў, сондай-ақ, дәслепки қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын жеке меншик шериктиң банктеги есап бетлерине ажыратылған 1 млрд. 184 млн. 507 мың сом бюджет қаржылары талан-тараж етилген. Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 167-статьясы, 3-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси ашылған. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 4🤣 1
СИЗИҢ ИСКЕРЛИГИҢИЗ КАНАЛЫМЫЗДА СӘЎЛЕЛЕНИЎИН ҚӘЛЕЙСИЗ БЕ? «@bilimlendiriw_uz» телеграм каналы билимлендириў мәкемелериниң искерлигин каналда сәўлелендирип барыў бойынша бирге ислесиўге шақырады. Сондай-ақ, бизнес ийелери ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы шәртлерде реклама хызметлерин усынады. 📨 Байланыс ушын: @bilimlendiriwbot
Show all...
👍 6
☎️ БАЙЛАНЫСЫЎ
ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрине интизамый жаза қолланылды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бийлигине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаеваға «сөгис» интизамый жаза шарасы қолланылды. Себеби, ол 2024-жылы әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалардың сапалы орынлаўын тәмийинлеўде кемшиликлерге жол қойған. 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 9🤣 7👎 4🔥 2👏 2 1