cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

Қарақалпақ LIVE

⚡️Тек тастыйықланған мағлыўматлар, ең соңғы жаңалықлар ҳәм оператив хабарлар берип барылатуғын Telegram канал 📬 Байланыс @KKLIVE_admin

Show more
Advertising posts
25 598
Subscribers
-30024 hours
-1 4007 days
+91930 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

💰 Коррупцияға қарсы гүресиўге жәрдем берген шахслар 8,5 млн сумға шекем хошаметлениўи мүмкин ☝️ Коррупцияға тийисли ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине хабар берген ямаса коррупцияға қарсы гүресиўге басқаша түрде көмеклескен шахслар БЕМниң 25 есесине шекемги (8 млн 500 мың сум) муғдарда бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметленеди. ✅ Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы
Show all...
👍 5
❗️Бүгиннен баслап протез ҳәм басқа реабилитация қураллары ушын жәрдем пул муғдары көбейди ✅ Президенттиң 27.02.2024-жылдағы ПҚ-88-санлы қарарына тийкар 1-майдан баслап: 🔹 протез ҳәм реабилитация қуралларын сатып алыў ушын мәмлекет тәрепинен мүтәж адамларға берилетуғын пул муғдары 3 есеге, пулы қаплап берилетуғын реабилитация қуралларының түрлери 10 есеге шекем арттырылады; 🔹 майыплығы болған шахсларға протез ҳәм реабилитация қураллары қосымша ҳүжжетлерсиз бериледи; 🔹 майыплық топары болмаған пенсия жасындағы шахслардың протез ҳәм реабилитация қуралларына мүтәжлиги ҳаққындағы медициналық жуўмақ “Медициналық социаллық экспертиза” электрон мәлимлеме системасы арқалы бериледи.Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы
Show all...
👍 4
❗️ Барлық ата-аналар, педагоглар ҳәм студентлер дыққатына! 🏢 Сиз билимлендириў тараўы бойынша қарақалпақ тилиндеги ең сапалы ҳәм ең исенимли хабарларды берип барыўшы канал ҳаққында еситкенсиз бе? 🤭 Еситпеген болсаңыз биз оны сизге усыныс етемиз. ☑️ КАНАЛҒА ҚОСЫЛЫЎ ☑️ КАНАЛҒА ҚОСЫЛЫЎ ☑️ КАНАЛҒА ҚОСЫЛЫЎ 📨 Бул каналға ағза болыў арқалы сиз өз ҳуқықларыңызды билип аласыз. Сондай-ақ, канал админине мүрәжат етиў арқалы қызықтырған сораўларыңызға жуўап алыўыңыз да мүмкин. 😉 ҚУЛЛАСЫ, МЫҢ РЕТ ЕСИТКЕННЕН БИР РЕТ КӨРГЕН ЖАҚСЫ! 👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
Show all...
👍 7🔥 2 1😱 1👌 1
❗️ «UzAuto Motors» пуқараларға ескертиў менен шықты 📑 Автомобиль сатып алыў ушын дүзилген шәртнамалар бойынша төлем белгиленген мүддетке шекем әмелге асырылмаса, усы шәртнамалар бийкарланады. Компания хабарында шығарылған көлем контрактацияға қайта қойылатуғыны мәлим етилген. ✅ Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы
Show all...
👍 8🔥 4 2
Шахсқа тийисли мағлыўматларды тарқатқанларға қандай жаза қолланылады? 📑 Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққындағы нызамшылықты бузыў пуқараларға БЕМниң 7 есеси (2 млн 380 мың сум), лаўазымлы шахсларға болса – БЕМниң 50 есеси (17 млн сум) муғдарында ҳәкимшилик жәрийма салыўға себеп болады. ☝️ Бул ҳәрекетлер ҳәкимшилик жәриймадан кейин қайтадан әмелге асырылса БЕМниң 100 есесинен 150 есесине шекем (34 млн сумнан 51 млн сумға шекем) жәрийма ямаса 3 жылға шекем арнаўлы бир ҳуқықтан айырыў яки 2 жылға шекем тәртип дүзетиў жумыслары менен жазаланады. ✅ Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы
Show all...
👍 9 2😢 2
🏠 Натяжной потолок сапалы хам арзан бахада ислеп беремыз 💰 хамме материал озимизден 💡 Люстра орнату натяжной потолок истеп беру кол хакысы ишынде 🤝 Келисып истеп беремыз Гарантия 10 жыл малумат ушын тел ☎️+998945965151 ☎️+998886415151 📢📢📢📢📢
Show all...
👍 1
❗️Дыққат! «Тонировка» ушын төлемлер муғдары көтерилди деген хабарлар фейк Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети «тонировка» ушын белгиленген төлемлердиң муғдары өзгермегенлигин мәлим етти. Сондай-ақ, канал админлеринен жалған мағлыўмат тарқатпаў соралды. ✅Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы
Show all...
👍 8 4🔥 3
1-майдан нызамшылықта нелер өзгереди? ➖Айрықша жағдайларда волонтёрлар топары дүзиледи ➖Жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға ҳәр ай минимал тутыныў ғәрежетлери муғдарында материаллық жәрдем көрсетиледи ➖Айырым дәря өзенлеринде қум-майдаланған тас қазыўға мораторий енгизиледи 👉Қарақалпақ - LIVE жаңалықлар!
Show all...
👍 14 3😱 2
Нызамға қайшы түрде жерге ийелик етип болмайды Халық санының артыўы көбейиўи үй-жайға болған талабының артыўына себеп болады. Бул болса өз гезегинде жер майданларын өзлестириў, оннан имарат қурыў ямаса егислик сыпатында пайдаланыўға алып келеди. Бүгинги күнде Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2024-жыл басынан усы күнге шекем 1 008 жағдайда  128,6 гектар өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланды. соннан; ◼️ 573 жағдай 87,1 гектар ықтиярий сапластырылды. ◼️Суд органларына 156 жағдай 5,6 гектар бойынша даўа арзалары жиберилди. ◼️Прокуратура органларына 13 жағдай 0.3 гектар жиберилди. ◼️Қалған 279 жағдайды сапластырыў илажлары көрилмекте. Ҳәзирде айырым пуқараларымыз тәрепинен “қурылысы бар болса рухсат бериледи екен” деп бос жерге тезирек имарат қурыў жағдайлары гүзетилип атыр. Ҳүрметли пуқаралар!!!
‼️Ескертип айтыўымыз керек, нызам жойбарында 2018-жыл 1-майға шекем қурылған объектлер көрип шығылады деп көрсетилген. Егерде қурылма өзбасымшалық пенен белгиленген ўақыттан кейин қурылған болса, бундай имаратлар белгиленген тәртипте сапластырылады ҳәм ҳәкимшилик және жынайий жуўапкершиликке себеп болады.
Сол себепли, пуқараларымыздан өзбасымшалық пенен жерлерди ийелемеўин ҳәм оған имарат қурмаўын сорап қаламыз. 👉Қарақалпақ - LIVE жаңалықлар!
Show all...
👍 10 3
«FARUS» натяжной паталок фирмасы сизге еӊ сапалы, еӊ заманагой дизайндағы, тез тайын болатын, жанеде еӊ қолайлы баҳадағы натяжной потолокларды усыныс етеди🔥🔥 Егер сиз бизге 2 яки одан коп комнатаңызга натяжной паталок ислетсеңиз 1 жалюзи  бизден сизге бонус етип бериледы✅✅ Фирмамыз өнимлери ушын ҳүжжетли түрде 10 жыллық кепиллик береди. Егер буйыртпаӊыз кеӯлиӊизден шықпаса пулыӊыз толық қайтарылыды🤝🤝 Бизде профессионал дизайнерлерден консультация алыӯ, өлшем алыӯ ҳәм орнатып бериӯ хизметлери БИЙПУЛ✅✅ Телеграм группамызда ҳәр түрдегы каталогларымызды көрсеңиз болады📉 https://t.me/FARUS_GROUP Instagram📱 https://www.instagram.com/farus_uz?igsh=MXZ0Mm91Zjdnb25mMg== Мағлыўмат ушын телефон номерлер⤵️ Нөкис 📍 +998995451500☎️ +998904242040☎️ +998932422040☎️ Қоңырат📍 Тел +998944514170☎️ +998941381500☎️ ⚜️Жалюзи перделеры⚜️ Тел +99894 451 41 70☎️☎️ 📢📢📢📢📢 📢📢📢📢📢
Show all...
👍 7 2