Жолың айдын болғай ,Президент Мырза.
Халқым дейип уйқысыз таң атырдың,
Қуяшты да тик аяқта батырдың ,
Талабы журискей сиздей батылдың,
Жүз бенен жүзлесиң Президент Мырза.
Мәрт халық жасайды Әмиў бойында,
Жаман ой пикир жоқ ҳасла ойында,
Гул жамылған абаданлық тойында,
Қуўанып турғайсыз Президент Мырза.
Туўры сөзли, кеули таза халықпыз,
Жансақ ардың алаўында жаныппыз,
Ким дос болса оған бәрҳә садықпыз,
Жолың айдын болғай, Президент Мырза.
Ийнимде шапаным, басымда бөрким,
Ҳеш кимнен кем емес, шырайым көрким,
Саҳрайы халықпыз, жасаған еркин,
Ет пенен тырнақпыз Президент Мырза.
Сиз жақсы көресиз қарақалпақты,
Аралап көрдиңиз аўыл аймақты,
Аралдың әтирапы жасыл жайнапты,
Қәдемиңиз қутлы Президент Мырза.
Кеўил берип қолға алдың Мойнақты,
Усындай боларын кимлер ойлапты?!..
Елге айланажақ жасыл ойпатлы ,
Көзиңди жаздырма, Президент мырза.
Бозатаўдай алтын аймақ қайда бар?!,
Бул елди көрмеген мың бир шайда бар,
Қызы күлсе сыңғырлысы сайда бар,
Қайта жаңлаттыңыз ,Президент Мырза.
Арқада Қараөзек,,Шымбай қаласы,
Кең көсилген Тахта көпир даласы,
Хожели , Қоңырат Устирт саласы,
Нәзерден қалмағай Президент Мырза.
Ата дийхан Кегейли, Қанлы көллерим,
Төрткүлдей жайнайды саҳра шөллерим,
Беруний,Әмиўдарья Еллик еллерим,
Қоллаўыңды күтер Президент Мырза.
Бул халықтың суўы бийжай болмасын,
Әспек болып қызыл жүзи солмасын,
Ҳақ жаратқан пәрўардигар қолласын,
Көз қулақ болғайсыз Президент Мырза.
Тарығып турыппыз суўдан шамалы,
Жардем бериң болса егер ҳамалы,
Болар деген кемликтиң де камалы,
Сүйенген таўымыз Президент Мырза.
Суў мол болса жаман емес ҳаллары,
Көзди тартып ырғалады таллары..
Суўға жерип шарға болды бойлары,
Өзиң қоллап жибер Президент Мырза.
Неге керек со..нша .а атыз салылар?!,
Шарўалардың шөллеееп турған малы бар,
Ийегинде тек шықпаған жаны бар,
Үмит өзиңизден , Президент мырза.
Қанымда бар сабыр,шыдам, көнликпе,
Зәрре тақатым жоқ бирақ кемликке,
Нар кисидей тураламыз теңликке,
Арыңа шерикпиз, Президент Мырза.
Илим баҳасы жоқ алтын сандығым,
Билим отқа жанбас баслы байлығым,
Көтерсеңиз муғаллимниң айлығын,
Миннетдар боламыз, Президент Мырза.
Жакын тиллескенде ана тилимиз,
Сазымыз шертилсе жайнар дилимиз,
Көзге көз түскенде күлер жүзимиз,
Бул әлем гулистан Президент Мырза.
Биз де сизди жандай жақсы көремиз,
Урпақ ушын қап қолласып келемиз,
Бахыт бағларынан гүллер теремиз,
Саў саламат болың, Президент Мырза.
Қарақалпақ халқы өзиңнен Ырза.
Шайыра Гулистан Даўлетова.
24 07 2021 жыл