ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 808 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 313,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 444

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 808 名订阅者。

根据 07 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -287,过去 24 小时变化为 -3,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 27.91%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.45% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 249 次浏览,首日通常累积 3 658 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 08 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 808
订阅者
-324 小时
-457
-28730
帖子存档
Ана деген … Ана деген саясы мол терек ғой, Үлкенге де, кишиге де керек ғой. Аналарды ҳүрмет етпеген адам- Ол халық емес, өз елинен ерек ғой. Ана деген бир дәрья ғо мәўжиреген, Ол бар жерде қай исте де даў жүрген. Ана пәтиясы күш-қуўат болып, Сапарың оралар алыс мәнзилден. Ана деген алтын есик өмирге, Ол парлаған қуяшың ғой көгиңде. Ол отырса ақ жаўлығын жамылып, Аппақ бәлент таў турғандай төриңде. Ана деген меҳри тамған булақ ғой, Бул дүньяны гүзеткен көз-қулақ ғой. Көзи жумылса да, мәңгилик етип Жағып кеткен басыңдағы шырақ ғой. Ана деген шар турмыстың шар базары, Жүрегинде дәрти, нырқы, ҳазары. Ол перзенти күлгенде бир толысып, Ол перзенти жылағанда азады. Ана деген меҳрибан бир қушақтай, Қасарысса кесип түсер пышақтай. Кетип қалса, басқан изин сүрме етип, Қәдирлеймиз наннан түскен усақтай. 1999-жыл. Кеңесбай Рахманов Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov https://t.me/ibratli_sozler

#Рамазан Нөкис уақты менен 06:05 Сәҳәрлик тилеги نَوَيْتُ أَنْ أَصُومَ صَوْمَ شَهْرَ رَمَضَانَ مِنَ الْفَجْرِ إِلَى الْمَغْرِبِ، خَالِصًا لِلهِ تَعَالَى أَللهُ أَكْبَرُ Аўыз жабыў дуўасы: Наўайту ән асуўма соўма шаҳри рамазона минал фажри илал мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллаҳу акбар. Мәниси: Алла ушын Рамазан айының оразасын таң атқаннан баслап күн батқанға шекем тутыўды нийет еттим, Алла уллы, Алладан басқа тәңир жоқ.. https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАМУ ƏЛЕЙКУМ ЗАМАНЛАСЛАР ! 🌙 Рамазан айының 19-күни мүбəрек болсын ! 🌙 АЛЛАХТААЛА тутып атырған оразаларымызды, қылып а
АССАЛАМУ ƏЛЕЙКУМ ЗАМАНЛАСЛАР ! 🌙 Рамазан айының 19-күни мүбəрек болсын ! 🌙 АЛЛАХТААЛА тутып атырған оразаларымызды, қылып атырған ибадатларымызды хəм дууаларымызды қабыл етсин ! 🌙 Сəхəрлик асыңыз ибадатыңыз ушын күш-қууат болғай ! Рамазан айының 19-күни. Хəмал айының 9-сəнеси, хəптениң Жума күни . https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

Байрам Пердебаев "АНА" https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

photo content

photo content

photo content

photo content

photo content

photo content

ШАҢАРАҚ ГҮЛ ТАЖЫ      СИЗСИЗ ҲАЯЛЛАР.    Бийбигүл  жас ўақтынан баслап, шаққан зийрек болып өсти. Мектепте де айрықша бахаларға оқып,  қатарынан алда  болып, муғаллимлердиң  итибарына түсти. Үйинде  бес перзенттиң ишинде  туңғышы еди..     Соның ушын анасының қол қанаты болып, үй жумысларына да жәрдем берди. Ўақыттың өтиўи менен мектепти  питкеретуғын ўақытта келип қалды. Мектепти айрықша баҳаларға питкерип, олимпиададан жоқарғы орын  алыўы оқыўға кириўине жәрдеми тийип,  жоқарғы оқыў орнына  кириўге миясар болды.  Бийбигүл  шаңарақта төрт баланың  ишинде бир қыз болып өскен еди. Аўылдың қызы, киши пейил, ашық минез қыз. Университеттиң  жатақханасына  үш қыз болып орналасты. Үшеўи үш районнан. Шымбай, Шоманай ҳәм Мойнақ районынан еди Бийбигүл Шымбай районының  қызы.  Мине  күнлер, айлар, жыллар өтип, үшинши курсты питкерип,  төртинши курсқа да қәдем таслады. Өзи орта бойлыдан келген, бийдай рең шашы узын, көзлери үлкен, писте мурын, аузы оймақтай сулыў қыз.  Бийбигүлдиң сыртқы минези менен бирге ишки  сарайыда  жақсы еди. Ол ҳеш адам жатырқамас.  Өзи әлпайым, кеўилшек қыз. Соның ушын да изинде жигитлер көп болды. Үйине саўшы жиберип, Қуда түсиўге асықты. Қулағына сырға салып, белгилеп қоймақшы болды. Бирақ қыз қайыл болмады. Мен оқыў питкеремен. Жумыс ислеймен. Инилерим үйленемен дегенше деп тиресип турып алды. Анасы:  Қызым оқыўыңда шамаласты. Сорап келген ўақытта  ең болмаса солардың ишинде жақтырғаның болса, келисим береғойсаңо, - деди.     Бийбигүлден бир курс  жоқары армияға барып келген өзинен үш жас үлкен Мақсет деген жигитте кеўли бар еди. Олар анық бир жыл сөйлести. Махсет шаңарақта үйиниң генжетай баласы еди. Ол да шаққан спорт пенен шуғылланып жүрген жигит. Мақсеттиң үйиниң иши келип сырға салып кетти. Арадан еки ай өткен соң келисип үйиниң ишинен адамлар келип, Қуда түсип кетти. Ўақыт өтип,  Бийбигүлде  оқыўын питкерди. Жумысқа да орналасты.     Бир жылдан кейин уллы болды.  Баласы үлкейиңкиреген соң Мақсеттиң ата- анасы.( Махсеттиң үйиниң киши баласы болыўына  қарамастан) Баласының  хожалықты  сүйрей алатуғынына исенип, бөлек шығарды.    Махсет  пухта, тил алғыш, жумысты жақсы алып барған соң, бас есапшы етип қойды. Үйи қонақшыл  болған соң,  баласын бақшаға орналастырды. Ҳәм мәмлекеттиң  жумысы ҳәм үй жумысы бәрине үлгерип жүрди. Күйеуи  Махсет, Бийбигүл  менен қослас болғанына қатты қуўанышлы. Дастурханы хешқашан жыйылған емес, қандай қонақ келседе қабағын  ҳеш шытпас, писирген аўқатларына жеп тоймайсаң. Үйдиң иши де  тап - таза, қазан табағыда азада. Мен  ҳаялымды шаңарағымның гүл тажы десем  арзыйды, - деп мақтаныш етеди Хаялды табағынан байқа Баланы талабынан байқа Ҳаялға "ана,"  балаға дана деп қара. Жақсы ҳаялдың баласыда күтиўли, жумысыда  питиўли. Ҳаялын сыйлаған, үйин сыйлаған, елин де сыйлай биледи. Ердиң жақсысы ели менен Ҳаялдың жақсысы  ери менен ойласады. ( Халық даналығынан).       ✍ Гүлбәхәр Қарабаева     https://t.me/ibratli_sozler

8-Март ҳаял-қызлардың байрамы менен                                 ҚУТЛЫҚЛАЎ Кел шабазым, отыр дастүрхан басында, Бүгин байрамың өзим-ақ хызмет етейин, Напақамнан жасырып қалған пулым бар, Саўға аларсаң қолыңа берип кетейин. Нашардың жүреги қулағында болар деп, Марапат берсең кеўлинде хош етерсең, Жыллы сөйлеп нәзик жанын тербесең, Қара шайын жамбаслап жатып ишерсең. Сонда оған өтмишти айтып мақтанып, Есиңдеме дейсең саўғалар алып бергеним, Ең қымбат кийимлерди кийип қыдырып, Дүньяны гезип, самалётта ушып жүргениң. Бизлер гейде еркекпиз деп те керилип, Сәл нәрсеге шыррыйып қырсығып турамыз, Сонда қостарың, сөзлери менен сыйқырлап, Жумыс тапсырса зыр жуўырып барамыз. Ҳаял-қызлардың байрамын жылда қутлықлап, Саўғалар берип отырыспаққа мирәт қылғанбыз, Олардың писирген аўқатларын тойып жеп, Гил еркеклер өзлеримиз тойлап кетемиз. Шағлап отырар едик көп байрамларда, Бирге даўыс қосып қосықлар айтып, Енди тек сүўретлер қалды альбомда, Әттең кеткен жаслық келмейдаў қайтып. Ақыллы ҳаял ерин бахытлы қылар, Адасып кетсең туўры жолға да салар, Оны хорлап қәдирин билмеген найсапта, Тирилей жүрип өзиниң жазасын алады. Ҳаял-қызларым шаңарақтың жанған шырағы, Меҳирдиң аққан мәңги таўсылмас булағы, Анадан туўылған небир Атлант жигитлер, Жерди көтерип желкесинде услап турады. Қапа боламыз «заманагөй» нашар көбейип, Узын көйлекти «бәледей» көрип киймеген, Еркекше кийинип, шашларын жайып көшеде, Миллетке жат ерси қылықлар ислеген. Ҳаяллар көп жәмийетке пайдасын тийгизип, Ҳақыйқатлық деп зулымлықтан қорқпай гүрескен, Қызларымыз бар саўатлы, уятлы, ийбели, Келешеги зор үлкен табысларға ерискен. Биз еркеклер ҳаял-қызларыма қайылмыз, Дым мийнеткеш хызметке барҳә тайынсыз, Бағдағы бүлбүл, гүлдиң ышқында сайраса, Сизлерди мақтап қосықлар жазған шайырмыз. Қутлы болсын 8-март уллы байрамың, Енди гүрлеп басыңда алтын дәўраның, Ағаңлар бар арқаңда, сүйенер таўларың, Шадланып күлиң, қандай бахытлы заманың. Наўрызбаев Қудайберген Бекбаўлы улы. Нураный палўан. «БАТЫР». 8-март 2026 жыл. https://t.me/ibratli_sozler