ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 845 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 316,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 449

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 845 名订阅者。

根据 01 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -272,过去 24 小时变化为 2,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.37%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.45% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 4 972 次浏览,首日通常累积 3 668 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 43

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 02 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 845
订阅者
+224 小时
-787
-27230
帖子存档
#Ериншек Ериншектен - салақлық, Салақлықтан - наданлық. Биринен бири туўылар, Жоғалар сөйтип адамлық Ериншек таза жүре алмас, Кир-кийимин жуўа алмас. Харекет жоқ, илим жоқ, Өз бойынан уялмас. Жүрейин десең турғызар, Төсекке мойын бурғызар. Аналар да жүрғой деп, Биреўди мысал қылғызар. Турайын десең, жатқызар, Буўынды сөйтип қатқызар. Пайдалы иске жүргизбей, Не болса соны ислетер. "Мен емес пе сабырың, Жаныңа тыныш тамырың. Асықпа деп алдайды,- Қазыўлыма деп қәбириң. "Қудайдың дейди күни көп, Асыққан истиң мини көп. Азғана рәхәт қылсаңшы, Ислерсең ертең буны"- деп. Солай қалсаң алданып, Умтылмасаң ғамланып. Жалқаудың қулы болғаның, Жатыў ушын жалланып. Машқала көп басында, Көндириў керек жасыңда. Қылайын десең хәрекет, Ериншек отыр қасыңда. Ериншектиң қақпаны, Көринбей көзге жатқаны. Биреў оған илинсе, Оны Қудай атқаны. Ис қылдырмас есели, Ең билимниң кесели. Кирсе бойдан шығыў жоқ, Күн сайын өсер бес ели. Төбени сөйтип теседи, Орныққан сайын өседи. Ибадат жоқ, илим жоқ, Бәриниң жолын кеседи. Жан тынышлық бул емес, Жан дүняның қулы емес. Өзиң байлап бересең, Жан жумысы ол емес. ✍Ш. Худайберген. https://t.me/ibratli_sozler

БИР ЖИГИТ ИЛИМ ИЗЛЕП ЖОЛҒА ШЫҒЫПТЫ.БИР ДАНЫШПАННЫҢ АЛДЫНА КЕЛИП,ОҒАН ШӘКИРТ БОЛЫПТЫ. ОЛ УСТАЗЫНАН ТӨРТ МЫҢҒА ЖАҚЫН ҲИКМЕТ ҮЙРЕНИПТИ. СОҢ ҮЙИНЕ ҚАЙТПАҚШЫ БОЛҒАНЫНДА УСТАЗЫ: -МЕН САҒАН МЕННЕН ҮЙРЕНГЕН БАРЛЫҚ ҲИКМЕТЛЕРИҢНИҢ БӘРИН ТӘРЕЗИДЕ БАСЫП КЕТЕТУҒЫН ЖӘНЕ БИР ҲИКМЕТ ҮЙРЕТЕЙИН-ДЕПТИ. КӨЗ АЛДЫҢА КЕЛТИР,БИР ШОПАННЫҢ АЛДЫНА БАРДЫҢ, БИРДЕН ОНЫҢ ИЙТИ КЕЛИП САҒАН ЖАБЫСТЫ. СЕН ИЙТ ПЕНЕН ТАЛАСАТУҒЫН БОЛСАҢ, ОЯҒЫҢНАН ТИСЛЕЙДИ, БУЯҒЫҢНАН ТИСЛЕЙДИ, ОНЫҢ МЕНЕН АЙҚАССАҢ ИЙТ ПЕНЕН ТЕҢ КЕЛГЕНИҢ ҚАЛАДЫ. БИРАҚ ОНЫ ШОПАНҒА АЙТСАҢ, БИР ИШАРА МЕНЕН ИЙТТИ ТЫМ-ТЫРЫС ҚЫЛЫЎЫ МҮМКИН. СЕН БУЛ ӨМИРДЕ АЛЛАНЫҢ ЖЕРДЕГИ ИЙТЛЕРИ МЕНЕН ТАЛАСЫП, ТАРТЫСПА.ПҮТКИЛ ДЫҚҚАТЫҢДЫ ШОПАНҒА,ЯКИ АЛЛАҒА ҚАРАТ,ОҒАН СЫЙЫН.БАСЫҢА КЕЛЕЖАҚ БАРЛЫҚ СЫНАЎЛАРДЫ,СЕНИ ТИСЛЕЙЖАҚ БОЛҒАН ИЙТЛЕРДИ ТОҚТАТЫП ҚАЛАДЫ. ✍ПЕРИДА АЛЛЕКЕЕВА. Интернет материалларынан. https://t.me/ibratli_sozler

Өмириңизди жақсы адамларды излеўге емес, бәлким жақсы адам болыўға сарыплаң. Сонда жақсы адамлардың өзлери сизди таўып келеди
Өмириңизди жақсы адамларды излеўге емес, бәлким жақсы адам болыўға сарыплаң. Сонда жақсы адамлардың өзлери сизди таўып келеди. https://t.me/ibratli_sozler

Жамила Бекбергенова "Еркинлик таңы" https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма алейкум әзизлер! #Таңғы тилек ✅ Аллаҳ таала жүзимизди жарық; ✅ Қәлбимизди кең; ✅ Қәдиримизди бәлент; ✅ Сөзимизди жо
Ассалаўма алейкум әзизлер! #Таңғы тилек ✅ Аллаҳ таала жүзимизди жарық; ✅ Қәлбимизди кең; ✅ Қәдиримизди бәлент; ✅ Сөзимизди жоқары; ✅ Ул-қызларымызды әдиўли перзент; ✅ Қарызларымызды жоқ; ✅ Ырысқымызды кең; ✅ Күнимизди берекетли қылсын!     Қайырлы күн әзизлер! https://t.me/ibratli_sozler

Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, т
Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, таңда саў-саламат турғайсыз . Қайырлы түн Әзизлерим! https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳикмет Иши тар адамға кең дүньяның өзи тар болады. https://t.me/ibratli_sozler
#Ҳикмет Иши тар адамға кең дүньяның өзи тар болады. https://t.me/ibratli_sozler

#рәуият#.... ....АМАНАТ АМАН САҚЛАЙДЫ.... Ертеде бир патшалықтың елинде жол жүрейин деп турған кәруан басының алдына бир бала келип: -Ата, мына қой терини сатып, пулына келгендей бир зат әкелип берсеңиз, деп бир қой терисин берипти. -Балам, бир териге не берер дейсең,-депти кәруан басы. -Мен бул пулға келген затқа ыразыман!-депти бала. Солай етип, кәруан жол жүрип, өзлериниң дийдилеген жерине келип, затларын түсирип болған соң,баяғы баланың берип жиберген аманаты ядына түсипти хәм оны ширкетшиге бир тийинға сатыпты.Бир тыйынға базарда келгендей зат табылмапты. Бир уақытлары алдынан пышық көтерип баратырған бир бала өтипти. -Балам, мына пышығыңды бир тийинға сатасаңба?-депти кәруан басы. -Алағой, сатаман!-депти бала. Кәруан басы пышықты алып, саудаларын питиргеннен кейин түйелприн жегип, жолға рауана болыпты.Сөйтип олар мол жол жүрип бир патшалықтың елине келип, бир ақшам қоныпты. Азанда кәруандағылар оянса, пышық кәруан жатырған жердиң дөгерегине тышқанларды таудай етип үйин-үйин етип таслаған екен. Буны көрип кәруан тартқан саудагерлер хайран қалыпты.Кейин билсе бул елде сол жылы тышқанлар дым көбейип кетип, дәнлерден тысқары адамлардың жайларын кемирип жеп, хәтте уйқылап атырған адамлардың қулақларын кемиретуғын халға келген екен...Соның арасынша бул пышық уақыясы сол елдиң патшасының қулағына жетипти. Кәруан алдына жәлладларын жиберип: - Сол пышығын бизге сатсын, орнына ғәзийнемнен қәлеген нәрсесин алсын!-депти. Кәруан басы болса елшиге: - Бул хайуанның аты "жауды қырған" деп аталады,пайғамбардың дууасын алған мақлуқ, оны саудаласыуға болмацды, патшаңызға айтып барың, бергенин бере қойсын!-депти. Патша оларға қырқ нар түйелер берипти.Кәруанлар жүрисин дауам етиуден олардың изине қаращшылар түсипти. Олар хәпте дауамында кәруанларды аңлыпты, бирақ күндизде, түнде де хештеңе ала алмапты. Урылар қәдем қойғаннан кәруанның қыр дөгерегинде қорғаншалар пафда болаып, оларды өткермейди екен. Бир күни кәруан басыға оның кеңесшиси келип: -Усы бир териге қырық нар түйени апарып бережақсаңба? деп сорапты. -Ауа,-депти кәруан басы -Бир териге қырқ нар түйе келеди деп бала түуе үлкен адамда исенбейди, оннанша балаға көйлек шыққандай бир бөз тауар берейикте, қырқ нар түйени жигирма жигирмадан бөлисип алайық!-депти . Кәруан басыныда бул гәп ақылдан азғыртыпты. Сол күни түнде оларды қарақшылар қоршап алыпты хәм былай бепти: -Бизлер бир хәптеден бери сизлерди аңлыймыз.Бирақ жаңа тонаймыз деп қоршауға алыудан сизлерди орап алған қорғанлар пайда болады да, биз өте алмай қаламыз. Буның сыры неде?-деп сорапты. -Жолға шыққанда бизге бир нәресте аманат тапсырған еди. Дүньясы қурысын, сол аманатқа тап бүгин қыянет етиуди ойлап едик, уах-уах кисиниң аманатына қыянет еткеннен қорған жоқ болды!-деп басын шайқапты . Урылар бул гәпти еситип "қой , онда аманат бизди де аман қоймас" деп тонау пикиринен қайтып, қайтама оларды ғлкен жолға шығарып салыпты. Кишкене баланың аманаты кәруанды елге аман сау қууыстырыпты. Балада өз аманатын алып, өз гезегинде аманатын аман сақлап келген инсанларды шын кеулинен сыйлықлап, соннан кәруанлардың бири мың болыпты... Мине әзийзлер! "Аманат аман сақлайды" деген гәп соннан қалған болса керек... Дерек: "Әлеп философиясы" китабы. (Ж.Базарбаев авторлығындағы.....) Топлаган: З. Жуманова. https://t.me/ibratli_sozler

#Күн_темасына БИР ЖАҚСЫНЫ КӨРДИМ ЖҮЗИМ ЖАЙНАДЫ Бир жақсыны көрдим,жүзим жайнады, Бир жаманды көрдим,қаным қайнады. Жақсы ғамлы кеўлим сапа әйледи, Жаман шад кеўлимди қапа әйледи. Жақсыны көргенде жүзим жайнады, Ғамлы кеўлим бүлбил болып сайрады. Жаманды көргенде муң-дәртим артып, Шад кеўлимди кетти туңғыйық тартып. Сонда ғам селинде бир демде жаўрап, Алды болмағыр ой жанымды баўрап. Жаным аңсап қалды жақсы жанларды, Кеўилге нур сыйлап атқан таңларды. Еске алдым жақсылардың сөзлерин, Шексиз мийрим менен баққан көзлерин. Олар бар бул дүнья қулпырып турар, Жақсылық гүлтажы салтанат қурар. Сонлықтан бар болсын жақсылар мудам, Жақсылықлар менен көркейер адам. Исиңиз түспесин ҳасла жаманға, Алладан бийүмит залым наданға. Дүнья жәбир шегер залым оғынан, Жан дүньяңа таслайтуғын шоғынан. Азба зулымлықтан жәбир шеккенлер, Дүньядан мың әрман менен өткенлер... Жақсылар саў болсын мениң тилегим, Себеп жақсылық деп соғар жүрегим. Әй,Тәңирим,бендеңе жақсылық сыйла, Себеп жақсылықтан гүлленер дүнья!           *       *       * Бир жақсыны көрдим,жүзим жайнады, Бир жаманды көрдим қаным қайнады. Бәлким,жаманның да жақсы жери бар; Сол жамансыз қәдир  таппас жақсылар... Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 20 май,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova https://t.me/ibratli_sozler

<<ҮШ ТИРСЕК>> Алматыда <<Үш бойдақ>>, Нөкисте бар үш тирсек, "Айтысайық, кел",-дейди, Жөнимизге түшкирсек. Балтадан қайтпас бас тирсек, Қайнап пискен тас тирсек, Өр көкирек жас тирсек, Мениң достым үш тирсек. Үш көк өжет атақлы, Сатып алар шатақты, Тораңғылдай путақлы, Ағайинли үш тирсек. Турып алар үш тирсек, Таўыпсаң, аўа наданды, Шаршатып жеңер адамды, Айтысқанда үш тирсек. Саған жалған, маған шын, Бас қосып олар жалықты, Тирсеклердиң союзын, Дүзип алмақ болыпты. ---Жолдаслар,---деди бас тирсек, Маңызлы истиң жайы бул, Тирсеклердиң тарийхта, Биринши қурылтайы бул. Биз өзгеше адамбыз, Туқымы сийрек жаралған, Художниктей, шайырдай, Айырықша жаралған. Аўқамы барғой олардың, Биз неге союз болмаймыз? Программа, уставты, Бекитип неге алмаймыз? ТИРСЕКЛЕРДИҢ УСТАВЫ. "Адамзат бинә болғалы, Бундай союз болған емес, Шайырлар қәлем алғалы, Бизди хатқа салған емес. Сөйлесең тынбай тақылда, Қулақ аспа ҳеш ақылға, Мәзи өзиңди мақулла, Не айтсаң да жалған емес. Журт бир исти мақул десе, Сен турып ал оған кесе, Тирсек болалмаған киси, Бул союзға кирген емес.... Мәселе шешкен ўағында, Қосылып кетсең ағымға, Союздан шығасаң онда, Взносы да үлкен емес. Мине устав, проект, Ким қарсы ҳәм ким бийтәреп? Енди баслық сайлаў керек, Бассыз шөлкем болған емес...." Тирсеклер атты айдаўда, Киристи баслық сайлаўға, Үшеўи де ишинен, "Баслықпан",---деп ойлаўда. Болып кетти тапырлы, Бәри билгиш ақыллы, Үш жаққа қарап үш тирсек, Үш күнге дейин гәп урды. Бир тирсек айтса қалғаны, Барымға ҳәргиз бармады, Аққуў, шортан, шаяндай, Үш жаққа тартты арбаны. Не жоқ дейсең халықта--әй! Айтысыўға жалықпай, Үшеўи жалғыз союзға, Баслық болып алыпты--әй. Тирсеклер усылай шешеди, Тирсектен тирсек өседи, Үш тирсек сөйтип союзға, Районлардан бул күнде, Ағза излеп жүр деседи.... Ибрайым Юсупов. Март, 1972-жыл. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

БЕСИК ШАБЫУ ДƏСТУРИ 🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊 Суйикли қахарман шайырымыз Ибрайым Юсуповтың: Атың он хəриптен қуралған, Айтса тилге ауыр. Дəстуриң соншелли көп, Артса пилге ауыр,-деп тəрийплегениндей қарақалпақ халқы тарийхқа,миллий урп-əдет,салт-дəстурлерге оғада бай халық.Мəселен,"Қыз жыйыны","Хəужар","Бет ашар","Айтыс","Куйеу қəде" хəм тағы басқа да дəстурлер атадан-балаға,əуладтан-əуладқа мийрас болып өтип келмекте. Ал,перзент дуньяға келгеннен кейин нəрестени бесикке бөлеп атырғанда да дəстур,қəделеримиз көп.Тилекке қарсы,усы қəделер өз көринисин тауып атырғанда,нəрестениң келешек бахты,тахты ушын айтылатуғын айтымлардың сонғы жыллары умытылып баратырғанлығы ашынарлы жағдай. "Ат өлсе де қəде өлмейди"деген ибара бар халқымызда.Солай екен,бир-биреуди сиз-бизликке,сыйласыққа,бауырманлыққа шақыратуғын дəстурлердиң болғаны жақсы.Лекин,өз шеңберинде.... Жақында бир сиңлимниң перзентли болып,шашыу тойына бесик,арбаша алып барғанымыз бар.Бесик апарғанымыздан кейин "Бесик шабыу"дəстури орынланды.Жыйналғанлардың ишинде ең жасы улкени бесик шабыу дəстурин орынлауы шəрт екен.Бесик тойдың қызығы енди басланды-ау деп ықласланып қызығып,хəуес пенен тыңламақшы болдым. "Атымды шаптым,ал шаптым"нан ары өтпей-ақ көпшиликтен қəде жыйнап алды.Мақсетимиз өз уазыйпамызды орынлап,қəде жыйнап алыу емес,нəрестениң айдын келешегине жақсы тилеклер айтып,ата-ананы,ағайын-туысқанларды таныстырыу емес пе? Мени ойландырғаны усындай бир жақсы дəстуримиздиң халық арасында умытылып баратырғаны.Бул дəстур айтымларын айрым қатықулақ ажайып инсанлардан жазып алып,ықласбентлеримиз дыққатына усыныуды мақул көрдик. "Бесик шабыу"дəстури дуньяға келген нəрестеге ата-бабасын таныстырыу,жети ата-бабасын билсин деген мəнисте айтылған. Бесик бектиң бесиги, Оң жағында бесик, Келди бесик ийеси, Айдай жузи тынық болсын деп, Басына айна қоямыз. Нандай қəдирли мийирман болсын деп, Басына нан қоямыз. Полат қанжардай өткир болсын деп, Басына пышақ қоямыз. Ал, шабайын шабайын, Атымды минип шабайын, Атым болсын тулпардан, Өзи болсын сунқардан, Бесиктеги бөпениң , Сумеги болсын алтыннан, Тубеги болсын гумистен. Атым шауып баратыр, Тайым шауып баратыр, Ел-халыққа белгили, Хызмети менен танылған, Атасына қарап шауамыз. Алыс-алыс таулардан , Асып шауып келемиз, Бийик-бийик төбеден , Тасып шауып келемиз. Хау қулыншақ шуу деймен Кемпир апасына қарап шауамыз. Өзинде көп болар бөпениң пайы, Устине кийгени пашшайы шайы, Дайысында көп болар жийенниң пайы, Дайы женгеге қарап шабайық. Кербазланып төрге өткен , Укесиниң бесик тойына жеткен, Көримлигин молдан туйген, Қудашаларға қарап шабайық. Аспандағы айдай болып, Асып шауып келемиз, Мойнымызға тумарымызды, Тағып шауып келемиз, Ата-ананың жас улкени , Мурындық ата-анаға шауамыз. Бул қосық қатарлары илахийда туума талант ийелери арқалы хəзил-шыны аралас дөрелип бара береди.Бул дəстурдиң буннан басқа да биз билмеген вариантлары бар болса керек.Усындай дəстурлеримизди умытпай,оны келешек əуладқа жеткериу сизиң менен бизиң əдиули миннетли уазыйпамыз болмағы зəрур. 🌷🌷🌷🌷🌷🌷 Жазып алған: Зибийра Абдиниязова 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

Бир көзлер бар... Адамлардың өзлериндей, Көз - қарасы қыйлы ғой, Сөзлериндей, жүзлериндей, Нәзери қый - шыйлы ғой. Бир көзлер бар, сондай ойшаң, Салмақ салып бағады, Бир көзлер бар, қарай қойсаң, Зәҳәр - заққым жағады. Бир көзлер бар, гүл шырайлы, Мыйық тартып турғандай, Бир көзлер бар, дым сыпайы, Дейсең, нәзер бул қандай. Базы көзлер зеребеңди, Үйиремен деп атыр, Базы көзлер тап бир жанды, Жегидей жеп баратыр. Гей бир көзлер нур жайнатып, Күндей күлип қараған, Гей бир көзлер жин қайнатып, Ойнап шығар арадан. Бир көзлер бар, жүдә муңлы, Нуры сөнген, муп муздай, Базы көзлер, тынық түнги, Шағырайысқан жулдыздай. Бир көзлер бар, ғәзеп артып, Нақ шақмақтай шатнаған, Бир көзлер бар, мийрим тартып, Жанға ыза батпаған. Базы көзлер қойдай ғана, Қарап турар, мүсәпир, Бир көзлер бар, қоздай жана, Ишинде көп сыр жатыр. Гей бир көзлер, теңиз мысал, Терең бойлап қараған, Гей бир көзлер сүзип бақса, Дәрт салады жарадан. Гей бир көзлер, жүрегиңе, Киремен деп турғандай, Базы көзлер, шүй төбеңе, Лабыр тоқпақ урғандай. Сондай көз бар, мурын атлап, Бирин - бири жегендей, Сондай көз бар, дүнья - малға, Ҳеш тоймадым дегендей. Қуллас кәлам, көз жүректиң, Призма мысал айнасы, Сырларын билиў керек дым, Билим - елдиң пайдасы. Автор : Азат Даўышбаев 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

Базаргул_Ассалаума_алейкум_эст_1_1.mp32.57 MB

photo content

Бир жақсы адамға күнде иркилип,  Сәлемлесер едим. Көрмедим бүгин...  Сондай кимдур биздидағы бир күни Бул жолдан табалмай, жоқлаўы мүмкин... ✍Ибрайым Юсупов.... 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟     Қайырлы түн қәдирданлар !!! Түн әлбетте өз ҳүкимин өткереди. Сизлерге түнниң тынышлығын тилеймен. Бир-бириңизди қәдирлең, ҳүрметлең, сағының, сүйип жасаң. Себеби өмир өткинши!! Солай екен, ертеңги таң сизлерди..... несийбеси, әўмети, бахты-қуўанышы менен күтип алсын! Аман жатып турың әзизлер!!! 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

<<ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАЯЛ--ҚЫЗЛАРЫНЫҢ БЕЗЕНИЎ БУЙЫМЛАРЫ>> Әпиуайы ғана әсбаплардан пайдаланып көргенлерди лал қалдыратуғын безениу буйымларын ислеген қарақалпақ зергерлериниң өнериниң небир әжайып үлгилери Савицкий музейинде сақланып хәм көрсетилип атыр.Олар пүткил халқымыздың бийбаха байлығы,мақтанышы!!!САУКЕЛЕ!!!! Тәрийплеуге тил жетпес гөззаллық дөретпеси! Ояныу дәуириниң белгили художниклери Леонардо Да Винчи,Рафаэль Санти, Микеланджело жәхән өнерине қандай үлес қосса қарақалпақтың белгили зергерлери өзлери ислеген САУКЕЛЕ менен тап сондай,хәттеки артық үлес қосқан! Саукеле, шартуйме, аребек, илгек каракалпак хаял - кызлары ашокей тагыншаклары И.В. Савицкий коркем-онери музейиндеги сакланып турган ажайып халк онери нускалары. Халк жуда онерли, сезимталлы болган! 1.Шартүйме-көкирек безеуи,"шар" деген "төрт тәреп" деген мәнисти билдирген,яғный қызлар бахтлы,тахтлы төрт тәрепи қубла болып жасасын деген тилек пенен байланыслы,ортасында хәм шетлеринде ири сердолик қаслары бар.Жоқарысында еки дана илмеги,төменинде шынжырларға дизилген жапырақша хәм қоңыраушалары болады.Шартуймени хәйкелдиң төменине еки қапталға таққан. 2.Әребек мурынға тағылатуғын безениу буйымы,алтын хәм гумистен домалақ көринисте исленеди,бир шетинде илдиретуғын илмеги боладыАйланба көринисли жерине ири,майда ноқатлар,маржан моншақ дизип өткериледи,жиңишке сым бир неше қатар айналдырып оралады.Сол сымның қапталына үш мүйешли ноқатқа  3 дана феруза қас орнатылған.Жүдә қәдирли безениу буйымы. "Писте мурыныңда тилла әребек". Әжинияз Қосыбай улы. 3.Жалпақ түйме-көкирекке жағаға дизип тағылатуғын безениу буйымы,жапырақ көринисли,шетлери ийрекей болып ортасында сәл бийик уяға орнатылған сердолик қасы бар,оның әтирапына ойыу хәм сызыу усылы менен нағыс салынған.Жоқарысында илдириуге қолайлы етип исленген еки илмеги бар.Белгили этнограф илимпаз Х.Есбергеновтың жазғанына қарағанда жалпақ түйме қатаң қағыйда тийкарында тағылған. АЙГҮЛ ПИРНАЗАРОВА. И.В.САВИЦКИЙ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музейиниң аға илимий хызметкери. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

КЛАССЛАСЛАР МЕНЕН ДИЙДАРЛАСҚАНДА... Кеўилиң жасарып кетер баладай, Ғумшасынан ашылған гүл лаладай. Жаның жайнар кең жазықлы даладай, Классласлар менен дийдарласқанда. Еслеп балалықтың татлы жылларын, Небир садалыққа толы сырларын. Айтағойсаң таўсылмайды жырларың, Классласлар менен дийдарласқанда... Не қызықлы мәўрит түсип ядыңа, Күлискениң дәрман болар дадыңа. Қанат питер жаслық әрманларыңа, Классласлар менен дийдарласқанда. Балалықтың қайта қызар базары, Биреў күлсе,биреў болар жазалы. Бирақ,әңгимеңниң бәри мазалы, Классласлар менен дийдарласқанда. Кеўил кеўилден суў ишип алғандай, Сезинерсең бала болып қалғандай, Бираз жасқа шыққаның да жалғандай, Бир жасап қаларсаң досларың менен. Балалығың қайтып келгендей болар, Устазлар жаныңда жүргендей болар. Дүнья қушақ ашып турғандай болар, Классласлар менен дийдарласқанда!       *    *    * Егер баянласам мен гәптиң ҳағын, Классласлар-дослар екен ең жақын. Бир жайнатпақ болсаң кеўлиңниң бағын, Дийдарлас, класслас досларың менен! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 22 август,2025 жыл. ❗️Классласларға жиберип қоямыз! Бизден узақласпаң; 👇 https://t.me/gulnara_nurlepesova

2_5215719769281436454.mp37.42 MB

ЎАТАНЫҢА ҚАЛҚАН БОЛ, УЛЫМ! Камалатқа жеткенде толып, Қаршығадай қырағы болып, Жат көзлерден, қызғыштай қорып, Ўатаныңа қалқан
ЎАТАНЫҢА ҚАЛҚАН БОЛ, УЛЫМ!   Камалатқа жеткенде толып, Қаршығадай қырағы болып, Жат көзлерден, қызғыштай қорып, Ўатаныңа қалқан бол, улым!   Хызметин де жүгинип саққа, Мегзеп мисли ертлеўли атқа, Қарыс жерин берместен жатқа, Ўатаныңа пасбан бол, улым!   Тайсалмастан көксиңди керип, Улықпанда барыңды берип, Ырысқалың шөпшеген терип, Ўатаныңа садық бол, улым!   Ели - халқың ушын туўылған, Мәрт баҳадыр белиң буўылған, Қаяққа жумсаса жуўырған, Ўатаныңа сақшы бол, улым!   Әзиз журтың жаныңдай сүйип, Ышқысында өртенип күйип, Болыў ушын мәртебең бийик, Ўатаныңа қорған бол, улым!   Сүрме етип торпағын көзге, Әмел етип ҳикметли сөзге, Бир қәдемде қайтпастан изге, Ўатаныңа қалқан бол, улым!   Ақшолпан Аманияз 12.05.2026 жыл 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

​​📠 ҲИКАЯ   "ЕНДИ ҚЫЗ ТУЎЫЛСА МАҒАН КЕРЕК ЕМЕС" Бир медреседе сабақ беретуғын жүдә әдеп-икрамлы муғаллим қыз бар еди. Жасы да өтип баратырған, үйине жаўшылар келсе бәрин қайтарар еди. Кәсиплеслери оннан: – неге турмысқа шықпайсыз, себеби сизде Алла берген гөззаллық барғо? - деп сораса. Ол былай дейди: – Усы әтирапта бес қызы бар ҳаял өткен. Күйеўи оған;"-Және қыз туўсаң ол маған керек емес!"- деп бақырған. Ўақты сааты жетип ол ҳаял және қыз туўған. Бул уллы нағметке шүкир етиў орынына күйеўи кишкене бөпени көтерип, биреў алып кетер деп  қуптан намазынан кейин мешиттиң алдына таслап кетеди. Таңда келип қараса нәресте сол жерде еле тур екен ҳеш ким алмаған. Қайтарып үйине алып кетеди де, кеште және алып келип таслап кетеди. Усы тәқилетте күнде солай ислей береди. Лекин нәрестени ҳеш ким алмайды. Жети күн усы аўҳал даўам етипти. Ана ғәрийп Қуран оқып жылап Алладан, қызынан айырылып қалмаўын тилеп жылай береди. Нәрестениң әкеси соңында шаршап  бөпени қайтып апармапты. Меҳрийбан ана болса қызының қушағында қалғанына қуўанып,Аллаға шүкир етип жылапты.    Арадан күнлер өтип ҳаял және ҳәмледар болыпты. Бирақ қорқыныш пайда болып, бәрҳә қәўетерде жасапты. Ўақты келип босаныпты бул ретте ул бала туўыпты. Бирақ ең үлкен қызы қайтыс болып қалыпты. Арадан жыл өтип ҳаял және ул туўыпты. Көп өтпей екинши қызы қайтыс болып қалыпты. Солай етип изли-изинен  ул бала туўылыпты-дә, бирақ  қызларынан айырыла берипти.  Негедур ҳәр сапары ул бала туўылғанда бир қызынан айырыла берипти. Мине соңында бес баласы ҳәм сол мешиттиң алдына таслап келе берген алтыншы қызы қалыпты. Тәғдир тақазасы менен, баллардың анасы қайтыс болып қалады. Арадан бир нешше жыл өтип кишкене қызалақ ҳәм балалар да үлкейип ер жетипти. Бәри үйли - жайлы, жумыслы болып кетипти.   Муғаллим қыз былай дейди: – Сол әкеси маған керек емес деп көшеге таслап келген қыз кимлигин билесизбе? Сол мен боламан.  Турмыс қурмағанымның себеби: әкем жалғыз, жасы да бираз жасқа барып қалды, мен оған жәрдемши шофёр жалладым. Өзим де әкемниң хызметиндемен. Инилериме келсек олар әкемнен хабар алмайды. Келсе де бир айда ямаса үш айда бир келеди де кетеди. Әкем маған өтмиштеги ислеген ислерине пушайман болып,  жылайды Дерек: (@Jahan_magan_hawes_etip_qarasin) 👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler